Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet105/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   290
Bog'liq
ОМК

 
Қадағалаў сораўлары: 
1.
Жүдә жоқары маркадағы бетонлар ҳаққында айтып бериң? 
2.
Аўыр бетон тийкарын нелер қурайды? 
3.
Бетонныӊ беккемлигин сынаўдың қандай усыллары бар? 
4.
Ҳәзирги күнде қандай әсбаплар жәрдеминде бетонныӊ қәсийетлери анықланбақта? 
5.
Монолит бетон дегенимиз не? 
6.
Бетонныӊ қатыўын тезлестириўдиң қандай усылларын билесиз? 
15-тема. Арнаўлы бетонлар 
 
Таяныш сөзлер:
 
жеӊил бетон, чиғаноқли ҳәктас, минерал шийки затлар, кампорит, 
геўек толтырғышлар,ири геўекли бетон, газ бетон, гилтопырықлы цемент,арнаўлы бетон, 
газсиликат, гидротехникалық бетон, титиретиў усылы, отқа шыдамлы бетон. 
 
Жоба: 
15.1 Жеӊил бетонлар 
15.2 Бетонныӊ арнаўлы түрлери 
 
15.1 Жеӊил бетонлар 
15.1.1. Геўекли толтырғышлар тийкарындағы бетонлар 
Жеӊил бетон компонентлери
. Жеӊил бетонлар таярлаўда байланыстырыўшы 
сыпатында әпиўайы ҳәм тез қатыўшы портландцемент, шлаклы портландцемент ҳәм 


99 
басқалар ислетилиўи мүмкин. Толтырғыш сыпатында табийий ҳәм жасалма геўек тас 
материаллар, ыссылық изоляциясы ҳәм конструктив-ыссылық изоляциясы жеӊил бетонлар 
алыўда органикалық толтырғышлар да ислетиледи. Органикалық толтырғышлар ағаш, 
ғўзапоя, каноп пояси сыяқлы ӛсимликлер дүньясы шығындылары тийкарында ҳәм 
пенополистирол, пенополиуретан сыяқлы полимер затлар тийкарында таярланыўы мүмкин. 
Ноорганикалық жеӊил толтырғышлар. 
Табийий жеӊил толтырғышлар – пемза, 
вулкан туфы, чиғаноқли ҳәктас ҳәм басқа жеӊил табийий тасларды майдалаб ҳәм елеп 
алынады. Жасалма жеӊил толтырғышлар еки қыйлы усылда таярланады: 
1) Минерал шийки затларды арнаўлы технология тийкарында термикалық ислеў берип 
таярланады; 
2) Санаат шығындысы болған жанылғы шлаклары ҳәм күли, тасланды металлургия 
шлаклары ҳәм басқаларды қайта ислеп (гранула ҳалатында) алынады. 
Минерал шийки затлар ишинде еӊ кӛп тарқалғаны гилтопырық болып, гилтопырыққа 
термикалық ислеў бериў усылында таярланған керамзит ҳәм аглопорит геўек 
толтырыўшылары ҳаққындағы мағлыўматлар 4 бапта толық берилген. 
Жеӊил бетонлар таярлаўда керамзит, аглопорит пенен биргеликте кӛпшитилген перлит, 
вермикулит, шунгизит, кампорит сыяқлы геўек толтырғышлар ислетиледи. Кӛпшитилген 
перлит қурамында химиялық байланысқан суў болған шийша тәризли вулканик жынысларды 
(перлитлер, обсидианлар) 950-1200
0
С температурада писирип алынады. Писириў 
процессинде перлиттиӊ кӛлеми 10-20 мәрте асып кетеди. 
Вермикулит геўек толтырғышы қурамында суў болған слюдаларды күйдирип алынады. 
Ол басқа геўек толтырғышлардан қатлам-қатлам дүзилиси менен парықланады. 
Шунгизит сланецли шунгит жынысларын күйдирип алынады. Шунгизит жоқары 
беккемликке ийе ҳәм суўлы орталықларга шыдамлы болады. 
Кампорит биринши мәрте Ӛзбекстанда ислеп шығарылған болып, жеӊил ерийтуғын 
табийий тасларды майдалап соӊ күйдирип алынады. 
Донадор металлургия шлакы арнаўлы грануляторларда дана ӛлшемлери 5-7 мм (10 мм) 
ириликте алынады. Шлаклы пемза металлургия шлакларын тезликте суўытыў нәтийжесинде 
кӛпшитип алынады. Шлаклы пемза майдаланади ҳәм еленеди, алынған геўек шлак майда ҳәм 
ири толтырғыш сыпатында болыўы мүмкин. Жанылғы шлаклары тас кӛмир жағылғанда гил 
тәризли араласпалардыӊ ериўи ҳәм кӛпшиўи нәтийжесинде пайда болады. Шлак 
майдаланады, еленеди ҳәм қурамындағы жанбаған кӛмир даналары, күл ҳәм басқалар 
шығарып жибериледи. Жанылғы шығындылары болған шлаклар ҳәм күллер антрацит, 
таскӛмир, қоӊыр кӛмир ҳәм басқа қатты жанылғыларды жандырғанда пайда болатуғын 
ӛнимлер есапланады. Қатты жанылғылар жандырылғанда пайда болатуғын күллер цемент 
ямаса басқа байланыстырыўшылар менен араластырылып шағал ҳалда жеӊил 
толтырыўшылар таярланыўы мүмкин. 
Геўек майда толтырғышлар майда қум-1,2 мм ге шекем ҳәм ири қум-1,2-5 мм бӛлинеди. 
Геўек ири толтырғышлар 5-10, 10-20, 20-40 мм фракцияларда болады. Геўек толтырғышлар 
тийкарында бетонлар, араласпалар таярланғанда цемент тасы кӛлеминиӊ еӊ кеми муғдарына 
ерисиў зәрүр, кери жағдайда алынған ӛнимлер аўырласыўы ҳәм ыссылық изоляциясы 
қәсийети пәсейиўи мүмкин. 
Геўек толтырғышлар қурғақ ҳалатдағы тӛкпе тығызлығыныӊ кӛрсеткишине (кг

м
3

муўапық тӛмендеги маркаларға бӛлинеди: 250, 300, 350, 400, 500, 600, 800, 1000 ҳәм 1200. 
Геўек ири толтырғыш (чақиқ тош, шағал) беккемлиги полат цилиндрде езиў усылында 
анықланады. Бул усылда анықланған беккемлик (кгс

см
2
) 5 кем болмаслығы ҳәм 25-200 
аралығында болыўы керек. 
Геўек толтырғышлардыӊ ыссылық ӛткизиўшеӊлиги, салыстырмалы ыссылық 
сыйымлығы, радиацион гигиена қәсийетлери, зыянлы араласпалардыӊ муғдары стандарт 
усылларда доимо анықланыўы зәрүр. Жеӊил толтырғышлар қурамындағы кислота 
қалдықлары, дузлар, ылайлы ҳәм шаӊ тәризли араласпалар, айрым радиоактив затлар ҳәм 
басқалар стандартларда рухсат етилген муғдарлардан жоқары болмаслығы шәрт. 


100 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish