Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet113/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   290
Bog'liq
ОМК

 
Қадағалаў сораўлары 
1. Бетонныӊ композицион структурасын түсиндирип бериӊ. 
2. Бетонларды классификациялап бериӊ. 
3. Бетон толтырғышларына қойылатуғын техникалық талапларды айтып бериӊ. 
4. Бетонныӊ қулай жайласыўшаӊлығы бойынша классификациясын түсиндирип бериӊ. 
5. Бетонныӊ тийкарғы қәсийетлерин айтып бериӊ. 
6. Бетон араласпасын таярлаў технологиясы тийкарғы тәреплерин түсиндирип бериӊ. 
7. Бетон араласпасын қандай тығызластырыў усылларын билесиз? 
8. Бетон қатыўын тәмийинлеў усыллары қандай? 
9. Қурғақ ыссы ықлым шараятында бетон қуйыў технологиясын айтып бериӊ. 
10. Қыста бетон қуйыў технологиясында қандай факторларға әҳмийет бериледи? 
11. Жеӊил бетонларды классификациялап бериӊ. 
12. Жеӊил бетонлардыӊ тийкарғы қәсийетлерин айтып бериӊ. 
13. Ячейкалы бетонлардыӊ қандай түрлерин билесиз? 
14. Бетонныӊ арнаўлы түрлерин ҳәм олардыӊ қайсы жерде ислетилиўин түсиндирип 
бериӊ. 
16-тема. Темирбетон конструкциялар 
 
Таяныш сөзлер:
 полат арматура, шийшапластик талшықлы арматура, темирбетон
жеӊил темирбетон, беккемлик, деформативлик, жыйналмалы темирбетон, монолит 
темирбетон, Темирбетон конструкциялар түрлери, фундамент блоклари, дийўал ушын 
конструкциялар, колонналар, ригеллар, плиталар. 
 
ЖОБА: 
16.1. Улыўма мағлыўматлар 
16.2 Жыйналмалы темирбетон конструкциялар 
16.3 Жыйналмалы темирбетон конструкциялар ислеп шығарыў 
16.4 Монолит темирбетон конструкциялар 
 
 
16.1. Улыўма мағлыўматлар 
Темирбетон қурылыс конструкциясы болып, бетон матрицадан ҳәм полат арматура 
каркасынан ибарат композицион материал есапланады. 
Темирбетон жәмийетлик ҳәм санаат имаратлары ҳәм транспорт қурылысында, 
гидротехникалық сооружениелер ҳәм басқа арнаўлы объектлер қурылысында кеӊ кӛлемде 
қолланылады. 


108 
Темирбетон раўажаланған мәмлекетлерде XIX әсир ақырынан баслап кӛплеп 
ислетилген. Темирбетон конструкциялар теориясын жаратыў, жойбарлаў ҳәм ислеп шығарыў 
тараўларында 
проф. 
Н.А.Белелюбский, 
И.Г.Малюга, 
А.Ф.Лолейт, 
А.А.Гвоздев, 
Ю.В.Чиненков, А.Б.Ашрабов, Т.Ж.Жунусов, Б.А.Асқаров ҳәм басқалар шуғылланған. 
Монолит темирбетон менен биргеликте жыйналмалы темирбетон буйым ҳәм 
конструкцияларды имарат ҳәм иншаатлар қурылысында ислетиў мийнет ӛнимдарлығын 
асырыўға, қурылыс мүддетин қысқартырыўға ҳәм ӛзине түсер баҳасын тӛменлетиўге алып 
келеди. Бизге белгили, бетонныӊ қысылыўдағы беккемлиги созылыўдағы беккемлигине 
салыстырғанда бир неше он барабар кӛп. Бетонныӊ усы қәсийети темирбетон 
конструкциялар таярланғанда созылыўшы бӛлегин полат арматуралар менен күшейттириўди 
талап етеди. 
Бетон ҳәм полат арматураныӊ жақсы тислесиўи ҳәм температура тәсиринде сызықлы 
кеӊейиў коэффициентлериниӊ жақынлығы темирбетонныӊ бир пүтин система болып 
ислеўин тәмийинлейди. Бетон полат арматураны ҳаўа райы тәсиринде коррозияланыўдан 
сақлайды. 
Темирбетон таярланыў усылына қарай монолит ҳәм жыйналмалы конструкцияларға 
бӛлинеди. 
Монолит темирбетон конструкциялар тиккелей қурылыс майданларында таярланады. 
Олар арнаўлы жойбарлар тийкарында қурылатуғын имарат ҳәм иншаатларда, 
гидротехникалық, жол қурылысы ҳәм аэродром қапламалары ҳәм басқа иншаатларда 
ислетиледи. Монолит темирбетонды тиклеўде қәлип-опалубка, ҳаўаза ҳәм бетон қуйыў 
жумысларына кӛп қол мийнети сарып болады. Оларды қурғақ ыссы ықлым шараятында ҳәм 
қыс мәўсиминде таярлаў қыйыншылықлар туўдырады. 
Жыйналмалы темирбетон конструкциялар заводда механизацияластырылған шараятда 
ислеп шығарылады ҳәм қурылыс майданларында монтажланады. Бунда типлери, ӛлшемлери 
минимал ӛзгереўшеӊ болған темирбетон конструкциялар ислеп шығарыў тежемли болады. 
Темирбетон конструкциялар әпиўайы ҳәм арматурасы алдыннан керилген түрлерге 
бӛлинеди. Полат арматураны алдыннан кериўден мақсет полат стержендеги пластик 
деформацияланыў ҳалатын, темирбетон конструкцияға жүклеме (жүк) қойылғанда, кескин 
кемейттириў болып есапланады. Бул ҳалатда темирбетон конструкцияныӊ созылыўшы 
бӛлегиндеги бетон қысылады ҳәм оған сол күшлениўден жоқары болған күшлениў пайда 
болғанда ғана созылыўға ислейди. Конструкцияныӊ созылыўшы бӛлегиндеги арматура 
керилгенде бетонда жарықлар пайда болыўы кескин кемейеди. 
Арматурасы алдыннан керилген темирбетон конструкцияларда бетон ҳәм арматураныӊ 
жүк кӛтериў имканиятлары толығырақ ислетиледи ҳәм соныӊ ушын конструкцияныӊ 
массасы кемейеди. Бул түрдеги конструкциялар таярлаўда жоқары маркадағы бетон ҳәм 
беккемликдеги полат арматуралар ислетиў мақсетке муўапық. 
Раўажланған мәмлекетлерде монолит темирбетон конструкциялар таярлаўға мойиллик 
жоқары. Ҳәзирги күнде Ӛзбекстанда монолит бетон жумысларын алып барыў бойынша 
Министрлер Кабинетиниӊ қарарлары бар болып, бул тараўды раўажландырыўға үлкен 
әҳмийет берилмекте. 2003 жылда үлкен ассортиментде унификацияластырылған монолит 
бетон қәлиплерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген “Пашал Верке” ЛТД ӛзбек-немис 
қоспа кәрханасыныӊ иске түсирилиўи буған анық мысал болады. 
Жыйналмалы темирбетон буйым ҳәм конструкциялар белгили серияларға 
мӛлшерленген болып, унификацияласқан ҳалда ислеп шығарылады. Олар аўыр, жеӊил ҳәм 
ячейкалы бетонлар тийкарында таярланады. Бунда темирбетон конструкциялар бир-неше 
ўазыйпаны ӛтеўи мүмкин. Мәселен, конструктив-ыссылық изоляциясы, акустикалық, 
гидроизоляция ҳәм коррозияға шыдамлы, қапламалы ҳәм т.б. болыўы мүмкин. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish