Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Жол ҳәм аэродром қапламалары бетоны



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet110/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   106   107   108   109   110   111   112   113   ...   290
Bog'liq
ОМК

15.2.2 Жол ҳәм аэродром қапламалары бетоны 
Автомобиль жоллары ҳәм аэродром қапламалары қурамалы атмосфера шараятында 
ислетиледи. Олар турақлы түрде жаўын-шашын, музлаў ҳәм ериў тәсиринде болады. Қурғақ 
ыссы ықлым шараяты болған Орайлық Азия мәмлекетлеринде жол бетонларына жоқары 
температурадан пайда болатуғын ишки зорығыў да кери тәсир етеди. 
Автомобиль ҳәм ҳаўа кемелериниӊ ҳәрекетинен пайда болатуғын динамикалык 
күшлениўлер, соққылар, ысқыланыўлар, түрли газлар бетонныӊ жемирилиўин тезлестиреди. 
Сол себепли жол бетонларына тығызлығы, беккемлиги, суўыққа шыдамлылығы, желиниўге 
шыдамлылығы бойынша жоқары талаплар қойылады. Жол бетоныныӊ қысылыўдағы 
беккемлик шегарасы бойынша маркасы М300-М500, ийилиўдеги беккемлиги 4-5,5 МПа 
болыўы керек. Бетонныӊ суўыққа шыдамлылығы /150, /200 ҳәм жоқары болыўы шәрт. 
Жол ҳәм аэродром қапламалары бетоны 500 маркалы портландцемент тийкарында 
таярланады. Эксплуатация қәсийетлерин жақсылаў ушын цемент ямаса бетон қурамына 
гидрофоб, дифил затлар ҳәм суперпластификаторлар киритиў мүмкин. 
Бетон ушын майда толтырғыш сыпатында тазаланған кварц қумлары, ири толтырғыш 
сыпатында болса гранит тәризли тығыз таў жынысларынан чақиб сараланган чақиқ таслар 
ислетилиўи мақсетке муўапық. 
Жол ҳәм аэродром қапламалары бетонлары бетон қарыў цехларында ямаса 
автобетонқарығышларда жақсылап қарылады ҳәм арнаўлы бетон қуйыў машиналары 
жәрдеминде қуйылады. Бетон ыссы-суўықдан пайда болатуғын деформацияларды есапқа 
алып деформация чоклары қалдырылып қуйылыўы керек. Бетон қуйылғаннан кейин 
дәслепки күнлерде суўдыӊ пуўланыўын кескин кемейттириў ҳәм қапламаныӊ ҳаўа райы 
шараятына шыдамлылығын асырыў мақсетинде оныӊ бети арнаўлы полимер материаллар 
(лак этинол, битум ҳәм қатрон эмулсиялары, суўда ерийтуғын полимерлер ҳәм т.б) менен 
қорғалыўы мүмкин. 
15.2.3 Отқа шыдамлы бетон 
Бетон жоқары температура тәсиринде суўсызланады, беккемлиги пәсейеди, 
кристаллогидратлар ҳәм Са(ОН)
2
парчаланади, жарықлар пайда болады. Бул ҳалат бетонныӊ 
бузылыўына себеп болады. Жоқары температурада еркин ҳалда пайда болған СаО 
бириктириш ушын бетон қурамына нозик порошокланған кремнезем SiO
2
киритиледи, 
нәтийжеде 700-900
0
С температурада nCaO
.
SiO
2
cыяқлы қатты минераллар пайда болады. 
Отқа шыдамлы бетон қурамына актив минерал қосымшалар (пемза, шлак, шамот, күл 
ҳәм т.б) қосылған портландцемент, шлаклы портландцемент, гилтопырықлы цемент ҳәм 
кремнефторлы натрий қосылған суйық шийша тийкарында таярланады. 
Отқа шыдамлы бетонлар ислетилиў температурасына қарай жоқары отқа шыдамлы 
(1770
0
С жоқары), отқа шыдамлы (1580-1770
0
С) ҳәм тӛмен отқа шыдамлы (1580
0
С тӛмен) 
бетонларга бӛлинеди. 
Минерал қосымшалы портландцемент ҳәм шлаклы портландцемент тийкарында 700
0
С 
температураға шекем шыдайтуғын отқа шыдамлы бетонлар таярлаў мүмкин. Эксплуатация 


105 
температурасы 1000
0
С болғанда ҳәм кислоталы орталықлар тәсир етиўи қәўпи болса, суйық 
шийша тийкарындағы отқа шыдамлы бетонлар ислетиў мақсетке муўапық. 
Гилтопырықлы цемент тийкарындағы бетонлар 1580
0
С дан жоқары температураға 
шыдам 
береди. 
Отқа 
шыдамлы 
бетонларды 
фосфатлы 
ҳәм 
алюмофосфатлы 
байланыстырыўшылар тийкарында да алыў мүмкин. Фосфатлы байланыстырыўшылар 
тийкарындағы бетонлар 1700
0
С қа шекем ислетиледи, олар жоқары термикалық 
беккемликке, олов тәсиринде кем муғдарда киришиш ҳәм едирилишга шыдамлылық 
қәсийетине ийе. 
Отқа шыдамлы бетон толтырыўшылары жоқары температураға ҳәм оловдан бир тегис 
кеӊейиў қәсийетине ийе болыўы керек, кери жағдайда тартипсиз түрде жарықлар пайда 
болыўы мүмкин. 
Жумысшы температура 700
0
С ға шекем болғанда кварцсыз вулканик таў жыныслары 
(сиенит, диорит, диабаз, габбро) отқа шыдамлы аўыр бетонлар алыўда ислетиледи. Геўек тап 
сондай жыныслар (пемза, вулқон туфи, күллер) жеӊил отқа шыдамлы бетонлар таярлаўда 
ислетиледи. 
Отқа шыдамлы бетон 700-900
0
С температурада ислетилсе, толтырғыш сыпатында 
әпиўайы пискен гербиш майдасы ҳәм донадор домна шлаклары ислетилиўи мүмкин. Жоқары 
температурада 900
0
С жоқары ислетилетуғын отқа шыдамлы бетонға толтырғыш сыпатында 
бӛлекленген шамот, хромит рудасы, шамот, хроммагнезит порошоклары ҳәм басқалар 
қолланылады. 
Керамзит, перлит, вермикулит, вулқон туфи сыяқлы геўек толтырғышлар тийкарында 
700-1000
0
С температурада ислетилетуғын жеӊил отқа шыдамлы бетонлар таярланады. 
Жеӊил бетонныӊ орташа тығызлығы 2100 кг

м
3
жоқары болыўы керек. Орташа тығызлығы 
500-1200 кг

м
3
болған ячейкалы отқа шыдамлы бетонлар да таярланыўы мүмкин. 
Отқа шыдамлы бетонлар түрине қарай М100-М250 маркаларда болады. Отқа шыдамлы 
бетонлар энергетика, қара ҳәм реӊли металлургия, химия, нефт ҳәм газди қайта ислеў, 
қурылыс материаллары ислеп шығарыў санаатында ислетиледи. 
Отқа шыдамлы бетонлардан санаат печлери ишки қапламалары, домна ҳәм мартен 
печлери фундаментлери, түтин трубалары ҳәм монолит конструкциялар таярланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   106   107   108   109   110   111   112   113   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish