101
бетонныӊ беккемлигин кемейттирмеген ҳалда тығызлығы ҳәм ыссылық ӛткизиўшеӊлигин
сезилерли дәрежеде кемейттиреди.
Жеӊил
бетонлардыӊ
әҳмийетли
қәсийетлеринен
бири
олардыӊ
ыссылық
ӛткизиўшеӊлиги есапланады. Ыссылық ӛткизиўшеӊлик жеӊил бетонныӊ тығызлығына ҳәм
ығаллығына тиккелей байланыслы болады. Жеӊил бетон салыстырмалы ығаллығыныӊ 1%
кӛбейиўи ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициентиниӊ 0,016-0,035 Вт
(м
.0
С) артыўына алып
келеди. Керамзитобетон, аглопоритбетонныӊ ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициентлери
сәйкес түрде 0,16-0,40 ҳәм 0,25-0,48 Вт
(м
.0
С) болады.
Турақжай имаратларыныӊ сыртқы дийўалларына ислетилетуғын конструктив-ыссылық
изоляциясы жеӊил бетонлары қалыӊлығы ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициентине қарай
20 дан 40 см ге шекем болыўы мүмкин. Бундай бетонлар қурамы сондай таӊланыўы керек,
яғный атмосферадағы ығаллылық нормадан артық түрде уйсозлик панеллерине сиӊбесин.
Әсиресе ығал тартқан уйсозлик конструкциялары қурамындағы суўдыӊ музлаўы олардыӊ
ыссылық изоляциясы қәсийетлерин кескин жаманластырады.
Жеӊил бетонлардыӊ суўыққа шыдамлылығы геўеклигине, геўекликтиӊ структурасына
ҳәм беккемлигине байланыслы болады. Жабық геўекли толтырғышлар тийкарындағы жеӊил
бетонлар ашық геўекли толтырғышлы бетонларға салыстырғанда суўыққа, температураныӊ
кескин ӛзгериўине шыдамлы болады. Жеӊил бетонлар суўыққа шыдамлылығы бойынша
/25... /500 маркаларда болады. Жеӊил бетонлардыӊ суўыққа шыдамлылығын тығызлығын
кӛбейтириў, гидрофоб ямаса дифил полимер қосымшалар қосыў менен асырыў мүмкин.
Жеӊил бетонлардыӊ суў ӛткизбеслиги толтырғышлардыӊ түрине, цементтиӊ
муғдарына, бетонды тығызластырыў усылына тиккелей байланыслы болады. Олардыӊ суў
ӛткизбеслиги W0,1...W1,2 болып, тығыз конструктив жеӊил бетонларда W2 болыўы мүмкин.
Жоқары беккемликтеги суўыққа шыдамлы жеӊил бетонлар тийкарында қурамалы ҳаўа
райы
шараятларында
ислетилетуғын
кӛпир
конструкциялары,
гидротехникалық
сооружениелер, жоқары басымда ислейтуғын темирбетон трубалар ҳәм басқа
конструкциялар таярланады.
Жеӊил бетон араласпалары аўыр бетон таярланатуғын қарығышларда таярланыўы
мүмкин. Бирақ бетонқарығышқа жеӊил бетон компонентлери бираз басқашарақ избе-изликте
салынады. Дәслеп цемент суў менен араластырылып, соӊ избе-из майда ҳәм ири
толтырғышлар қосылады ҳәм жақсылап араластырылады. Аўыр бетон араласпасы сыяқлы
дәслеп компонентлер қурғақ ҳалатда араластырылып, кейин суў менен араластырылса,
жеӊил бетон қурамындағы геўек толтырғыш суўды сиӊдирип алады, нәтийжеде бетон
араласпасын таярлаў қыйынласады.
Жеӊил бетон араласпасын “бӛлек” (айырма) технология усылында таярлаў мақсетке
муўапық. Бул усылға муўапық байланыстырыўшы, суў ҳәм модификаторлар тез айланыўшы
роторлы қарығышларда (400-600 марта
мин) 40-60 сек даўамында интенсив араластырылады,
соӊ мажбурий бетонқарығышда толтырыўшылар менен араластырылады. “Бӛлек” усылда
жеӊил бетон араласпасы бир қыйлы структурада пайда болады ҳәм оннан таярланған буйым
ҳәм конструкциялардыӊ сапасы жоқары болады.
Жеӊил бетонларды қәлиплеў ҳәм тығызластырыў аўыр бетонларды қәлиплеў усылы
сыяқлы болады. Үлкен майданлы жеӊил бетон конструкцияларды тығызластырыў
процессинде 20-50 г
см
2
басым түсетуғын есапта жүк қойып тығызластырыў нәтийжели
болады. Себеби титиретип тығызластырылғанда бетон бетинде жеӊил толтырғыш даналары
бӛртип шығып нотегис бет ҳәм геўек структура пайда етиўи мүмкин. Жеӊил бетонлардыӊ
қатыўын пуўлаў, түрли ыссылық бериўши қураллар жәрдеминде тезлестириў мақсетке
муўапық.
Do'stlaringiz bilan baham: