97
Бетон араласпасына химиялық қосымшаларды киритиў қурамындағы суўдыӊ музлаў
температурасын пәсейттиреди ҳәм минус температурада да бетон қатыўына имканият
жаратады.
Қуяш нуры энергиясынан пайдаланып (гелиотермоислеў) бетонныӊ қатыўын
тезлестириў усылы қурғақ ыссы ықлым шараятында кеӊ тарқалған. Бул усылда монолит ҳәм
жыйналмалы темирбетон конструкциялар қатыўын тезлестириў мүмкин. Қуяш нуры
энергиясын бетон буйымлар үстинде топлаў ушын оныӊ үстинги бӛлеги полиэтилен,
полипропилен ҳәм басқа полимер пленкалар менен орап қойылады; буйым ҳәм пленка
арасындағы аралық 10-15 см болыўы керек. Қуяш нуры энергиясынан ӛнимли пайдаланыў
мақсетинде буйымлар нур тик түсетуғын ҳалатда орнатылыўы ямаса нурға қарап бурыў
имканияты болған қәлиплерге қойылыўы мүмкин.
Гелиотермоислеўде бир күндиз даўамында, бетонныӊ температурасы жылдыӊ
дәўирине қарап, 45-85
0
С әтирапында болады, бетон болса маркадағы беккемликтиӊ 50-70%
ерисиўи мүмкин.
Жыл даўамында бултлы күнлер де болыўын есапқа алып қуяш нуры энергиясы менен
бирге басқа усылларды да биргеликте қолланыў мақсетке муўапық.
Монолит қуйылған бетон биринши күнлерде арнаўлы парваришга мүтәж болады.
Себеби температура ҳәм салыстырмалы ығаллылықтыӊ нормадан ӛзгериўи бетондағы ишки
зўриқишлар нәтийжесинде пайда болған жарықларды келтирип шығарады. Қурғақ ыссы
ықлым шараятында бетон юзаси рулонлы материаллар (полиэтилен ҳәм полипропилен
пленкалар, бризент, чипта ҳәм басқ.), шашылыўшы материаллар (қум, кепек, гилтопырық
ҳәм басқалар) ҳәм жуқа пленка пайда етиўши полимерлер (лак-этинол, госсипол смоласы
еритпелери, суўда ерийтуғын полимерлер, гелполимерлер) суўдыӊ пуўланыўыныӊ алдын
алыў мақсетинде пайдаланылады.
Бетон қурамында ығаллылықты сақлаўдыӊ заманагӛй нәтийжели усылы араласпаға
цемент массасына салыстырғанда 0,1-0,5% гелполимерлерди қосыў усылы есапланады.
Гелполимерлер бетонда суўды микроструктура дәрежесинде услап турыў қәбилетине ийе.
Монолит бетон суўық шараятда қуйылғанда бети ыссылық изоляциясы материаллары
менен ўақытша жаўып қойылыўы шәрт. Арнаўлы материаллар тийкарында монолит бетон
конструкцияларды дәслепки күнлерде орап қойыў бетонныӊ нормал қатыўын тәмийинлейди.
Суўық күнлерде бетонды “термос” типиндеги қәлиплерге қуйыў мақсетке муўапық болып,
термостыӊ аралық бослығына ыссы ҳаўа, пуў жибериў имканияты болады.
Қатқан бетонныӊ сапасын бузып ҳәм бузбастан сынаў усылларында анықлаў мүмкин.
Бетонныӊ беккемлигин бетон араласпасынан мунтазам равишда үлги алып арнаўлы кублар
таярланады ҳәм оларды 7 ҳәм 28 сутка сынап анықланады. Куб үлгилери жыйналмалы ҳәм
монолит бетон қатыўы шараятларында қатыўы керек.
Бетонныӊ беккемлигин бузбастан механикалық ҳәм физикалық сынаў усыллары бар.
Механикалық усылға И.А.Фидзелдиӊ “Шар балғасы” ҳәм К.П.Кашкаровтыӊ “Эталон
балғасы” (Кашкаров балғасы) мысал болады. Механикалық усыл соққы берилгенде бетон
бетинде пайда етилген чуқурча үлкенлиги менен анықланады, себеби бетонныӊ беккемлиги
жоқары болса чуқурча киши ӛлшемде пайда болады. Физикалық усыллар бетонға берилген
соққы толқынлары ҳәм ултрадаўыс импулсларыныӊ тарқалыўына тийкарланған. Ултрадаўыс
портатив әсбаплары жәрдеминде бетонда бойлама ҳәм кесе ултрадаўыс толқынлары
тарқалыўын анықлаў мүмкин. Бетон тығыз ҳәм беккем болса, ултрадаўыс толқынлары
тарқалыў тезлиги жоқары болады. Бетонныӊ беккемлиги “ултрадаўыс тезлиги-беккемлик”
номограммасы жәрдеминде орташа 10% қәтелик пенен анықланыўы мүмкин. Ултрадаўыс
дефектоскопы жәрдеминде бетондағы сызықлар, геўеклер, бослықлар анықланады.
Ҳәзирги күнде лазер нуры тарқатыўшы әсбаплар жәрдеминде бетонныӊ тығызлығы,
дефектлери, ығаллығы ҳәм басқа қәсийетлерин жүдә тезлик пенен анықлаў мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: