Жәмийетлик имаратлары каркаслары
М200-М500 маркалы аўыр ҳәм геўек
толтырғышлар тийкарындағы жеӊил бетонлардан темирбетон колонналар, балкалар ҳәм
басқалар таярланады. Колонналар узынлығы имараттыӊ еки қабатына мӛлшерленген болады.
Балкалар арнаўлы қуйма деталларды кепсерлеп колонналар менен бириктириледи.
Дийўал блоклары М50, М100 маркалы жеӊил бетонлардан (
m
1200кг
м
3
) яхлит ямаса
иши геўекли етип таярланады. Олардыӊ ӛлшемлери унификацияластырылған болып,
имараттыӊ сериясына масластырылған болады. Жәмийетлик имаратлар сыртқы ҳәм ишки
дийўаллары ушын панеллер ислеп шығарылады.
Ысытылатуғын жәмийетлик имаратлар сыртқы панеллери
М50-М100 маркалы
геўек толтырғышлар тийкарындағы жеӊил бетонлардан (
m
700-1000 кг
м
3
) ҳәм М35-М50
маркалы геўек бетонлардан (
m
550-700 кг
м
3
) бир қатламлы етип таярланады. Бундай
панеллердиӊ узынлығы 3600 ҳәм 7200 мм, бийиклиги 2900 мм ҳәм қалыӊлығы 400 мм
болады. Зәрүрлик болса басқа ӛлшемдеги панеллер де ислеп шығарылады.
Сыртқы дийўал блоклары ҳәм панеллери оӊ бети безеў араласпалары қатламы, чақиқ
тош, керамикалық плиткалар ҳәм ҳаўа райына шыдамлы бояўлар композициялары менен
безатилиўи мүмкин.
Ишки дийўаллардыӊ панеллери
М100-М300 маркалы аўыр, жеӊил ҳәм ячейкалы
бетонлардан таярланады. Олардыӊ қалыӊлығы бетонныӊ түри ҳәм маркасы, тәсир ететуғын
жүклер муғдарына қарап 120-160 мм болыўы мүмкин (7.1-сүўрет).
Қабатлар аралық плита ҳәм панеллер узынлығы 3-6,5 м ге шекем болады. Панеллер
бӛлмениӊ тӛрт дийўалына сүйенетуғын ӛлшемлерде ислеп шығарылады. Олардыӊ
қалыӊлығы 160 мм болады. Плиталар қалыӊлығы 220 мм, ени болса 1,6-2,4 м ӛлшемлерде
болады.
Қабатлар аралық плита ҳәм панеллер
М200 ҳәм М300 маркалы аўыр ҳәм геўек
толтырғыш тийкарындағы жеӊил бетонлардан ясси яхлит ҳәм домалақ ҳәмде овал геўекли
иши бос, сондай-ақ қабырғалы ҳалда таярланады.
Бослықлар плита ҳәм панеллер массасын кемейтиреди, ыссылық ҳәм даўыс изоляциясы
қәсийетлерин жақсылайды, бетон сапасын кемейттиреди.
Ҳәзирги ўақытта ири кӛлемдеги панелли турақ жай имаратларын қурыў раўажланбақта.
Бул типтеги имаратларды заводда таярланған бир ямаса еки бӛлмеге мӛлшерленген кӛлемли
конструкциялар тийкарында қурылыс майданында жыйналады. Кӛлемли уйсозлик
конструкциялары аўыр ҳәм жеӊил бетонлар тийкарында таярланыўы мүмкин. Кӛлемли
панелли конструкцияларды ислеп шығарыў қурылыс-монтаж жумысларын кескин
қысқартырады, бетон ҳәм металлды тежейди, бетонныӊ беккемлиги ҳәм сапасын асырады.
Тӛбе ушын бастырма конструкциялар жәмийетлик имаратлар қурылысында страпила
балкалары, плиталар, панеллер ҳәм басқа буйымлар сыпатында ислетиледи.
Страпила колонналары ҳәм балкалары М300 маркалы аўыр ҳәм жеӊил бетоннан 6 м
узынлықта бир қыялықлы етип таярланады.
Тӛбе ушын бастырма панеллер ҳәм плиталар М200-М300 маркалы аўыр ҳәм жеӊил
бетоннан ясси ҳәм қабырғалы типлерде узынлығы 6 м, ени болса 1,5-3 м етип таярланыўы
мүмкин.
Тӛбе ушын бастырма плиталардыӊ қабырғалары ишки ҳәм сыртқы тәреплерге бӛртпе
ҳалатда болыўы мүмкин. Сыртқа бӛрттирилген қабырға бийик болмай, үстине чокларды
бекитиўге мӛлшерленген арнаўлы темирбетон бастырма қабырғалы плиталар кийдирилиўге
мӛлшерленген. Тӛбе ушын бундай жыйналмалы темирбетон конструкция чоклардан суўдыӊ
ағып кириўиниӊ алдын алады. Тӛсеме гидроизоляция материаллары ислетпестен суў
ӛткизбейтуғын тығыз темирбетон конструкциялар таярлаўда усы типдеги тӛбе
конструкциясы үлкен әҳмийетке ийе.
Do'stlaringiz bilan baham: |