Корруп-цияланыў индекси
|
Сатып алыў уқыплылы-ғының дәрежеси, АҚШ долл.
|
Дания
|
9,94
|
21,23
|
Бельгия
|
5,25
|
21,66
|
Финляндия
|
9,48
|
17,76
|
Чехия
|
5,20
|
9,77
|
Швеция
|
9,35
|
18,54
|
Венгрия
|
5,18
|
6,41
|
Жаңа Зеландия
|
9,23
|
16,36
|
Польша
|
5,0
|
5,40
|
Канада
|
9,10
|
21,13
|
Италия
|
5,03
|
19,87
|
Нидерландия
|
9,03
|
19,95
|
Малайзия
|
5,01
|
9,02
|
Норвегия
|
8,92
|
21,94
|
ҚАР
|
4,95
|
5,03
|
Австралия
|
8,86
|
18,94
|
Қубла Корея
|
4,29
|
11,45
|
Сингапур
|
8,66
|
22,77
|
Уругвай
|
4,14
|
6,63
|
Люксембург
|
8,61
|
37,93
|
Бразилия
|
3,56
|
5,40
|
Швейцария
|
8,61
|
25,86
|
Руминия
|
3,44
|
4,36
|
Арқа Ирландия
|
8,28
|
15,68
|
Туркия
|
3,21
|
5,58
|
Германия
|
8,23
|
20,07
|
Тайланд
|
3,06
|
7,54
|
Уллы Британия
|
8,22
|
19,26
|
Филиппин
|
3,05
|
2,85
|
Израил
|
7,97
|
16,49
|
Қытай
|
2,88
|
2,92
|
АҚШ
|
7,61
|
26,98
|
Аргентина
|
2,81
|
8,31
|
Австрия
|
7,61
|
21,25
|
Венесуэла
|
2,77
|
7,90
|
Гонконг
|
7,28
|
22,95
|
Ҳиндистан
|
2,75
|
1,40
|
Португалия
|
6,97
|
12,67
|
Индонезия
|
2,72
|
3,80
|
Франция
|
6,66
|
21,03
|
Мексика
|
2,66
|
6,40
|
Япония
|
6,57
|
22,11
|
Пакистан
|
2,53
|
2,23
|
Коста-Рика
|
6,45
|
5,85
|
Россия
|
2,27
|
4,48
|
Чили
|
6,05
|
9,52
|
Колумбия
|
2,23
|
6,13
|
Испания
|
5,90
|
14,52
|
Боливия
|
2,05
|
2,54
|
Греция
|
5,35
|
11,71
|
Нигерия
|
1,76
|
1,22
|
* Дерек: ХТТБ маълумотлари.
Бюрократиялық аппараттың коррупциясына қарсы гүресиў машқаласына ҳәр түрли халық-аралық шөлкемлер, соның ишинде Дүнья банкиниң материалларында үлкен дыққат қаратылады. 13.2-сүўретте бюрократияға қарсы гүресиў ҳәм мәмлекетлик институтлардың уқыплылығын жоқарылатыўдағы тийкарғы илажлар келтирилген.
Бул бағдарламаның тийкарғы пунктлери төмендегилерден ибарат:
нәтийжели нормалар ҳәм шеклеўлерди қабыл етиў;
мәмлекетлик хызметлер, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жеке сектор тараўында бәсекени күшейтиў;
мәмлекетти инсанларға жақынластырыў: пуқаралар менен мәмлекеттиң өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў, пуқаралардың пикирлерин есапқа алыў;
13.2-сүўрет. Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекеттиң имканиятларын беккемлеўге көмеклесиўши механизмлер шеңбери.
Бюджеттиң жоқарылаўының ишки турақластырыўшы қуралларын жаратыў, мәселен, атқарыўшы, нызам шығарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларының, қарарларын ким тәрепинен белгилениўи, қабыл етиў ҳәм иске асырыў үстинен қадағалаў.
Бул бағдарлама мәмлекет ҳәм мәмлекетлик институтлардың хызмети тийкарындағы мотивацияның өзгериўи менен байланыслы. Оның иске асырылыўы мәмлекеттиң ҳәмелдарларына коллективлик мәплер жолында ҳәрекет етиў ушын хошаметлеўши фактоларды жаратыўға жәрдемлесиўши ҳәм бир ўақыттың өзинде мәжбүрий ҳәрекетлердиң итималлығын шеклеўши қағыйда ҳәм нормалардың енгизилиўин нәзерде тутады.
Жәнеде нәтийжелирек мәмлекетти қурыўға урыныўлар соны көрсетеди, ҳәттеки санааты раўажланған мәмлекетлерге салыстырғанда да нәтийже жақсырақ болады. Дүнья тәжирийбеси бойынша, мәмлекеттиң нәтийжелигиниң төмен дәрежедеги жоқарылаўыда ўақыттың өтиўи менен инсанлардың турмыс сапасын сезилерли дәрежеде жоқарылатады, себеби реформалар, әдетте өзиниң унамлы нәтийжесин береди.
Дүнья банки тәрепинен өткерилген изертлеўлердиң нәтийжелери бойынша, төмен потенциалға ийе болған мәмлекетте, иске асырылап атырған сиясаттың сапасы төмен болған мәмлекетлерде халықтың жан басына туўры келетуғын дәраматтың көлеми бир жылда, шама менен, 0,4 процентке өскен, усындай ўақытта күшли мәмлекетке ийе болып, ақылға муўапық сиясат жүргизген мәмлекетлерде болса халықтың жан басына туўры келиўши дәраматтың көлеми бир жылда орташа 3 процентке өскени анықланды2.
Жуўмақ
Төменде келтирилген мағлыўматлар еки түрли мәмлекетти салыстырыўға имкан береди:
|
Шәртнамалық
|
Эксплуататорлық
|
Мақсети
|
Жәмийет ағзаларының улыўмалық дәраматы (УИӨ)н көбейтиў, трансакция шығынларын азайтыў
|
Мәмлекет аппаратын қадағалаўшы группаның рентасын (салық түсимлерин) көбейтиў
|
Ўазыйпалары (функциялары)
|
Инсанлар ортасындағы бир қатар питимлерде кепиллик, мүликшилик ҳуқықларын классификациялаў ҳәм қорғаў
|
Кепиллик роли менен шегераланбаған түрде экономикалық ҳәм социаллық өз-ара бирге ислесиўге актив араласыў
|
Қуралланыў (мәжбүрлеў монополиясынан пайдаланыў)
|
Жәмийетлик шәртнама ҳәм конституциялық шеңберлер менен шегераланған
|
Мәмлекетти қадағалаўшы группаның сиясый шыдамлылығына байланыслы
|
«Принципал-агент» машқаласын шешиў механизмлери
|
Принципал – пуқара: демократиялық қадағалаў механизмлери, конституциялық шеңберлердиң бар екенлиги, альтернатив вариантлар.
Принципал – мәмлекет: нызамға ерикли бағыныў нормаларын енгизиў.
|
Принципал – пуқара: жоқ.
Принципал – мәмлекет: мәжбүрлеў ҳәм куш ислетиўден пайдаланыў, ҳәр тәреплеме қадағалаўды иске асырыўға урыныў
|
Бюджет шеклеўлери
|
Қатаң, бюджетти тастыйықлаўдың демократиялық пропогандасы менен шекленген
|
Жумсақ
|
Дәраматлардың тийкарғы статьялары
|
Биринши гезекте «базар» салықларынан түсимлер
|
Конфискация салықлары ҳәм салықтан басқа түсимлер
|
Шығынлардың тийкарғы баплары
|
Әдиллик, ҳуқық қорғаў хызмети
|
Қорғаныў, мәмлекетлик басқарыў, ҳуқық қорғаў хызмети
|
Бюджет жетиспеўшилигин қаплаўдың тийкарғы усыллары
|
Сыртқы базардағы қарызлар
|
Жергиликли бюджеттиң ҳүкиметке қарызлары, ишки базардағы қарызлар, конфискация салығының түри ретиндеги миннетлемелерин орынлаўдан бас тартыўыда мүмкин
|
Тәкирарлаў ушын сораўлар
Мәмлекет ҳәм «принципал-агент» машқаласының әҳмийетин түсиндириң.
«Шәртнамалық» мәмлекетке түсиник бериң.
«Шартнәмалық» мәмлекет қандай жағдайларда пайда болады?
«Эксплуататорлық» мәмлекеттиң өзине сай тәреплери нелерден ибарат?
Мәмлекеттиң өзгешелигин белгилеўдиң қандай усыл ҳәм критериялары бар?
Коррупция ҳәм оған қандай факторлар тәсир көрсетеди?
Do'stlaringiz bilan baham: |