Тема 13. Автомобиль жолларын курыу хам оны шолкемлестириу техникалык нормалары хам техникаклык шартлери.
ШНК 2.05.02-07.
2. 1. Автомобилъ жолларыниң жойбарлық шешимлери төмендегилерди тәмийинлеўи керек: транспорт қуралларының есаплық тезлик менен қаўипсиз, шолкемлескен ҳәм қолай ҳәрекетлерин; бирдей ҳәрекет шараятларын, айдаўшылардың көрип шамалаў тийкарларына әмел қылыўды ; кесилиспе ҳәм тутасралардынг қаўипсиз жайласыўын; катнау бөлими майданы менен автомобилъ шиналары арасындағы тийисли тислеўниуин.
2. 2. Жойбар шешимлеринде төмендеги сораўлар карап шыгылыу керек: жоба ҳәм бөйлама кесим қыйсықлықларында, көтерилиў ҳәм түсиўлерде, соның менен бирге жол қатламының тислесиу сапасын асырыў есабына жылдың қолайсыз ықлым шараяты дәуиринде ҳәрекет қаўипсизлигин тәмийинлеў; авария жағдайларында транспорт қуралларының қаўипсизлигин тәмийинлеў; жолды жақтыландырыў; көринисти тәмийинлеў, жолды үскенелеў, сондай-ақ жол белгилерин жайластырыў, жол сызықларын сызыў схемалары; қорғаў ҳәм жонелтириуши үскенелерди жайластырыў схемасы; жөнелислерди көрсетиў схемасы, автоматластырылган системалар ҳәм айырым светофорларды енгизиў вариантлары ҳәм программалары; кесилиспе ҳәм тутаспалар, жасалма имаратлар, сервис пунктлери, дем алыў майданшалары, тоқтап турыў орынлары, автобус бәндиргилери, хызмет көрсетиў орны ҳәм имаратларды қаўипсиз жайластырылыўы ҳәмде зәрүрли үскенелениўи.
2. 3. I-IV тайпалы автомобилъ жолы жойбарларының ҳәрекет кауипсизлигини тәмийинлеў бөлеги Ҳәрекет қаўипсизлиги мәмлекет хызмети шөлкемлери (ҲХДХО) менен келисиледи.
2. 4. Жойбарлық шешимлерди баҳалаў ҳәрекет тезлиги, ҳәрекет қаўипсизлиги ҳәм жоллардың транспорт өткизгишлик қәбилети көрсеткишлери, транспорт ғәрежетлери ҳәм ҳәрекет қолайлығы шараяты бойынша арнаўлы көрсетпелерге тийкарлана алып барылыўы керек. Жолдың айырым элементлери өлшемлериниң ҳәрекет қаўипсизлиги ҳәм қолайлығы талапларына сәйкеслиги ЕҲМда ямаса орынлардағы бақлаўлар тийкарында есаплап баҳаланганда жалғыз автомобилъ тезлигиниң жоба ҳәм бөйлама кесим өлшемлерине байланыслы өзгерис эпюрасы сызылады. Жолдың ол ямаса бул бөлегиниң қәуиплилик дәрежесин баҳалаў ушын салыстырмалы авария коэффициенти ямаса қаўипсизлик коеффициенти көрсеткишлер системасынан пайдаланылады. Жуўмақлаўшы авария коэффициентин есаплаўда жол шараятларын есапқа алыўшы авария коэффициентлерин итибарға алыў керек. Түрли жол шараятлары тәсирин есапқа алған жолдың өткизиў мүмкиншилигин баҳалаў, оның ең үлкен мəнисине жергиликли жол шараятларын есапқа алған азайыў коэффициентлерин киргизиў арқалы баҳаланады (МШН 25-05).
2. 5. Жолларды проектлестириўде орнатыў орны ҳәм усылын өз ишине алған жол белгилерин жайластырыў схемасы ҳәм жол сызықларын түсириў схемасы ислеп шығылыўы керек. Жол ҳәрекетин шөлкемлестириў техникалық қуралларын жайластырыў схемасын ислеп шығыўда ГОСТ 23457-86 дан пайдаланыў керек. Улыўма пайдаланыўдағы автомобилъ жолларында ҳәрекет қаўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, автомобилъ жоллары қайсы юридикалық шахслар ыхтиярында болса, сол юридикалық шахслар менен келиспестей турып, рекламаларды жайластырыўға рухсат етилмейди.
2. 6. Пиядалар өтиў жайлары (“зебра” түриндеги), автобус бәндиргилери, тезликти өзгертиў болеклери, көтерилиўдеги қосымша болеклер, автомобиллер тоқтап турыу болеклери, туннеллар ҳәм жолоткизгишлер астындағы катнау бөлимлери, темир жол кесип өтиў орынлары, киши көпирлер ҳәм жол қатламы фонында тосықлар жаман көринетуғын орынларда оларды турыўын максадида ашыкрак реңдеги қатламлар ислетилиўи керек.
2. 7. Қараңғы ўақытта қосылатуғын электр жарыткышлар жолды халық пунктлери шегарасында, әмелдеги электр таратыўшы тармақлардан пайдаланыў мүмкин болғанда үлкен көпирлерде, автобус бәндиргилеринде, I ҳәм II тайпалы жоллардың өз-ара ҳәм темир жоллар менен кесиспелеринде, кесилиспедиң барлық байлаў тармақ түйинлеринде ҳәм оларға кириў орынларында кеминде 250 м аралықта, ҳалқа түрдеги кесилиспелерде нәзерде тутылмақтасы керек. Егер жактырылган бөлимлер арасындағы аралық 250 м ден кем болса, жолды үзликсиз жақтыландыриўды шөлкемлестириўин усыныс етиледи.
2. 8. Автомобилъ жолы қатламының жактыландырыуы халық пунктлериниң сыртында, сондай-ақ үлкен ҳәм орта көпирлерде I тайпалы жол ушын 0, 8 кд/м2, II тайпа ушын 0, 6 кд/м2, транспорт шешимлериниң байлаў тармақларында 0, 4 кд/м2 болыўы керек. Автомобилъ ҳәм темиржолларының бир тегисликтеги кесилисиў жайларында жактыландырыу аппаратлары темиржол транспорты мийнет қаўипсизлиги стандартлары системасында белгиленген жасалма жақтыландыриў нормаларына сайкес болыўы керек.
2. 9. Жоллардағы жактыландыргыш таяншлары жол бәйи қасындан сыртда орнатылып, бунда катнау бөлеги шетинен таяншнинг баўырлас қырыға шекем болған аралық кеминде 1, 75 м болыўы керек. Жоллардағы жактыландыргыш таяншларын суў наўалары ямаса кюветларнинг арқасында орнатыў керек. Жактыландыргыш таяншларын кеңлиги 5 м ден кем болмаған ажыратыў болеклеринде тосықлар менен бирге орнатыў мүмкин.
2. 10. Автомобилъ жоллары бөлимлериндеги жактыландыргышлар тәбий жақтылық муғдары 15-20 лк ге шекем азайғанда жагылып, 10 лк ден артқанда болса өшириледи. Кешеси автомобилъ жолларыниң созылған бөлимлеринде (300 м ден узын), көпирлер ҳәм тоннелларга, автомобилъ ҳәм темиржоллар менен кесилисиў жайларына жақынласыў жактыдандыргышлардын ярымын өшириў жолы менен сыртқы жақтыландыриў муғдарын кемейтиўди аңлыў керек. Бунда избе-из жайласқан еки жактыландыргыш, соның менен бирге тармақланыў, қосыў, бөйлама кесимдеги радиусы 300 м ден кем болған ийректин шыңында, пиядалар өткеллеринде жәмиетлик транспорты бәндиргилеринде, радиусы 100 м ден киши болған пландағы ийректе жактыландыргышлар өширилиўине жол қойылмайды.
2. 11. Автомобилъ жоллары жактыландыргышлардын электр тәмийнаты жақын халық пунктлериндеги электр таратыўшы тармақтан ямаса жақын орада жайласқан ислеп шығарыў кәрханалары тармағындан әмелге асырылып, оларды басқарыў жол қасында жайласқан диспетчер пунктинен орайласқан ҳалда алып барылады. Темир жоллардың кесилисиў жайларында жактыландыргышлардын электр тәмийнаты, егер темир жолдың бул бөлеги бөйлама электр тәмийнаты тармақлары ямаса електроблокировка тармақлары менен үскенелестирилген болса, тийкарынан темир жол электр тармақларынан әмелге асырылыўы керек. Сыртқы жақтыландыриў тармақларын басқарыў жақын жайласқан қала халық пункти ямаса ислеп шығарыў кәрханаларынан орайластырыўды нәзерде тутыўы керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |