13.4. Мәмлекеттиң өзгешеликлерин баҳалаўдың уcыл ҳәм критериялары
Мәмлекеттиң дүзилисин анықлаў (шәртнамалық ямаса эксплуататорлық) мәмлекет бюджетиниң дүзилисин анализ ислеўге мүмкиншилик береди Фирманың балансы сыяқлы мәмлекет бюджети де институционал анализ ушын зәрүр болған жетерли муғдарда ахборотты береди. Талап етилетуғын мағлыўматлар қабыл етилген ҳәм реал орынланған мәмлекет бюджети дәраматлар ҳәм шығынлардың бөлимлериниң бир қатар статьяларында жәмлестирилген. Буннан басқа егер бюджет қытшылығы бар болса, оны қаплаў усыллары мәмлекеттиң әҳмийетли характеристикасы болып есапланады.Төменде мәмлекет бюджетиниң дүзилисин келтиремиз:
ДӘрАмаТлар
|
ШЫҒЫНЛАР
|
Салық дәраматлары,
Саны
Соның ишинде:
пайда салығы
дәрамат салығы
қосылған қун салығы
арнаўлы салықлар
акцизлер
экспорт-импорт бажылары
ресурс төлемлер
лецензиялар
Салықтан басқа дәраматлар,
Соныңишинде:
Сыртқы экономикалық хызметтен дәраматлар
Мәмлекет мүлкиндеги активлер
Мәмлекетлик ресурсларды иске асырыў
Бюджет кредитлерин қайтарыў
Мақсетли бюджет фондлары
|
Экономикаға бюджет кредитлери
Сыртқы экономикалық хызмет
Социаллық-мәдений илажлар
Илим
Қорғаныў
Ҳуқық қорғаў хызмети
Әдиллик
Мәмлекетлик басқарыў
Мәмлекетлик ресурсларды толтырыў Айрықша жағдайлар бойынша шығынлар
Хызмет көрсетиў, сыртқы ҳәм ишки қарызларды төлеў
Жергиликли бюджетлерди финанс пенен тәмийинлеў
Жәми
|
Жәми
|
Депицит
|
Мәмлекетти жоқарыдағы еки дүзилистиң бирине киргизиўдиң биринши критериясы–бул дәраматлардың ҳәр түрли статьяларының бир-бирине болған қатнасы. Салықтан басқа түсимлердиң үлеси қаншама көп болса, мәмлекеттиң экономикаға араласыўы соншелли актив болады – бундай жағдайда оның роли шәртнамалардың орынланыўының әпиўайы үлесиниң шегерасынан шығып кетеди. Бюджеттиң салықтан басқа дәраматларының үлесиниң турақлы тенденциясының бар екенлиги ҳаққында айтыўға имкан бермейди. Буның үстине ҳәр қыйлы салық түсимлериниң бир-бирине болған қатнасының анализи олардың конфискация өзгешелиги ҳаққында (рента төлемлери ҳәм арнаўлы салықлардың үстемлик етиўинде), ямаса салық системасының өндирислик ҳәрекетин хошаметлеў мақсетлерине бағыныўы («базар» салықлары: пайда салығы, ҚҚС, акцизлер, дәрамат салығы, мал-мүлик салығы үстемлик еткенде) ҳаққында пикир жүргизиўге имкан береди. Соныда атап өтиў орынлы, бюджетте «базар» салықларының үлеси турақлы қысқарыў тенденциясына ийе. Сондай-ақ, салықлардың жыйналыўы, яғный ҳәрекеттеги салық түсимлери ҳәм салық салыў базасының реал муғдарларынан келип шығып жазылған салықлар ортасындағы айырма ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм әҳмийетли ахборотты өзинде жәмлестиреди. Салықлардың жыйналыўы қаншелли жоқары болса, мәмлекет шәртнамалық моделге соншелли жақын болады.
Екинши критерия –мәмлекетлик шығынлардың дүзилиси ҳәм биринши гезекте реал финанс пенен тәмийинленген ҳәмде мәмлекет бюджети ҳаққындағы нызамда белгиленген шығынлардың айырмасы. Эксплуататорлық мәмлекетте оның мәжбүрлеў потенциялын сақлап қалыў ҳәм күшейтиў менен байланыслы шығынлар («күш ислетиўши»министрликлерди сақлап турыў шығынлары) ҳәмде тиккелей мәмлекет аппаратын сақлап турыў ушын арналған шығынларды финанс пенен тәмийинлеўдиң үстемлилиги әҳмийетке ийе. Қорғаныў, ҳуқық қорғаў хызмети ҳәм мәмлекетлик аппарат шығынларды үлкен таярлық пенен иске асырады.
-
Шығынлардың статьялары
|
Ҳуқықты қорғаў хызмети (әдиллик министрли буған кирмейди)
Социаллық-мәдений илажлар
Мәмлекетлика басқарыў
Халық-аралық хызмет(соның ишинде мәмлекеттиң сыртқы қарызына хызмет көрсетиў)
Қорғаныў
|
Үшинши критерия – бюджет депицитин финанс пенен тәмийинлеў усыллары. Бюджет депицитин қаплаўдың үш тийкарғы усылы –орайлық банктиң ҳүкиметлик кредитлери, сыртқы ҳәм қарызлардан эксплуататорлық мәмлекети бириншисин мақул көреди. Буннан басқа, орайлық банктиң кредитлеринен пайдаланыў мәмлекетке конфискация қәсийетине ийе болған «инфляция салығы» (сеньоража) арқалы дәрамат алыў имканын береди. Керисинше, шәртнамалық мәмлекет бюджет жетиспеўшилигин финанс пенен тәмийинлеўдиң ең аз инфляция усылы – сыртқы базардағы қарызлары мақул көреди. Ишки базардағы қарызлар узақ мүддетли дәўирде инфляция қәўпин туўдырады ҳәм жәмийеттиң улыўма абаданшылығының раўажланыўына тосқынлық етеди, себеби финанслық ресурслар реал сектордан мәмлекетлик қарыз миннетлемелер базарына өтип кетеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |