13.2. «Шәртнамалық» мәмлекет түсиниги
Шәртнамалық мәмлекеттиң қысқаша сыпатламасы төмендегише болады: бул – тек ғана оған пуқаралар тәрепинен тапсырылған ҳуқықлар шегерасында ҳәм олардың мәплери жолында күш ислетиў монополиясынан пайдаланыўшы мәмлекет, пуқаралар болса салықларды төлеўге миннетлеме емес, ал өз жуўапкершилигине ерикли түрде алынған миннетлеме ретинде түсинеди. Басқаша айтқанда, мәмлекеттиң ролинде мүликшилик ҳуқықларын қорғаўды мәмлекеттиң еркине тапсырыў қолайлы болатуғын питимлердиң шегерасы бойынша кепил роли менен шегераланады. Трансакция шығынлары нолге тең болмаған жағдайда, мүликшилик ҳуықларын қорғаў функциясынан басқа, мәмлекет Коуз теориясында белгиленген ҳуқықлардың оптимал бөлистирилиўин нәзерде тутқан түрде оларды классификациялаў процессине де араласады. Солай етип, шәртнамалық мәмлекеттиң мақсети ҳуқықларды оптимал түрде ийелик етиўге муўапық болған экономикалық субъектлердиң қолына тапсырыў арқалы мүликшилик ҳуқықларының жәмийеттиң улыўма дәраматын жоқарылатыўға жәрдем беретуғын бөлистириўге ерисиўден ибарат. Қандай жағдайда шәртнамалық мәмлекет пайда болады?
Мәмлекеттиң функциясында анық конституциялық шеңберлердиң болыўы. Конституцияда инсанлар тәрепинен мәмлекетке тапсырылатуғын ҳәм ҳәр қандай жағдайда да өзгериўи мүмкин болмаған ҳуқықлар эксплицит формада келисилген. Буннан басқа, мәмлекет аппаратының өзи олардың тийкарында хызмет көрсететуғын нормалары анық белгиленген1.
Пуқаралардың мәмлекеттиң жүмысларында қатнасыў механизмлериниң жолға қойылыўы. Пуқаралар мәмлекеттиң жумысында қатнасыўының сиясый механизмлери қатарына демократиялық пропогандалар киреди. Бирақ демократия нормалары жетерли емес, олар пуқаралардың қатнасыўының турақлы дәстүрлерге сүйениўи тийис, олар айырым ўақытта пуқаралардың улыўма абаданшылығының жоқарылаўын тәмийинлеўдеги роли арқалы социаллық капитал деп аталаы. Экономикалық тараўда пуқаралардың қатнасыўының дәстүрлери айрықша фирмалар дәрежесинде өзин-өзи басқарыўды раўажландырыў формасын қабыл етеди. Жумыс орнындағы демократия улыўма жәмийтти демократияластырыўдың элементи болып есапланады: инсан, егер ол мәмлекетти демократялық басқарыўда актив қатнасыўға умтылса өзиниң күнделикли турмысында демократиялық өзин-өзи басқарыў тәжирийбесине ийе болыўы керек.
Мүликшилик ҳуыуқларын бөлистириўдиң тийкарғы альтернатив механизми ретинде базардың ex ante институтының бар болыўы. Мәмлекет мүликшилик ҳуқықларының базарда нолге тең болған трансакция шығынлары ўақтында ерисиўи мүмкин болған бөлистирилиўине ерисиўди нәзерде тутады. Соның ушын мәмлекет ўақты-ўақты менен базарға салыстырылмаған түрде хызмет көрсете алмайды.
Мүликшилик ҳуқықларын классификациялаў ҳәм қорғаўда альтернатив механизмлердиң бар екенлиги. «Даўыс»тан пайдаланыў, яғный пуқаралардың мәмлекеттиң жумысында қатнасыўы менен бир қатарда «шығыў» -инсанлардың шәртнамалардың орынланыўының басқа кепиллерине жолығыўының альтернатив вариантлары болыўы керек. Альтернатив кепиллек ретинде басқа мәмлекетлер, мәмлекетти қадағалаўшы группаға рэкет, мафия, социаллық группалардың қатнасыўы мүмкин. Субститутлар қаншелли жетилискен болса, мәмлекет соншелли төмен дәрежедеги еркинликке ийе, улыўма дәраматтың соншелли үлкен бөлеги пуқаралардың қолына тийиседи. Усы көз-қарастан бир региондағы барлық мәмлекетлер ортасындағы миграциялық ағымлар инсанлардың нәтийжесиз мәмлекет аппаратына қарсы «аяқлары» менен даўыс бериўди қәлеўин билдиреди. Улыўма алғанда мүликшилик ҳуқықларын классификациялаў ҳәм қорғаў механизмлериниң «базары» ҳаққында айтыў мүмкин. Усы базарда инсанлар тек ғана белгиленген жәмийеттеги альтернатив вариантларды емес, ал басқа мәмлекетлердеги, тарийхта ямаса теориядағы альтернатив вариантларды да есапқа алады. Шығыс Европа мәмлекетлеринде бундай базар анық сәўлеленген: бундай базардың мәмлекетти оның шәртнамаларының альтернатив кепиллери менен бәсекелесиў процессин реформаластырыўдағы роли жүдә әҳмийетли
Do'stlaringiz bilan baham: |