13-Лекция (4-саат). МӘМЛЕКЕТЛЕР ТИПОЛОГИЯСЫ
Жобасы:
13.1. Мәмлекет ҳәм «принципал-агент» машқаласы
13.2. «Шәртнамалық» мәмлекет түсиниги
13.3. «Эксплуататорлық» мәмлекет түсиниги
13.4. Мәмлекеттиң өзгешеликлерин баҳалаўдың уcыл ҳәм критериялары
13.5. Коррупция машқаласы
13.1. Мәмлекет ҳәм «принципал-агент» машқаласы
Мәмлекетти пуқаралар ҳәм мәмлекет аппараты ортасындағы жәмийетлик шәртнамалар арқалы тәриплеў «принципал-агент» машқаласын келтирип шығарады. Бул жерде биринши гезекте ким «принципал» ҳәм ким «агент» екенлигин анықлап алыў талап етиледи Жуўап улыўма анық емес. Пуқара да, мәмлекет те еки тәреплеме рол ойнайды. Бир тәрептен, пуқара мәмлекетке айырым функциялардың орынланыўын тапсырған түрде оның дүзилисин белгилейди, яғный ол «принципал», мәмлекет болса «агент» болып есапланады. Екинши тәрептен, пуқара «агент» ролинде қатнасып, шәртнамалардың орынланыўының кепили ретинде мәмлекеттиң қарарларына бойсынады. Ж.Бьюкенен усы еки тәреплемелиликти «бойсыныўшының парадоксы» деп атады: инсан өзин бир ўақыттың өзинде ҳәм мәмлекет басқарыўының қатнасыўшысы – объекти ретинде, ҳәм өзи таңламаған ҳәрекет нормаларына бағыныўға мәжбүр етилетуғын субъект ретинде қабыллайды. Солай етип, «принципал-агент» машқаласы бундай жағдайда еки тәреплеме өзгешеликке ийе ҳәм оны төмендеги схема арқалы түсиндириў мүмкин:
«Принципал-агент» модели мәмлекеттиң функциясы менен байланыслы төмендеги қәўиплерди анықлаўға имкан береди. Бириншиден, мәмлекет уллы монстр – Левиафанға айланып, өзиниң қадағалаў тараўын тәреплер менен анық келисилген питимлер көлеминен сыртқа жайып жибермей ме, деген қәўип ҳаққында 1651-жылы атақлы инглис философы Томас Гоббс өзиниң тап усындай «Левиафан» деп аталған китабында ескерткен еди. Екиншиден, бир тәрептен, мәмлекет күш ислетиўди қолланыў ушын монополия ҳуқықынан пайдаланып, пуқаралардың мәплерин бийкарламай ма? Екинши тәрептен, пуқарала мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң ҳақысын төлеўден бас тартыўға урынып, жәмийетлик транспорттағыдай әпиўайы билетсиз адамдай, өзлерин оппортунистлердей тутпайма? Себеби мәмлекеттиң хызметлери ҳәм жәмийетлик транспорт хызметлери социаллық абаданшылық характерине ийе.
Еки тәреплеме «принципал-агент» машқаласының қандай формада шешилиўине қарап, мәмлекеттиң ҳәр түрли моделлери қәлиплеседи. Теориялық жақтан жеке есап-санақлардан пайда болған мәмлекет шәртнама қуралы ретинде, қурамалы алмасыўға көмеклесиўге ҳәм оны иске асырыў қуралы ретинде пайда болатуғын мәмлекеттен абсолют түрде парық қылады.
Өз гезегинде, мәмлекеттиң еки идеал модели бар. Биз, Д.Норт бойынша, «шәртнамалық» деп атайтуғын биринши модел жоқарыда санап өтилген машқалаларды шешиў ўақтында пайда болады. Екинши– «эксплуататор» модели онда мәмлекеттиң де, пуқараның да оппортунистик ҳәрекетине тосқынлық етпеген мәмлекеттиң функциясын жаратады. Өз-ара қатнасықлардың еки тәрепиде, биринши гезекте душпанын көргендей, өз жуўапкершилигине алған миннетлемелерди орынламайды. Усы жерде ҳәр бир моделди тереңирек көрип шығамыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |