13.3. «Эксплуататорлық» мәмлекет түсиниги
Шәртнамалық мәмлекеттен өзгеше түрде эксплуататорлық мәмлекет өзиниң дәраматын(салық түсимлерин), анығырағы - мәмлекет аппаратын қадағалаўшы группаның дәраматын көбейтиў ушын мәжбүрлеў монополиясынан пайдаланады. Эксплуататорлық мәмлекеттиң мүликшилик ҳуқықларын классификациялаў ҳәм қорғаўдың тийкарғы мақсети «мүликтиң баскарыўшы рентасын жокарылатыўшы қурамына» ерисиўден ибарат ҳәтте егер буған улыўма жәмийеттиң абаданшылығына зыян тийгилип ерисилседе. (Мәселен, Султанлар орта әсирде корпорацияларға өнерментшиликтиң раўажланыўы ҳәм техниканың жетискенликлерине тосқынлық етиўши көплеген ҳуқықларды тапсырып, буның орнына турақлы түсимлердиң дерегине ерискен.) Буннан басқа, мәмлекет оған жәмийетлик шәртнама менен берилген шеңберлер менен шегераланбайды, мәмлекет аппараты инсанлар ортасындағы өз-ара бирге ислесиўдиң таза тараўларына бәрҳама экспансияны иске асырады, бундай жағдай эксплуататорлық мәмлекеттиң дәраматларын ҳәм мәмлекетлик бюджет арқалы ҳәрекет ететуғын ресурслардың көлемин жоқарылатыўға умтылыўы менен түсиндириледи.
Эксплуататорлық мәмлекетте көрилген зыянларды тек ғана аўыр салықлар (нызамсыз жыйымлар) ҳәм мүликшилик ҳуқықларын бөлистириў турақлы ҳәм алдын-ала айтыўға болатуғын өзгешеликке ийе болғанда қысқартыў мүмкин. Аўыр салықлардың алдын- ала белгилениўи мәмлекеттиң де, оның пуқараларының да мәплерине хызмет етеди, бунда мәмлекет узақ мүддетли келешекте турақлы дәраматқа ийе болады, пуқаралар болса өзиниң жумысын мәмлекетке ажыратпалардың жоқары, бирақ алдыннан белгили болған дәрежесин есапқа алып режелестириў имканиятына ийе болады. Усындай көз-қарастан эксплуататорлық мәмлекети көпшилик жағдайда мафия менен улыўмалыққа ийе – олардың екеўиде өзи қадағалайтуғын территорияда жасаўшылардан салық жыйнаса да, бирақ «шегараны билетуғын» ҳәм буның үсине оларды «урлаў ҳәм қашыў» принципи бойынша ҳәрекет етиўши «турақсызлар»дан қорғаўшы «жергиликли» бандитке усайды.
Эксплуататорлық мәмлекеттиң функциясында мәжбүрлеў потенциялының пуқаралар ортасында бөлистирилиўи әҳмийетли рол ойнайды. Себеби тап усындай инсан ямаса күш ислетиўдиң үлкен мүмкиншилигине ийе болған группа мәмлекет аппаратын қадағалайды ҳәм күш ислетиўди қолланыў монополиясын қолға киргизеди. Соның ушын әскерий технологияның раўажланыўы эксплуататорлық мәмлекет функциясының тийкарғы факторларының бирине айланады. Бул болса, өз гезегинде, оның ишки турақсызлығын билдиреди. Ҳақыйқатында да, әскерий технологияның өзгериўи күш ислетиў потенциялының ҳәр түрли халық группалары ортасында қайтадан бөлистирилиўине, демек, мәмлекет аппаратын қадағалаўшы группаның алмасыўына алып келеди. Мәмлекеттиң эксплуататорлық моделинен шәртнамалық моделине өтиў мүмкин. Буннан мәмлекет қурылысы динамикасының, демек, мүликшилик ҳуқықлары қурамының динамикасының тербелип турыўшы өзгешелиги ҳаққындағы түсиник келип шығады. Рентаны өндириўге бағдарланған системадан кейин нәтийжелиликти жоқарылатыўшы системаның пайда болыўы анық.
Do'stlaringiz bilan baham: |