Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер


Лекция №9. Патша Россиясының Түркистанды басып алыўы. Патшашылықтың зулымына қарсы Түркистан халықларының миллий-азатлық



Download 0,6 Mb.
bet22/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   36
Bog'liq
Лекция

Лекция №9. Патша Россиясының Түркистанды басып алыўы. Патшашылықтың зулымына қарсы Түркистан халықларының миллий-азатлық
гүреси. Жадидшилик
ЖОБАСЫ:
1. Патша Россиясының Орта Азияны басып алыўы ҳәм үлкеде колонияллық басқарыў тәртибиниң орнатылыўы.
2. Патшашылықтың Түркистанда колониялық зулымлықты күшейтиўге қаратылған экономикалық ҳәм мәдений-ағартыў сиясаты.
3. Түркистан халықларының патшашылықтың колонияллық зулымына қарсы миллий-азатлық ҳәрекети. Жадидшилик.
Ә Д Е Б И Я Т Л А Р
1.Абдурахимова Н., Рустамова Г. Колониальная система власти в ТуркестанеТ 2000.
2. Абдурахимова Н., Эргашев Ф. Туркистонда чор мустамлака тизими Т. 2002.
3.Абдурасулов А. Хива Т. 1997.

  1. Бабабеков Х.Н. История завоевания средней азии царской россией в секретных документах Т. 2006.

5. Зияев Х. Туркистонда Россия тажовузи ва ҳукмронлигига қарши кураш.Т.1998.
6.Зиёев Ҳ. Ўзбекстонда мустақиллик учун курашларнинг тарихи Т. 2001.
7.Зиёева Д. Туркистон миллий озодлик ҳаракати Т. 2000
8. Мустабид тузумнинг Ўзбекистон миллий бойликларини талаш сиёсати: тарих шоҳидлиги ва сабоқлари Т. 2000.
9. Ўзбекистон тарихи. Т. 2003, 2006.
10.Ўзбекистоннинг янги тарихи. 1- китоб. Туркистон чор Россияси мустамлакачилиги даврида. Т. 2000.

Россия менен Орта Азия байланыслары XVI әсирлер баслап елшилик қатнаста болып турды. Бирақ рәсмий түрде байланыслар орнатыўға ерисилмеди.


Россияның Орта Азия менен байланысы Петр I ўақтында бир қанша раўажланды. Сонлықтанда 1717 жылы Хийуаға А.Бекович-Черкасский басшылығындағы экспедиция жибериледи. Экспедиция бир жағынан тынышлық елшиси сыпатында болса, ал екинши жағынан Хийўа ханлығына душпан сыпатында ҳәрекет етти. Ақыбетине экспедиция Хийўа ханы тәрепинен қыйратылды.
1839 жылы Оренбург генерал-губернаторы граф Перовский тәрепинен Хийўаны басып алыўға урыныўлар болды. Бирақ, бул экспедиция да ңәтийжесиз жуўмақланды.
Бирақ Қазақстан жерлериниң Россия қол астына өтиўи, ол жерлерде жаңа қалалардың салыныўы, руслардың Орта Азия саўда байланысларын раўажландырыўдың негизги илажлары болып қалды. Сондай-ақ, XIX әсирдиң 30 жылларында Россия Орта Азия мәселеси ушын Англия менен қарама-қарсылығы келип шықты.
XIX әсирдиң орталарынан баслап Россияда капитализмниң раўажланыўы патша ҳүкиметиниң Орта Азияға басып кириўине түртки болды. Капиталистлик санаатының өсиўи, жаңа базардың саўдасына ҳәм шийки зат дереклерине болған талаптың күннен-күнге асыўына имканият туўдырды. Буннан тысқары, Россияның Орта Азияны басып алыўының себеплериниң бири - Американың арқасында ҳәм қубласында пуқаралар урысы ҳәм Америка пахтасының Европаға әкелиўиниң тоқтап қалыўы болды. Пахтаның жетиспеўшилиги нәтийжесинде тоқымашылық тараўында дағдарыс жүз берди, сонлықтан шийки заттың дереклерин излеп табыў зәрўр еди. Сондай-ақ Россиясының Қырым урысында жеңилиске ушыраўы ҳәм Англияның Орта Азия жерлерин басып алыўға ашыктан-ашық таярланыўы, патша Россиясының Орта Азияға хүжимин тезлетти. Дәслепки әскерий ҳәрекетлер Қоқан ханлығына қаратылды.
1847 жылы рус әскерлери Сырдәрьяның төменги жағын ийелеп алды ҳәм Арал қорғаның қурды. 1853 жылы Ақ мешитти (ҳәзирги Қызыл-Орда) ийелейди. 1854 жылы Алма-ата аўылы жанында Верный бекинис қорғаны салынады.
1861 жылы 21 июньде рус патшасының қатнасыўындағы кеңес Қоқан ханлығын бир жақлы етиў хаққында және бир мәртебе қарарға келди. Усы көрсетпениң тийкарында қалаларды, ўәлаятлары ҳәм қорғанларды изли-изинен тоқтаўсыз басып алыўға кирисилди. 1864 жылы Шымкент, 1865 жылы үлкен қыйыншылықлар менен Ташкент қаласы жаўлап алынады. Ташкент басып алынғаннан кейин Россия империясының Түркистан мәселесине тийсли барлық әскерий-сиясий мәселелерин шешетуғын, рус резиденциясының хызметин орынлайтуғын мәканға айландырыла баслады. Ташкент Орта Азияны колонияларға айландырыў хаққыдағы хүкимлерди орынлайтуғын таяныш әскерий-сиясий-административлик штаб хызметин атқарды.
1866 жылы Хожент жаўлап алынады. Усы жылы Ташкент, Хожент, Шыршық әтираплары, Жиззақ жаўлап алынады. Орыс әскерлери Бухара әмирлигиниң бир бөлегин ийелеп, оны Қоқан ханлығы шегараларынан бөлип таслады.
1867 жылы 14 июльде Россия императоры Александр II Түркистан әскерий округин дүзиў ҳәм Россияның қурамы киргизилген аймақлардан ибарат болған Түркистан генерал-губернаторлығын дүзиў ҳаққында пәрман берди. Округтың командири ҳәм генерал-губернатор болып генерал-адъютант К.П.Кауфман тайынланды.
Түркистан генерал-губернаторлығы дүзилгеннен кейин Фон Кауфман өзине берилген үлкен ўәкиллеклер тийкарында Бухараға қарсы урыс ҳәрекетлери кең көлемде баслап жиберди.
1868 жылы 1 майда 8300 адамлық рус армиясы Самарқанд қаласының босағасындағы Шопаната төбелигинде әмирдиң армиясын жеңди. 1868 жылы 23 июньде әмирдиң елшилери питим жасаў ушын Самарқандта турған Фон Кауфманға келеди. Кауфман Самарқанд, Қаттакурған ҳәм Зарафшан дәрьясының жоқары жағын Россияға бериўди ҳәм 500 мың рубль муғдарында контрибуция төлеўди шәрт етип қояды. Шәртнама бойынша Бухара әмири шет мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслар жүргизиў хуқықынан айрылды, рус саўдагерлери ушын иркинишсиз саўда-сатық етиў миннетлемеси жүкленди. Әмир Россияға сиясий бағыныўның толық мойынлады.
Бул жағдайлар Россия менен Англия қарым-қатнасларының шийеленесиўине алып келди. Сонлықтан да Россия империясы Англия менен қарым-қатнас бир жөнли болғанға шекем Хийўа ханлығына хүжим жасаўды тоқтатып турыўға мәжбур болды.
Хийўа ханлығына жүрис ҳәрекетлери 1873 жылға келип басланады. Хийўа бағдарындағы барлық әскерий күшлердиң бас командир етип Фон Кауфман тайынланды. 1873 жылдың бәҳәринде оның буйрығы бойынша барлық әскерлер Хийўаның шегарасынан өтип, алдын-ала келисилген режеге муўапық басқыншылық урысын баслап жиберди. 1873 жылы 18 май күни Фон Кауфман отрядлары Әмиўдәрьядан өтип, 23 май күни Хазарасп қорғанын басып алды. Сондай-ақ усы ўақытта Қоңырат, Хожели, Манғыт қалалары да ийеленди.
1873 жылдын 12 августында Фон Кауфман ҳәм Хийўа ханы ортасында келисимге қол қойлды. Шәртнама бойынша Хийўа ханы сиясий ҳуқуқлардан айырылды. Әмиўдәрьяның төменги ағысының оң жағасындағы ханлыққа тийисли барлық жерлер Россияға берилди. Ханлыққа 2 млн. 200 мың рубль муғдарында контрибуция салынды.
XIX әсирдиң ақырларында Россияда капиталистлик қатнаслар жедел раўажланып, оның империализм басқышына өтип атырғанлығы түрли тараўларда айқын көринди. Дәслеп бул экономикалык турмыста көзге тасланды. Бул жүдә үлкен монополияларға шексиз шийки зат жеткерип беретуғын дереклер зәрүр деген сөз еди. Әсиресе тоқымашылық санаатының ҳәўиж алып өсиўи Түркистанда патшашылықтың монополиялылығын тәмийинлеўге кең жол ашып берди. Патша администрациясы Түркистанды шийки зат дерегине ҳәм оны рус товарлары сатылатуғын базар майданына айландырыў ушын барлық қуралларды тезлик пенен иске салды.
Түркистан дарамадтың, пайдаланыў дереги сыпатында да патша Россиясының ғәзийнесин байытып бармақта еди. Бул дараматлар 1867-1896 жылларда 4 есе көбейди, ал халықтан алынатуғын салықлар 1889-1893 империясының ғәзийнесине үлкеден 158 миллион рубль сап дарамад түсти.
Россия Түркистан қарым-қатнаслары тек Россия империясының мәплерине бойсындырылды. Сонын ушын үлкеде қурылып атырған барлық заводлар, әсиресе пахта заводлары рус санаатының ийелерине қараслы еди. ХХ әсирдиң басларында тек Ферғана ўәлаятында 157 пахта кәрханасы басқыншылардың қолында еди. Тек гейпаралары ғана рус-өзбек буржуа саўда-санаат ўәкиллерине қараслы еди. Түркистанның Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында 1867-1900 жыллар даўамында 170 санаат кәрханасы ашылған болса, 10 жыл даўамында (1900-1910) тағы 220, ал 4 жыл ишинде (1910-1914) 180 кәрхана иске қосылды. Мине усы көрсеткишлердиң өзи-ақ үлкеде санаат қурылысы бир тәреплеме алып барылғанлығын көрсетеди.
1880 жылы Түркистан пахтасы рус санааты талабының 20% қурап, бул күрсеткиш жыл сайын артып барды ҳәм биринши жәҳән урысы алдында 80% жетти. Сол себепли Россияның тоқымашылық санааты басқа санаатларға қарағанда жеделирек асты.
Россия империясының генераллары да, сиясатшылары да соны жақсы билер еди, тек әскерий күш, орайлык басқарыў аппаратын еңгизиў менен үлкени узақ мүддетте ҳәм исенимли түрде қолда услап турыўға болмайды. Соның ушын оларға өз миллетин, яғный рус миллеттине тийисли халықтын жергиликли пенен араластырып жибериў, Түркистанда турақлы түрде жасайтуғын рус ҳәм славян халқын пайда етиў керек еди. Соның ушын рус халқын көшириў сиясатын иске асырыў Түркистан генерал-губернаторлығы дүзилген 1867 жылы ақ баслап жиберилди.
Руслар Орта Азияны басып алғаннан кейин үлкени өзлестириў мақсетинде халықтын санын дизимге алыўға киристи, үлкени изертлеп шыққан қупыя мәсләхәтши Гирс Түркистанда 2.406.000 адам жасайтуғының ҳәм олардан 1.200.000 адам ер адамлар екенин жазған. Мине усы ер адамларға әскерий хызмет мийнетиниң жүклеў мәселесине тоқтаған патша ҳәмелдары бул оғада қәўипли сиясий илаж екенин көрсетип, Түркистан халқын армияға шақырмаў сиясатын жақлап шығады. Гирстың есаплаўына қарағанда үлкеде әскерий хызметке ер адамлар алынса, 6 жыл ишинде заманагөй әскерий техниканы билетуғын түркистанлылардың саны Түркистан әскерий округиндеги әскерлердиң санынан артып кетеди. Олардың арасында жаўынгерликти жетилистириў империясының мәплерине қарсы келеди. Буның орнына бул халыққа әскерий салық салыў мақсетке муўапық. Патша Россиясы өзбек халықларын басып алғаннан кейин бул жерде әзелден даўам етип киятырған жерге ийелик етиў формасына дус келди. Сол себепли бул мәселени дәрҳәл өзлерине қолайлы етип өзгертиўге асықпады. Олар негизги дыққатты ханлықлардың тартып алынған аймақларда колониялык мәмлекет басқарыўының беккем тырнағын салыўға қаратты, жер ийелеўшилик ҳәм суўдан пайдаланыўға тиккелей араласпады. Патшашылықтың басқыншы администрациясы әўели салық жыйнаў менен шуғылланды.
Буның барысында олар жер-суў қатнасларын терең үйрениўге киристи. Нәтийжеде, Түркистан генерал-губернаторы 1879 жылы отырықшы ҳәм көшпели халықтан алынатуғын салықты көбейтти. Салықлардың муғдары тек Сырдәрья ўәлаятының өзинде 1869 жылдағы 288 мың рубльдан 1882 жылы 505 мың рубльге артты, көплеген жерлер мәмлекет есабына өткерилди. Меншик жерлерге ҳәм ҳәтте ўақым жерлерге де салық салынды.
Россия Түркистан үлкесин басып алғаннан кейин миллий мәмлекетшилик сезимлерин сиңдириўди негизги ўазыйпа деп есаплады. Соның ушын Россиясының әскерий топарлары, ҳәмелдарлары Түркистанда уллы рус мәмлекетшилик идеясын әмелге асырыўға киристи.
Түркстанда жаңаша усыл мектеплери, рус-тузем мектеплери ашылып, олар арқалы Түркстан халқын рус турмысы әтирапында тәрбиялаў, соң руслар менен жергиликли халықларды араластырып жиберип, бул жерде европаша турмыс қәлпиниң жеңиўи толық тәмийинлеўге умтылды. Айрықша атап өтиў керек Түркстан үлкесиндеги мусылман билимлендириў шақапшаларын генерал-губернаторлық ғамхорлықтан шығарып таслады. Себеби олар колонизаторлық тәртиплерге қарсы, миллий мәденият таратыўшы илим орайлары еди.
Патша хүкимети жергиликли халықлардың миллий, сиясий-экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўына қайшы келетугын усылда «Түркистан руслар ушын» ураны астындағы реформаны әмелге асырыўға киристи.
Усы дәўирдеги белгили мәденият искерлеринен Ахмад Даныш болып ол әўели Шығыс мәдениятын жақсы үйренип, соң Батыс мадениятының бағдарланыў позициялары менен танысады. Әсиресе оның 1800-1870 жылларда Россияға еки мәртебе саяҳат жасаўы оған Европа мәденияты менен кеңирек танысыўына имканият берди.
Ахмад Даныш артта қалған Бухара әмирлигин раўажланыўға қарай баслайтугын реформа өткериу жойбарын дүзеди. Онда билимлендириў сиясаты, экономикалық турмыс, пайдалы қазылмалар ҳәм олардың қалай пайдаланыў ҳәм улыўмалықтың мәпине бойсындырыў әрманы анық сәўлеленген.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish