Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet21/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   36
Bog'liq
Лекция

Қоқан ханлығы.
Бухара ханлығында орайлық хәкимияттың ҳәлсиреўи ақыбетинде ўәлаятларда ғәрезсизликке умтылыў күшейди. 1709 жылы Ферғана хәқимиятын мың урыўнан болған Шахрух (1709-1721) қолға алып, ғәрезсиз сиясат жүргизе баслаған. Оның өлиминен кейин орнына улы Абдурахим (1721-1734) отырды. Бул ҳүкимдар әскерин әдеўир бекемлеўге ерисип 1725 жылы Хожентти, 1726 жылы Уратепени ҳәм 1729 жылы Самарқандты басып алды. Лейкин Самарқанд Бухара ханлығы тәрепинен қайта ийеленди. 1732 жылы Абдурахимбий ҳәзирги Қоқан қаласына тийкар салды. Ол Самарқандтты қайта ийелеў менен бирғе, Қаттақурғанды ҳәм Шахрисабзди өзине бағындырыўға еристи.
Ферғана оазиси Абдулкарим (1734-1751) дәўиринде және де беккемленди. Усы ўақытта Қоқанда жаңа резиденция, жаңа сарай, медресе ҳәм қурылыслар қурылды. Айырым мағлыўматларға қарағанда, 1740 жылдан баслап Қоқан пайтахт сыпатында толық қелиплести ҳәм рәсмийлестириледи.
XVIII әсирдиң екинши ярымында Эрдана ҳәм Норбута хәкимиятты басқарады. XVIII ақырында Ташкентте ғәрезсиз мәмлекет жүзеғе келип, оның менен Қоқан ортасында соқлығысыўлар жүз берди. XVIII әсир ақыры – XIX әсир басларында Қоқан ҳүкимдарлары Норбута (1763 -1798) ҳәм Алимхан (1798-1810) дәўиринде Ташкентти бойсындырыў ушын бир неше ҳәрекетлер болды, бирақ олар нәтийжесиз тамамланды.
1807 жылы Алимханның иниси Омархан басшылығында 12 мың адамлық әскерди Ташкентке қарсы жиберди. Саўашта қоқанлылар үстем келип, Ташкент әтирапындағы жерлерди ийеледи. Ташкент ханлыққа ғәрезлилигин тән алды. Усы ўақытта Ташкентте ғәрезсизлик ҳәрекетлери пайда болды. Сонлықтан, 1808 жылы Алимхан әскерий жүрис шөлкемлестирилип, Ташкентти биротала бойсындырды.
Алимхан хан атағын жәрия еткен биринши ҳүкимдар болды. Усыннан баслап тахт ийелерине әдеттегидей «бий» бәлқи «хан» атағы берилетуғын болды.
Ақыбетте Алимхан душпанлар тәрепинен өлтириледи, орныңа тахтқа Омархан (1810-1822) отырады. Ол Түркистан, Шымкент, Сайрам ҳәм Әўлие-ата сыяқлы жерлерди ийелеп, ханлықты әдеўир кеңейттириўге еристи. Улыўма Омархан ҳүкимдарлығы ўақты Қоқан ханлығының ең күшейген дәўири болды. Бундай аўҳал оның улы Мадалихан (1823-1342) дәўиринде де көзге тасланады. 1834 жылы Қаратегин, Қулаб, Ҳисар, Бадахшан бойсындырылды. XIX әсирдиң 20-30 жылларында ҳәзирғи Қырғызстан жерлери қолға қиргизилип Пишпек, Тоқмақ ҳ.б. бир қанша әскерий бекинислер қурылды. Қазақстан жерлеринде болса 1817 жылы Ақмешит ҳәм 1820 жыллары Әўлие-ата қурылды.
1840-1841 жыллары Бухара ханы Насрулла Уратепе ҳәм Хожентти ийелеп, Қоқанға күшли соққы берди. 1842 жылы Насруллахан Қоқанға хүжим етип, Мадалиханды ҳәм басқа көп адамларды өлтирип, қаланы талан-тараж қылды. Арадан көп ўақыт өтпестен Қоқанда бухаралылар ҳүкимдарлығы аўдарылып Шералыхан (1842-1844) хәкимиятты басқарды.
Усы ўақытта қолдан шығып кеткен Ташкент, Қурама, Хожент ҳәм хәзирги қубла Қазақстан жерлери ханлық қурамына қайта киргизилди. 1844-1875 жыллар даўамында ханлықта тахт ушын гүрес күшейди. Ханлықта Худоярхан үш мәртебе (1852-1858, 1862-1863, 1865-1875) тахтқа отырды. Усы аралықта Маллахан (1858-1862) ҳәм Султан Сойидхан (1863-1865) ҳүкимдарлық етти. Усы ўақытқа келип өз-ара урыслардың тынымсыз даўам етиўи ҳәм тахтқа ылайықсыз шаҳслардың отырыўи ақыбетинде ханлық ҳәр тәреплеме терең дағдарысқа ушырады.
Қоқан ханлығындағы ҳәкимиятты басқарыў тәртиплер Бухара ҳәм Хийуа ханлықларынан дерлик парқы болмаған. Бул жерде де хан шекленбеген ҳуқыққа ийе болып, өзиниң қәлеўи бойынша жумыс алып барған. Ханлық ўәлаятларға бөлинген болып, оларды бек ямаса ҳәким лаўазымындағы ҳәмелдарлар басқарған. Ўәзир ханнан кейинги екинши шахс есапланып, әҳмийетли болған. Жоқары, орта ҳәм төменги административ басқарыўда төмендеғи ҳәмеллер бар еди қусбеги, дийуанбеги, мыңбасы, шайҳулислам х.б. Ферғана алабында дийханшылықта пахта әҳмийетли орын ийелеген. Өнерменшиликте тоқымашылық, гулалшылық, мысгерлик, темиршилиқ х.б. түрлери раўажланған. Ханлықта саўда-сатық қызғын түс алған. Қоқан Андижан, Марғулан Наманган ҳәм Ош ири саўда-өнерменшилик орайларына айланып, Бухара, Ташкент, Самарқанд, Хожент, Хийуа хәзирги Қырғызстан, Қазақстан жерлери менен саўда байланысларын алып барған.
Мәдений турмыста қымбатлы тарийхый шығармалар дөретилди. Мырза Қалендер Мушрифтиң «Шахнамайи Умархон», Молла Нияз Мухаммед Хуқандийниң «Тарихи Шохрухи», Аваз Мухаммедтың «Тарихи жаҳоннамайи», Мухаммед Салихтиң «Тарихи жадидайи Тошканд» шығармалары жазылған. Ханлықта Норбутабий медресеси (1799), Жума мешити (1815), Қоқан Ордасы (хан сарайи) (1870) қурылды.



Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish