Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер


жылы Ташкентте метеорологиялық станция ашылды. Ол үлкениң климатын үйрениўге киристи. 1870



Download 0,6 Mb.
bet23/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   36
Bog'liq
Лекция

1867 жылы Ташкентте метеорологиялық станция ашылды. Ол үлкениң климатын үйрениўге киристи. 1870 жылы Ташкентте Түркистан халық китапханасы шөлкемлестирилди. Орта Азия халықларының турмысына бағышланған илимий ҳәм үлкетаныў мәселесине тийисли түрли хабарлар ҳәм мақалалар «Түркистан ўәлаятының газети», «Туркестанские ведомости» газеталары ҳәм баска жергиликли баспа сөзде турақлы турде жәрияланып турды. 1870 жылы Орта Азия алымларының жәмийети дүзилди. Бул жәмийет өзиниң алдына Орта Азия тарийхы, географиясы, этнографиясы, статистикасы, экономикасы мәселелерине тийисли мағлыўматларды топлаўды мақсет етип қойды. Бул жумысларға жергиликли адамларда қатнасып өз гезегинде үлкемиздиң илимин, мәдений-ағартыўшылық ислериниң раўажланыўына үлкен үлес қосты.
Россия Түркистан үлкесин басып алғаннан кейин оның байлықларын талан-тараж етиў менен бирге халықты хәр тәреплеме езиўди даўам етти. Социаллық ҳәм миллий колониялық езиўшиликтиң шыдап болмаслық дәрежеге жетиўи нәтийжесинде, халық наразылық ҳәрекети барған сайын писип жетисе баслады. Yлкемиздиң ҳәр қыйлы орынларында басланып киятырған бул көтерилислердиң ҳәрекетке келтириўши күши дийханлар, қалалардағы өнерментлер болды. Бул ҳәрекетлерде патриот руўханийлер, миллий ар-намысын жойытпаған феодалларда қатнасты.
Бундай көтерислер Қоқанда Полат хан (молла Исхак) басшылығында, 1878 жылы Ақтөбеде Жетимхан басшылығындағы дәслепки патшашылыққа қарсы үлкен көтерилислер болды. Ўлыўма кейин көтерилислер Түркистанның барлық аймағында даўам етип барды. Усындай көтерилислердиң бири 1892 жылғы Ташкенттеги көтерилис болып есапланады. Көтерилис холера кеселлигине байланыслы келип шықты. Қала администрациясы бул кеселликке қарсы бир қанша илажларды өткерди. Дәслеп қаладагы 12 қойымшылық жаўып тасланды. Бул кеселикктен өлген адамлар ушын қаланың сыртынан арнаўлы қойымшылықлар ашыўға ўәде етилди. Бирақ қала ақсақалының өзгертилип, оның өз мақсети ҳәм рус администрациясы ушын хызметлери, холера кеселинен басқа аўырыўларды да холера деп қала сыртындағы қойымшылыққа жерлеўди бўйырыўы көтерилистиң басланыўына себепши болды. Колонизаторлар халықтың миллий ҳәм диний қәдриятлары менен есапласпады. Дийханлар саўда-сатық ислеў ушын қалаға киргизилмеди. Дийханшылық жумысларының қызғын мапазы болса да итибарға алынбады. Шыпакерлик көз-қарасынан әмелге асырылып атырған дурыс ҳәм ибаратлы илажлар халықка исенимли түсиндирилмеди. Бул нәрсе еледе болса түсинбеўшиликтиң кеңирек таралыўына себепши болды. Соның менен бирге кеселликке байланыслы өлгенлерди жерлеўшилерди жазалаў, ҳәтте көмилгенлерди гөрлеринен қазып алыў кереклиги де полиция приставы тәрепинен айтылады.
Бундай мархумлардың руўхын қорлаў, мусылман үрп-әдетлериниң ҳәм шарияттың аяқ асты етилиўи адамлардың наразылық ҳәрекетин күшейтип жиберди. Бирақ колонизаторлар тәрепинен аяўсыз оққа тутылыўдың нәтийжесинде көтерилисти бастырыўға ериседи. Ташкенттеги көтерилис Түркистандағы колония администрациясын үлкен тәшиўишке салды. Рус колонизаторлары орайға административлик-полиция штатларын көбейтиў ҳәм администрациялық жаза ўәкилликлерин тағы да кеңейтиў хаққында соранып рухсат алады. Усыған байланыслы 1892 жылы шығарылған нызамларда «күшли қорғаў» да деп дағазаланған орынларда Түркистан генерал-губернаторы мәжилис жыйынларды тарқатыў, саўда-санаат кәрханаларын жабыў, баспа сөз органларын қадаған етиў, қәлеген адамды сүргинге жибериў, жәрийма салыў ҳәм басқа хуқықларды алатуғын болды.
Рус патшалығы Түркистан халықларындағы Ўатанды сүйиушилик, гүресшенлик сезимлерин сапластырыўды, үлкедеги жумыстың мазмуны деп билди. Соның ушын мудамы барлық күшлерди усы шарапатлы сезимди үлке халықларының ядынан ҳәм санасынан өширип таслаўға бағдарлап отырды. Бирақ колониядағы халықтың азатлыққа болған умтылыўы мудамы даўам ете берди.
Усындай ел ушын гүрескен ҳәм изине халықты тарта билген Мухаммад Али Ийшан болып, ол халықты өз әтирапына топлап, оларды саўатландырыў менен шуғылланған. Сондай-ақ, Мухаммад Али Ийшан басқа да еллерде болып, олардың жасаў шараятлары менен танысады. Сиясий ўакыяларға байланыслы дереклер жыйнайды. Ол билимлендириўдиң күшине исенеди ҳәм кәдирин билетуғын инсан болды. Хақыйқатында да билимлендириў еркинликке ҳәм азатлыққа, адамгершиликке шақырыўдың қуралы болып табылады.
Соның менен бирге патшашылықтың колониялық сиясатына қарсы азатлық ушын ҳәрекетин шөлкемлестириўге кириседи. Бул мақсетте ол Ферғана ойпатындағы белгили адамларды изине ертиў менен бирге коңсы қырғызлар менен де байланысты күшейтеди. Hәтийжеде Ийшанның әтирапындағы адамлардың саны артып барады. Буннан қәўипленген колонизаторларда көтерилисшилерди бирлестирмеў ҳәм олардың арасына иритки салыў ҳәрекетине күш салады. Hәтийжеде 1898 жылы 17 майда көтерилисшилердиң алдын-ала дүзилген жобаларын бузып, 200ге шамалас адам тосаттан Ийшанға келип көтерилисти баслаўды талап етеди. Бул жағдайлар Ийшаннын көтерилиске басшылық етиўинде албыраўшылық туўдырады. Көтерилистиң биринши күни-ақ күшлердиң бирлеспегенлиги көзге тасланды. Ҳәмме бир ўақытта бас көтерип шықпады. Соның менен бирге күтилмеген хәдийселер де байқалады.
Ўлыўма көтерилис патша әскерлериниң қупыя ҳәрекетлери нәтийжесинде тез бастырылды. Ийшан қолға алынды. Ферғана ойпатында қатан жазалаўлар басланды.
Көтерилис басшысының қолға алыныўы пүткил үлкеде жайылып кеткен халық ҳәрекетин тоқтата алмады, пытыранқы ҳалда болса да ҳәрекетти даўам еттире берди.
XIX әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басларында Түркистандағы тарийхый шараят төмендеги процессте раўажланып отырды. Орта Азия аймағы капиталистлик базар қатнасларына жумысшылар илимий күшлер, өндирис қуралларының белсене қатнасыўында тартылды. Усы процессте өзбек миллий буржуазиясы - саўда санаат ийелери де қәлиплесип барды. Патша Россиясы жергиликли буржуазияның пайда болыўын қәлемейтуғын еди. Себеби, оларды өз халқы менен байланыстырып туратуғын миллий, диний, тарийхый тамырлар бар болып бул миллий ояныў пайытында бир бирин тезирек түсинип алып, колонизаторларға қарсы бирден бир фронт болып гүресиўге тийкар таярлаўы мүмкин еди.
Миллеттиң еркинлигин ойлайтуғын прогрессив күшлер өзбек халқының өнерментлери, дийханлары, буржуазиясы, руўханийлери барлық қатламлар арасында бар еди. Олар халықтын миллий сана-сезимин өсириў ҳәм өзиниң кимлигин аңлатыўдың биринши басқыштағы ўазыйпасын илимий-ағартыў ислерин кең жайдарыў маселесинен изледи. Олар буны әмелге асырмай турып халықты ўлыўма шешиўши ғәрезсизлик гүресине айландырыў мүмкин емеслигин жақсы билетуғын еди. Рус патшалығының қорқынышлы әскерий-сиясий күш екенлигин ҳәммеден бурын олар тереңирек түсинетуғын еди. Сол себепли миллет, халық қайғысы менен жасайтуғын зыялылар халықты оятыўды ағартыў тараўынан баслаўға қарар етти. Ағартыў ислери арқалы раўажланған еллерге теңлесиў зәрүрлигин биринши болып қырым-татар халқынын перзенти Исмайыл Гаспринский түсинди. Ол жәдидшилик ҳәрекетиниң пүткил түрк дүньясындағы «идеаллық атасы» болып табылады.
Ол 1893 Түркистанда, Бухарада болды. Бухарада бир жәдид мектебин ашыўға рухсат алады. Ал 1904 жылы тағы келип Бухарада әмирдиң әкесиниң аты менен аталған «музаффария» жәдид мектебинде рухсат алады.
Оның Түркистанда жасаған сапары жәдидшилик ҳәрекетиниң раўажланыўына үлкен тәсийр көрсетти. Әсирдиң басында жәдидлер басында М. Бехбудий, С.Айний, А.Аўланий, А.Фитрат, Минаўар Қарий, Бабаахун Салимов ҳәм басқа да көплеген прогрессив инсанлар турды. Олар мудамы куўғын, қамақ, сүргин усаған қәуип-қәтерлер басында турған жағдайда да жумыс ислеўге мәжбур болды.
Прогрессив сана-сезимниң өсиўинде, дүньяға көз-қарастан жетилисиўинде Бакшасарайда басып шығарылған «Тәржимон», Казанда басып шығарылған «Ўақыт», «Юлдуз» журналлары, Истамбулда басып шығарылған «Сиротил мустақим» («Дурыс жол») газета ҳәм журналлары үлкен роль ойнады.
Жәдидлердиң Түркистан азатлығы ушын гүрес бағдарламасында негизинен үш тийкарғы бағдар бар еди. Бириншиси, жаңа усыл мектеплериниң тармағын кеңейтиў, екиншиси, үмит күттиретуғын жасларды сырт еллерге оқыўға жибериў ҳәм үшиншиси, ҳәр қыйлы илимий-ағартыў жәмийетлерин дүзиў, сондай-ақ зыялылардың күшли партиясын шөлкемлестириўге бағдарланған газеталар шығарыў еди.
Усындай ислердиң нәтийжесинде өзбек прогрессив байлары жасларды сырт еллерге жиберип, ол жақларда зәрүрли кәсиплерди ийелеген, елге пайдалы хызмет етиўин ойлап, жан күйдирип жүрген жәдидлерди қоллап қуўатлады. Ал жәдидлердиң пытыранқы топарлары әсте ақырын белгили бағдарлама ҳәм ҳәрекет бағдарына ийе болған, Россияда билим алып қайтқан. Убайдулла Хожаның әтирапына уйымласып өзбек зыялылары бийғәрез партия дүзеди. Бул партия «Тараккийпарварлар» (прогрессившилер) деген ат пенен тарийхқа кирди. Ал 1914 жылы «Тараккийпарварлар» партиясының «Садо Түркистон» газетасы жарық көреди. Бул газета үлкеде миллий сана-сезимлер оятыўда, жәмийетлик ой-пикирдиң азатлық хаққындағы талапларын езиўши дүзимге қарсы бағдарлаўда үлкен хызметлер көрсетти. Түркистанда жәдидлердиң абройы көтерилип жаңадан-жаңа жәмийетлер шөлкемлесе баслады. Қоқанда «Ғайрат», Андижанда «Тараккийпарварлар» усаған жәмийетлер дүзилди.
Россия империясының басқыншылық урысына қатнасыўы елдиң ҳәр тәреплеме ҳәлсиреўшиликке ушыраўына кең жол ашып берди. Сондай-ақ фронтта жүдә үлкен әскерий қыйыншылықлар басланған ўақытта елдиң фронт арқа тәрепинде оқ-дәри, азық-аўқат сыяқлы фронт мүтәжликлери ушын ең зәрүр өнимлер жетпей, аўҳал және де аўырласып барды. Сәтсизликлер күннен күнге арта берди. Фронттың артында жумысшы күши жетиспей атырғанлығын шеттеги колониялардың халқы есабынан толтырыў көзде тутылды. Hәтийжеде жоқары бас командалық штабы «армияның мүтәжлиги ушын жетерли муғдарда күш бөлип шығарыў» әскерий ўәзирликтен тез талап етти. Бул күшти әскерий ўәзирлик колониялардан жыйнаўға қарар етти. Усыған байланыслы 1916 жылы 15 июньде император Николай II қол қойған фронт артындағы хызметлер ушын Түркистан, Сибирь ҳәм Кавказда 19 жастан 43 жасқа шекемги ер адамларды мобилизациялаўды нәзерде тутқан пәрман шықты.
Түркистан генерал-губернаторына тезлик пенен пәрманды иске асырыў хаққында буйрық берилип, Сырдәрья ўәлаятының мойнына 87 мың, Самарқандқа 38 мың, Ферғанаға 50 мың мәрдикар жибериў миннетлемеси жүкленди. Усының ишинде Әмиўдәрья бөлиминен 5149 адам жиберилиўи тийис болды. Бул пәрман халықтың наразылығын күшейтип жиберди.
4 июльден үлкениң ири саўда ҳәм өнерментшилик орайы болған Хожент қаласында наразылық демонстрациясы басланып кетти. Онда дийханлар, мәрдикарлар, ҳаяллар барлығы ү мыңнан аслам адам қатнасып, демонстрация «мәрдикарға бермеймиз» ураны астында өтти. Демонстрация қан төгиспели соқлығысыў менен питти.
Самарқанд ҳәм Ташкенттен де жағдай кескинлести. 11 июльде Ташкент қаласында үлкен көтерилис басланып кетти. Өнерментлер, жумысшылар, қала қамбағаллары ҳәм әтираптағы дийханлар қатнасты. Айрықша атап етиў керек, бул наразлылық ҳәрекетлерине Ташкент ҳаяллары да белсене қатнасты. Наразылылықлар Россияның негизги пахташылық районына айландырған Ферғана ойпатында барған сайын күшейди.
9 июльде Андижанда, 10 июльде Скобелев уездинде басланды. Қарама-қарсылық ҳәрекетлери Наманганда басланып, барлығы болып 69 адам, соның ишинде 200-300 дей ҳаяллар қатнасқан.
Ўлыўма Түркистанның барлық жеринде мәрдикарға алыўға қарсы ҳәрекетлер кең ен жайды. Булар қураллы көтерилисгеде айланып, адамлардың өлимине себеп болды.
1916 жылы миллий азатлық ҳәрекетинде Жиззақ көтерилиси айрықша болды. Жиззақтағы миллий-азатлық гүреси шын мәнисинде азатлық урысына айланып кетти. Түркистан әскерий округи оны бастыра алмай, жаңадан-жаңа әскерий күшлерди мобилизациялап турыўға мәжбур болды.
Жиззақлылар басқыншыларға қарсы «ғазаўат» дағазалады. Бул душпанға қарсы мусылман байрағы астында бирлесип, Ўатанды азат етиў ушын әдиўли урыс дағазалаў болып табылады.
Жиззақ көтерилисине Назирхожа ийшан ҳәм Абдирахман зергер басшылық етти. Абдирахман басшылығындағы көтерилистиң негизги мақсети патша колониалығының зорлық зомбылығына, мәрдикарлыққа адам алыўына, ҳуқықсызлыққа қарсы гүресиўден ибарат еди. Көтерилис кем-кемнен әтираптағы аўыллардың халқы есабынан көбейе берди.
Көтерилисшилер бир неше мәрте өзлерине қарсы қаратылған Афанасьевтиң үлкен күшлери менен соқлығысып оларды шегиндириўге мәжбур етти. Бирақ, оның армиялары қыйратылыў алдында турғанда полковник Иванов жәрдемге жетип келди. Аяўсыз саўашта ҳәзирги заман техникасы менен болса да жеңиске еристи. Соң олардан аяўсыз өш алыўға еристи. Жаза армиясы ҳеш кимди аямады.
Көтерилис үлкедеги рус колонизаторлық дүзими түби бос тийкарда екенлигин көрсетти. Ол патшашылықтың жақынлап киятырған ўлыўма сиясий дағдарысының жарқын бир көриниси де еди. Көтерилис қыйратылған болса да, ол Түркистан халықларының Ўатанын сүйиушилиги, ар-намысының сөнбегенлигин көрсетти.



Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish