5.1-сүўрет. Талап абсолют эластик, 5.2-сүўрет. Эластик болмаған
эластиклиги шексиз болғанда талап сызығы
талап сызығы
Талап эластик болмаса, баҳаның өсиўи дәраматтың өсиўине, кемейиўи, дәраматты кемейиўине алып келеди ҳәм бундай ҳалда сатыўшылар тек ғана баҳаны асырыў арқалы дәраматты асырыўы мүмкин. Талап эластик болғанда, дәраматтың өзгериўи баҳаның өзгериўине терис болады ҳәм сатыўшылар бул ҳалда баҳаны пәсейттириў арқалы дәраматты асырыўы мүмкин. Талап эластик болғанда, баҳаның пәсейиў тезлигинен талапты асыў тезлиги жоқары болады, нәтийжеде дәрамат асады. Талап эластик болмағанда баҳаның пәсейиў тезлиги, талаптың өсиў тезлигинен жоқары болады, бул өз нәўбетинде дәраматты пәсейиўине алып келеди.
Қайталаў ушын сораўлар
Эластиклик нени сәўлелендиреди?
Талап ҳәм усыныстың баҳа бойынша эластиклиги қандай мазмунға ийе?
Талаптың эластик, эластик емес ҳәм бирлик эластикка тең бөлиў шәртлерин көрсетип бериң.
қайсы жағдайларда товарлар нормал товарлар болады?
Сатыўшы дәраматына талап эластиклигин тәсирин түсиндирип бериң.
6-тема. Тутыныўшы таңлаўы теориясы (4 саат)
1-лекция сабағы
1. Пайдалылық тоериясынын тийкарғы қағыйдалары.
2. Пайдалылық функциясы, улыўма пайдалылық ҳәм шекли пайдалылық.
3. Парықсызлық сызығы ҳәм затларды шекли алмастырыў нормасы.
2- лекция сабағы
1. Бюджет сызығы ҳәм бюджет шегарасы.
2. Тутыныўшы таңлаўы мәселеси ҳәм оны графикалық усылындағы шешими анализи.
3.Тутыныўшының тең салмақлылық шәрти.
Заттың пайдалылығы - заттың инсан мүтәжин қанаатландыра алыў қәсийети болып табылады. Тутыныў теориясында зат - бул тутыныўшының мүтәжин қанаатландыра алатуғын ҳәр қандай тутыныў объекти болып табылады.
Тутыныў теориясы төмендеги постулатларға тийкарланады:
1. Тутыныўшылар барлық затларды классификацияланады ҳәм бир-бири менен салыстыра алады. Басқаша айтканда, тутыныўшы еки ҳәм затлар комплекслеринен комплексти ға салытырғанда көбирек қәлеўи яки комплексти га салытырғанда көбирек қәлеўи яки екеўин ҳам пайдалылық дәрежеси бирдей деп, қарасы мүмкин: егер комплекс комплекске салытырғанда пайдалырақ болса, . комплекс га салытырғанда пайдалырақ болса, . Екеўи ҳам бирдей дәрежедеги пайдаға ийе болса .
Соны айтыў керек, бул таңлаў комплекслер қунына байланыслы емес. Тутыныўшы апельсинди лимонға салытырғанда көбирек қәлеўи мүмкин, бирақ лимон арзанырақ болғаны ушын, тутыныўшы лимонди сатып алады.
2. Тутыныўшы хоҳиши транзитив болып табылады. Егер тутыныўшы комплексти га салытырғанда көбирек қәлесе ҳәм комплексти комплекстен көре көбирек қәлесе, онда ол комплексти комплекске салытырғанда көбирек қәлеген болады, яғный:
3. Тойынбаў. Тутыныўшы ҳәр дайым ҳәр бир заттың кемирек бөлиминен көре, көбирек бөлимин алыўды қәлейди (бул шарт өмирде ҳәр дайым ҳам орынланабермейди).
Do'stlaringiz bilan baham: |