15
процесинде биринши фолликула пискен-Графова қуўықшаларына айланады.
Ҳәр бир Графов қуўықшалары жыныс клеткаларын аўқатландырыўшы
фолликулярлық эпителиялалардан ҳәм фолликулалардың дийўалын
пайда
етиўши тутастырыўшы тоқыма қатламынан турады. Буның ишинде белоклық
суйықлық пенен толған қуўыслық болады. Бул бослық пенен фолликулярлық
эпителия менен қоршалған мәйек клеткасы тийисип турады. Аналық жыныс
клеткалары арнаўлы орган аналық жыныс безлеринде раўажланады.
Солай етип, мәйек клеткаларының раўажланыў циклине-овогенез (
оvum
-
мәйек,
genesis
- раўажланыў) деп айтылады. Аналық жыныс клеткасы
мәйекликтиң фолликула, Графов қуўықша бөлимлеринде
шама менен
эмбрионал раўажланыў өмиринде, ал жынысый писип жетилген организмлерде
толық ҳалында раўажланады. Овогенез процеси 3 дәўирге бөлинеди:
а) көбейиў дәўири
б) өсиў дәўири
в) писип жетилисиў дәўири
Биринши, ишки көбейиў дәўиринде эмбрионаллық мәйекликте биринши
жыныс клеткалары овогониядан пайда болады. Булар мәйек алып жүриўши
шардың ишинде туқымланғаннан кейин бөлинип эмбриогенездиң ақырында
биринши фолликулалардан келип шығыўы менен овогонияның көбейиўи
тамамланып, көбейиўин тоқтатқан, аналық жыныс клеткалары биринши
тәртиптеги овоцитке айланады.
Ишек қуўыслылардан душшы суў гидрасы клеткасында оогониялар тығыз
топарлардан турып булардың бир клеткасы ғана ооцитке айланады. Ол басқа
туўысқан клеткаларды жутып өседи. Кеширек бир қанша ооцитлер биреўге
биригип, бир ядродан басқалары дегенерацияланады.
Бундай ооцит
“жыртқышлық” ҳәрекети менен қуртлардағыдай, буўын аяқлардағыдай
нутриментарлық аўқатланыўға өтиўи болып есапланады. Аўқатланыўдың
нутриментарлық типинде ооцит аўқатландырыўшы клеткалар топары менен
байланыста болып, булардың бәринде бир оогониялық клеткалардан келип
шығады. Мысалы: дрозофилаларда ҳәр бир оогония 4 избе-из бөлиниў
нәтийжесинде 16
клетка пайда болып, булардың биреўи ооцитке, ал қалғаны
аўқатландырыўшы клеткаларға айланады. Тамам болмаған цитотомияның
нәтийжесинде барлық клеткалар арасында цитоплазмалық көпиршелер қалады.
Сөйтип аўқатландырыўшы клеткалардан мәйек клеткасына рибосомалар ҳәм
рибонуклеопротеидлердиң дәнешелери өтеди.
Мәйек клеткаларда бир қанша тарқалған аўқатланыў типи фолликулярлық
клеткалардың болыўы менен байланыслы болып, насекомаларда бул
аўқатланыў типи нутриментарлық пенен туўры келеди, ал омыртқалыларда тек
өзинен болады. Аўқатландырыўшы клеткаға қарағанда фолликулярлық
16
клеткалар соматикалық клеткалардан келип шығады, ал сүт емизиўшилерде
олар мәйектиң қабығы бөлиминен пайда болады.
Сүт емизиўшилер зародышының оогония басқышындағы жыныс
клеткалары мәйекликтиң жоқарғы қабаты
эпителиясында жатады, кейинирек
ооцитке айланып фолликулярлық клеткалар менен қоршалып тутастырыўшы
тоқымалық стромаға батады ҳәм қатар турып буған биринши фолликулярлар
деп аталады.
Дәслепки бир қабаты фолликула, фолликулярлық клеткалардың көбейиўи
нәтийжесинде көп қабатлыға айланып, суйықлық бөлип шығарып әсте сорылып
кетип олардың орнында қуўыслық пайда болып иши суйықлық пенен толады.
Ядро хроматиннен айырылады цитоплазмада сарыўыз топланады, овоциттиң
айланысында жарық белбеў пайда болады. Биринши тәртиптеги овоциттиң
сыртынан жоқары фолликуляр клетка қабығы менен қапланып фолликулярлық
эпителия менен овоциттиң аўқатландырыўшы байланысы тәмийнленеди.
Солай етип, аўқатлық затлары топлана баслайды.
Биринши тәртиптеги барлық өсиў дәўири екиге бөлинеди.
А) киши өсиўде (превителлогенез) цитоплазманың, ядроның көлеми
үлкейеди.
Б) үлкен өсиўде (вителлогенез) сарыўыз
пайда болып ядрода,
цитоплазмада қурамалы өзгерис болады. Усы дәўирде дейтоплазма қәлиплесип
биринши тәртиптеги овоцит бир неше онлаған, жүзлеген, ал гейде мыңлаған рет
(қусларда) үлкейеди, адамда екинши тәртиптеги овоцит ҳәм мәйек 200 мкм
диаметрге жетеди. Жоқары дәрежели ҳайўанларда, адамларда пискен
фолликула Графова қуўықшасы нервлик гумораллық импульсларының
жәрдеминде жарылады ҳәм ондағы суйықлық биринши тәртиптеги
овоцитларды ҳәрекетке келтирип өзи менен алып кетеди. Ол мәйек алып
жүриўши шаршарына жақын жатыр менен байланысқан қуўыслыққа түседи.
Фолликулярлық клеткалар өзи синтези менен басқа жерде синтезленген
аминокислоталарды, майларды ҳәм белокларды мәйек клеткаларына өткериўге
жәрдем береди. Фолликулярлық клеткалар аўқатландырыўшы клеткалар менен
цитоплазмалық
байланыста болмайды, бирақ мәйек клеткаларына терең
өсимшелерин жибереди, ал екинши жағынан ооциттиң үстинде көп ғана
өсимшелер пайда болып екеўиниң арасында байланыс дүзеледи. Ооцит пенен
фолликулярлық клеткалардың арасындағы бослыққа мәйек қасы кеңислиги
делинип, саңлақлар арқалы аўқатлық затлар түседи. Бул затты мәйек
клеткалары пиноцитозлық жол менен алады.
Мәйек клеткасында арнаўлы аўқатландырыўшы клетка болмағанда
солитарлық (жеке) аўқатланыў
делинип булар ийне терилилерде, айырым
қуртларда, ишек қуўыслыларда да аз аўқатланыў болса да фолликулярлық
клеткалар менен байланыслы болады.
17
Графова қуўықшасынан биринши тәртиптеги овоциттиң шығыў процесине
Do'stlaringiz bilan baham: