Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet11/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

Гаметалардың дүзилиси 
Жынысый клеткаларға гаметалар деп аталады. Гаметалардың еки түри бар: 
еркеклик жыныс клеткасы-сперматозоид; урғашылық жыныс клеткасы мәйек 
клетка. 
Көпшилик тири организмлер жыныс клеткаларының: сперматозоидлар 
(грекше “sperma”-туқым, “zoon”-ҳайўан, “eidos”-түр) ҳәм аналық-мәйек 
клеткасының қатнасыўы менен жыныслы көбейеди. Жынысый клеткалар 
туқымлықта, мәйекликте раўажланады, қәлиплеседи ҳәм айырылады.
1677-жылда Гамм ҳәм А.Левенгук сүт емизиўшилердың еркеклик жыныс 
клеткасын микроскопта көреди. 1827-жылда К.М.Бэр сперматозоид терминин 
биринши рет илимге киритти. Сперматозоидлар майда ҳәр қыйлы 4 (1-басы, 2-
мойны, 3-денеси, 4-қуйрығы) бөлимнен турып: теңиз кирписинде 40 мкм, 
айырым насекомаларда 12 мкм, теңиз шошқасында 100 мкм, өгизде 65 мкм, 
шымшықта 200 мкм, крокодилде 20 мкм, адамда 60-70 мкм болады. Еркеклерде 
бир рет ажыралып шығатуғын сперма суйықлығының көлеми 3 мл, 1 мл 
суйықлығында 40-50 млн сперматозоид болады ҳәм 1 минутта 3-3,6 мм 
тезликте ҳәрекет етеди. Сперматозоидлар аз силтили орталықта ҳәм 30-35
о
С де 
олардиң активлиги артады. Сперматозоидлардың өмири түрли ҳайўанларда ҳәр 
қыйлы; форельде сперматозоиды 30 секундта, колючкада 30-45 минутта суўға 
түскеннен кейин өледи, өгизлерде 25-30 саат, қойларда 36 саат, қоянларда 8-12 
саат, таўықта 30-40 күн даўамында тиришилигин сақлайды. Адам 
сперматозоиды ҳаяллар жыныс органлары жолында 5 күннен 16 күнге дейин 
жасайды. Жарғанатларда гүзде жынысый қосылып, популяцияланып 
туқымланыў бәҳәрде өтеди. Бул ўақытта сперматозоид туқым қабыл етиўши 
қалтада сақланады. Ҳәрреде туқым қабыллаўшы болып туқым бир неше жыл 
сақланады. 
Сперматозоидлар урғашылық жыныс органларына түсип ҳәрекетленеди 
ҳәм мәйек клетканы таўып аталандырады. 
Егер адамда бир рет 200 млн. сперматозоид жетилисип шықса, солардан 
700-900 туқымланатуғын орынға жетип барады, басқалары болса ҳаяллар 
жынысый органлар каналларында өлип кетеди.
Аналық жыныс клеткасы-мәйек клеткасы сперматозоидлардан айырылып, 
формасы дөңгелек, оваль, узынша болады ҳәм ақ уўызы, сарыўызы болады. 
Сарыўыз ҳәр қыйлы ҳайўанларда ҳәр қыйлы рептилиялар ҳам қуслар 
мәйегинде сарыўыз көп болады ҳәм соның ушын олардың мәйеги үлкен 
болады. Ал сүт емизиўшилер мәйегинде сарыўыз улыўма жоқ, айырымларында 
жүдә аз, жоқтың қасында болып, соның ушын мәйеги киши болады. Мәйек 
клеткалары сперматозоидлардан үлкен ҳәм ҳәрекетсиз болады (тек ишек 
қуўыслыларда ҳәм губкаларда ҳәрекетшил).


19 
Мәйектиң жоқарысы-анималь, төменги бети вегетатив бөлимлери делинип, 
еки полюсты тустырыўшы сызыққа мәйек көшери делинеди. 
Мәйек клеткасы қурамындағы сарыўыз затының муғдарына қарап 4 түрли 
болады. 
1. Полилецитал-сарыўыз заты көп болған мәйек клетка (poly-көп). 
2. Мезолецитал-сарыўыз заты орташа болған мәйек клетка (mesos-орташа). 
3. Олиголецитал-сарыўыз заты аз мәйек клетка (oligos-кам). 
4. Алецитал- сарыўыз заты болмаған мәйек клетка (а-жоқ, lecithos-
сарыўыз). 
Мәйектиң үлкен-кишилиги, усы сарыўыз затының муғдарына байланыслы. 
Сарыўыз затының цитоплазмада жайласыўына қарап мәйек клеткасы 
төмендеги топарларға бөлинеди. 
1. Изолецитал (isos-бир қыйлы) –сарыўыз заты аз болып, клетка бойлап бир 
тегис тарқалған (ланцетник). 
2. Телолецитал (telos-ахири) булда өз гезегинде еки түрли болады:
а) Орташа телолецитал-сарыўыз заты орташа, барлық полюсларда 
тарқалған, бирақ көбирек мәйек клетканың вегетатив полюсында жайласқан 
(амфибиялар);
б) Кескин телолеицитал-сарыўыз заты көп ҳәм тийкарынан вегетатив 
полюсында жайласқан (қуслар ҳәм рептилиялар). 
3. Центролецитал (sentros-өрай) - сарыўыз заты көп ҳәм мәйек клетканың 
орайында жайласқан 
Солай етип, жыныслы көбейиўлерде еки түрли гамета қатнасып жаңа 
организм пайда болады. Аталық клетка киши-ҳәрекетшең, мәйек клетка болса 
үлкен-ҳәрекетсиз болады. 
Еки жыныстың гоноцитлери жыныс безлериниң басланғышына түсип 
қәдимги митоз бөлиниў менен күшли көбейеди. Бул дәўирдеги аналық жыныс 
клеткаларының көбейиўине оогониялар, ал аталыққа-сперматогониялар 
делинеди. Бирақ, оогония урғашының эмбрионал раўажланыў дәўиринде 
жынысый жетилисемен дегенше көбейиўин тоқтатады. Бес айлық адам төлинде 
шама менен 6 800 000 аналық жыныс клеткалары болып бирақ кейин 
көпшилиги набыт болып, туўылыў ўақтында 1 млн ал, 7 жасында шама менен 
300 000 жыныс клеткалары қалады. Керисинше аталықтың сперматогониялары 
еркектиң писип жетилген барлық дәўирлеринде үзликсиз болады (ыссы қанлы 
ҳайўанлар) ямаса мәўсимлик дәўирлеринде болады (суўық қанлылар). 

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish