Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet14/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

 
Қадағалаў ушын сораўлар 


24 
1. Биринши жыныс клеткаларының қашан пайда болады? 
2. Аталық жыныс безлери ҳәм сперматогенездиң избе-из раўажланыў 
басқышларын келтириң? 
3. Аналық жыныс безлери, овогенездиң уқсаслығы ҳәм өзгешеликлерин 
айтың? 
4. Гаметалардың морфологиясы, өсиўи ҳәм раўажланыў өзгешеликлери 
қандай? 
5. Ооциттиң писиўдеги сарыўыздың топланыўы мейоз бөлиниўи ҳәм 
қабықлары қандай? 
6. Өсимликлерде ҳәм ҳайўанларда жыныс гаметаларының өзгешеликлерин 
айтың?
 
 


25 
Лекция №3 
Тема: Организмлардың жыныссыз көбейиўи. Партеногенез 
 
Реже 
1. Тири организмлердиң көбейиў түрлери 
2. Жыныссыз көбейиўдиң өзгешеликлери 
3. Ҳайўанлардың жыныссыз көбейиўлери 
4. Ҳайўанлардағы жасалма ҳәм тәбийий партеногенез 
 
Таяныш сөзлер:
-Тири организмлердеги көбейиў түрлери: -Жыныссыз 
көбейиўдиң өзгешеликлери; -Клеткалардың бөлиниў типлери; -Ҳайўанлардың 
жыныссыз көбейиўлери; -Жыныссыз раўажланыўдың морфофизиологиялық 
өзгешеликлери; -Регенерация ҳәм соматикалық эмбриогенез ҳаққында түсиник; 
-Өсимлик ҳәм ҳайўанларда көбейиўдиң уқсаслығы; -Ҳайўанлардағы жасалма 
ҳәм тәбийғый партеногенез. 
 
Тири организмлердиң көбейиў түрлери 
Тәбиятта тири организмлер эволюциялық раўажланыў дәўирлеринде ҳәр 
қыйлы жоллар менен көбейип усы дәўирлерге дейин жасаў орталығына 
ийкемлескен әўладларды қалдырып келген. 
Тири организмлердиң анаў ямаса мынаў раўажланыў дәўирлеринде тири 
түрлердиң сан муғдарын асыраўшы қубылысларға көбейиў делинеди. 
Ҳәр қандай тири микроорганизмниң массасы мәлим муғдарға жеткеннен 
соң оның денеси бөлине баслайды. Көбейиўдиң еки түри бар: жыныссыз ҳәм 
жыныслы көбейиў. Көп клеткалыларда соматикалық клеткалар есабынан 
көбейиўге жыныссыз көбейиў делинеди. Сондай-ақ микроорганизмлер ҳәм 
әпиўайы дүзилиске ийе организмлерде жыныссыз көбейиўдиң бир қанша түри 
ушырасады (митоз, амитоз ҳәм тағы басқалар). 
Бир клеткалылардың жыныссыз көбейиўин моноцитоген көбейиў деп 
аталады ҳәм оның төмендеги усыллары бар. 
1. Клетканың екиге бөлинип көбейиўинде ана клетка өсип көлеми еки 
барабар үлкейеди ҳәм еки қыз клеткаға бөлинеди. Бундай бөлиниў эластикалық 
клетка қабығына ийе организмлерге тән (әпиўайы ҳайўанлар). Клетка қабығы 
қатты болған организмлерде (суў отлар, бактериялар) клетка өзгерместен 
экваториал тосық пайда етип бөлинеди. Айырым организмлер екиге 
бөлингеннен соң ажыралып кетпестен колония пайда етеди (Вольвокс, ашытқы 
замарықлар). 
2. Бир клеткадан көп муғдарда жаңа клеткалар пайда етип көбейиўи, 
көбейиўдиң бул түринде клетка өседи ҳәм ириленеди. Соң клетка ишинде 4 тен 
32 ге шекем қыз клеткалар пайда болып ҳәм ана клетканы жарып шығады. Бул 


26 
усыл менен көбейиў суў отларында хламидоманада 4-8, улотриксте 16-32 ҳәм 
көп клетка ушырасады. Адам қанында паразитлик етиўши безгек маляриясы 24-
32 қыз клеткаларды пайда етеди.
3. Клетка бөлинбестен ядролар саны артып көбейеди. Бундай көбейиў 
замарықларға тән болып, оларда тек ядро бөлинеди ҳәм усы жол менен 
клетканың көлеми артып барады. 
4. Кесесине тосық пайда етип көбейиў. Бул көбейиў суў отларына, 
замарықларға тән болып бөлингеннен соң олар кесесине тосық пайда қылады, 
бирақ ажыралып кетпейди. Ишки клеткалардың бөлиниўи нәтийжесинде жип 
тәризли ҳәм де шақаланған өсимлик денеси пайда болады. Егерде өсимлик 
денеси бөлимлерге бөлинсе ҳәр бир бөлектен бөлинип жип тәризли дене пайда 
болады. 
5. Споралар пайда етип көбейиў. Бул усыл менен споралылар класына 
кириўши бир клеткалы ҳайўанлар, замаррықлар, көп клеткалы суў отлары 
көбейеди. Бунда клетка қалың зат (қабық) пенен оралады ҳәм спора пайда 
етеди. Буларда бир ҳәм бир неше мәртебе митоз жолы менен бөлинеди. Солай 
етип, спора ямаса зооспора пайда болады. 
Көп клеткалылардың жыныссыз көбейиўи полицитоген көбейиў деп 
аталады ҳәм төмендеги усыллары бар. 
1. Вегетатив көбейиў. Жоқары дүзилиске ийе болған өсимликлер 
дүньясында жыныссыз көбейиўдиң өзине тән түри болып, бул вегетатив усылда 
көбейиў деп аталады. Өсимликлердиң вегетатив органлары жәрдеминде де 
көбейиў вегетатив көбейиў деп аталады. Өсимликлердиң айырым алынған 
көпшилик клеткалары автоном жағдайда жаңа организмди пайда етиў 
қәсийетине ийе.
2. Бүртикленип көбейиў (ишек қуўыслылар ҳәм тағы басқалар). Бунда ана 
организминен бүртик пайда болады ҳәм өседи, жаңа организм пайда болады. 
Егерде пайда болған жаңа организм анасынан ажыралмаса колониялы (маржан 
полиплери) организмлер пайда болады. 
3. Регенерация жолы менен жаңа организм пайда болады (гидра, жаўын 
қурты) егерде денеси тосаттан бөлеклерге бөлинип қалса жетиспеген дене 
бөлими сол организмнен қайта тикленеди. 
4. Тәбийий партеногенез. Аталанбаған мәйек клеткасы арқалы көбейиў 
(ҳәрре, қумырысқа, ширелер) 
5. Жасалма партеногенез арқалы көбейиў. Бул ўақытта аталанған мәйек 
клеткасы арқалы көбейетуғын мәйек клеткасынан туқымландырмастан, оларға 
ҳәр қыйлы тәсирлер арқалы жаңа организмди алыўға болады. 

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish