овуляция
делинеди. Усының менен аналық гаметасының өсиў дәўирлери
тамамланады. Фолликуланың өсиў процеси және овуляция гормонларының
тәсири астында болады.
Үшинши, писиў дәўиринде биринши тәртиптеги овоцит мәйек жолына
бараман дегенше еки рет: редукционлық ҳәм эквационлық мейоз бөлинеди.
Жоқарыдағы қаралған ооциттиң барлық өсиў процесслери мейоздың әсте
өтетуғын басланғыш фазасына өтеди. Ал айырым ҳайўанларда писиўдеги
бөлиниўи мәйектиң туқымланғанынан соң өтеди ямаса тамамланады.
Көпшилик формаларда бул бөлиниўлер тек ганодотроплық гормон тәсир
еткеннен кейин туқымланаман дегенше өтеди. Бирақ ооцит ядросы писиўдеги
бөлиниў менен бирге ўақытша оның цитоплазмасында терең қайта дүзилиўлери
өтип, кейин морфогенетикалық хызметти атқаратуғын цитоплазма жоқарғы
қысқарыўшы қабаты-кортикаллық қабаттың қәлиплесиўине алып келеди.
Писиўде бөлиниў екеў болып биреўинде еки клеткаға гамологиялық
хромосомалар кетип өз хромосомасының саны редукцияланады, ал екиншиде
клеткаларға хромосоманың узынына бөлинип хроматидлер жартысы кетеди.
Бул бөлиниўдиң бириншиси тең еки клеткалар түрли хромосомалар наборын
алғанлықтан редукционлық делинеди, ал екиншисинде клеткалар тең емес
наборын алғанлықтан эквационлық делинеди. Мәйектиң тең емес бөлиниўи
биологиялық әҳмийетке ийе болып, өсиўдеги топланған артықша аўқатлық
затларды тарқата бериў пайдалы емеслигин көрсетеди.
Писиўдеги биринши (мейоз) бөлиниўде екинши тәртиптеги ооцит пайда
болады ҳәм полярлық денеше жүзеге келеди.
Писиўдеги екинши эквацион бөлиниўде екинши тәртиптеги ооцит пискен
мәйек клеткасы-мәйекке айланады ҳәм екинши полярлық денешеге бөлинеди. I-
тәртиптеги денеше II-тәртиптегиге уқсас тағы еки денешеге бөлинип кейин
дегенерацияланады. Сөйтип оогенез 3 дәўирди басынан кеширеди. Улыўма
айтқанда оогенездиң сперматогенезден айырмашылығы төмендегилер:
1.
Аталық гаметалар мәйек клеткасы менен салыстырғанда жақсы ҳәм
узақ көбейеди.
2.
Аталық гаметалардың өсиўи аналық гаметалардың өсиўине қарағанда
тез тамамланады.
3.
Бир сперматогониядан 4 сперматозоид пайда болады, ал бир
оогониядан бир мәйек клеткасы пайда болады.
Бул процесслерге ишки (қан, нерв, жыныс безлери, гормонлар, әсиресе;
гипофиз ҳәм бүйрек үсти гормонлары) факторлар ҳәм сыртқы факторлар (аўқат,
витамин А,С, нур, энергиясы, күн радиациясы, космослық, рентгенлик ҳәм тағы
басқа нурлар, температура ҳәм тағы басқа факторлар тәсирин тийгизеди.
18
Do'stlaringiz bilan baham: |