12
Ишки басым күшейгенде белоклық қабық созылып оның туқымлық суйықлығы
өсимшеге ағады. Туқымлық ийрек, туқымлық түтикшелеринен турып, олар
туйық басланып ҳәм ой тәрепке баратуғын улыўма түтикке биригеди, ал кейин
туқым алып жүриўши түтигине биригеди. Ҳәр бир түтикше тутастырыўшы
тоқымалық қабат пенен жабылған.
Түтикшелер арасында жумсақ тутастырўшы тоқымалар жатады ҳәм онда
қан тамырлары, нервлер болады.
Туқымлық түтикшелери дийўалы бир-бири менен араласқан жыныс ҳәм
соматикалық клеткалардан турады. Клеткалардың кейинги қәлиплесиўи
нәтийжесинде жыныс клеткаларынан сперматогониялық
эпителия, ал
соматикалықтан фолликулярлық Сертоли клеткалары пайда болады ҳәм ийрек
түтикшелердиң тегислиги дийўалында сперматогенез процеси өтеди.
Сперматогония клеткалары бир қанша майда болып түтикшелердиң
перифериясында топланады.
Бир қанша ўақытлардан кейин сперматогония клеткалары митоз бөлиниў
уқыплылығын жоғалтып биринши тәртиптеги өсиў стадиясына өтеди. Олар
үлкен болып түтикше дийўалында бир қанша орайлық жағдайда жатады.
Буннан кейин писиў стадиясы ямаса мейоз бөлиниў болады. Ийрек
түтикшелердиң ишки дийўалында сперматидалар бир неше қабат болып
турады. Булар сперматоцитлерден киши болып ядросының бир қанша ашық
болыўы менен айырылады.
Сперматидалар сперматозоидларға айланыў процесинде фолликулярлық
клеткалардың цитоплазмасын өзине тартып түтик қуўыслығына қарап
дүмпекшелер пайда бола баслайды ҳәм ишиндеги сперматозоидлары менен ол
масакка усаған тулғаны пайда етеди.
Сперматогенез қубылысы гипофиздиң фолликула стимуллаўшы
гормоны
менен иске асады. Жыныс безлерин гипофиздиң лютенизациялаўшы
гормонлары стимуллайды. Егер гипофизи алынған ҳайўанларға фолликуланы
стимуллаўшы
гормонды
жиберсек
сперматогенез
қайта
тикленеди.
Туқымлықтың өсимшесине туқымлық суйықлығы топланып секрециялық
бөлиниў ҳәм сорылыў процесслери болады. Өсимше шығарыўшы жиңишке
түтикшелерден дүзилген. Буның дийўалында эпителия ҳәм тутастырыўшы
тоқыма қабатлары болады. Бирақ эпителия клеткалары өсимшели болып оның
липидлери болады, ал басқа кирпикшелери жоқары түтикше қуўыслығына
тамшы тәризли секретти бөлип шығарады. Бул клеткалар қатты денешелерди
тутыўға уқыплы. Алып шығарыўшы түтикшелер өсимше түтигине биригеди.
Туқымлыққа қарағанда өсимшеде қан тамырлары аз, ал лимфатикалық
ыдыслар көп. Туқым алып жүриўши түтиктиң ағымы
силекейли болып
кирпикшесиз эпителия менен жабылған. Ағымның дисталлық (қуўыслықтан
узақласқан бөлими еркектиң жыныс органының қосымша бези болып
13
есапланады ҳәм оның секрети сперматозоидлар ушын аўқатлық орталық
болады. Булшық ет қабығы ишки сақыйна тәризли, сыртқы узынша тегис
булшық ет жипшелеринен турады. Бул жипшелердиң рефлекторлық қысқарыўы
нәтийжесинде избе-из қысқарыў болып секрет ағым ыдысына шығып сперма
менен тез араласады. Ҳәрекетке келтириўши нерв ақырлары, қан тамырлары
ҳәм булшық ет үстине, ал сезиўши нервлер силекейли булшық ет қабықлары
ҳәм ыдыслар үстинде шақаланып жатқан болады.
Еркектиң жыныс органы туқым шығаратуғын түтиги тийкарында қосымша
безлер орналасып, бул туқымлықтың куўықшалары ҳәм қысқарыўшы безлери.
Бул
безлер
менен
бөлинген
секретлер
өсимшеде
узақ
болған
сперматозоидлардың ҳәрекетлерин тезлетеди ҳәм аналық жыныс жолындағы
қышқыл орталықты нейтраллайды. Туқымлықтың дүзилис хызметлик бирлиги
туқымлық түтикшелери болып бир-бири менен биригеди ҳәм сүт
емизиўшилерде сперматогониялар узынына орналасады.
Олар нервлер,
аўқатландырыўшы қан тамырлары бар тутастырыўшы тоқыма менен қоршалған
болады. Ҳәр бир ийрекленген туқымлық найлары сперматогониялық
эпителиядан турып булардың қурамына жоқары фолликулярлық ҳәм оларды
қоршаған түрли раўажланыў стадиясындағы жыныс клеткалары киреди.
Ҳәр бир орам туқымлық түтикшелерин ораўшы ҳәм айырып турыўшы
тутастырыўшы тоқыма қабығы менен қапланып түрли бөлимлерге бөлинип
турады. Жыныс клеткалары арнаўлы орган жыныс безлеринде раўажланады.
Лимфатикалық система қан алып жүриўши системаның туйық емес бөлими
болып, өзинде түссиз лимфаны, ақ қан дәнешелерин алып жүреди.
Сперматозоидлар туқымлықта, ал мәйек клеткалары мәйекликте раўажланады.
Сперматозоидлар еркектиң жынысый писиўиниң барлық дәўирлеринде
көбейеди.
Сперматогенез процеси биринши жыныс клеткасы сперматогониялардан
басланып 4 дәўирге бөлинеди.
1.
Көбейиў дәўири.
2.
Өсиў дәўири.
3.
Писип жетилисиў дәўири.
4.
Формаланыў дәўири.
Сперматогенездиң биринши дәўиринде сперматогония клеткалары
кариокинез жолы менен бөлинип көбейеди.
Сперматозоидтың раўажланыў циклына сперматогенез делинеди (грекше
Do'stlaringiz bilan baham: