УСТАЗЛАРЫМНЫ; БИРИ — ТӨЛЕК САРЫБАЕВТЫ; 50 ЖЫЛЛЫҚ МЕРЕКЕМДЕ ЕСКЕ ТҮСИРИЎЛЕРИ
Бул әпиўайы қарақалпақ ҳаялының аты ҳәм фамилиясы мени ҳәзир соншелли қуўанышқа бөлеп, жүрегимди елжиретип жиберди. Себеби, мениң қолымда «Совет Қарақалпақстаны» газетасы тур. Ондағы СССР Жоқарғы Советиниң Указы көзиме оттай басылды. Мен оған асығыслық пенен көз жуўыртып шығып, соңынан бир неше рет оқып, ҳәдден тыс сүйсинип кеттим. Мине, енди Айымхан Шамуратова — СССР халық артисткасы.
Ҳәр заманның өзине тән түсиниги, талғаўы бар ғой ақыры, «Еринбеген етикши болады» деген де сөз бе?! Ол ешейин баяғы бир ески заманларда кәсипти ақылға жеңдире алмай жүргенде, ата-бабаларымыз тәрепинен айтыла салынған ғой шамасы. Енди, мине «Еринбеген космосқа да барады» десек, қандай жарасады! Усындай әжайып заманда жасаған адамның аңсаған әрманы қаншелли дәрежеде болса да иске асатуғынына көзи жетпеген адамды табыў қыйын болып турған жигирмаланшы әсир ғой жарықлық! Бәрекелла… әрман дегенде Айымханның әрманы өз алдына бир әрман еди. Айымханның ҳәзирге дейин басып өткен тар соқпақлы қыйын жоллары көз алдыма елеслеп кеткенин қарашы!
Ол ўақытлары усы бизиң Қарақалпақстанымыздың аўылларында дара хожалықлар ғана колхозласып, бахытлы мийнеттиң мазасын татып, келешекке белсене шаўып баратырған ўақыт еди. Бирақ, «Кәрўан жүре дүзеледи» дегендей, бизиң усы жеделли көшимизге бир көзин қысып қарап, «усылар қайда барар дейсең» деп, рети келсе, алдымызға кеселеп таслап жүргенлер де көп еди. «Қатын ғайратланып қазан қайнатпас» дейтуғын еди моллалар. Ҳәр бир жаңа табысымызға иши жанып, бизиң адресимизге өсек тарататуғын еди, шапанларын терис жамылып алғанлар. Әсиресе, ҳаяллардың ҳәр бир бахытлы минутына тислерин қайрайтуғын еди олар. Биз оған қыйсайып та қарағанымыз жоқ. Бет алған бағытымыз бенен кете бердик. Кесент бергенлерине қурал менен де, сиясат пенен де қыйрата соққы берип, қарапайым халықты адастырмай алып жүрдик. Алып жүрдик дегеним, сол ўақытта ебиндей саўатлы болған дәслепки интеллигентлер едик. Бизлерди халық гейде бадырақ, гейде актив «теперише» десе, гейде белсенди, гейде жүриўши де дейтуғын еди. Қолымыздан келгенин аянбадық, елге хызмет ете бердик. Қай жумыстан да бас тартпадық. Үгит-нәсиятшы да, байларды конфискалаўшы да, дараларды колхозластырыўшы да, рабойчий да, колхозшы да болдық. Аўыл менен қалада мәденият таратыў аңсат болған жоқ. Халықты искусствоның ҳәзлиги менен таныстырыў усындайда жүдә зәрүрли истиң биреўи болды. Қоңыратта колхоз театрын уйымластырдық. Халыққа қосық айтып берип, ойын көрсеттик. Соңын ала спектакльлер қоя басладық. Ҳамзаның «Бай ҳәм бадырақ», Сейфулғәбиттиң «Ерназар алакоз» атлы пьесаларын қалалық клубта, колхозларда қоя баслағанымызда, халық бизиң өнеримизди көриўге ығыла баслады. Бул бизлерге үлкен қуўаныш болды. Баслаған исимизди үлкен арнаға қосыўды гөзледик. Бирақ театрымызда ҳаял-қыз артистлер жетиспеди. Оларды сахнаға тартпай турып, исимиздиң оңалмайтуғыны көринип турды. Сол ушын усыған ҳәрекет еттик. Ел арасынан усындай талантлы ҳаял-қызлардың ролин еркек болсақ та өзлеримиз атқарып жүрдик. Көбинесе, бундай рольлерди бизиң сол ўақыттағы театрымыздың директоры қарақалпақ драматургиясының тийкарын салыўшылардың бири Әбдираман Өтепов атқаратуғын еди. Репертуарымызды байыта басладық. Сөйтип жүргенде усы Айымхан менен Қанлыкөлде жаңа уйымласқан Қоғам колхозда концерт қойып атырғанда ушырастық.
1931-жыл еди.
Биз концерт қойып турғанда жас тамашагөй қызлардың ишиндеги ақбозлақ, қой көзли қыздың өзлеримизге айрықша берилип қарап турғанлығын ҳәммемиз де сезип қалдық. Концерттен кейин оның менен сөйлеспей кетиўге болмады.
— Қарағым, қосық айталасаң ба? – деди оған музыка баслығы Жуман аға. Қыз бетин бир қапталға бурып, қысынып қалды.
Қосықларыңның биреўин айтып бер!- деп өтиндик ҳәммемиз бирге. Ақыры, биз оны көндирдик. Бул ушын бизиң Айша жүдә қарыў салды.
Йоқ едим бар болдым, камала келдим,
Әреби атлар минип, дәўранлар сүрдим.
Наныңды көп жедим, рәҳәтин көрдим,
Хош, Аман бол, бизден қалдың Бозатаў.
Қыздың даўысы далада қойылған концерттен кейинги тынышлықты бузып жиберди. Кең даланы сыңғырлаған қыз даўысы қаплап кетти. Сол «жүректен кирип, бойды алған» жағымлы жас даўыс еле мениң қулағымда. Сол күни Айымханды жәмәәтимизге қосып алыў, тәрбиялаў, артист етиў жөнинде әрман етип, түни бойы кирпик қақпастан шықтық. Айымхан өз ықласын билдиргенен соң, анасын көндире алмай көп қыйналдық. Ақыры көндирдик. Бизге ел азаматлары жақсы жәрдем етти. 1931-жылы Айымхан Қоңыраттағы колхоз театрының творчестволық жақтан өсиўине, екиншиден, оның халық алдында абырайының артыўына, үшиншиден, талантлы ҳаял-қызлардың сахнаға ғалаба тилек билдирип келиўине кеңнен жол ашты. Солай етип, Айымхан халық ийгилиги ушын сол ўақытта теңи-тайы жоқ дәрежеде хызмет етип қойғанлығын өзи де сезбей қалды. Көп узамай-ақ ол театр жәмәәтиниң дослық жәрдеми арқасында қосықлар атқарыўды үйренип, спектакльлердеги бас рольлерде көринип, Қоңырат тамашагөйлериниң сүйикли артисткасы болып қалды. Бирақ, Айымхан ушын еле әрман алыста еди. Оны жаңа ғана жымыңлап туўып киятырған жарық жулдызы шақырып тур еди. Бул жарық жулдыздың искусство шыңлары екенин биз сонда сезип қалдық. Айымханның келеси өмир жоллары оның дәслепки кәсиплес дослары болған бизлердиң көз алдымыздан кетпейди. Елеге шекем бақлап киятырмыз.
Айымхан Шамуратова 1932-жылы Станиславский атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик театрына шақырылды. Сол-сол екен, биз оның искусствоның қыйын ҳәм нәзик жолларында саспастан, батыл түрде ерискен табысларына сүйсиниў менен болдық. Ол театр жәмәәти менен бирге Қоңыратқа келип турды. Ойнаған рольлерине сер салып отырып, биз енди оның өзин тәрбиялап жиберген бизлерге де бул өнерде устаз болып киятырғанын билип, тасқынланған талантына бас ийдик.
Бир ўақыя еле есимде… Қоңыратта қойылған концерттен кейин биз ҳәмме жәмәәт болып — Айымханды қонаққа шақырдық. Өткен өмирди еске түсирип, келешекти болжадық. Соңынан ҳәр ким өз өнерин көрсетип, отырыспамыз ләззетке бөленди. Тарқасып шығып баратырғанымызда қоңсы бөлмеде бағанадан берли Айымханның қосықларын арнаўлы келип, пинҳамы тыңлап отырған бир топар ғаррыларды көрип қалдық. Бул ўақытта ашшы-душшыны бираз татып, есейип қалған Айымхан бул «сырға» түсинип қалды ҳәм ғаррыларға:
— Ҳүрметли аталарым, кеширерсизлер, егер бурынырақ билгенимде бағадан берли сизлерге хызмет еткен болар едим. Қәне, рухсат етиңлер, сизлерге бир бес-алты аўыз қосық айтып берейин.
Музыкантлар жәмлесип, Айымханның қасына келди. Ғаррылар жан-жақтан қомпаңласып алғыслар жаўдырып, қулағын түре баслады.
Хош жигиттиң дәўлети бар басында,
Ҳәм ағасы, ҳәм иниси қасында,
Ҳәрким өз елинде, теңи тусында,
Жигит қәдири болмас елден айрылса.
Усылай дәслеп Әжинияздың, Мақтумқулының, соңынан қәдимги қарақалпақтың ең ғайры нағыслы ески намалары айтылды.
— Әне, даўыс, әне, лапыз! Кем болма қызым. Кәсибиңнен камал тап! - деп пәтия берди ғаррылар. Концертте ҳәм отырыспада заманагөй өнерин жасларға төгип, енди мине халық қосықларын ағылтып, ғаррылардың да қулағының қурышын қандырды усы Айымхан. Естен кетпес тағы бир ушырысқанымды айтпасам болмас.
— «Қыз кеткен» каналына сооружение (ол ўақытта қәдимгидей тарнаў делинетуғын еди ғой) қурылып атырғанда бизлер де барып өнеримизди көрсеттик халыққа. Бир күни түсте бир кең алаңға аламан келип орнықты. Мәмлекетлик театр концерти басланды. Алдында бир қатар бақсылар менен жыраўлар, қосықшылар номерлерин атқарды. Бир ўақытта номер айтыўшы Айымханның шығатуғынлығын дағазалады. Әне, сондағы баса-бас еле кешегидей көз алдымда елеслейди. Ҳәмме жапырылып «Айымханның жүзин көрип қалайық» деп алға умтылды. Журт әллен ўақытта есине келип, орынларына жайғасты. Ҳәз етип қосық тыңлады.Айтайын дегеним — сол жыллары-ақ Айымхан қалың халықтың жүрегин өзиниң әжайып таланты менен бийлеп қойған екен… Оның үстине өз өмирин ҳәр қандай қарама-қарсылықларға, қыйыншылықларға қарамай, искусствоға арнағандағы Айымханның мақсети де халыққа ҳадал ҳәм шын жүреги менен талантлы рәўиште хызмет етиў емес пе? Халыққа соншелли жағымталлы етип айта алыўдың өзи де айтар аўызға ғана аңсат. Оның қыйыншылығы да аз болған жоқ ғой. Соны биротала жеңген, кеше ғана биреўдиң есигинде күли менен шығып, отыны менен кирип жүрген ҳаялдың қызының сабырлылығын, ақыллылығын, парасатлылығын рети келгенде айтпайсаң ба!
Сол баяғы «Бозатаў»ды айтып, жаңа өмирдиң басқышына өрмелегенин, усы Указға шекемги жолларын көз алдыңа елеслетип жиберши, ким болсаң да, ким болып көринер екен Айымхан! Қәне, алыстағы бир аўылда билген қосығын айтыўға да, ел-журттан қысынып қымырылып, жүрегине шер толған қой көзли, ақ бозлақ, жасқаншақ қыз ба, я бери келе бойын дүзеп, өмирге исенимли қәдем таслаған жылўалы бир сулыў жайсаң келиншек пе? Ямаса М.Дәрибаевтың «Көклен батыр» пьесасында Әмиўден суў алып киятырған, заман ғәплетин нәлетлеп киятырған Айпара ма, әлле бәйгиге басын тигип: «Тоқсан аттан озып келсең Байшубар, төрт туяғын ақ сийнеме басылғай» деп зарлаған Баршын ба? Ямаса, «Қарақалпақ қызы», «Бекжап трагедиясы» атлы пьесалардағы жоқшылықтан маңлайына қабат-қабат әжим питип, ақылы-еси кетип жүрген аянышлы анна ма, я ҳәзир бахытлы турмыста өзи туўған 7 баланы гүлдей әлпешлеп өсирип, туңғышларын халық хызметине жоллап атырған бахытлы анна ма? Анығын айтсам мине, өзиниң сахналық ҳәм ҳақыйқый турмысы менен усылардың барлығын бойына жыйнап, талай жыллардың адам өмирин көз алдына айнадай жарқыратып көрсетип киятырған «гигант» Айымхан бул! Сениң менен биз оның талай спектакльде ойнап, жан-жүректи елжиретип дөреткен образларын көрип киятырмыз. Биз оның «Аршын мал алан»да — Хала, «Гүлсара»да — Айсара, «Жарлылық айып емес»те — Анна, «Табыттан шыққан даўыс»та — Нетейхан, «Аспаз»да — Клава, «Шеберханның шырмаўығын»да — Шеберхан рольлерин ойнағанында, қәдимги Айымханды емес, ол дөреткен образларды ғана көрип киятырғанымыз мәлим. Аўа, сахнада Айымхан жаман адамның ролин ойнаса жек көрип, жақсы адамның ролин ойнаса жақсы көрип, әлбетте, образларды бир де елжиреп, бир де титиркенип отырғанымыз жоқ па ҳәр сапары?! Жақсы, талантлы актриса сахнада усылай «жоғалып» кетип, спектакльден соң тағы да жарқырап шыға келеди…
Әлбетте, дәслеп Айымханды бизиң жәмәәт тәрбиялап, алысқа ушырды, деп мақтанып отырман. Шынында да, Айымханның устазы — халық. Халық тәрбиялады, халық үйретти, халық аңсаған әрманына жеткерди. Қала берди, дәслепки ўақытлары оған атақлы сазенде Айтжан Хожалепесов, атақлы бақсы ҳәм мелодияшы Жапақ Шамуратовлар халық намаларын, оларды атқарыў жолларын үйретти. Соң Чайковский атындағы Москва консерваториясы қасынан шөлкемлестирилген еки жыллық студия, оның оқытыўшылары, айрықша РСФСР да хызмет көрсеткен артист К.Друзякин оның даўысын, атқарыў мәдениятын жетилистирди.
Бул дәўирде ол көплеген халықларының сүйикли артистлериниң көбиси менен танысып, дослық қатнас жасады. Театр искусствосының Станиславский системасы ҳәм методы тийкарында өзиниң атқарыў шеберлигин творчестволық жақтан тынымсыз байытты. Бул жолда ҳәр қандай қыйыншылықларға шыдады ҳәм жеңип шықты.
Айымханның қай бир хызметин айтып ушына жетесең. Олар жүдә көп. Олар усы 5-6 бет қағазға сыяма сирә! Роман етип жазарма едиң! Өзиниң жадыраған жаздай қанатлы, сарымайдай жағымлы, көп тиллерде айтатуғын қосықлары менен йош таратып киятыр-ғой Айымхан. Мен ҳәзир оның менен күнде ушырасыў мүмкиншилигине ийе емеспен. Бирақ оны ҳәрдайым я телевизордан көремен, я радиодан тыңлайман, газеталардан оқыйман. Ол туўралы ойласам жалықпайман. Сизлерде солай шығарсыз. Себеби, ол ҳәммемиздиң Айымханымыз. Ҳәммемимз сүйемимз. Халқымыздың шексиз ҳүрметин есапға алып, ҳүкиметимиз тәрепинен оған Қарақалпақстан, Өзбекистан халық артисткасы атақларын, бирнешше рет орден ҳәм медальларды және 20 лаған рет Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң Ҳүрмет грамоталарының берилиўине ҳәр сапары ырза болған едик. Енди мине, ол СССР халық артисткасы. Халқымыздың орынлы мақтанышы. Бәрекалла! Оң болсын! Әжинияздың «Бозатаў»ын айтып, искусствоға атланып еди. Айдын жүзи жарқырап тағы талай табысларға жете берсин. Халыққа көрсеткен хызметиниң, жети перзентиниң рәҳәтин көрсин. Саў болсын, Бозатаў қызы!
1967-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: |