Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet20/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

_____________
*Аршан Әмет Шамуратовтың әдебий лақабы еди.

Бағда гүл көп бири-биринен тәўир,
Бәри бир қушаққа сыймас ҳәм аўыр,
Бизлер жасап турған бул алтын дәўир,
Таза муҳаббаттың заманы болар.
ЖАРАСАР
(сөзи Ө.Хожаниязовтики)

Бағларда бүлбил сайратқан,


Инсанды еркин ойнатқан.
Атыз ишин гүл жайнатқан,
Күнимиз түскен нур жарасар.

Мийнетте үлги көрсеткен,


Жеңистен-жеңиске жеткен.
Жигерленип мийнет еткен,
Бизге уллы, даңқ жарасар.

Шам жаққандай өңириңе,


Таққаныңда өңириңе,
Алтын жулдызы жарасар,
Қаҳарман мийнет ерине.


«ТИКЛЕНГЕН ТУЎ»
ПЬЕСАДАҒЫ АНАНЫ; АРИЯСЫ
(сөзи Т.Жумамуратовтики)

Қайтып келдим жериме,


Топырағым қайдасаң?
Қосылғайман елиме,
Дәўлетим, бағым қайдасаң?

Залым душпан қорлаған,


Жүрек жанып парлаған.
Кетеримде зарлаған,
Шамшырағым, қайдасаң?

Ҳәлсиреп жулыным,


Желкилдетип тулымын.,
Шырлап қалған шыбыным,
Қулыншағым, қайдасаң?

Ерке болып өскеним,


Самал болып ескеним.
Келин болып түскеним,
Шаңарағым, қайдасаң?





«ҚЫРЫҚ ҚЫЗ»

Бул пьеса 1940 — 41 — 42-жыллары Әмет Шамуратов тәрепинен жазылса да, көп режиссерлар жүрек етип қоялмай жүр еди. Г.Д.Абдулов көп излениўшилик пенен мийнет етти ҳәм көп адамлар менен сөйлесип, жасы үлкен драматурглер менен жазыўшы, артистлер, авторлар менен ойласып-кеңесип, таярлыққа киристи.


Роллерди бөле баслады. Маған жүдә мүлайымшылық пенен:
— Сизиң даўысыңызға, айбатыңызға Гүлайымның роли жүдә ылайық. Бирақ, сиз ҳәзир толығырақсыз ҳәм басыңызға сонша аўыр қайғы түскен. Жети баланы да бағыў аңсат емес, деп мениң кеўлимди алып қойды. — Саған Гүлайымның анасы — Ақсулыўдың ролин тапсырайын, деп турман,-деди.
Мениң де Гүлайымның ролинен дәмем бар еди. Бала-шаға менен бираз қыйналып, өзимниң де тоқтасқан ўақларым еди. Көзиме жас алып турып:
— Яқшы, Ақсулыўдың ролин ойнайман,-дедим. Неде болса қойылсын. Сизиң жәрдемиңиз бенен кеўилдегидей етип ойнаўға сөз беремен.
Енди Гүлайымның ролинде ойнаў ушын оған театрдағы артистлердиң ҳеш биреўи де унамай қалды. Сөйтип жүргенде Ташкенттеги театр институтында оқып атырған Айша Сейтмуратова деген қызды Гүлайымның ролине ылайық көрип қалды. Буның бойы да, даўысы да, түри де келискен, сезими күшли қыз екен. Усы қызға жәрдем етиң, қарасыңлар, деп бизлерден соранды. Биз жас үлкен артистлер оған қолымыздан келген жәрдемимизди көрсеттик.
Мәденият министри менен сөйлесип, материаллық жәрдем де алып бергиздик. Айша «Қырқ қыз» пьесасында Гүлайым ролин жүдә жақсы, таң қаларлықтай етип атқарып шықты, халыққа унады. Бирақ, Гүлайым ролинде ойнаған Айша Сейтмуратова көп мақтаўды, хошеметлеўди көтере алмай талантын қорлап, оқыўын таслап, театрдан да шығып кетип қалды. Гейде қыя мақтаўларды, хошеметлеўлерди көтере алмай кететуғын артистлер де болады.
Ал Гүлайымның әкеси Аллияр ролин — Рейимбай Сейтов халқы ушын жанын аямайтуғын, ҳақыйқый образлы етип ойнады. Роли өзине жүдә жарасты.
«Қырық қыз» пьесасында, әсиресе, мына роллердеги ойнаған артистлер: Арыслан ролинде — Қасым Жүгинисов, Көшербай Зарымбетов, Отбасқан — Абилҳақ Жүгинисов, Узақберген ғарры — Жолдасбай Сейтқасымов, қыз жеңгеси — Сапаргүл Әўезова, Садат Юсупова, Сәрбиназ — Рима Әдикова.
Бул пьесаны қойыўда жолдас Г.Д.Абдулов таярлықты жүдә жақсы қадағалап, талапшаңлық пенен ис алып барды. Артистлерге барлық мүмкиншилик туўдырып, түсте аўқатланыў ушын буфет аштырып, ўақыт пенен санаспай, артистлер де, музыкантлар да, балет ойнаўшылар да ықласланып иследи. Композитор В.Шафринниковты Москвадан шақыртып алып, «Қырық қыз»дың музыкасын жаздырды. Арияларын өзи үйретти. В.Шафринников қарақалпақ халық намаларына тийкарланып музыкасын жақсы жазды. Оркестр, массовкалар, хор, балет ҳәрқайсысы өз орнында, айта жүрерликтей хызмет етти. «Қырық қыз» пьесасы жақсы болып қойылып, халық жақсы қабыл алды. Бир бул пьеса емес, бир неше музыкалы жақсы пьесаларды да театр соңғы ўақлары қоймай таслады. Бул да театр басшыларының, режиссерларымыздың кемшилиги.
Ҳәр халықтың өзине ылайықлы классик шығармаларын көбирек қойса, халқымыздың аты шығатуғынлығына түсинбей, кеўил бөлмеўдиң ақыбети жақсы болмайды. Себеби, «Қырық қыз» дәстаны менен биз қарақалпақ халқы дүнья жүзине танылып едик ғой…



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish