Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet16/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Төреш Алланазаров
Театрымыздың ең биринши тырнағын қаласқанлардың бири – Төреш еди.
1957-жылғы Ташкенте өтетуғын қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының декадасы ўақтында бизге туўысқан республикалардан қәнигелер жәрдемге келди. Сонда олар Төреш Алланазаровтың қойған пьесаларын көрип ҳайран қалды. Гинзбург былай деп айтқан еди: «Төреш Алланазаров жүдә жақсы режиссер болып жетисти. Оған мен қуўанышлыман. Ол Өзбекистандағы атақлы режиссерлардан қалыспайды».
Ол киси декадаға баратуғын пьесалардың бәрин көрип, жолдаслық кеңес берди. Табысларды жоқары баҳалады.
Декада табыслы өтип, Ташкент халқы қайыл қалды. Усының бәринде Төреш Алланазаровтың творчестволық үлкен мийнети бар еди. Ол республика искусствосын раўажландырыўда аянбай ат салысып келмекте.


Тилеўберген Жумамуратов
Тилеўберген Жумамуратов – халқымыздың ең сүйикли шайырларының бири. Мен оның да бираз қосықларын намаға салып айтып, халықтың ҳүрмет-иззетине бөленгенмен. Тилеўберген менен бирнеше сапар ҳәптелик, декадаларға бирге қатнасып қайтып жүрмиз. Халық оның қосықларын қызғын қарсы алады, сүйип тыңлайды. Тилеўберген өзиниң барлық қосықларында басқа туўысқан халықлар әдебияты ўәкиллериниң қосықларында ядқа биледи. Оның сатиралық, юморлық шығармалары оқыўшыларда терең тәсир қалдырады.
Тилеўберген Жумамуратов драматургия тараўында да қәлем тербетти. Оның «Қызлар ҳәзили», «Тикленген туў» пьесалары театрымыздың сахнасында табыслы атқарылып, тамашагөйлерди өзине тартты.
Мен оның «Тикленген туў» пьесасында кемпир ролинде ойнадым. Бул ролди атқарып, районларда көп ўақытлар гастролларда болдым. Сонда биз халқымыздың үлкен алғысларына сазаўар болдық. Әсиресе, оның пьесасындағы ананың баласы менен айтысатуғын қосығын айтқанымда тамашагөйлер силтидей тынып, тыңлайтуғын еди.


Өсербай Хожаниязов
Мен Өсербай Хожаниязовтың ертеректе газетада шыққан «Жарасар» деген қосығын жүдә унатып қалдым ҳәм сол қосыққа нама изледим. Айтжан Хожалепесов пенен ойласып, усы қосықты «Теке налыш» қа айтсам қәйтеди, деп сорадым. Ол мақуллады. Енди мен бул «Теке налыш» ты басқашалаў етип айтаман, - дедим. Таярландық. Сөзи де жақсы, намасы да жақсы.
1950-жылы оны сахнада айтып шықтым. Сол ўақытлары Өсербай Хожаниязов Москвадағы М. Горький атындағы Әдебият институтында студент екен. Оқыўын питкерип келгеннен кейин тынбай творчестволық мийнет етти. Өсербайдың басқа да бир қанша қосықларын айтып, халыққа хызмет еттим. Оның қосықлары маған бирдейине йош, илҳам бағышлап турар еди. Өсербай Хожаниязов оғада кишипейил, жазған қосықлары халыққа унайтуғын шайыр еди.


Ибрайым Юсупов
Қарақалпақ көркем әдебиятын өзиниң көп ғана әжайып шығармалары менен байытқан талант ийелериниң бири – Ибрайым Юсупов. Оның жазған пьесаларында ойнап, қосықларын айтып киятырман. Ибрайым мен тәрбия көрген «Таң нуры» труппасының турмысынан алып «Актрисаның ығбалы» деген поэма жазды. Сондағы Арыўхан – мениң прототипим.
Мен оның шығармаларын мудамы сүйип оқыйман.

* * *

Революция орнап, социализм қурыўға ат салысқан ўақларда қаншама қыйыншылықларды бастан кеширип, жаңа жәмийет қурыўда колхозласыў дәўиринде, каналлар қазыўда, темиржол салыўда, Ўатандарлық урыс ўақытларында тынбай халыққа бирге хызмет еткен, Қарақалпақстаның көп ғана жигит-қызлары, болды. Мен олар менен бирге ислестим. Олар: Дәли Назбергенов, Иван Сергеевич Майоров, Орынбек Қожуров, Хожабек Сейтов, Қармыс Досановлар еди. Мен бул қәдирдан заманласларымыздың қосықларын атқарып, пьесаларында ойнадым, олардың табыслары менен мақтандым, олар менен қуўанып, өмир сүрдим.
Мениң халық арасында абрайымның артып, искусствомыздың жулдызы болып жетисиўимде жоқарыда аты аталған талант ийелериниң үлкен дослық ҳәм творчестволық жәрдемлери болды. Мен оларға мәңги миннетдарман. Сизлерге даңқ алғыс болсын, жүрегиме жақын адамларӘ



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish