Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet13/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Асан Бегимов
Ол ўақларда Асан жазыўшы ҳәм драматург сыпатында азғана күң театрда директор да, режиссер да болып исследи.
Мен директорман, деп турмай жазыўшылығын даўам етип, қарақалпақ тилин қандай етип сөйлеўди де үйретип, артистлер менен тығыз байланыста болып, араласып жүрер еди.
Бир күни «Шәлеке бай» пьесасын таярлап атырғанбыз. Мен Шәлеке байдың ҳаялы ролинде едим.
Шәлеке маған:
- Ҳаял, үстине ҳаял аламанӘ Аламан дегеним аламан. Анаў күни шарият исине қарсылық қылып, шыжа-пыжа болып атқан сен емеспе едиң? – деди.
Мен оған:
- ӨлимӘ – дедим. Таярлықтың барысын бақлап отырған Асан аға сонда мениң қасыма келип, әстен ғана уўдай етип қолымды шымшып алды. Көзимнен жас шығып кетти, үндемей тура бердим. Бир ўақытта қайтадан баслаң, деген нусқаў берилди. Таярлықты даўам еттик. Сөзимди жақсылап айттым, ролди жақсы ойнап шықтым. Асан аға қатты қуўанып, мени қутлықлады.
Неге «өлим» дегенимниң мәниси мынаў еди, мен ҳаял ролинде ойнағым келмей жүр едим. Оның үстине «шарият исине шыжа-пыжа» деген сөздиң мәнисин бир артистка маған түсиндирип берген еди. Сол ушын «өлим», деп билмей айтып салып едим.
Асан ағаның устазлық хызметлери айрықша болды. Ол мениң өмиримде умытылмас из қалдырды.


Қарабай Ерманов
Қарабай Ерманов қарақалпақ әдебияты менен искусствосының раўажланыўына Қ. Әўезов, С. Мәжитов, Ә. Өтеповлардың қатарында турып ат салысқан, сол ўақтағы мектеплер ушын ең дәслепки сабақлықлар дүзген зиялылардың бири еди.
Қарабай ағаның ҳаялы Генже апаны бизиң апам сиңлилерим дейтуғын еди ҳәм бурын қоңсы отырғанбыз. 1936-жылы Москваға барған ўақтымда, сол жыллары театр институтында оқып атырған Төреш Алланазаров пенен бирге Қарабай ағаның үйине бардым. Ол дәўирде Қарабай аға Қарақалпақстанның Москвадағы турақлы ўәкиллигинде ислейди екен. Келсек бул үйде Қасым Әўезов, Аллаяр Досназаров, Жумек Орынбаевлар да отыр екен.
Сол жерде олардың өтиниши бойынша «Бозатаў» ҳәм Қарабай ағаның өзиниң «Арыўхан» қосықларын айтып бергеним, еле күни кешегидей көз алдымда елеслейди.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish