Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet12/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Сейфулғабит Мәжитов
1934- жылы «Таң нуры» Мәмлекетлик театр болғаннан кейин көп жазыўшылар, дрматурглер пьесаларын театрға әкеле баслады. Сол ўақлары 65 жаста шығар деймен, жүдә көриниси келискен, қарақалпақша шекпен кийген, басында дегелей, мүлайым, киши пейил Сейфулғабит ағай бир-еки пьеса алып келди. Қәлегениңизди аларсыз деди ол. Пьесаны оқыдық. Ол ҳәммеге жүдә жағып қалды. Бул оның «Бағдагүл» пьесасы еди. Сол ўақта театрға Абдулла Ерманов директор еди. Ақсақал пьесаңды қабыл алдық деди. Буған Сейфулғабит аға жүдә қуўанып, намаларды да, үрип-әдетлерди де, аўылдағы жигит-қызлардың ойынларын да жақсы билемен, деп күлисти. Сейфулғабит Мәжитов усы жыллары Төрткүлдеги музейде ислейтуғын еди. Күнде азанда бир мезгил келеди. Пьесаның сөзлерин жазып алдық. Өзи режиссердай болып, образларды, оның қосықларын, намаларын өзи үйретти. Өзи дуўтар шерте алады екен. Пьесаның соңғы картинасын еки рет өзгертти. Үшинши рет пьеса жақсы болып шықты. Театрымызда «Бағдагүл», «Гүлсара», «Бул ким?», «Аршын-Малалан» пьесалары табыслы қойылды. Артистлер де роллерди жақсы атқарып шықты, театрдың абрайы көтериле баслады. Жас ўағымнан аўылдан кетип қалғанлықтан мен аўыл қызларының образларын жақсы билмейтуғын едим. Сейфулғабит аға көп нәрсе үйретти. Ол ҳәр түрли намаларды, қызлардың еркелигин, жылўа-назларын, қарақалпақ тилин, саз шертиў өнерин, жуўап-нақыл, басқыласыў үрп-әдетин оғада жақсы биледи екен.


Әбдираман Өтепов
Революция орнағаннан соң самородок жаңа бойын тиклеп, халық қатарына қосылып, өз алдына шаңарақ көтерип, автономиялы республика болған қарақалпақ халқына ең бириншилерден жетекши болып театр дүзген ҳәм сол театрда директор, режиссер ҳәм актер болып ислеген талантлы драматург, композитор, қосықшы Әбдираман Өтепов еди.
Ол Қасым Әўезов, Аяпберген Муўсаев, Сейфулғабит Мәжитовлардың басшылығында өсип жетисти. Шайыр Ҳамза Ҳәкимзададан илҳамланып, Қоңырат районынан 1927-жылы театр дүзген Әбдираман Өтепов, сол жылы Төрткүлдеги «Таң нуры» театрына шақырылады.
Әбдираман Өтепов Ҳамза Хорезмде болған ўақтында изинен барып, нусқаў алып турған. Ал, Ҳамза Хожелиде интернатта ислеген ўақытта изинен барып турдым ҳәм кейин ол Қоңыратқа келди, - деп айтар еди Әбдираман аға.
Шәкирт устазға усайды дегендей, Әбдираман ағаның көп характерлери Ҳамзаға усар еди. Ол сондай талантлы актер да еди. Әсиресе, ол ҳаял ролинде ойнағанда, таң қаларлықтай етип ойнады. Әбдираман сахнаға шыққаннан тамашагөйлер қуўанысып, көп ўақытқа шекем қол шаппатлап турады. Ол роллерди оғада шебер атқарды.
Әбдираманның өмири – келешек әўладлар ушын ибрат аларлық айдын ҳәм гузар жол. Бул жол жас әўладты искусствоны жандай сүйиўге шақырады. Әбдираман аға басып өткен жол – әўладлар ядында мәңги сақланады.
Әбдираманның пьесаларында қосықлар да бар еди. Солардың бирин мен «Зиндан» намасына салып айтқанымды ҳеш умытпайман:
Турғыл, қарындасым, жатпа муңайып,
Барсаң жарық жолға алып барайын.
Ҳақын излеўшилер кетти көбейип,
Барсаң жарық жолға алып барайын.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish