Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet9/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

7. ЖҮРЕК ҲӘЎИРИ
Әметтен айырылғаннан кейин көп ўақытларға дейин есим кетип, лал болып жүрдим. Оның менен дәслепки танысқаным, ол жазған «Гүресте», «Испан жаслары» қосықларын «Шымбай» намасына айтқанларым, ең соңында «Гүлайым болып — Айымханым ойнасын», деп «Қырық қыз» пьесасын маған арнап жазғаны… Бәри көз алдымда, ядымда. Соларды қалай умытарман.
Өмириниң соңғы күнлеринде Әмет бийтапланып, Ташкенттеги емлеўханада жатқанда мен Нөкисте ең генже қызымды туўып, туўыў үйинде жаттым. Оннан шыға сала Әметтиң изинен Ташкентке тарттым. Барсам аўырыў әдеўир өтисип, Әмет болдырыңқырап қалыпты. Бирақ үмит етип, емизиўли қызымды қолыма алып, емлеўханада — оның қасында 13 күн болдым…
Бир күни мен Ташкенттиң базарына барып, мийўе-жемис дегендей алып келсем, Ташкент радиосы мениң қосығымды берип атыр екен. Әмет радионың қалпағын қолына алып, қулағына тығып тыңлап отыр. Мени көре сала, әкелген затларыма қарамастан:
— Айымхан, ҳаўазыңды еситип, жаным рәҳәтленди ғой,-дейди көзлерин жас пенен жуўып. Мен оның қапаланып, кеўили бузылып атырғанын билдим де, оған демеў бергендей:
— Қойшы, Әмет, денсаўлығыңа қара, жақсы болып кетесең еле,- деймен. Енди ойлап отырсам, қандай әжайып адам дейсиз: бәрҳә ол мениң айтқаныма қуўанады, кеўилиме азар бермейди.
Мине, усындай қәдирли адамымнан айырылып, азаланып жүрип, жумысқа араласыў аўыр болды. Илажсыздан ярым жылға шекем соранып, Әметтиң азасында отырдым. Соң ярым жыл өткеннен кейин де сахнаға шығыўға, халықтан тартынып, дым болмаса қосық айтып жүрсем ҳеш кимди көринбеймен ғой, деп радиокомитетке солистка болып өттим.
Мен қайғы менен қан жутып жүрип, жумысқа аралассам, усы жүрисимди көпсинип, көре алмайтуғын адамлар да бар екен. Бир жолдаслар: «Шамуратова микрофон алдында қайғылы қосықларды жылап турып айтты», деп областьлық партия комитетине үстимнен арза жазыпты. Енди обкомға қатнай басладым. «Аўа, гейде қайғылы қосық айтқанда жылағым келип кететуғын шығар, жақында күйеўим қайтыс болып еди, соның дәрти ғой, ендигиден былай қайғылы қосық айтпайман», деп түсиник хат жазып бердим. Маған аўыз-еки ескертиў берилди…
Усындай арзагөй, ҳарамы адамлардың арамызда жоқ болмай киятырғанына ҳайранман. Аўызбиршиликти бузып, айыпсыз инсанлардың жүреклерин жәдигөйлик пенен жаралайтуғынлар да усындай бузақылар ғой.
Бул ўақыя бир есаптан мени «писирди-шыйырды», ярым жылдан бери аза тутып жүрген адамның «бет пердесин ашты». Ашқанда да оны әсте ақырынлық пенен емес, ал бирден турпайы ашты. Өзимди өзим қолға алып: «қой, усы аза тутқаным болар, болмаса Әметтен қалған балаларға ким қарайды, олардың келешегин ким ойлайды, оннан да перзентлеримди әкесиз өсти деген атақты еситтирмеўге ҳәрекет етейин», деп жумысқа шынтлап киристим ҳәм жүректеги дәрт ҳәўирин қосық пенен шығардым. Естеликлеримниң бас бетинде: «өмирим мениң өнерим — қосықларым», деп жазғаным да, мине, усыннан еди.
1954-жылы Москвада болып өткен Парахатшылықты сақлаў бойынша пүткил жер жүзилик 888 конференцияға қатнастым. Мениң менен бирге, Қарақалпақстаннан Садық аға, Жолмурза, Зина ҳәм Қалбийке қатнасты. Бул мениң Әметтен айырылғаннан соңғы биринши рет республикамыздан сыртқа шығыўым еди.
Мени бурыннан таныйтуғын Ташкенттен барған Мукаррама Турғанбаева қамсығып, бир жыл өтип кетсе де Әметтиң мезгилсиз қайтыс болғанын қайғырып, кеўил айтты. «Қапаланба, балаларға қара, ендиги өмириң — өнериң!» деп маған бираз ақыл айтты. Оған күтә ырза болып, кеўилим питип, көтерилип жақсы болып қалдым. «Жақсы адам менен сөйлессең — зейиниң ашылады», деген усы екен ғой, деп ойлайман өзим де.
Конференцияға келген атақлы рус жазыўшысы Лев Толстойдың ақлығы менен халық артисткалары Еленская, Мукаррама бәримиз естелик ушын сүўретке түстик.
Булардан басқа да көп досларым менен ушырастым. 1947-жылы Ташкентте болып өткен Орта Азия ҳәм Қазақстан республикалары халықларының искусство фестивалында танысқан досларым, кейнинен тек өз республикаларына ғана емес, ал көплеген еллерге танылған Қазақстанның бүлбили Гүлаш Байсейтова, Қырғызстанның жулдызы Сайра Кийизбаева, Түркменстанның маңлайына тутары Мая Кулиева, Азербайжанның атақлы актрисасы Шавкат Алекпероваларды ушыраттым, дийдарластым. Олар да мениң қайғыма ортақласып, кеўилимди көтериў ушын өмирде қандай қыйыншылықларды жеңип шыққанлықларын айтып берди. Усындай үлкен ҳәм кеўили жақын досларымыздың жыллы жүз билдириўи, ақыл-кеңеслер бериўи мени өнеримди — талантымды бурынғыдан да бетер қәстерлеп, қәдирлеўге умтылдырды. Себеби, усы талантым — өнерим арқасында ҳәр елдиң ең маңлай алды атақлы қызларының әпиўайы қарақалпақ дийқанының қызына кеўил бөлип, оны өзлери менен тең санап, маған өмирден бахыт тилегенине разыман.
Қыйналып-қапаланып жүргенде жыллы сөйлеген, муңлас болған, ақылын айтқан адамды өзиңе жақын санайсаң. Ол ҳеш ўақытта умытылмайды, ҳәр бир сөзине миннетдар боласаң. Мен жоқарыдағы өнер жулдызларын жүдә ҳүрметлеймен, олардың өнер-талантлары алдында бас ийиўим менен узақта жүрип-ақ: «жулдызларың жоқары бола бергей», деп ҳәр бир табысына қуўанып жүремен.
Досларымнан, Әметтиң танысларынан бирдейине күтетуғыным — жүрекке жақын жақсы сөзлери ғой. Үстимнен обкомға арза түскеннен кейин аўылдағы гейпара жақсы көретуғын адамларымнан да түңиле баслап едим. Москва ҳәм бул жердеги ески, қәдирдан досларым мениң бул пикирлеримди умыттыра баслады. Әсиресе, Мукаррама апамның: «Қарақалпақстан ҳәм Өзбекистан халық артисти ҳүрметли атақларына ийе болсаң, (соңғы атаққа 1950-жылы ийе болғанман), «Мийнетте айрықшалығы ушын» медалы менен сыйлықлансаң — қарақалпақтың ең бахытлы қызы сен болмағанда — ким болады?», деген хошаметлеўлери өзиме үлкен демеў, күш-қуўат берди. Өз бахтымды — талантымды қәдирлейин деген пикир ҳәм исеним усылай беккемленди.
Москвадан қайтып келгеннен кейин бир-еки күн балаларым менен үйде болдым. Соң жумысқа бардым. Агитбригада да бир топар артистлер менен районларға шығып, концерт көрсеттик. Және бурынғысынша өмир алға қарай өрлей берди.
Усы жыллары мени қайтадан Станиславский атындағы қарақалпақ мәмлекетлик театрында ислеўге мирәт етти. Бул ўақытлары мәмлекетлик театрымыз музыкалы, драма ҳәм комедия театры болып, оның аты әдеўир өзгериўине байланыслы тематикалық кеңейиўи де нәзерде тутылған екен. Соған байланыслы, жаңадан бираз музыкантлар ҳәм артистлер жумысқа алынып, театр жәмәәти әдеўир беккемленди. Халық хожалығы, илим ҳәм мәденият жоқары дәрежеге көтерилген, Чарджаўдан Тахиаташ, Хожели арқалы Қоңыратқа темир жол салынып атыр. Тумлы-туста жаңаланыў, өсиўшилик, раўажланыўымыз гүрлеп баратырған ўақыт.
1957-жылы Ташкентте қарақалпақ әдебияты менен искусствосының биринши декадасы өткерилетуғын болды. Соған 1956-жылдан баслап ҳәр тәреплеме таярландық. Бизлер декадаға «Рәўшан», «Алпамыс», «Сүймегенге сүйкенбе», «Жарлылық айып емес», деген пьесаларды алып барыўға таярландық ҳәм арнаўлы концерт бағдарламасы да таярланды. Мен «Рәўшан» пьесасында Рәўшан, Н.Островскийдиң «Жарлылық айып емес» пьесасында Анна Ивановна роллерин атқардым ҳәм декада бағдарламасының салтанатлы ашылыўы және жабылыўы күнлеринде қатнастым. Дәслепки күни «Нигарым», «Текеналыш» намаларын симфониялық оркестр менен айтып шықтым. Бундай жүзлеген әсбаптан қуралған нәзик симфония оркестри менен мениң биринши айтыўым еди. Табыслы атқардым.
Әсиресе, «Рәўшан» пьесасына таярлық ўақтында жүдә қыйналдым. Неге десең, ҳәзирги заман турмысынан пьеса жазыў қыйын болды ма, билмеймен, режиссерлер оны көп өзгерте берди. Енди рольди жазып алып, ядлаўға кириссек: «ол болмайды, қайта өзгертиў керек» деген тапсырма болып, қайта өзгертемиз. Оның үстине автордың сол заманның оқыған ҳаял-қызларының турмысын көрсетиўине режиссерымыз келиспейди…
Пьесаның авторлары да оның бир қанша вариантларын ислеп, соңында пьесаны Төреш Алланазаров пенен Жолмурза Аймурзаев биргеликте жазады ҳәм екеўиниң авторлығында шықты. Ғажжа-ғаж таярлық басланды. Раўшанның ролинде еки артистка едик. Кейин мениң бир өзиме тапсырылды. Бул күнлери Төреш Алланазаров жүдә ғайрат салып иследи. Мен де режиссердың басшылығында бар өнеримди жумсап, аянбай мийнет еттим. Нәтийжеде, мийнетимиз зая кетпеди. Пьеса қысқа мүддетте сахналастырылды да, ол жақсы спектакль сыпатында қабыл етилди.
Декадаға басқа таярлық жумыслары да жақсы шөлкемлестирилди. Оған қатнасқанлардың ҳәммеси миллий кийимлер менен тәмийинленди. Концерт бағдарламасы да кеўилдегидей дүзилди, таярлығы да күшли болды.
Бул декада мениң ушын айрықша қуўанышлы болды. Себеби, оның концерт номерлерин мениң қызым — Гүлжәҳән алып барды. Оның қасында досты Г.Дәўлетова да конференсье ролин атқарды. Бул жылы Гүлжәҳән тоғызыншы класста оқыйтуғын еди. Ташкентке барғаннан кейин оған «Қырық қыз»дың А.Тарковский таярлаған русша аўдармасынан Гүлайымның атасына ант еткен жерин ядлап, сахнада оқыўды мәсләҳәт бердим.
Бул «Қырық қыз» пьесасын жазған марҳум әкеси — Әмет Шамуратовқа қызының ҳүрмет естелиги болады, деп ойладым. Гүлжәҳәним мениң ҳәм басқа жолдасларының жәрдеми менен бул аналық тапсырмамды инабатлы орынлап шықты, тап мениң ойымдағыдай етип жүдә жақсы оқыды. Ол оқыған ўақытта ҳәмме оған аянышлы қарайды. Неге десең Гүлайымның әкесине берген антын, қызым өзиниң әкесине айтып турғандай сезилди. Мениң төбем көкке жетти. Ана болғаныма қуўандым — мақтандым. Көп қәнигели искусство хызметкерлери Гүлжәҳәнди театр институтына оқыўға жибериң деп айтып та еди. Бирақ қызым басқа оқыўды қәлейди екен…
Ташкентеги декадамыз жүдә жақсы өтти. Өз ағамыз —өзбек халқы барған жеримизде байрам, шады-қуррамлық дүзип, мийнетлеримизге жоқары баҳа берди. Бизлер барғаннан қайтқанымызға шекем Ташкенттиң радиолары бәрҳама қарақалпақша сайрап турды ямаса Қарақалпақстан ҳаққында ең жақсы пикирлерди еситетуғын едик.
Он күнлик дәўиринде Тохта Рахманова, Гүлхан Шеразиева, Юлдаш Шарипов, Юлдаш Мамутов, Р.Сейитов, Ж.Шамуратовлар мениң менен бирге айрықша көзге түсти. Сондай-ақ, алып барып көрсеткен пьесаларымыздан тысқары «Әмиўдәрья», «Сондай күлдим», «Балықшылар» атлы қосық-ойын ансмабли атқарыўшылары Ташкенттиң талапшаң тамашагөйлери тәрепинен жоқары баҳаланыўға миясар болды.
Ташкенттиң көплеген театрлары, мәденият үйлери менен дөретиўшилик клубларында бизиң өнеримиз ҳаққында, қарақалпақ әдебияты менен искусствосы раўажланыўдың бийик жолына шыққаны туўралы белгили өзбек искусствосы ғайраткерлери, үлкен қәнигелер ҳәм танылған устазлар ағалық кеңеслерин айтты. Егерде ҳәзирги ўақытта искусствомыздың дәўир талабы тийкарында жақсы раўажланып атырғанын еске түсириў зәрүр болса, буған әлбетте, сол жылы декада ўақтында Ташкенттеги үлкен устазларымыздың айтқан ақыл-кеңеслериниң де белгили дәрежеде пайдалы тәсири тийди, деп исенимли түрде айта аламан.
Ташкенттеги декаданың табыслы өтиўине бизлерге бурынырақ — таярлық ўақтында келип, устазлық кеңеслерин аямаған Лизаханум Петросова, Дурдиев, Қабулов, Назаров, Несимов, Бурханов жолдасларға миннетдармыз.
Он күнлик ўақтында өз роллеримди табыслы атқарып шыққанларыма қуўанған достым, өзбек сахнасының атақлы бүлбили, халық артисткасы Халима Насырова мен ҳаққында Ташкенттиң газеталарына:
«Мен қарақалпақ музыкасы ҳәм қосықлары менен бираздан берли таныспан. Мени, мениң искусство бойынша достым, республика халық артисткасы Айымхан Шамуратованың артықмаш шеберлиги терең қызықтырады. Бул шынында да жағымлы даўыслы, нәзик көркем усылды ийелеген, халық қосықларының жанына терең кире билетуғын жақсы қосықшы. Халық оны сонлықтан да сүйеди», деп жазыпты.
Бизиң басқа да артистлеримиз, декадаға алып барған спектакльлеримиз, жазыўшыларымыздың шығармалары туўралы Ташкенттиң газеталары ҳәр күни жазып, жақсы баҳалады. Бир қатар кемшиликлеримизди де көрсетип, дөретиўшилик кеңеслер берди. Өзбекистанның театр жәмийети, жазыўшылар, композиторлар, архитекторлар аўқамында болып өткен кең пикир алысыў жыйналыслары мине, усындай характердеги әҳмийетли ушырасыўлар еди.
Декаданы табыслы өткерип қайтыўымызға байланыслы бизди Нөкисте де халық байрамлардағыдай күтип алды. Қатнасып қайтқан артистлердиң көпшилигине жоқары ҳүрметли атақлар берилди. Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Оннан кейин республикамыздың районларында болып, Ташкенттеги көрсеткен тәртибимиз бойынша есап концертин берип, аўыл турғынларының да шексиз алғысларына бөлендик.
Енди Өзбекистан әдебияты ҳәм искусствосының Москвада он күнлиги өткерилетуғын болды. Бул 1959-жыл еди. Оған бизиң рсепубликамыздан Бердақ атындағы мәмлекетлик филармонияның қосықшылары ҳәм аяқ ойыншылары ансамбли қатнасатуғын болды. Усы топарға солистка етип мени де қосты. Бул мен ушын және бир үлкен сынақ еди.
Москвада өткен бул декадаға қатнасыў мен ушын айрықша қуўанышлы, умытылмас ўақыя болды.
Қуўанышлы ўақыя болды деўимниң мәниси, Москвада декада өтип атырған ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўлар болып, маған үлкен исеним менен депутатлыққа кандидат етип көрсетипти. Москвада бизиң қарақалпақстанлы ансамбль он алты жерде концерт берди. Қарақалпақша, қазақша, азербайжанша, русша қосықларды келистирип айттым. Бул концертлерге қызығыўшылық соншелли, адамлар клубқа сыймай кетти. Халық бизиң концертлеримизге, кийимлеримизге ҳәм артист қызларымызға, жигитлеримизге таң қалды. Көп рет сүўретлерге алды.
Декада биринши ашылған күни Колонна залында болған концертке бизлерден еки номер қосты. Бири қарақалпақша, екиншиси қазақша «Ақ тамақ-бағила» ойыны менен лапар еди, оны қызлар топары айтты. Усы концертте Қазақстанның атақлы жазыўшысы Мухтар Әўезов пенен бирге қатар отырдық. Сонда Жолмурза да, Марат та бар еди. «Қарақалпақстанлы дослар, мына номериңиз жүдә жақсы ғой. Өз алдыңызға декада өткерсеңизлер де болады екен Москвада», деди ол. Әсиресе, оған «Ақтамақ-бағила» жүдә унапты. «Қазақстанға келип, қарақалпақ күнлерин өткерсеңлер жүдә жақсы болар еди. Бизге тиллериңиз өте жақын екен. Переводсыз-ақ түсиникли», деп Мухтар Әўезов бизлер менен көп сөйлести. Сондай дүньяға белгили уллы адамның ықласланып, бизлерди ҳәтте өз елине шақырғанынан, өнеримизге жоқары баҳа бергенинен бизлердиң төбемиз көкке жеткендей болды. Мухтар ағаға өнерин унатқан қызлар да әнейи емес, гилең талантлы, сулыў қызлар еди. Олар Орынгүл Муратова, Оразгүл Алламбергенова, Гүлшад Атабаева, Зияда Шамуратова, Рима Адикова, Әлима Дилханова ҳәм басқалар. Ойынды қойған Лизаханым Петросова еди. Лизаханымның қарақалпақ аяқ ойынларын шығарыў ҳәм сахналастырыўда үлкен мийнетлери бар. Бул үлкен хызмети ушын бизлер қуўанамыз ҳәм рахмет айтамыз.
Москвадан қайтып келгеннен соң да өзимиздиң районларымызда есап бериў концертлерин қойдық. Оннан кейин, Өзбекистанның ўәлаятларында туўысқан Қарақалпақстан искусствосын таныстырыў ушын еки айлық гастрольға жиберди. Ферғана, Әндижан, Самарқанд, Бухара, Хорезм ўәлаятларына бардық. Бул ўәлаятларда бизлерди жақсы күтип алғанын тил менен айтып жеткериў қыйын…
Дәслепки концертимизди Ферғана ўәлаятынан басладық. Ол Өзбекистанның ең гөззал қаласы екен. Гөне тарийхқа бай қаланың халқы бизлерди жақсы күтип алды. Оннан кейин районларында ойын қойдық. Қоқанд қаласында көрсеткен ойынымыз жүдә жоқары дәрежеде өтти. Сол күни концертке бурынлары бизде ислеп кеткен, ал ҳәзир Ферғанада ислеп атырған Қамбаров, С.Камалов, Сапожников, Қасымов, Скоробогатов жолдаслар қатнасып, ески дослар менен туўысқанларша дийдарластық. Қарақалпақстаннан оқып атырған автомобиль жол қурылысы техникумының алпыслаған студентлери де концертимизге қуўанысып келип, бизлерди гүл топламларына орады…
Буннан кейин Наманган, Самарқанд, Бухара ўәлаятларына бардық. Бул жерлерде де бизди жақсы күтип алды. Тамды районына келдик. Бурын Тамды Қарақалпақстанға қараған ғой. «Өзлеримиздиң қарақалпақ ағайинимиз келди», деп халық клубларға сыймай кетти. Ата-бабамыз көшкен ўақытларда қалып қойған қарақалпақлар көп екен. Жолда бир ғаррының үйине суўсын ишейик, деп кирип едик, үй ийеси: «быйыл 87 ге шықтым, қарақалпақпан, урыўым аралбай, Түркистаннан көшип киятырғанда, ата-бабаларым усы жерде мәкан басып қалып қойған», деп өзин таныстырды…
— «Бозатаў»ды айтып Бер, балам,-деп ғарры және өтиниш етти. Мен айтып бердим…
Ғарры көзиниң жасын сүртип отырып, Қарақалпақстанда Аллаяр Досназаров деген белгили адам бар, сол кисини билетуғынларың болса айтып бериң, деп және өтиниш етти.
Мен Досназаровты 1936-жылы қосықларымды патефонға, пластинкаға түсириўге барғанымда Москвада көрген едим. Қарабай аға Ермановтың үйине қыдырып бардық. Ол үйге мени апарған Иван Майоров пенен Төреш. Сонда Қарабай ағаның үйинде Досназаровты көрдим. Орта бойлы, арықтан келген, жүзи сурлаў, шаққан ғана, жеңил аяқ киси екен. Ол маған өткир көзлерин тигип бир қарады да:
— Қарындас, сени «Бозатаўды» жақсы айтады деп еситтим,-деди де ол мыйығынан бир күлди. — Ҳәзир сол қосықты айтып берсең жақсы болар еди.
Мен айтып бердим, ол маған алғыс айтты. Соңынан ол және маған тигилип: «қарындас, татар емессең бе?» - деп сорады. Мен «жақ, сарымсақтан бери қарақалпақпан», дедим. Бир ўақта ол маған: «Сен не деп атырсаң?», «Сарымсақ» емес, «Әлимсақтан бери» деп айт», деди. Мен уялып қалдым. Сөйтип, «Бозатаў» қосығын және бир рет айтып бердим. Тағы «Бағдагүл» пьесасынан қосық айттым. Олардың жүдә ўақты хош болды. Москвада оқыўға қал деп атыр… Бирақ оған ўәде бере алмадым.
Досназаров пенен ушырасқаным ҳәм билетуғыным усы, дедим шынымды айтып. Усы ўақытқа шекем меннен ол киси туўралы билесең бе ямаса ушырастың ба, деп ҳешким сораған жоқ еди. Күтилмеген жерде Бухарада гастрольда жүрген ўақытлары ушырасқан ғаррының меннен Досназаровты сорағанына ҳайран болып, оның бахтына мениң ушыраса қойғаныма қуўанып, оның менен қалай ушырасқанымды өзгертпестен айтып бергеним айрықша ўақыя болды. Соннан кейин де көп ўақытқа шекем Досназаровты өзимизден көре сыртта жүрген адамлар көбирек ҳәм жақсырақ биледи екен, деп ойлап қалдым…
Солай етип, Өзбекистан ўәлаятларындағы гастрольларымыз умытылмас ушырасыўлар менен тамамланды. Бизиң ўәлаятлардағы ҳәр бир ушырасыўларымыз өзбек, қазақ, түркмен халықлары менен бурыннан тарийхы, тәғдири бир туўысқанлар екенлигимизди және бир мәртебе дәлийлледи.
Әметтен айрылғаннан соң мениң турмыс кешириўим, қайтадан искусство өмирине араласыўым қыйын болатуғын шығар, деп ойлап қалып едим. Ең алды менен, Әметти азалап, соңынан усы ойлар мазамды алып, көпке шекем отырып қалып едим. Бирақ, досларым, Әметтиң жоралары, өз халқым мени бир шетте қалдырып қоймады. Бәрҳама өз қуўанышына шерик етип, ғамхорлық жасап келеди.
Және бир мәртебе атап өтемен, мен ҳеш ўақыт итибардан шетте қалмадым ҳәм өмир бойы халқымның барлық үлкен-кишисиниң қуўанышының қатнасыўшысы болып киятырман. Мен буның ушын ҳүкиметимизге бәрқулла миннетдарман. Жетимлигимде маңлайымнан сыйпап, қатарға қосқан да ҳүкиметимиз еди, жесирлигимде жылатпай елимниң абырайлы адамы етип тәрбиялаған да ҳүкиметимиз.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish