Искусство — %мирим


ӨНЕРИМИЗ — ФРОНТҚА, ЖЕ;ИСКЕ!



Download 1,03 Mb.
bet6/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

5. ӨНЕРИМИЗ — ФРОНТҚА, ЖЕ;ИСКЕ!
1941-жылдың дәслепки айларында республикамызда искусствоны раўажландырыўға актив қатнасқанымыз ушын Жапақ аға, Тохта Рахманова ҳәм маған «Қарақалпақстан халық артисти» деген ҳүрметли атақ берилди. Юлдаш Мамутовқа, Ибрайым Пәтуллаевқа «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағы берилди. Басқа да бир қатар адамлар Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Бул сыйлықлар бизлердиң ҳәммемизди жаңа табысларға руўхландырды.
Дәслепки еки бес жыллық жоба орынланып, үлкемизде, халық хожалығының барлық тараўларында үлкен өсиўшилик ҳәм өзгерислер пайда болып атырған ўақыт. Халықтың усындай өсиўшилигин, раўажланып киятырған мәдениятымыз бенен әдебиятымызды, өнеримизди көрсетиў ушын, декадаға таярланыўды даўам еттик.
Ертеңине театрда жыйналыс болып, декада кейинге қалдырылды. Театрдан бир концерт бригадасын дүзип, арқа районларға баратуғын болдық. Мен усы топарға басшы етип бекитилдим. Ўазыйпа басқаша: қуры концерт бериў ғана емес, ал аўылларды аралап жүрип, адамларға немец басқыншыларының урыстағы мақсетин, басқыншылық, опасызлық ҳәм жаўызлық ислерин түсиндириў. Аўылдағы барлық халықтың ғәзебин оятыў, душпанды жоқ етиў ушын қолдан келетуғын хызметти аямастан, Ўатан ушын гүреске атланыў сезимлерин күшейтиў. Мине, усыдан соң ғана концерт бағдарламасын баслаймыз.
Ел басына күн туўғанда мен де өз үйимде қарап отыра алмадым. Емизиўли қызымды тәрбияшыға қалдырып, өзим концерт бригадасы менен районларға кете бердим. Сонда Төрткүлдиң бир тәрепин суў алып атыр еди. Бизиң үйимиз Белодарская көшесинде болып, оған суў жақынлап қалса да, алды-артыма қарамастан гастрольге кете бердим. Ол ўақытлары бала, үй, турмыс дегенди ойламайды екенбиз. Себеби, бир жағынан республика орайы Төрткүлден Нөкиске көшип атыр. Ал күйеўим Әмет Қарақалпақстан искусствосы басқармасының баслығы еди. Сонда мениң ойыма «үйимди суў алып кетер-аў, оннан да ҳәмме көшип атырған Нөкиске тезирек барып, жайласатуғын бир пәкизе жай табайын», деген пикирлер кирип те шықпайды. «:йге бир нәрсе алайық, дүнья жыйнайық», деген ойлар маған да, Әметке де тийисли еместей, жумыс деп жүргенимиз жүрген еди-аў…
Урыс басланған айларда районларда жүрип, концерт бериў де аңсат емес. Бир күни өзимниң концерт берип жүрген қурдасларым мени қутлықлады. Қарасам күйеўим Әметти Қарақалпақстан АССР Министрлер Совети Председателиниң орынбасары етип тайынлаў ҳаққындағы Указ газетада шығыпты. Мен оны гастрольдан қайтқан соң барып, көрип қутлықладым. Мен еки ай Шымбай, Қараөзек, Кегейли, Тахтакөпир, Қоңырат, Хожели районларының колхозларында болып қайттым. Сондай қыйын аўҳалда өткердик. Усы еки ай гастрольда болғанымыз тап урыстың басланған ўақты еди, ҳәмме балаларың, күйеўлериң, дос-яранларын фронтқа жиберип атыр. Жоллар жаман, қазғанақ. Шаң, топырақ, өз машинамыз жоқ, ат арба я түйе жеккен арба менен жүретуғын едик. Ана колхоз бенен мына колхозға жетип барыў ушын көлик берер еди. Арбаға затларымызды артып, өзлеримиз пияда жүре беремиз. Сапарымыз таўсылғаннан соң, мен Төрткүлге — үйге қайттым. Келсем, қызым Гүлжәҳән танымады. Өзин күтиўши Райса деген ҳаялға қарай қашады, маған жоламайды. 1941-жылы Нөкисте областлық ҳәм мәмлекетлик аппаратлар көше баслады, бирақ театрдың жайы таяр болмағаннан соң, бизлер иркилип турдық. Нөкистеги кинотеатр деп салынған клубты театрға ылайық етип, ремонтлап атыр еди. Күйеўим Нөкисте, биз балалар менен Төрткүлде ислеп тура бердик. Бир күнлери театрды көширип алып келди. Бизди де күйеўим көширип алып қайтты. 1942-жылы урыстың жүдә қызып атырған ўақыты, көпшилик фронтта, ал қалғанлары жан-тәни менен тылда ислеп атыр.
Сол жылы Москвадан, Ленинградтан, Ташкенттен келген композиторлар, артистлер, музыкантлар, қәнигелер көп еди. Ҳәмме артистлер қысқы театрды оңлаўға, жазғы театрды жаңадан салыўға киристи. Ҳәмме бир мезгил жумыста болады. Пьесаға таярланамыз. Қайсы жерде кеңирек жай болса, бизлерге таярланыў ушын алып береди. Бир мезгил таярлық жүргиземиз, ал бир мезгил бәримиз жәмлесип, театр жайының гербишлерин тасыймыз. Сол ўақытта искусство басқармасының баслығы жолдас Юсупов еди. Өзи бас болып, гербиш тасыды. Таярланатуғын жайымыз болмаса да «Алпамыс» пьесасын ҳәр жерде жүрип таярладық. «Алпамыс» пьесасының режиссерлары Жабад Әбидов ҳәм Төреш Алланазаров еди. Олар жүдә қатты талаплар қойды. Тохта менен екеўимиз жарыспаққа иследик. Ким жақсы ойнап шығар екен, ким бурын сөзин, қосығын ядлап алар екен, деген талап қойды. Урыс ўақтында турмыс аўыр болды, нан жетиспейди. Сонда да, балаларымды бақтым, рольге де таярлана бердим. Талантымның арқасында тапсырылған роллерди атқарып, музыкалы пьесаларда қосық та айтып киятырман. Режиссерлардан Жабад аға жүдә күшли режиссер еди. Ол маған көп жәрдем етти. Алланазаров болса өзимизден шыққан жас режиссер. «Аўылдағының аўзы сасық» дегендей, Төрешке онша бағынғымыз келмей, гейде мен оның менен урысып та қаламан. Сонда да, көбинше Төреш Алланазаров пенен ислестим. Бул адамның үйреткен шеберликлеринен сахнада партнер менен байланысып, ҳәрекетлерди бирме-бир көрсетип бергени еле көз алдымнан кетпейди.
«Алпамыс» пьесасында биринши болып ойнап шықтым, жүдә жақсы қойдық. Көп артистлерге атақ берилди. Биразларына ҳүрмет жарлығы берилди. Соның қатарында мен де Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықландым. Өйткени, 1940-жылы маған Қарақалпақстан халық артисткасы атағы берилген еди.
Қысқы театрымыз бар. Көп узамай жазғы театрдың қурылысы питкерилди. Ол жақсы театр болып шықты. «Алпамыс», «Тахир-Зухра», «Бердақ», «Аптапхан», «Қызыл гүл», «Қурбан Омаров», «Аршын мал-алан», «Жарлылық айып емес», «Лейтенант Елмуратов» атлы пьесаларды усы жыллары көрсеттик.
1942-жылы январьда еле бир жасқа толмаған қызым Зухра менен бир группа артистлерди басқарып, арқа районларға сапарға кеттим. Урыстың ғажжа-ғаж ўақты. Ғаррылығына, жаслығына қарамай, ҳәмме жан-тәни менен ислеп атыр. Жас келиншеклер, апа-сиңлилер жақында ғана армияға кеткен күйеўиниң нормасында орынлайман, деп аянбай мийнет етти. Барлық аўыл ҳәм қалаларда фронттағы азаматларға саўға, жәрдем жибериў шөлкемлестирилип атыр. Усындай қызғын ўақытта биз искусство адамлары фронтқа бир жәрдем етейик деген ой менен театр директоры жолдас Дәўқараевқа жолықтым. Ол да мақул көрди. Неге десең ҳәмме жерде колхозлар ҳәм мәкемелердиң белсенди хызметкерлери фронт ушын танк, самолет соқтырыўға қаржы топлап, жәрдем көрсетпекте. Бизлер де «театрымыздың атынан пул — қаржы топлап, фронтқа, жеңисти тәмийинлеўге жиберейик», деген мақсетте болдық. Бирақ мениң жолдасым:
— Үйдеги балаларға мен қарап турарман, қолыңда емизиўли бала менен саған қыйын болар,-деди.
— Жоқ, маған да қыйын болмайды,-дедим. — Бизиң бахтымыз ҳәм келешегимиз ушын жанын қыйып, урысып атырған азаматлардан артықпыз ба,-деп қойдым. Ол: «онда өзиң бил. Бул пикир жүдә орынлы», - деди Нәжим ағаға. «Бир бригаданы Айымханның басшылығы менен арқа районларға жиберейик, екинши бригаданы Жапақ Шамуратовтың басшылығында Қоңырат, Хожели, Маңғыт районларына ҳәм Хорезмге жиберейик», деп келисти.
Бизиң бригаданы апарып қайтыў ушын бизлер менен бирге машинаға Нәжим аға да минди. Бизиң бригадада Юлдаш Мамутов, Сабырбай Өтепбергенов, Мәдрейим Мәтжанов, Наля Борян, Оразгүл деген қыз, Камал Мендибаев, Исмайыл Қыдыров, Самандаровлар болды. Екинши бригадада Жапақ Шамуратов, Анар Қурбанова, Фатима Бекполатова, Тохта Рахманова, Познякова, Роман Арзиевлар болды.
Бизлер 17-январь күни Совнаркомның бир ғана жүк машинасын Әмет Шамуратов арқалы сорап алып, түп десең түпирик жерге түспейтуғын суўықта жолға шықтық. Сол күни Шымбайда колхозшылардың слеты болады екен. Соған жетиўимиз керек. Биз Нөкистен шығыўдан машина бузылып, Кегейли районынан өте бергенде, жетинши аўылға (ҳәзирги «Калинин» бөлимине) жеткен жерде биротала тоқтап қалды. Күн болса кеш болып баратыр. Суўық 25 градус бар шығар. Ҳәммемиз машинадан түстик те Шымбайға пияда кеттик. Ол 20 шақырым жер еди. Жолда суўыққа шыдаў қыйын болды. Нәжим аға дәрриў сол жерде бир колхозшының жалғыз қат жайына жылынып отырыўға рухсат алып келди. Қолымда қызым, бир ўақытлары жаңағы үйге бардық. Бизлер — он беслеген адам, ол үйдиң онлаған балалары, үй ийелери, бәри отызлаған адам болдық. Бөректей тығылып отырмыз. Қызымды аўыртып аламан ба деп те қорқаман, анда-санда жылайды. Сол күни сол жерде қонып шықтық-аў…
Азанда Кегейлиден машина келди. Сол машина менен Шымбайға бардық. Барсақ жыйналысы да ертеңге қалған екен. Бизлерди қонақ үйлерге бөлди. Мени тағы бир-еки қыз бенен районлық атқарыў комитетиниң баслығы Матсапаевтың үйине жиберди. Барып, аўызымызды жылытып шай ишип, дәрриў клубқа келип кийинип, концертти басладық. Концерт жүдә жақсы болып өтти. Ертеңине Қараөзекке (Шахаманға) кеттик. Ат арба менен азанда шығып, кеште қас қарайып турған ўақытта жеттик. Алдымызда балалар: «халық артистлер келеди», деп күтип тур екен. Арасында Гүлзийра Артықова да бар. Ол аўқам Жоқарғы Советиниң депутаты еди, бизлерди өзи үйинде қонақ етти. Кеште клубта район мийнеткешлери ушын ойын қойдық. Кейин Қараөзекке түйе арба менен жүрдик. Ҳәр қойған концертимизге 3000 сомнан ақша түсти. Бир колхоз бизлерди келеси колхозға апарып қайтады. Усылайынша Шымбайдың, Кегейлиниң, Тахтакөпирдиң аўылларында болып, 40 сом манат ақша таўып келдик. Жапақ ағалар да 30 мың сом ақша таўып қайтқан. Сөйтип, фронтқа самолет ислеп шығарыўға Қарақалпақ мәмлекетлик театры атынан 70000 сом ақша бердик. Бас командующийден көп кешикпей алғыснама телеграмма алдық.
Урыс ўақтында Ленинградтан, Москвадан, Киевтен көплеген композиторлар, артистлер, музыкантлар келип, бизиң театрда иследи. Олар артистлеримизге түрли миллетлердиң қосықларын үйретти. Солардың арқасында русша, қазақша, татарша, өзбекше қосықлар айтып үйрендим.
1944-жылы гөне Нөкистеги әскерий комиссариатта жыйналыс өткерип, кейининен концерт қойып, жағыстан баслап, Чаржаўға, гейде Арал теңизине дейин барғанша қосық айтып, солдатларды узатып қалыў дәстүримиз еди. Оларға бир мен емес, бизиң театр жәмәәтимиз, искусство хызметкерлери жан-тәни менен хызмет етти. Усы жылы агитбригадаға жергиликли миллет ўәкиллеринен дүзилген әскерий дивизияға концерт қоясызлар, деген буйрық болды. Буған сол ўақытта областьлық комсомол комитетиниң биринши секретары болып ислеген Наўрыз Жапақов басшылық етти. Артисткалардан Анар Қурбанова, Тохта Рахманова, Гүлхан Шийразиева, ойыншы қызлардан бир-еки қыз, Жапақ бақсы, Садық, Аббаз шайырлар, бәримиз бардық. Үш күн концерт қойып бердик. Жигитлерди усы жерден фронтқа қосық пенен шығарып салдық. Ҳәмме миллетлерден ўәкиллер бар: көпшилиги қарақалпақ, қазақ, өзбек, түркмен, тәжик балалары. Барлығы да концертимиз ушын көп-көп алғыс айтты. Ең үлкен командири бизлерге рахмет айтып, мақтаў қағазларын берди…
Урыс басланғалы берли де үш жылдан аслам ўақыт өтти. Концерт көрсетиў ушын аўылға шықсаң болды, колхозшы ҳаял-қызлар, кемпирлер, бала-шағалар: (булардан басқа еркек адамның өзи азайып қалды) «артист қызым, урыс қашан питер екен, шырақларым, еситтиңлер ме?» - дейди бизлерден бир қуўаныштың хабарын күткендей телмирип.
— Жақында питеди, жақында жеңемиз, -деймен мен оларға. Бирақ усылай деп, үйреншикли таяр жуўапты ғана айтқанымыз болмаса, оның қашан тамам болатуғынын ҳеш ким айта алмайды. Тек ғана бир исенетуғынымыз урыста биз жеңемиз, жеңис бизлердики. Олай болмағанда бизлердиң қосығымыз кимге керек?», деймиз. Бул жуўабымызға бизлер концерт қойған пүткил аўыл қуўанып: «аўа, шырақларым, жеңгеймиз, жырлаңлар, биз мийнетимизди аямайық, түбинде жеңсек болар, бәрине көндик», дейди.
Бизлер концерт көрсетиўге барсақ, халық соныңдай қуўанады. Ҳәтте, әскерлеримиз мисли жеңиске ерисип — биз сол әскер азаматлардың қуўанышын алып келгендей боламыз. Ҳәмме қушақларын кең ашып, күтип алады. Бизлердиң айтатуғын қосықларымыз да: «халқым, мийнет ет, мийнетиң менен жеңиске үлес қосасаң, азаматым, азаматлар, саўашқа атланың! Ҳәммеси фронт, жеңис ушын!», дегенди аңлататуғын мотивтеги нәсият қосық, айтыс, инсценировка, пьесалар еди. Олар бизиң қосықларымыздан руўхланады, биз олардың аянбастан мийнет ететуғынына исенип, руўхланамыз.
Уллы Ўатандарлық урыс басланғалы берли биз усылай талай айларды, гүз ҳәм қысларды ҳәтте жылларды өткерип киятырмыз. Жақынларымыз, дос-яранларымыз, көплеген исксуство ҳәм дөретиўши адамлар өз ықтыяры, өз тилеги менен саўашқа атланып кетти. Оған гейде қуўансақ, гейде қапаланамыз. Аўа, усындай урыс жылларының қыйын турмысы ўақтында да искусствомыз халық хызметинде болды. Нөкистиң мәдений турмысында ҳәр күни жеңиске тийкар таярлап атырған фронттағы қаҳарманларға арналған концерт көрсетилетуғын еди.
Сол урыстың қыян-кести ўақытында да елимизде исксуство-өнерди раўажландырыўға күнделикли кеўил бөлинди. Искусство — саўаштағы әскерлеримиздиң мәртлигин көрсететуғын, халықты усы мәртлик руўхта тәрбиялайтуғын үлкен идеологиялық, массалық қурал болды. Көп ғана қарақалпақ жазыўшы, шайырлары да бул жыллары халықты қаҳарманлыққа шақырыўшы жалынлы шығармалар дөретти.
Өзбекистан ҳүкимети ўақыттың күтә аўыр, қыйын, сынаўлы болыўына қарамастан, театр искусствомызды раўажландырыўға бәрқулла дыққат аўдарып отырды. Буның бир мысалы ретинде 1944-жылы қосықларымды пластинкаға жазып алыў ушын Ташкентке барғанымды айтпақшыман.
Көп жүрип, жумыстан кеш қайтқанлықтан балаларым мезгилинде аўқат ише алмайды, өзимди қыйнасамда шыдап жүргениме ҳайран боламан. Бул қыйыншылықларға көнлигиўим искусствоны сүйгенлигимнен шығар-аў деймен, өзиме-өзим. Ташкентке бармайын десем, пластинкаға түсе алмай қаламан. Барайын десем, үйде 3-4 бала бар, ҳәммеси жас. Не де болса барайын, деп бел буўдым, үйдиң қасында жасы алпысларға келген бир шешемиз бар еди, соған жалынып: «үйде болып тур», деп балаларды соған тапсырып, өзим Ташкентке кеттим. Барып 3-4 қосығымды жаздырдым. Оннан кейин Ташкенттеги әскерий госпитальға барып, концерт бердик. Ол госпитальда қарақалпақ жигитлери де бар екен. Тохта Рахманова, Ф.Бекполатова, Ж.Шамуратов, С.Нурымбетовлар мениң менен барды. Садық аға «Бар балам» ҳәм тағы басқа урысқа арнап жазған қосықларын оқыды. Бул госпитальда республикаға хызмет көрсеткен артист Ибрайым Патуллаев пенен Халқабадтан, Тахтакөпирден, Шымбайдан көп жигитлер жатыр екен. Ибрайым Патуллаев: «2 мәрте урысқа түсип шықтым, жағыма оқ тийди», деп әстен сөйлеп ҳал-аўҳалын айтты. Бурынғы ислескен кәсиплеслерин көрип, аўыл-елдиң аманлығын сорап, бир жасап қалды.
Жапақ аға екеўимиз қарақалпақ халық намаларынан ҳәм өзимиз айтатуғын қосықларымыздан айтып бердик. Буған Ибрайымның кеўили дәрьядай толып тасты… «Енди тәўир болғаннан кейин тағы фронтқа кетемен, аман-саў көрискеймиз», деп бизлер менен көзлерине жас алып, хошласты…
Барлық аўырыўларға ҳәм санитар ҳаялларға госпиталь лыққа толы еди. Бир ўақытта бир жигит: «Түркменша айтып бериң, апа?», деди. Мен «Әўезим» деген түркменше халық намасын басладым. Оннан кейин «Арыўхан», «Бозатаў» намасын айттым. Барлық солдатлар наўқас болыўына қарамастан, бизлерди қоршалап алып, қайта-қайта рахмет айтып атыр. Бир ўақытта Сары сынлы домалақ жигит: «қарындасым, мен Халқабад районынан боламан. Урыста 3 рет жарадар болдым, енди усыдан жақсы болып шыға қойсам және фронтқа соранаман. Мениң сизге соңғы сораўым: «Бозатаў» намасын қайтадан айтып берсеңиз…»
Усылай етип, госпитальдағы жаралы жаўынгерлер бизлердиң ҳәр биримизден «және, және айтып бериң» деп өтинди. Биз барлығының да өтинишин орынладық. Олар бизлер менен хошласарда: «ағалар, апалар, сизлердиң ҳаўазыңызды еситип, туўылған Қарақалпақстанда болып қайтқандай болдық ғой», деп елге деген сағынышлы сәлемин арқалатып жиберди.
Ташкенттен келсем, қызықтың бәри бизиң үйде болыпты. Баламды тапсырып кеткен кемпирим бийшара бийзар болғанлықтан, мениң әкелип берген саўғаларымды да алмастан: «усындай 4 бала менен жумыс ислеп, қосық айтып жүрген сениң жаныңа сәддақ», деп тыпыршылап, үйден кеткенше асықты. Балаларымның сыры әлбетте, өзиме аян. Ол кемпирдиң аяғанлықтан айтқан сөзине ҳеш өкпелеместен изинен барып, көрген машақатларын умыттырдым-аў әйтеўир…
Фронттан узақтағы бизиң аўылымызға да саўашларда ўайран болған қалалардан, үй-жайынан, туўысқанларынан айырылған баспанасыз адамлар, бала-шағалар келе баслады. Биз оларға ғамхорлық көрсеттик. Ишимиздеги өз дәртимиз, муңымызды сездирместен, бар аўқатымызды бирге бөлип жедик. Жумысқа орналастырдық, қулласы, жәрдемимизди аямадық.
Әметтиң жумыслары сирә басынан асып атыр. Мениң жумысым, жүрисим, шаба-шабымда аз емес. Балаларыма және бир перзент қосылып, енди өзим, Әмет ҳәм 5 балаға ҳәр күни алатуғын нанымыз 800 граммнан 1600 граммға жетти. Егерде ҳәмме нанды балаларға берип қойсақ, ҳә дегенде-ақ түўесиледи.
Арасында ўақыт таўып, жүўери ҳәм бийдай сатып алып қоямыз. Ол да қымбат, батпаны 400-500 сом.
Концерт болмайтуғын күнлери қоңсымыз Арық ағаның үйине барып, түни менен дигирманына жүўерини тартып аламан да, гейде нан қатыраман. Бийдайды жақсылап қуўырмаш етемен. Қуўырмашқа азлап май қоссаң жүдә мазалы болады. Оннан кейин балалар түўе өзлеримиздиң де жегимиз келеди. Кейинирек мен де Әметке айтып, үйимизге бир дигирман сатып алып, қоңсымыздың тынышын алғанды қойдық.
Ҳәр күни жан басына берилетуғын мөлшерли нанды араластырып, аўқатланамыз. Ҳәммениң ишип-жейтуғыны, күн көриси усындай. Сонда да, аш болдық, деп айтып көрмедик, басқалардан зыятырақ турмыс қурайық, ишип-жейтуғын азық-аўқатларымызды жақсылайық, деген ой мийимизге кирип те шықпады. Болмаса Әметтиң де, ҳәтте мениң де қолымнан бул келер еди ғой… Бирақ олай ислеўге, басқалардан жақсырақ жасаўды ойлаўға ямаса оған ҳәрекет етиўге адамгершилик ҳүжданымыз жол қоймас еди.
Бизиң әскерлеримиз немец-фашист басқыншыларына қыйрата соққы берип, 1945-жылдың майында тарийхый жеңиске еристи. Халқымыздың бул теңи-тайы жоқ уллы жеңисине мен де, гүллән искусство хызметкерлери бар талант, шеберлигимизди халықты руўхландырыўға бағышлаў менен үлес қостық.

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish