Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet8/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

7. ЖЕМИСЛИ ЖЫЛЛАР
Уллы Ўатандарлық урыстағы жеңистиң дағазаланған күнлеринде — сол саатларға шекем шаршағанын билдирмей жүрген халықтың қуўанышын олардың көзлеринен көреди екенсең. Адамлар қалай болса солай күлисип, күлкисин көз жас пенен жуўады. Мен сондай адамларды көрдим. Бирақ, олар өзлериниң урыстан қайтпаған ямаса қаза болған баўырларын ойлап емес, ал әллеқандай тисленип, ойланып, шаршаған күнлерин еслеп, қуўанышын көз жасы менен шығарады.
Бул тек «жеңис» деген күни ғана усылай сезилди. Барлық жерде жеңистиң изинше саўаштан қайтқан жаўынгерлерди көрип, қуўанып, адамлар өзлериниң өксиўин қойғандай болды. Әлбетте, урыстан қайтып келмегенлердиң қайғысы да қыйын болды. Ең аўыры усы екен бе деп қалдым. Урыс жылларында болса: «жеңиске жетемиз, бәри де аман келеди», деп сорағанлардың кеўилин тынышландыратуғын едик. Ал енди не дерсең? Саўаш та питкен, көптен күткен жеңиске де еристик. Сонда саўашлардан қайтпаған азаматларды қай жерлерден излеймиз? Оларды ата-анасы, бийгүнә перзентлери көзлери сарғайып күтип, жолға телмирип қарап жүрди. Жеңиске шекем азаматлардың атызда бар-жоғын билдирмеген, муҳаббат сезимине тоймаған жесирлерге не деймиз?!
Жеңистен соңғы өмирдиң аўырлығы менен халықтың қайғысы мине усында болды. Бирақ, жеңистиң аты жеңис-ғой, буннан аўырына шыдап, жеңисти таярлаған халық кем-кемнен қайғы-қапашылықты уллы жеңистиң қуўаныш-шадлығына бөлеп, саўаштағы жеңислердиң даўамын мийнет фронтында қолға киргизе баслады.
Бес үйдиң биринде қуўаныш болса, сол үйдеги тойға ҳәмме тегис жыйналады. Фашистлердиң халық жүрегине түсирген жарасы, алып келген апатшылығы усылай әсте-ақырынлық пенен умытыла берди. Бирақ, немец-фашист басқыншыларының халықтың жүрегине түсирген жарасын, елге келтирген кесапатын ҳеш.ашан тарийх, дүнья жүзи халықлары умыта алмайтуғынына мениң исенимим кәмил.
Урыстан соңғы жылы жақсы жыл болды. Аўылда той-тамаша көбейди. Бизиң искусство хызметкерлери де гә пьеса, гә концерт көрсетип, аянбай иследи. Енди репертуарымыз да жаңа шығармалар менен толығып, ҳәр биримиз творчестволық излениўдемиз. Сол жыллары бизиң шаңарағымызда да үлкен қуўаныш болды. Әмет екеўимиздиң көптен ойлап жүрген әрманымыз иске асып, шаңарақтағы 4 қыздан кейин уллы болдық. Мен де, Әмет те қызларымызды қыз екен деп ойымызға ҳеш келтиргенимиз жоқ, ул да, қыз да бәри бир перзент. Мениң айтпақшы болғаным, сол жылы Әметтиң жоралары сен жеңистен кейин уллы болдың, ҳәммесине бир той бересең, деп турып алғаны. Улымыздың атын Бердимурат деп өзлери қойды. Бизлер келисим бердик.
Бурыннан тойға таярланып, жыйнаған ҳеш нәрсемиз жоқ. Сонда да, Әметтиң жоралары сол тойды өзлери шөлкемлестирип, өзлери саўып, өзлери атқарды. Бизлерден ҳеш қәрежет шығармай, сол тойды үш күнге созды. Қайтама тойдан кейин бизлерге келип-кетиўшилер көп болды. Бизиң ойын-заўық, той-мерекени айрықша жақсы көретуғын халқымызды қоя бер сирә…
Бесинши баламнан кейин гастрольға көбирек шығыў бираз ўақытқа дейин қыйынлаў болды. Сол себепли мен әри мектепте оқып жүрген балаларымның тәртибин, минезин көрейин деп радио комитетке солистка болып кирдим, театрдағы жумысымды өзгерттим. Бул ўақытлары радио комитетте Есжан бақсы, Айтжан Хожалепесов, урыстан қайтқан Ибрайым Патуллаевлар ислейтуғын еди. Сонда да, арасында агитбригада қурамында концерт көрсетиў ушын колхозларға сапарға шығып жүрдим.
Әмет пенен шаңарақ болғаннан соңғы турмысым жаслығымның нағыз жемисли жылларындай, еле көз алдымда елеслейди. Ол жылларды ойлаған сайын, мениң айрықша әрманымдай болып, өмирлик қостарым, қәдирданым Әметтиң жоқары адамгершилиги ядымнан шықпайды.
Аўа, Әмет те нағыз жигиттиң жигити, азаматтың азаматы еди-аў. Болмаса бахыт десе басында бахыты, абырай десе абырайы, перзент десе ул-қызы бар адам, маған «қәне, я бизге қатын бол, болмаса жумыстың жолына шық», десе не дер едим. Енди ойланып отырсам, солай деп, мени бир де рет қапа етпеген екен. Бирдейине айтатуғыны: «яқшы, балаларыма мен-ақ қарайын. Бар, концерттен кеш қалма!», деп қашан көрсең мени хошаметлейди де жүреди. Бул не деген кеўилдиң кеңлиги… Себеби, гастрольға шықпаған ўақытта қазыў, слет, қурылыс басында адамларға ҳармасын концертин көрсетиў ушын неше күн жол жүрип, үйде бола алмаймыз…
Республикамызда концерт көрсетиў ушын бул жыллар ишинде мениң бармаған аўылым, колхозым жоқ шығар десем асырып айтпаған боламан. Мен усы жерде өзимниң бир қатар ири қурылысларға барып, агитбригада қурамында қосықлар айтқанымды айтпақшыман. Бул еске түсириўлеримди мәңги миннетдар Әметке жүректен шыққан шын муҳаббатым деп түсинемен.
Шаббаздағы Шымам жаптың қазыўы да өз ўақтында ири қурылыс еди. Бизлер қурылысшыларға бир топар артистлер барып, концерт қойдық. Оған Юлдаш аға, Исақ аға Шадиев, Айсәнем, Әнебиби, Тохта, Яқыт, Арзыев, Мендибаев, Қыдыров ҳәм мен қатнастым. Бул жапты да адамлар қонып жатып қазып атыр екен. Бизлерди жатқармай қаладан қатнатты. Бул қазыў жүдә қыйын болды. Ол март айында басланды. Бул күнлери тоң жибимейди ғой. Жигитлер суўыққа қарамай муз бенен ылайды көтерип, жағаға ылақтырғанда тәсийн қаласаң. Сондай мийнет сүйгиш халықпыз-аў. Бизлер болсақ мийнет адамларын бир жерге жыйнап, концерт беремиз. Айсәнем деген артисткамыз болды, сондай сулыў, ойынды да жақсы ойнайды. Мен де қосықты жақсы айтаман. Халық «саў бол, тағы айтып бериң», деп ортадан жибермей, шаппат урады. Ал Тохта, Яқытлар да бәрҳә күлип жүретуғын, сулыў жас қызлар еди. Ләпар айтқан ўақтында оларды да адамлар көп ўақытқа дейин жибермейди.
Юлдаш аға, Исақ ағалар ләзги ойнаған ўақтында қазыўшылардың ишинен гейпаралары ортаға шығып, қосылып, ойнап кетеди. Концертлердиң қызық болғаны сонша, «қайтайық» десек, машиналарымызды да иркип, жол бермей айтқызады.
1937-жылы «Қызкеткен» каналының қазыўы басланды. Буған да мени, Жапақ аға, Бекполатова, Тохта, Анар, Перхан усаған артистлерди жиберди. Усы Қызкеткен каналының қазыўы болған жылы қыс жүдә суўық болды. Қардың қалыңлығы бир метрге жетти десем лап болмас. Қардың қалыңлығынан жолда бираз көликлер өлген. Усы суўықта мен болсам балам менен бир-еки артист болып, Төрткүлден «Қызкеткен» каналының қазыўына жүк машинада келдик. Ең соңында канал қазыўы питкенде, оның ашылыў салтанатына қатнастық. Каналды район менен район, колхоз бенен колхоз жарысып қазды. Канал питкенше басынан ақырына дейин болған инженерлери Миреев Юсуп пенен Бекполатов Хусайын ағалар екен. Оның қазыўына 10 мыңдай адам қатнасқан еди. Қазыўдың қыйнышылығы ҳәм аўырманлығы халықтың аўызында сол ўақытлары көп айтылып, кең тарап кеткен.
Латынша, әрепше, хатың болмаса,
Адам қорқытқандай пәтиң болмаса,
Астыңда көк жүрмел атың болмаса,
Белиңди ал да, «Қызкеткен»ге барабер!- деген қосық қатарлары есимде қалыпты.
Буннан кейин 1940-жылы «Сүйенли» каналының қазыўы басланды. Буған да алды менен бизлерди жиберди. Неге десең, ол ўақытта кино жоқ, районларда театр да жоқ, соның ушын «артист келди» десе, халық жүдә қызығып, қазыўға да адам көп келеди. Жазыўшылардан Дәли Назбергенов қазыўдың басында газета шығарып жатты. Биз артистлер де 1940-жылы бир ай қатнастық. Артистлер Төрткүлден Хожелиге ашық машина менен келеди. Мениң қолымда кишкене қызым Гүлжаҳән бар еди. Сол ўақыттағы Қарақалпақстан обкомының биринши секретары жолдас Қурбанбай Қалекеев автомашинасы менен мени қазыўға алып келди. Күйеўим Әмет те сапарға барыўы керек екен, бизлер менен бирге жүрди. Үйге қыдырып барған анамды да ала жүрейик, дедим мен. Бәримиз бир кишкене автобусқа минип алдық. Маған «баласы бар», деп Қалекеев кабинаны берди. Өзи автобустың ишинде Әмет пенен бирге отырды. Азанда шыққаннан Хожелиге кеште зорға жеттик.
Хожелиге келиўимиз бенен Әметтиң жорасы Сейтимбетов деген жигиттиң үйине түстик. Жолда жүдә шаршадық: машинаның селкилдиси ҳәм қолымда жас бала. Жаңағы үйге келип, енди шайға қарасақ, мениң анам Ажар: «маңлайым», деп бақырып қоя берди. «Қурыдық, қурыдық» деп атыр. «Не болды?» десем, чемоданды ашып көрсетеди. Мен Москвадан фестивальдан қайтқанда апама көп затлар алып келип едим. Бир крепдешен орамал, ақ узын шашақ орамал, комзоллық мақпал, гүлли атлас, көйлеклик ақ түрме, тағы басқалар усылардың барлығын «сал», деп бир чемодан берген едим. Бәрин жақсылап тақтайлап салған екен. Апамның бир әдети бар еди, қарап отыра алмайтуғын. Қолында бәрҳә уршығы, жиби жүреди. Уршығын ийирмей отыра алмас еди. Бизлерге барса уршығын да, жиплерин де алып барады. Меннен жасырып, сол ийирген жибин «бояйын», деп дүканнан еки үлкен шийше сыя алған. Оны чемоданның ишине — кийимлердиң арасына салған. Машина деген қазғанақ-қазғанақ жолда селкилдеп киятырғанда шийшениң тығыны ашылып, жаңағы кийимлердиң бәрине сыя өтип кеткен. Көрсең күлкиң келеди.
Ертеңине жумысқа киристик. Балаға апам қарайды. Әне, қонақ күтиў деп сол жылдағыларды айт. Биз семьямыз, бала-шағамыз, шешемиз бенен қонақ болып жүрип, күндиз артистлер менен бирге барып, «Сүйенли» каналының басында қосық айтамыз. Адамлар деген қар, музға қарамай қазыў қазып, жумыс ислеп атыр. Жапақ аға, Фатийма, Тохта, Анар, Ибрайым аға, Ырысгүл бәримиз алма гезек қосық айтамыз. Кешқурын Хожелидеги штаб қайсы район нормасын орынласа, соған Қызыл байрақ ҳәм сыйлықлар береди. Кейнинен бизлер барып қосық айтып беремиз. Үш-төрт күннен соң апам үйине қайтты. Енди қонақ жердиң ҳаялы қызыма қарайтуғын болды. Бир күни түнде кешлеў келсем қызым жылап, папасының да, қонақ үйдиң де жүдә тынышын алып атыр екен. Сонда да, Әмет «иллә» деп аўызын ашпады. Адамның бундай сабырлылығын, кеңлигин мен ҳеш көрмеген едим.
Урыстан кейинги жыллар мениң дөретиўшилигимниң өсиў дәўири болды. Себеби, кеўилимиз хош, ўақтымыз шад еди.
1947-жылы Әмет Шамуратовты Москвадағы жоқары партия мектебине — үш жыллық оқыўға жиберетуғын болды. Мен: не де болса, балалар менен өзим қала берейин, оқыўға барсаң бара ғой, дедим. Неге десең, соншама кеңшилик көрсетип киятырған қәдирли адамыңа: «оқыўға барма, маған қыйын болар» деп айтыўға аўызым бармады.
Бес бала менен жумыс ислеп қала бердим. Урыстан кейинги жетиспеўшилик, балаларды оқытыў, тамағына қараў ҳәм жумыстан қалмай ислеў, районларға шығыў — мине буның барлығын басынан өткизген адам болмаса, базы бир қолын «суўық суўға» малмайтуғын адамларға айтып түсиндириў бираз қыйынлаў болар…
Күйеўим Әмет Москвада оқып атыр. Биз бурынғыша жумыс ислеп, балалар менен турмыс кешире бердик. Бир күни бир қап ун керек болды. Бундайда өзим бармасам питпейди. ҚҚ горторгтың директоры марҳум Жаңабай: «гөне қаладағы бир дүканнан барып ала ғой», деди. Мен гөне қалаға кеттим. Дүкан жабық екен. Қасындағы бир үйге кирип, алдымнан шыққан ҳаялдан: «дүканшы бир жаққа кетти ме, билесең бе?», деп сорадым. «Дүканшы отчет тапсырыўға кетти, биз күйеўимиз бенен усы дүканның қараўылы болып ислеймиз. Күйеўим бир жаққа кетип еди. Сен өзиң кимсең, келсе, ким келди деп айтайын?», деп сорады. Өзи бир быжық келиншек екен. «Мен, Айымхан Шамуратоваман», дедим. Келиншек: «Сен мына радиодан қосық айтатуғын Айымхан Шамуратовамысаң?», деп қайта сорады.
— Аўа, тап сол адамның өзимен.
— Апажан, қосықты жақсы айтасаң, радиодан күнде еситип, ҳәз етип отыр едим. 5 күннен берли радиомыз ислемейди, усыны көрип, дүзетип бер. Қай жеринде шикасы бар екен? – деп келиншек радио қалпағын алып, мениң қасыма жетип келди. Мениң күлким келип кетти.
— Мен радионың ишинде қосық айтсам да, радио дүзете алмайман. Оның өзиниң адамы болады, -деп жуўап бердим. Өзи де уялып қалды… 5-6 күннен кейин барып жаңағы дүканшыдан пулыма бир қап ун алып қайттым. Мине турмыс усылай даўам етти.
Кисим оқыўға кетпестен бурын бир гөнелеў жайды сатып алған едик. Енди оның қысқы отыны бәринен қыйын. Әмет Министрлер Советинде ислеген ўағында бир машина отын сораған едик. Әне-мине деп, оны әкелип алыўға да қунтымыз болмады. Енди не қыламан? Бес бала тоңып қалатуғын болды деп, қайта-қайта бара бергеннен соң машина беретуғын болды. Ол ўақытларда сексеўил алып келиўге Тахтакөпирге барыў керек. Сөйтип машина бергенине қуўанып, алып қайта бериппен. Шоферымыз: «майы жоқ», деп қарап тур. Енди не қыламан? Министрлер Советинде де «май жоқ», дейди. Күн де суўық. «Халқабадқа жеткендей майың бар ма?» дедим. «Аўа, Халқабадқа зордан жетермиз», - деди шофер жигит.
Халқабадта МТС директоры болып Жапақ Искендеров ислейтуғынын билемен. Соннан бензин аламан ғой деп ойладым. Жаман-жаман кийимлерди қалың кийинип алдым. Сөйтип, шофер, қасында жәрдемши баласы, үшеўимиз жолға шықтық. Шымбай шайханадан машинаны толтырып адам тийеди шофер. Мен де: «отын алып келсем болар», деп ҳеш нәрсе айта алмадым. Сөйтип жүрип кеттик. Халқабадқа да жеттик-аў.
Барғаннан соң МТС тағылардан: «Жапақ Искендеров қайда?», - деп сорасам, биреў «Ташкентке, партшколға оқыўға кетти», деди. Енди не қылыў керек? Ақылым алты бөлек болды. Азанғы саат 12 лер еди. Халқабадқа сол ўақытта райкомның биринши секретары марҳум И.Пирназаров еди. Сол кисиге барып хабарласайық, деп сорасам: «ол клубта, колхозшылардың слетын өткерип атыр», деди.
Сөйтип, адам толы машина менен клубтың алдына бардық.
Мен клубтың ишине кирип барсам, көп адам жыйналған екен. Бир жыраў жырлап отырыпты. Тыныбай бақсы қосық айтайын деп, дуўтарын қушақлап тур…
Мениң алба-далба болып кирип барғаныма адамлар «ойын қойыўға келген ғой», деп қол шаппатлап атыр. Мен де басымды ийип, рахмет айттым. Бир ўақытта шетте отырған Пирназаровты көрдим. Қасына барып: «мен бир жумыс пенен келдим. Отынға баратыр едим. Бензинимиз жоқ. Жапаққа исенип келип едим. Ол оқыўға кетип қалыпты. Енди сиз оның орнындағы адамға айтып, бензин бердириң», деп жалындым.
Пирназаров жүдә қуўақы, ҳәзилкеш адам еди.
— Май десең таўып берейин. Сен енди мына колхозшыларды қалай қыйып кетесең? - деди. «Яқшы, сахнаға шығып, бир-еки аўыз қосық айтып берейин», деп Тыныбай ағаның билген намаларын шерттирип, қосық айта басладым…
Қәне мени халық жиберсе! Сазсыз да айтып атырман, сирә қол шаппатлаўды қоймайды…
Мениң ойым бензинде. Ал даладағы машинада отырған адамлар тоңып ҳәм «кешиктик» деп, бирим-бирим келип, сахнаның қапталында бақырып тур.
Жети-сегиз қосық айтқаннан кейин барып, мен рухсат алып, сыртқа шықтым. Маған тапсырған адамы машина багине сыйғанша бензин берди. Машинадағылардың тоңқылдысы болар емес. Себеби, жол ҳақысын шофер алған, урысыўын бизге урысады… Сөйтип, Тахтакөпир қайдасаң, – деп жолға түстик. Жолда адамлар: «бизлерге де қосық айтып бер», деп атыр. Оларға да бир-еки қосық айтып бердим. Адамлар Шымбайда, Қараөзекте түсип қалып атыр. Мен сол кетис пенен Тахтакөпирге бардым.
«Тахтакөпирде мен үлкен бажбанман, қарындасым», деген еди Қасым деген ағай. Соның үйин сорап бардым. Енди бул адам маған бир машина сексеўилин аямайды ғой, деп ойлайман. Қасым ағаның үйине барсам, қара пәреңнен келген, көзи адырайған ҳаял дәрриў «келиң, бийкеш», деп төсек сала баслады, мени сыртымнан таныйды екен. Мен де жыллы жүз бенен күтип алғанына қуўанып, отырар-отырмастан: «ағай аўылда ма?», деп сорадым.
— Ағайың Мойнақ бетке қыдырып кетип еди,-деди жеңгей.
Мен бир түрли болып қалдым. Исенип киятырған адамым және жоқ. Асығыс шай иштим де: «жеңге, бизлер кете берейик», дедим.
Сөйтип, тағы Тахтакөпирден тоғайдағы аўылға жол алдық. Сол жерден шеттеги бир үйден: «Бажбанның үйи қайсы», деп сорадым. «Үлкен бажбан жоқ, киши бажбан ана үйде, аўқатланып атыр», деп силтеп жиберди. Сол үйге барсам, олар аўқатланып болып, кетейин деп атыр екен. Мени бажбан танымады. Өзи де түри суп-сур, қыйсыны келиспеген қара бала екен. «Қарағым, Қасым ағаң бир машина отын беремен деп еди, соған келдим», десем ол: «мени тексерип жүр, жолда услап алады, бере алмайман», деп гүңк етти. Сөйтип, атына минип, жөнине кетти…
Мен қатты ойланып қала бердим. Күн батайын деп тур. Сол үйдиң адамы жүдә жақсы адам екен. «Енди кешиктиңлер, қоныңлар, атыңды еситемен, атақлы артисткамызсаң», деп үйине мирәт етти. Шофер екеўмиз: «яқшы», деп үйине кирдик. Көп етип гөш асты, өзлеримизге қара шай, печенье алған едик. Соларды балаларына бердик. Олар буған күтә қуўанып қалды.
Үйдиң ийеси маған: «Мына жәрдемши бажбан бала жүдә қатал, Қасым болғанда жақсы болар еди. Енди саат үште, түнде тоғайға барып, сексеўилди тийеп, азан менен ол келместен бурын жолға түсиң», деди. Өзи ҳаялы менен бирге тоғайға барып, машина менен (трос пенен) сексеўиллерди қопарып, машынға тийесип, көмеклести. Таң алдында отынды тийеп, енди қайтар ўақытта кемпир менен ғаррысы «атыңды көптен еситемен, қосық айтып бер, қызым» деди. Сонша отынды тийеп, хызмет еткен адамларға қосық айтпайман, деп қалай кеўилин қайтарарсаң, «Сәрбиназ» деген қарақалпақша ҳәм қазақша «Ақ тамақ» қосықларын айтып бердим. Бәримиз кабинаға тығылып алғанбыз. Олар аўылының тусында түсип қалды. Бирақ қосық еситкенине мәс болып, балтасын, қуманын, кеселерин машинамызда қалдырып кетипти. Соннан, бир айдан кейин сексеўилге баратуғын бир шофердан берип жибердим.
Күн бата Халқабадқа келдик. Жаңа Халқабадтан өткен ўақта, машина қарға тайып, үстиндеги толы сексеўили менен жапқа қарап аўдарылды. Шофер менен бизлер зордан кабинадан аман-есен шықтық. Ендиги ҳалымыз не кешеди? Күн деген суўық. Қараңғы түсип баратыр. Қуда баламыз ҳәм қурдасымыз Айдар сол аўылда районлық прокурор еди. Соған жолығайын, деп кеңсесине бардым. Үйин билмейтуғын едим. Ол да кеңседе екен. Оған шаршап киятырғанымды айттым. «Айымхан, азанда трактор менен шығарттырамыз. Үйге барып демиңди ал», - деп үйине ертип апарды. Ҳаялы, кемпири де бар екен. Қырсығып, ҳаялы «аўырдым», - деп кәтте жатып алды. Айдар кемпирине: «Мынаў Айымхан Шамуратова. Мениң жорамның ҳаялы, қасындағы шоферы, машинасы аўдарылып қалыпты. Шаршаған шығар, шай-суў бер», деп атыр. Сөйтип, ол азырақтан кейин кеңсесине кетти.
Мен қысынғанымнан кемпирге: «бес балам бар, күйеўим Москвада партшколда оқып атыр еди. Балаларға қарайман деп, өзим отынға барып жүргеним ғой»,- деймен даўысымды қаттырақ шығарып Айдардың ҳаялы еситсин деп.
Оннан пайда не? Мениң жүрегимди — қандай ҳалда жүргенимди (күйеўим Москвада оқып атырса, өзим республикаға белгили адамман) түсинбеген адамға: «неге түсинбейсең», деп өкпелегеним де жоқ. «Көптиң аўзына қақпақ бола алмайсаң», деп халқымыз қандай таўып айтқан. Мениң ойым: Москвада оқып атырған Әметтиң «басын аўыртпай-ақ қояйын» дегеним еди-ғой. Болмаса ол хат жазып ямаса телефоннан айтса да отын әкелинеди ғой... Өмирдиң ашшы-душшысы, турмыстың аўыр-жеңили усындайда мәлим болады екен ғой…
Ертеңине трактор менен машинамызды тарттырып жолға салып, Нөкиске жеттик-аў әйтеўир… Отынға усылай барып қайтқанымды еситип Әмет: «өзим айтатуғын едим ғой, сениң шыдамсызлығың дә»,- деп маған бираз бақырып таслады. Мен болсам: Әметтиң оқыўына зыян тийгизбейин, әри ислеп атырған жумыслары болса, пикирин бөлмейин деген едим ғой.
Сол жылдың қысында Өзбекистаннның 25 жыллық үлкен мерекеси болды. Бул үлкен юбилейге Қарақалпақстаннан мени, музыкант Камал ҳәм Тохтаны жиберди. Концерт табыслы өтип, юбилейине арналған қабыл етиўге менде қатнастым ҳәм «Дембермес» намасын жақсы атқарып шықтым. Концерт ўақтында көбинесе «Нигарым», «Дембермес», «Қызлар, үйге кир», «Айжамал», «Текеналыш» намаларын айтып жүрдим.
1949-жылы театрға қайтып өттим. Пьесалардағы бурынғы ҳәм таза рольлерди атқара басладым. «Аптапхан», «Алпамыс», «Қызыл гүл», «Тахир-Зухра», «Жарлылық айып емес», «Аршын мал-алан» пьесаларында бас қаҳарман рольлерин атқардым. Ал 1951-жылы Москвада өткен Өзбекистан искусствосы декадасында Москвадағы партия мектебин питкерип келип, Жазыўшылар аўқамының баслығы болып ислеп атырған Әмет екеўимиз қатнастық. Қарақалпақ халық намасы «Арыўхан» ҳәм «Бийбигүл» деген қосықты Коммуна Исмайловаға үйреттим. Лизаханым ойынын қойды. Солай етип, бул декада ўақтында да қарақалпақ қосықлары атқарылды. Атқарыўшылары Өзбекистан филармониясының артистлери болды.
Бул декадада маған «Мийнетте айрықшалығы ушын» медалын берди. Бул ең биринши алған сыйлығым еди. Декададан келиўден-ақ, жүдә жоқары инта менен тағы театрда ислей бердим.
Москвадағы жоқары партия мектебин Әмет айырықша диплом менен питкерипти. Бирақ, оқыўды питкериўден аўырып, Кремль емлеўханасында жатып, бир ай емленип қайтыпты. Сонда да тәўир болмады, ҳәр қыйлы жақларға курортқа барды, олардың да пайдасы аз болды. Мен усы жыллары балаларға қарайман, оның аўырыўына қарайман ҳәм жумыстан да қалғым келмейди. Шаршағанымды Әметке билдирмеўге тырысаман. Театрда: «Ана жаққа бар, мына жаққа бар», деп гә концерт пенен, гә пьеса менен жибереди. Мен усыған қыйналып: «театрдан шығайын, өлетуғын болдым ғой», десем Әмет: «Айымхан, ондай ойды қой, сен өмирин искусствоға бағышлаған адамсаң, балаларыңның келешегин ойла», деп маған ақыл-кеңес берди.
Мениң устазым, өмирлик жолдасым, усындай бахытқа жетисиўиме кеңшилик еткен ақылгөйим Әмет 1953-жылы 18-майда мезгилсиз қайтыс болды.
Қарақалпақстанның биринши илим докторы, жазыўшы, драматург Нәжим Дәўқараев Әмет қайтыс болған ўақытта емлеўханада жатыр еди. Ол да ҳал үстинде жатқаны ушын бул суўық хабар айтылмады. Әмет қайтыс болғаннан онлаған күннен соң Нәжим аға үйимизге қоңыраў етти. «Әмет қайда, еле Ташкентте емлеўханада ма? Мен барып таўып аламан», деди. Мен: «аўа, еле сол емлеўханада», деп жуўап бердим. Себеби, суўық хабарды айтып, оны қыйналдырмайын дедим. Өзимди тутып, солай жуўап бергениме еле ҳайранман. Тығылып зордан турдым. Бирақ: «бармай-ақ қойсаң қәйтеди, Ташкентке?», дедим. Ол: «врачлар бармасаң болмайды», деп атыр, деди. Ертеңине Ташкентке емлеўханаға ушып кетипти. Емленип жатырған ўақтында бир ташкентли артистка Нәжим ағадан: «бийшара Айымханның ери өлип қалды, өзи қалай?», деп сорапты. Сонда ол: «Ким айтады? Өзи менен сөйлестим ғой, усы жақта шығар», депти. Оған медсестра да қосылып: «Усы жерде қайтыс болды, өзи алып кетти», депти. Ҳеш нәрсени ойламастан сол күни: «мен елиме қайтаман», деп Нәжим аға да Нөкиске қайтып, самолеттан түсиўден иркилмей туўры бизиң үйге келди. Қасында Бегжан аға оны сүйеп жүр. Ол тек жылай береди. Мен ол киси ҳәлсиреп қалар, деп өзимди туттым. «Қандай беккемсең, саған күш-қуўат берсин», деп оннан сайын жылай береди, тек жылай береди. Ҳеш сөз айтпайды…
Сол жылы, Әметтиң өлиминен еки айдан кейин ол киси де қайтыс болды. Ол Әметтиң нағыз жан жорасы еди. Театрымызда директор болып иследи, театрдың өсиўине жәрдемлести ҳәм устазым еди. Соның менен бирге ол халқымыздың ҳадал перзенти болды. Мен оны ҳеш ўақытта умыта алмайман.
Әметтиң қайтыс болыўына байланыслы аўыр қайғыға дуўшакер болдым. Оның менен бирге жасаған турмыстың қызығы менен қыйыншылықларын бирге бөлискен жылларым өмиримниң қол жетпес шыңы болған жемисли жылларым екен.
Енди ойланып отырсам, ол күнлерим қайтып келмес екен. Бирақ ўақыт өз айтқанына көндиреди. Сол қайғы ҳәсиретке көнип, ең алды менен өзимниң ҳәм мәңги қарыздар болған қостарым Әметтиң атына дақ түсирместен, оның перзентлерди тәрбиялап, шаңарағын жоғалтпаўға, екиншиден, Әмет те унатып, бәрҳама сыншым-ғамхоршым болып келген өнерге садық болыўға, өмиримниң ақырына шекем өнер-талантым менен халқыма хызмет етиўге бел байладым.
Мен еле де усы мақсетли жолым менен киятырман. Өмирди сүйиўге, жасаўға үйретип, умтылдырып ҳәм руўхландырып киятырған да мениң усы мақсетлерим менен талапларым деп түсинемен.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish