Искусство — %мирим


«О ДҮНЬЯДАН КЕЛГЕН АЙЫМХАН»



Download 1,03 Mb.
bet4/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

3. «О ДҮНЬЯДАН КЕЛГЕН АЙЫМХАН»
Жоқарыда айтқанымдай, искусствоға араласыўыма үйде апам менен аўылласларым маған көп қарсылық етти. Мен оларды өз айтқаныма көндириў ушын искусство өнери жолында шынығып, оның пидайы хызметкери болыў ушын бираз гүресиўиме туўра келди. Ҳәзирги ўақытлары искусствомыздың ең үлкен ўәкиллериниң бири болып, ҳүрметке бөленип жүргеним де қарсылықларға мойымай, табанлы гүрескенимниң арқасы. Мен бул дәрежеге «аспаннан салбырап түсип, қарақалпақ өнериниң маңлайға тигери» болып жүргеним жоқ, деп ойлайман. Себеби, бизлер театрда ислеген жыллары күнделикли күн көрис, турмыс тәшўишлери менен бираз қыйыншылықларды бастан кеширдик.
Ҳүрметли оқыўшылар! Мениң усы жазып отырған ўақыяларымды оқып, «буның искусствоға қандай байланысы ҳәм қатнасы бар екен», деп те ойлаўыңыз мүмкин. Ол бир тәрепинен орынлы да шығар. Ал мениң мақсетим: усы ўақыяларды айтып баянлаў арқалы, көрген қыйыншылықларымды: «мине көриң, мен сондай адамман, бәрин бир шетинен жеңип шыққанман, бәрине шыдағаннан соң киятырман», деп өзимди көтермелеў емес, ал керисинше ҳәзирги ўақытлары өзлерин өнерге бағышлап, искусствоға араласып киятырған жас буўын жеткиншеклерге «дәўир өзгешелигин салыстырып, усындай дәўирдиң қәдирин билиң, көркем өнер — искусствоға хызмет етиў халқыңа хызмет етиў — екенин түсиниң», - деп кеңесимди айтыўдан ибарат.
Және қайталап кетпекшимен, 1933-жылдың соңы 1934-жылдың басы қытгершилик еди. Азық-аўқат онша жетисе бермейди. Жас артистка болғанлықтан айына 150 сом айлық береди. Белгили бир турақлы жатып-турар үйимиз жоқ. Әйтеўир жатақханада орнымыз бар. Келген ўақытлары, соған қәнәәт етип, қуўанысып жүргенимиз болмаса, басқа ойымыз жоқ еди. Енди есейиңкиреп, айлық алатуғын болғаннан соң кеңирек үй-жайды, барыс-келис жасайтуғын дос-яранларды күсейди екенсең. Бир күни бирге жататуғын қурдасым Қалжан:
— Сен еситтиң бе, Қоңыраттан бир қыз орыс жигитине турмысқа шығып, Төрткүлге келипти. Үйи Шымбай көшесинде. Өзи саған апа болады екен,- деп күлди.
— Қойшы, ҳәзилиңди мениң апама қарақалпақтың жигити қапылып, енди орыс қалып па? – дедим ойнап айтқан шығар, деп ашыўланыңқырап:
— Ҳаў, ырас деймен, сени сөйтер деп үйин, адресин анықлап келдим. Инанбасаң жүр, барайық…
— Жүр, барсақ барайық, - дедим мен еле де өжетленип.
Айтқанындай-ақ, барсақ аққубадан келген сары сынлы қыз екен. Суп-сулыў. Таныстық, Қоңыратта Дәўқарабайдың үйиниң қасында қоңсы отыратуғын қыяттың қызы екен. Ол усылай маған қыз апа болды.
Биз оннан орыс жигитине қалай қосылғанын сорадық…
Азанғы ўақта Қанжапқа суўға бардым. Суўды алып қабағыма қуяйын деп атырсам, бир адам атын суўғарып тур екен. Мен уялып төмен қарадым. Ол қолымнан шәңгилимди алып, қабағымды толтырып берди. Қабақтың жибин услап турып: «Сен маған тийесең бе?» деди. Мен де оны жүдә жақсы көрип «аўа» деп айтқанымды билмей қалдым. Ертеңине азанда атының артына мингестим. Өзлери елиўлеген атлы әскерлер екен. Бул командири екен. Сол жүристен 8 күнде Төрткүлден бир-ақ шықтық… Олар мени баладай етип әлпешледи. Төрткүлге үйине келдик. Ырасында да, ҳаялы жоқ екен. Мениң бахтыма үйдиң ийеси мусылманша сөйлеп билетуғын ҳаял екен. Усы апай екеўимиздиң басымыздан өткен ўақыяларды бес күнге дейин түсиндирди. Енди бир-еки аўыз орысша өзим де билемен. Сиңлим екенсизлер, шай қойып, аўқат писирейин,- деп ол бизлерге пәйик болып жүр.
Әдеп орыстың үйиниң аўқаты, деп назырқаныңқырап отырдық. Күни менен аш болып жүрген соң ҳеш гәп-сөзге қарамай аўқатқа тойып алдық. Бир ўақытта жездемиз келди. Сулыўшықтан келген, орта бойлы киси екен. Минези де жақсы көринди. Екеўи бизлерди жақсы күтти. Соннан баслап, ол үйге бизлер ҳәр дем алыс күни баратуғын болдық. Еденин, кирин жуўамыз, базарға барамыз. Соның арасында олар бир уллы да болды, сол баласын бағыўға көмеклесемиз. Гөш асса, жегимиз келмей турады. Қалжанға: «доңыздың гөши шығар», деп бир-биримизди түртип қоямыз. «Балдызларым, қорықпай-ақ қойыңлар, апаңды алғаннан бери биз доңыз гөшин жемейтуғын болдық», деп ҳәзиллеседи жездемиз, тилин бурынқырап қарақалпақша сөзлерди араластырып сөйлеп.
Булар екеўи жақсы тура берди. Бала-шағалы болды. 1935-жылы күйеўин Хорезмге жумысқа жиберди. Ол жерде 1-2 жыл ислегеннен кейин Россияға апамыз бенен кетипти, деп еситтик. Бул апайды айтқандағы гәптиң тоқ етери, бизге еткен олардың сонша жақсылығы ҳәм орыс жигитиниң мийирманлығы. Кеўили жарасқан жаслар тилине, динине қарамай-ақ бахытлы шаңарақ бола алатуғынын үлги етип көрсетпекшимен.
Бизиң апамыздың орыс жигити менен-ақ кеўил қосып, бахытлы турмыс қурғанына ҳәўеси келди ме, бир күни Қалжан маған:
— Усы екеўимиз де аяғымыз ақсақ, қолымыз шолақ, көзимиз соқыр емес, неге сонша айттырып жүрген жигитлердиң бирине тийип алмаймыз? – деди.
Ойланатуғын да ўақыт, ойландыратуғын да жыллар! Мен оған бирден жуўап бере алмадым, жуўап бермесең және гәп баслайды, оның үстине апамның маған: «күйеўге өзлеримиз беремиз. Егерде меннен рухсатсыз, айтпай кетсең, ақ сүтиме ырза емеспен», деп жасымнан қулағыма қуйып таслағаны бар. Қалай деген менен, ата-ана-ғой. Оның үстине бизлерди қанша қыйыншылық пенен бақты… Сол есиме түсип, дәрриў, «жақ, мен апамнан қорқаман», дедим. Қалжан: «мениң де апам жаман-аў», деп төмен қарады. Усының менен бул гәп аяқсыз қалды.
1934-жылдың ақырында театрға Асан Бегимов директор болып келди. Орта бойлы, толық денели шаққан адамды бир көриўден-ақ артистлер: «жақсы адам екен», деп айтысып атыр. Сол жылы Асан ағаның «Бул ким?» деген пьесасын таярлап көрсеттик. Мен пьесада бас қаҳарман ҳаялдың ролин атқардым. Жаман шыққан жоқ, Асан ағаның өзи де мақтап: «жарайсаң, жақсы атқардың», деп бираз мақтаўымды берди.
Буннан кейин әдебиятымыздың үлкен ақсақалларының бири Сейфулғабит Мәжитовтың «Бағдагүл» пьесасын қойыўға киристик. Мен Бағдагүлдиң ролин таярладым. Пьеса авторы Сейфулғабит аға әдеўир жасқа барған, қартайғанлығын жасы билдире баслаған адам екен. Оның пьесасын қабыл етип алып, сахнаға шығарыўға таярлап атырғанымызда Сейфулғабит аға (ол ўақытта музейде ислейтуғын еди) өзи ҳәр күни театрға келип, халықтың үрп-әдетлерин, жигит-қызлардың байланысы менен отырыспаларын, жүрис-турыс мәдениятын көрсетип үйретти. Сол ўақыттағы ол кисиниң мәдениятлылығы, өзи бәрин үйретип көрсетиўи, келешекте мәдениятлы интеллигент болып жетисиўимизге жақсы тәсир көрсетти. Соннан баслап бул кисини ҳәммемиз пир тутып, айрықша ҳүрмет ететуғын болдық. Өзи дуўтаршы-сазенде еди. «Дийдимаман», «Ақ назлы яр», «Муңлы қыз», «Жетти Бағдагүл муратқа», «Мухаллес» намаларын дуўтарда шертип көрсетип үйретти. Ол дуўтарды шертип үйретип, азғана ўақыт арман-берман жүрип, тағы сөзин даўам еттиретуғын еди. Ол ўақытларда нота дегенди ҳеш ким билмейди ғой. Әйтеўир зордан үйренип аламыз-аў. Сонда да, жақсы таярланып, «Бағдагүл» пьесасын халыққа көрсеттик. Жүдә жақсы абырайға ийе болдық. Тағы бир қыйыншылығы — арнаўлы кийимлер жетиспейди. Әсиресе, ҳаял-қызлардың кийими кемислеў болғанлықтан күндиз ҳәр үйге кирип, кийим сорап жүргенимиз. «Кеште ойында кийип, ертең әкелип беремиз», деп сорап барсақ, ең жақсы кийимлерин береди. Бул да халықтың театрды жақсы көретуғынлығының белгиси екенине енди барып ақылым жетип жүр-аў.
Пьесаның кейинги картинасында Бағдагүл дийўана болып кетеди, тағы бир-еки қыз ҳәм ҳаяллар оған жолдас болады. Сол ўақытта кийетуғын жыртық көйлек аз екен. Бағдагүлдиң жанында шығатуғын дийўаналар — Қалжан Бегимова, Тохта Рахмановалар еди. Мен бир жыртық көйлекти кийип, алды менен шығаман, антракт ўақытында сол көйлекти Қалжан кийип алып сахнаға шығады. Гейде сол жыртық көйлекке таласып та қаламыз. Ҳәтте, бир күн урысып та қалдық. Маған Қалжан зорлық еткендей сезилди. Жылап сахнаға шықпайжақ та болдым. Антракт питип қалды, ҳәмме артистлер «қой» деп атыр маған… Ақыры жыртық көйлек пенен жылап шықтым-аў. Ҳәмме мениң жылағанымды образға «шын берилип ойнады», деп шаппат урып атыр. Ал мен болсам, көйлекке таласып жылап жүрмен…
Өзи жылаған адам — түрим жүдә келисип қалған. Мен өткен кеткеннен нан сорап: «жетиммен, ағамды бай өлтирди, жигит ағамды қамап жиберди. Жеңгем Төрткүл бетте «өлди» деген жерлерин қалай болса солай жылап айтып жүремен. Ҳәрекетлерим халыққа жүдә мақул болса керек, гүрилдеп қол шаппатлап отыр. Жүдә жақсы атқарып шықтың ролиңди, деп артистлер де қушақлап сүйип атыр. Сол күни бул ойынды драматург-шайыр ағамыз Қасым Әўезов та көрип отыр екен. Ол киси пьесадан алған тәсирлерин ертеңине газетада жәриялап, әсиресе, мени жүдә көтермелеп мақтады: «Бундай қарақалпақ қызы биз ушын бахыт, қуўаныш» деген сөзлери маған және де мәдет берди. Бул белгили үлкен устаздың маған деген ең биринши жоқары баҳасы еди.
Ертеңине маған театр дирекциясы алғыс жәриялады ҳәм айлығымды 450 сомға көбейтти. Бурын 150 сом алып жүр едим. 1934-1935-жыллары театрымыз ҳақыйқаттан да жақсы бола баслады.
Енди театрымыз мәмлекетлик театр аталып, оның директоры Ерманов болды. Директорымыз Ерманов театрды жақсылайман деп ўәде берди. Пьесаға не керек болса, соны алыў керек! деген тәртип шықты. Сөйтип «Бағдагүл» пьесасы ушын нан, жийде, гешир, пиязларды базардан сатып алып қоятуғын болды. Кейинги чайхана картинасында Зайыт аға Зарипов чайханашы ролин ойнады. Бизлер өзлеримиз йошып қосық айтып жүрип, гешир, жийде, нанды жеп қоятуғын едик. Соңын ала жегизбеў ушын гешир менен жийдеге лампамай сеўип қоятуғын болды…
Бул ислер ерси көринсе де ҳақыйқатлық. Олар қаншелли садалықтан ҳәзирги жоқары дәрежеге ерискенимизди көрсетиўи менен әҳмийетли деп ойлайман. Себеби, бурын қандай едик, ҳәзир қай дәрежеге көтерилдик. Бул усылардан айқын көринеди.
1934—1935-жыллары «Бағдагүл», «Ишкериде», «Гүлсара», «Табанлы тартыс», «Зәўреш», «Шәлеке бай», «Қорлықтан азат» пьесаларын қойдық. Мен ол пьесалардың дерлик барлығында бас қаҳарман образын сахнаға шығардым.
Өзбек драматургиясының тийкарын салыўшылардың бири К.Яшенниң «Гүлсара» музыкалы драмасын сахнаға шығарыўға биз көп таярландық. Бул ўақытта халық ҳәр бир жаңа пьесамызды көргенше асығып, көрип болыўдан өзлериниң көз қарасын — пикирин газетаға жазады. Көп ўақытқа шекем аўыл арасында да гүў-гүў гәп болып айтылып жүреди. Бурыннан өнер, ойын, заўыққа жақын болған халқымыз ушын театр үлкен бир «тойханадан» ойын-заўықтың орайына айналды.
Мен «Гүлсара» пьесасында бас қаҳарман Айсараның ролинде шықтым. Сол жыллары өзбек театры сахнасында жоқары баҳаланған бул пьесадағы Айсараның муҳаббаты, жүрек сыры, нәзиклиги маған жазылыўы бойынша да, ўақыттың шебер шийеленискен мәўритлерин бериўи жағынан да күтә унап қалды. Себеби, пьесадағы Ибраҳимбайдың қызы — Айсараның пәренжени таслағаны ушын әкеси тәрепинен пышықланып өлтирилиўи — мениң искусствоға араласыў ушын апам ҳәм аўылласларым менен гүресиме үнлес келеди. Айсараның дәрти пәренжени таслаў, адамларға ашық жүз бенен қарап жүриў болса, мениң дәртим — өнер адамы, яғный артистка болыў. Мен өз алдыма мақсет етип қойған бийик шыңым — театр сахнасына шығыў болса, бул бойынша жеңиске жетип киятырман. Ал қаҳарманым Айсара болса, пәренжени таслайман, деп жүрип, биймезгил үзилген гүлдей солады, ескиликтиң қурбаны болады. Мине, усы шийеленискен ўақытларды сахнаға шығарыў ушын талпынып, екинши жағынан өмирге, турмысқа көз қарасым қәлиплесе баслады.
Сол сүйикли образымды сәтли атқарып шыққан соң журналист Исмайыл Сағыйтовтың (Өзбекистан Илимлер академиясының хабаршы-ағзасы, профессор), «Қызыл Қарақалпақстан» ҳәзирги («Совет Қарақалпақстаны») газетасында «Гүлсара» пьесасына жоқары баҳа берип, жазған көлемли рецензиясы басылып шығыпты. Мақаладағы: «Ибраҳим бай қызыма пәренжесин таслатпайман, деп Айсараны — Айымханды пышақлаўына, әсиресе, Айымханның образына, пышақланыўына адамлар шыдап отыра алмады», деген қатарларды газетадан оқыған адамлар аўылдағы апама «қызың пышақланыпты», деп оқып берипти, биразлары оған кеўил айтыпты…
Апам бийшара, «маңлайым қурып қалды, ўай-ўай», деп еки көзине ғана күши келипти. Ол жылап-еңиреп жүрип, маңлайындағы жалғыз саўын сыйырын сатып, оның пулын әжағам Әметке түйип берип, мениң изимнен жиберипти. Әжағам жол бойы төрт қонып Төрткүлге келипти. Келе сала ушырасқан адамлардан мени сорастырып көрсе, «қой, өлген жоқ, бар» депти. Ол ҳайран болып әри қуўанып, буған исенерин я исенбесин билместен театрға жеткенше асығыпты.
Бизлер сол күни «Бағдагүл» пьесасын қойыўға таярланып атыр едик, бир қыз: «Айымхан, сени излеп ағаң келип тур, сүйинши», деп клуб есигинен ишке қарай бақыра кирди. Ағам болса оның изинен илесе есиктен атлар-атламастан: «мениң қарындасым тири ме?» деп бақырады.
Ҳеш нәрсеге түсинбеймен, «Әжағам хабарсыз Төрткүлге қалай келип қалған. Және есиктен атлар-атламастан бул бақырыўы неси?» - деп аң-таң болып қалыппан. Қарасам, өзимниң жигит ағам. Мен де сағыныппан ҳәм қуўанғанымнан:
— Ағажан! - деп оған қарай жуўырдым.
— Жаным, айланайын, қарындасым, тири ме едиң әйтеўир? - деп ол көзине келген жасты тыя алмай атыр. Мен оннан сайын таңланып ҳәм қорқайын дедим.
— Ҳаў, әжаға, мен тиримен, маған ҳеш нәрсе болған жоқ, жыламашы,- деймен жалынып ҳәм бизлерге қарап аң-таң болып турған адамлардан уялып…
Әллен ўақытлары барып, ол өзин басып, бизлер менен аманласты. Соң газетадан мақала оқыған аўылдағылар мени «өлди», деп исендиргенин, оған апамның жылаў менен еки көзи исип кеткенин, өзиниң қалай Төрткүлди тапқанын, бирим-бирим айтып берди. Соңынан артистлер аўылдағылардың ҳәм апамның садалығына көзлеринен жас аққанша күлисти. Оларға қосылып мен де күле бериппен…
Қурдасларым болса, «аўа, Айымхан, сен тири жүрип-ақ о дүньяға барып келдиң», «сен о дүньядан келген жансаң», «сен о дүньяға да барып қайттың — енди бул дүньяда өлмессең», деп ҳәр қайсысы бир гәп айтып, дәлкек етти. Оларға не дерсең, күле беремен. Сөйтип, мени көп ўақытқа шекем театрдағылар «О дүньядан келген Айымхан», деп атайтуғын болды…
Ертеңине әжағам сатқан сыйырының пулынан маған бираз ақша берип, «тезирек апамды қуўантайын», деп қайтыўға киристи. Қайтарында «қарағым, театрыңда ислей бер, саў болсаң болар, артист болыўыңа мен де, апаң да қарсы емес, бирақ, жақсы болып жүр», деп жолға шықты…
Бир күни мени директорымыз шақырып атыр деген соң, барсам ол:
— Республикамызға Ташкенттен қәдирли мийманлар келип атыр. Ол театрымызды да көрмекши екен. Соған арнап бүгин «Гүләндам» инсценировкасын таярламақшымыз. Сен Гүләндам боласаң. Бар шеберлигиңди көрсет, абрайды қолдан бермейик,-деди.
Мен: «яқшы», деп келисим бердим. Ол қонақлардың ким екенин де сорамадым. Кешке шекем таярланып үлгеремен бе, жоқ па, ол жағын ойыма да алмадым. Кабинеттен шықтым да, таярлықты басладым. Директордан, режисерлардан алатуғын бундай «асығыс» тапсырмаларға үйренискенбиз. Қайтама, оны өзлеримиз артықша ҳүрмет, деп түсинсек түсинемиз де, ал «яқ, қолымнан келмейди, маған ондай характер унамайды», дегенлерге усаған екилениў гәплерин ҳеш қашан айтпаймыз.
Кешке шекем таярланып үлгердим. Мен Гүләндам образын бурыннан атқарып жүрген артистлерге усап жақсы атқарсам керек. Бағана директорымыздың мийманлар, деген адамы Өзбекистанның атақлы ақсақаллары Юлдаш Ахунбабаев пенен Файзулла Хожаевлар екен.
Пьеса тамам болғаннан кейин Юлдаш аға Ахунбабаев артистлерди қутлықлап, жумысларымызға табыслар тиледи. Көпшилик қатары Юлдаш аға маған да: «жарайсаң, қызым», дегендей жыллы шырайын билдирди.
Бир есаптан директорымыздың кешқурын қандай мийманлар болатуғынның айтпағаны да, олардың ким екенин мениң сорамағаным да жақсы болған екен. Себеби, сахнаны Еркин «бийлеў» ушын ҳешкимнен, ҳеш нәрседен алаңсыз, тамашагөйлердей көзқараста жүриўиң керек. Гейде жас актерлар роллерди атқарып атырғанда, театрда басқа ҳүрметлирек адамлар барын биле қойса, «көзге түсемен бе», дегендей жасанды ҳәрекетлер ислеўи, сондай-ақ өзин танытыў ушын «мен, мине, мындаман», дегендей жөнсиз ҳәрекетлерди араластырыўы мүмкин. Искусстводағы образ пүтинлигин гейде усындай киши детальлар бузады.
Тап усыны ойлағандай, директорымыздың да қонақларды күни бурын айтып таныстырмағанына еле қуўанаман. Атларын сыртынан еситкенниң өзинде ҳәм ҳүрмет ететуғын Өзбекистанның үлкен ақсақалы ҳәм мәмлекетлик искерлери алдында тийисли ролимди албырамай атқарып шыққаныма меннен бетер директорымыз ҳәм басқа да бирге ислейтуғын кәсиплеслерим қатты қуўанды.
Өз жәмәәтим ушын Өзбекистан ҳүкимети ҳәм мәмлекет басшылары алдында жақсы пикир туўдырғаным және жолдасларымның жүзин төмен қаратпағаным ушын мен де өзиме өзим разы болдым. Кеўилим көтериңки. Сахнаға шыққанында тамашагөйлер қол шаппатлаўлар менен күтип алса, артист ушын сол үлкен бахыт. Егер қосық айтып ямаса ролиңди атқарып болғаныңнан кейин күни менен қарап отырған сыншы-тамашагөйиң қол шаппатламай тым-тырыс отыра берсе, буннан артық кеўилсизлик болмайды ғой…
Усылай етип, қыйыншылықлар артта қалған сайын көркем өнер өмириниң үлкен есиги маған кең ашыла баслады. Енди ҳәр күним өткен сайын маған деген тамашагөйлердиң ҳүрмет-алғысы көбейе берди. Мен оннан сайын жаслық жүрегим алып ушып, «ертең не болар екен, ертең қандай қуўаныш күтеди?», деп ҳәр бир таңнан жаңа қуўаныш, күлки, бахыт излегендей боламан. «Жырла, - жырлай бер», - деп ҳәр күни азан менен қулағыма биреў сыбырлап оятқандай болады.

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish