Искусство — %мирим


Шәкиртлер устазы ҳаққында



Download 1,03 Mb.
bet30/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Шәкиртлер устазы ҳаққында
Театр сахнасында Айымхан Шамуратовадай уллы актрисалар ҳәм актерлар менен ойнағанымыз, олардың шәкирти болғанымыз, кеңеслерин тыңлағанымыз бизлердиң дөретиўшилик жолымызда үлкен әҳмийетли болды. Айымхан апа менен бирқанша спектакльлерде ана-бала болып рольлер атқарғанбыз. Ол қарақалпақтың бүлбили болып, өз дәўиринде Айымхан Шамуратова десе Қарақалпақстан деп таныйтуғын дәрежеге еристи. Ол талантлы актриса, бүлбилзибан қосықшы болыўдан үлкен исти, бир өзи жети перзентти тәрбиялаўдай аналық ҳәм әкелик парыз бенен қоса тең тарта алды. Апамыз ҳадаллықты сүйди, туўры сөйледи, талантлы жасларды қанаты астына алды, қайрыхомлық етти. Оларды изине ертип жүрип, тийисли орынларға барып, айтысып-тартысып жай әпериў, жоқ жерден жәрдемлер шөлкемлестириўдей саўаплы ислердиң басында болды. Бундай ислер ҳәркимниң қолынан келе бермейди. Ол тынып-тыншыўды билмейтуғын еди. Өзиниң өмир жолы, айтқан қосықлары, жазған китаплары келешек әўладларға естелик болып қалды.

Нәжиматдин Аңсатбаев, Өзбекстан ҳәм
Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ
Атындағы мәмлекетлик сазлы театрдың
Директоры.


АЙЫМХАН АПАҒА
(Қарақалпақстан халқының хош ҳаўаз бүлбили Айымхан
Шамуратованың 90 жыллық юбелейине бағышланады)



Гүлзар толы гүл болса, оның да сарысы бар,
Нешше жүйрик тил болса, оның да данасы бар,
Бардур сансыз тулпарлар, оның да дарасы бар,
Аналар көп дуньяда, оның да анасы бар,
Сиз халқымның дарасы ҳәм анасы болғансыз.

Қанлыкөлдиң топырағы сиздей гүлди жаратты,


Периште ҳүснин берип илаҳий нур таратты,
Хош ҳаўазың сыйқыры думый журтты қаратты,
Сан мың дәртли кеўилге бағышладың қанатты,
Сиз халқымның шадлығы, нурлы таңы болғансыз.

Жети жетим ул-қызға болып пана ҳәм ана,


Қостарыңды жоғалтып кеўлиң болмады ғамхана,
Сонда ҳәм налыс етпедиң, қыйынлықты арқаға,-
Серпип таслап, шығыстың, бәрин жыйып ортаға,
Сиз халқымның ер жүрек, дана қызы болғансыз.

Тәриплесем сөз жетпес, мийнетиңе өлшеў жоқ,


Ҳәм қосықшы, ҳәм актёр тыныш өткен кешиң жоқ,
Ана халыққа қалдырған мийрасың көп, исиң көп,
Сизди устаз, ана деп пир тутыўшы қызың көп,
Сиз халқымның бүлбили, кеўил тары болғансыз.

90 жыллық тойларың ел-халыққа мүбәрек,


Сиз жаратқан шоққылар кең далаңа мүбәрек,
Сизден мийрас мәртликлер ул-қызларға мүбәрек,
Сиз қалдырған бул дәргай ана журтқа мүбәрек,
Сиз, бул қарақалпақтың хош ҳаўазы болғансыз.




Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish