Жақсы ҳәм жаманды айырар халық,
Көрген-билген, урпақларды ядқа алып,
Дәўран өтер жақсылардан ат қалып,
Қәдир билген көзлерине жас алып,
Оннан артық мәртебе жоқ, анажан.
Әкең Турды Қазымбет баласы,
Мәкан еткен Қоңыраттың қаласын,
Жайлағаны Қанлыкөлдиң даласы,
Еки ел бир еди, жақын арнасы,
Туўған жериң «Соркол» сениң, анажан.
Анаң Ажар, ағаң Әмет, Қаныгүл-
Жеңгең еди, Бийбихан ол сиңлидур.
Сизлер қәдем қойған жәннет мәкан бул,
Бәриңнен зүрият бар, бәриңиз де ҳүр,
Ҳәр бириң бир ўатан билсең, анажан.
Жаслайыңнан көзге түстиң байқалып,
Таўыстай таранып, назлы шайқалып,
Көргенлер қуўанып колыңан алып,
Ҳүрметлеўге ылайық-ең анажан.
Сахналарға қуйған мухаббат, дослық,
Эфирден жаңласа сен айтқан қосық,
Жүрек-баўыры ерип, елжиреп йошып,
Саз даўысқа салып, намаңа қосып,
Дүньяны жаңлатар билсең анажан.
Ҳәр иске себепши Аллам ҳәр ўақта,
Бес қаланың бири жақын аймақта,
Ҳожелиге келип ойын қоймаққа,
Әкем менен ушырасып жыйнақта,
Он бесинде ашық болған анажан.
Инсан көрер не жазғанын талайға,
Ол оқыўға кетип Мәскеў – Макария,
Қанша талпынсаң да жетпегиң қайда,
Хатына зар болып жылында айда,
Пошалаған күнлериңди айт, анажан.
Сениң ашықлығың ағаңа батып,
Саған айралықты қылдылар тартық,
Ерксиз намәҳремге басыңды шатып,
Қайғыдан қамығып ўрың қатып,
Қан жылатқан күнлери бар, анажан.
Кеўлиңди аңламас зәҳәрин шашып,
Қанша қорланса да табысар ашық,
Үйиңнен сәҳәрде жырылып қашып,
Туўысқан-туўғаннан араңды ашып,
Еркинликке талўас еткен анажан.
Аллам саған ырысқы-ығбал шашқанда,
Бар ықласын қосық болып табысар қашан да,
Төрткүлге пияда етип қашқанда,
Мәденият есигин дәслеп ашқанда,
Әбдираман пана болған анажан.
«Таң нуры» труппасының ағзасы болып,
Қыз-жаўанишинде ағласы болып,
Халық маңлайға тиккен лаласы болып,
Қосық өнериниң сағасы болып,
Кеўил хошын көтерилген анажан.
Ел ардақлап шыққан Айымхан атың,
Туўыс-туўған басып ашыўдың пәтин,
Оңынан келтирип исиңниң сәтин,
Жақын ҳәм жуўыққа алысып әлпиң,
Ығбалың күлимлеп туўған анажан.
Үш жыл РАБФАКта оқыған ярың,
Көз ашып көргениң намысың-арың,
Үш жылғы айралық аҳыўың-зарың,
Төреш ағаңа ерип Мәскеўге бардың,
Өзиң излеп таўыр алған анажан.
Хош ҳаўазың кимлер ҳәўес етпеген,
Өнериң өркенлеп, босқа кетпеген,
Қарақалпақтың атын бәлент, даңқлы еткен,
Мақсетиңе жетип әкем Әмет пенен,
Шадлыққа шадланып өткен анажан.
Сизлер басып өткен жоллар саялы,
Қолыңыздан тиккен нартлар баяғы –
Нәрўанлар көк тиреп жапырақ жаяды,
Небир батыр, мәртлериң бар паянлы,
Ел-журтқа жарасық, саўлат анажан.
Илҳам, талант берген Алла тааладан,
Сизлер суңқар болсаң, бизлер палапан,
Қанат берип аялаған алақан,
Ақ сүтиңди арым дейип ақлаған,
Меҳриңе ул-қызың ырза, анажан.
Дәўран өтер жақсылардан ат қалып,
Наданлықтың қылўасынан халық налып,
Муңлы жаным топаслардан дақ қалып,
Мен де бир күн өтермен бул дүньядан,
Халық ардақлап ҳүрметлеген анажан.
|