Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet27/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Халбекова Хайрихан
17-февраль 1971-ж.


АССАЛАЎМА ӘЛИЙКУМ, ҲҮРМЕТЛИ АЙЫМХАН АПА!
Сизди ҳәм семьяңыз ағзаларын жаңа 1984-жыл менен шын жүректен қутлықлайман. Жаңа жылда саў-саламатлық, семьяңызда бахыт, жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен. Мен Абдуватов Мухаматжан Тәжикстандағы Ленинабад қаласында тураман. Брест қаҳарманларының биримен. Көптен бери сиз атқарған қосықларды тыңлайман. Дүканлардан сиз атқарған қосықлардың пластинкаларын таба алмадым. Егер илажы болса өзиңиздиң атқарыўыңыздағы қосықлардан жиберсеңиз. Биз семья ағзаларымыз бенен үлкен-үлкен рахметлер айтқан болар едик.
январь, 1984-жыл.
Ленинабад қаласы-11, Шорс көшеси, 30.
ТАҒЫ ДА ФЕРҒАНАДАН СӘЛЕМНАМА
Ассалаўма әлейкум, Айымхан апа Шамуратова!
Сиз бенен таныспақшы болып усы хатымды жоллап отырман. Ташкентте болған Қарақалпақстан әдебияты ҳәм искусствосының ҳәптелигинде сиз атқарған қосықлар қарақалпақ сазларына деген мениң ықласымды және де арттырды. Ҳүрметли Айымхан апа, бәлким сиз мени танымассыз. Мен гөззал Марғулан қаласынан сизге түўесилмес сәлем жоллап отырман. Мен 8-класс оқыўшысы Ханифа Қасымова боламан. Оқыўларым жақсы. Сизден өтиниш, мен сиз бенен таныссам деймен, хат жазысып турсақ. Сүўретлериңизди жиберсеңиз. Мен сүўретимди жиберер едим-аў, бирақ үлкенлеў болғаны себепли конвертке сыймайды. Әлбетте, ендиги хатымда сүўрет жиберемен.
Хош көрискенше. Саў болыңыз. Ислериңиз мудамы алға баса берсин.
Ферғана ўәлаяты, Ахунбабаев районы, Ш.Руставели атындағы Қ58 мектеп, 8-класс оқыўшысы Қасымова Ханифа.
Аналардың анасы
Айымхан апа, Мен сизди жақында «Бир үйде еки өмир» пьесасында аналардың анасы ролинде ойнағаныңызды көрип ләззетлендим, маўқымды басқандай болдым. Себеби, бизлер тамашагөйлер театр сахнасында йошланып ойнағаныңызды көп жыллардан бери көре алмай сағынып излеп жүретуғын едим. Мине бүгин усы қуўанышымды жас баладай жүрегиме сыйдыра алмай, ҳәммеге жәриялап атырман.
Ҳәр бир тамашагөйдиң бақлап, пайытлап жүретуғын, сүйип, тыңлайтуғын, атқарған роллерин инта менен көрип сүйсинетуғын актрисалары болады. Мен, сизиң қосық айтқандағы ҳаўазыңызды, актерлик шеберлигиңизди ҳалық усылай бақлап барады ҳәм унатады деп ойлайман.
Мине бүгин «Бир үйде еки өмир» пьесасында аналардың анасы ролин оғада шебер атқардыңыз. Сиз өз үстиңизде көп ислеп, тынымсыз изленген кәсип ийесисиз. Езилген қарақалпақ қызы, еркинликке талпынған яр ролинде, баўыры күйип бүгилген ана ролинде ойнағаныңызды тамашагөйлердиң жүрегин тербегениңиз бенен турмай, сол өмирди өз турмысыңызда да кеширген қаҳарман болып санамызға орнап қалғансыз. Ўатанымыздың, халықтың басына қыйыншылық дөнип турғанда да, тек ғана «сахнадағы ролимди атқардым, ис питти» деп кете бергениңизди көргенимиз жоқ. Бәрҳә театр менен бирге жүрдиңиз.
Сиз жас драматург Қ.Мәтмуратовтың «Бир үйде еки өмир» пьесасында аналардың анасы болып ойнаўыңыз менде қатты тәсир қалдырды. Биз тамашагөй ушын қандай актер болса да, оның кеўлимизден шығып ойнағанын тилеймиз ҳәм талап етемиз. Мәселен 2-картинада көзли Ҳәмире кемпирдиң қуўаныш үстиндеги кеўлин билдирип:
-Қәйтейин, қутырған ийттей өмир тәшўишине таланып, қайғыда қарысқан жүрегим кирттай қуўанышты да көтере алмайды….- дегендеги даўыс толқыныңыз бенен сөзлердиң салмақлы айтылыўы тамашагөйлерге өз басынан өтип атырғандай болып жетиўи сахна емес, жайпарахат өмирде болып атырғандай сезиледи. Актрисаның бундай шеберлиги қайсы бир тамашагөйди де театрға ерксиз тартады. 3-картинада Ҳәмире кемпирдиң жалғыз баласының жолдасы Улбосын келинди ақлық баланың келиншиги таўлап жыққан ўақта, көзли болып отырған Ҳәмире кемпир орнынан өрре турып, еки қолын алдына созып:
-Ҳа шырағым, периштедей жан едиң, қаяқтасаң?- деп сыйпаланып турғанын көргениңде, оны баўырыңа басып, басынан сыйпалаўы сахнада болып атырған ўақыя деген ойыңа да келмейди. Көзиңниң жасы ериксиз ағып кете береди. Әлбетте, актердиң тамашагөйлерге сахнада болып атырған ўақыя екенин умыттырып жибериўи оның талантынан, өз үстинде көп изертлениўинен дәрек береди.
Гейде тамашагөйлердиң усындай қатаң талабына бизиң базыбир актрисаларымыз итибарсыз қарап, жуўапкершиликти сезбей қалатуғын пайытлары ушырасады. Биз бундай жуўапкерсизликти сахнада көрип, абайлап қалсақ, иренжиймиз, үйимизге келип, тыныш уйықлай алмаймыз. Ал сизиң ролиңиздиң тамашагөйлерге унамлы болып шығыўының тийкары да, залдағы адамларды таңламастан, шын ҳүждан менен ойнағаныңыздан деп билемиз.
Сизиң өмир жолдасыңыз, белгили жазыўшы Әмет Шамуратов усындай тәбийғый талантыңызды раўажландырыўда үлкен тәсир жасады. Оның авторлығы негизинде дөреген «Қырық қыз» пьесасында Гүлайымның анасы роли – Сизиң жаратқан оғада күшли образыңыздан болды. Соңын ала биз сизди сахнамызда Шыңғыс Айтматовтың «Жер – ана»сындағы Толғанай кемпир образында көрип қуўандық. Бүгинлигинде енди мине «Бир үйде еки өмир» де және ушырасып, сизге шын кеўилден қол шаппатлаймыз. Бәринде де есте қаларлық бир өзгешелик, - Сиз жаратқан образларда турмыстың ашшы-душшысын бастан кеширген, аналық мийрими күшли ҳаял жүреги жан-сезимизди бийлеп алады.



Гүлайша Есемуратова, жазыўшы
Октябрь, 1981-ж.




Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish