Dúnyaǵa kóz qaras, onıń dúzilisi hám tiykarǵı tipleri



Download 475,38 Kb.
bet1/7
Sana26.01.2023
Hajmi475,38 Kb.
#903075
  1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Философия


Variant 1

  1. Dúnyaǵa kóz qaras, onıń dúzilisi hám tiykarǵı tipleri –

Философиияның ең тийкарғы ўазыйпасының бири бул адам ойлаўына тән болған дуньяға көз-қарасты қәлиплестириўден ибарат. Яғный, дуньяға көз-қарас бизди қоршаған дунья ҳаққындағы улыўма идеялар, көз-қараслар, адамның дуньяда тутқан орны, турмыслық бағдарланыўы, ийман-исеними, идеяалы, билиў принциплери, өзи ҳәм басқалардың өмирдеги орнын билип алыўы, адамның инсан сыпатындағы мәнис-мазмуны, өзлигин аңлаў ҳаққындағы көз-қараслар системасы болып табылады. Дуньяға көз-қарас белгили бир дәўирлерде қәлиплесип барады. Сонлықтанда ҳәр қандай дуньяға көзқарас жәмийетлик тарийхый мазмунға ийе болып, адамлардың өмири, әмелий искерлиги, турмысы, қоршаған тәбиятқа тәсири ҳәм мийнет етиў процессинде пайда болады. Ҳәр бир дәўирде социаллық (жәмийетлик) қатлам, жәмийет ҳәм ондағы әўладтың өз дунья қарасына тән екенлиги ҳәм бул тусиниктиң тарийхый мазмунға ийе екенлигин көрсетеди. Дуньяга коз-карас - бул адамнын озин коршап турган дуньяга хам бул дуньядагы адамнын орнына байланыслы коз-карасларынын жыйындысы. Онын тийкаргы типлерине кунделикли дуньяга коз карас (дунья хаккында стихиялы, системаласпаган, традицион елеслер формасы), диний (табияттан жокары дуньялык басламанын барлыгын мойынлау, онын иррационаллык, эмоционал-образлык формада саулелениуи менен байланыслы), философиялык (тусиниклик-категориялык формада берилип, табият хам жамийет хаккындагы илимнин жетискенликлерине арка суйейди хаи белгили дарежеде логикалык жеткиликли тийкарга ийе болады) хам илимий дуньяга коз карас (илимлердин жетискенликлерине тийкарланган бизди коршаган дуньяга теориялык пикирлер) киреди

  1. San ózgerislerinen sapa ózgerislerine óz-ara ótiw nızamı –

Сапа ҳәм сан. Сапа предметтиң (қубылыслардың) ҳәм оның менен бир типлес предметлер класына тийисли қәсийетлердиң жыйындысы сыпатында болады. Сапалық белгиликти жоғалтыўдан предмет өзи менен предметлердиң басқа класларына тийисли белгилерге ийе болады. Сан - қубылыслар, предметлердиң, процесслердиң оларға тән қәсийетлериниң раўажланыў ҳәм интенсивлиги бойынша муғдарға ҳәм санларда көринис табатуғын характеристикасы Сапа ҳәм сан қарама-қарсы ҳәм соның менен бирге бир-бири менен ажыралмас дәрежеде байланысқан предметлердиң характеристикалары. Олардың бул байланысы философияда өлшем түсиниги арқалы бериледи Өлшем - сапа менен санның диалектикалық бирлиги ямаса санлық өзгерислердиң сондай интервалы, оның шегарасында предметтиң сапалық белгилилиги сақланады. Өлшем - сапа менен санның диалектикалық бирлиги ямаса санлық өзгерислердиң сондай интервалы, оның шегарасында предметтиң сапалық белгилилиги сақланады. Нызамның мәниси мынада: затларда мудамы болатуғын ақырын санлық өзгерислери шегарасына жетиў менен сапалы өзгерислерге алып келди. Буған байланыслы Гегель былай дейди: гүнасыз көринген санлық өзгерис ҳийлекерликке ийе, онда сапалы өзгерис тутылды. Секириў - санлық өзгерислердиң сапалық өзгериске өтиўин ямаса бир сапалық ҳалаттың екиншисине өтиўин (өлшемниң, шектиң артыўы нәтийжесинде) аңлатады

  1. Moraldaǵı milliylik hám ulıwmaadamzatlıq probleması –

Мораль - адамлар қатнасығының ҳәм жәмийетлик сананың ең әййемги формаларының бири есапланып, ол адамның ҳайўанатлар дүньясынан бөлинип шығыўы ҳәм өзин белгили бир жәмәәттиң ағзасы сыпатында сезе баслаўы менен қәлиплести. Моральдың келип шығыўында мийнет шешиўши рольди атқарды. Әййемги адам тек жәмәәт арасында ғана мийнет етти ҳәм жасай алды, яғный экономикалық зәрүрлик адамлардың жәмәәт болып жасаўының қағыйдаларын белгиледи. Бул қағыйдаларға руўдың, қәўимниң ҳәр бир ағзасы бойсыныўы тийис болды. Кейин ала жәмийеттеги социаллық экономикалық өзгерислерге байланыслы моральдың интенсив раўажланыўы жүзеге келди. Класслық жәмийеттиң қәлиплесиўи менен әдеп-икрамлылық нормаларында да өзгерислер жүзеге келди. Әлбетте жәмийеттиң классларға бөлиниўи менен моральдың класслық характерге ийе болатуғынлығын бийкарлаўға болмайды. Усыған байланыслы моральдың тарийхый типлерин де көрсетиў мумкин` мәселен, қулдың моралы ҳәм қул ийелеўшиниң моралы, феодалдың моралы ҳәм дийхан-лардың моралы, буржуазияның моралы ҳәм пролетарлардың моралы ҳ.т.б.
Моральды анализлеўде ҳәм оның конкрет формаларын баҳалаўда оның мазмунындағы класслық аспектлерди абсолютлестириўди ҳәм итибардан шетте қалдырыўымызға да болмайды. Себеби мораль өзиниң мәниси бойынша улыўма адамзатлық, цивилизациялық мазмунға ийе

  1. Estetikanıń tiykarǵı kategoriyaları –

Тийкарғы эстетикалық категориялар-гөззаллық, көтериңкилик, трагиклик, комиклик. Оларда адамның ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнасларының тийкарғы типлери жәмленген ҳәм дүньяның адамзат искерлигиниң тийкарғы эстетикалық минезлемелери улыўмаластырылған. Олардың ҳәр бирине, ең алды менен, ҳақыйқатлықтың анаў я мынаў қубылысларының, ситуацияларының, тәреплериниң қарама-қарсылықларын анықлаў сәйкес келеди. Бул категориялардың объектив тийкары. Соның менен бирге бул категорияларда эстетикалық қатнастың, эстетикалық бастан кешириўлердиң, эстетикалық баҳалаўдың ҳәр қыйлылығы, рәң-бәрәңлиги сәўлеленеди. Бул категориялардың субъектив-сәўлендириўшилик тәбиятын аңлатады.Гөззаллық, эстетиканың орайлық категориясы бул ушын дәлиллер жетерли. Ең баслысы: эстетиканың қәлеген проблемасы белгили дәрежеде гөззаллық пенен байланыслы. Мәселен, көтериңкилик мақсетке муўапықлық ҳәм зәрүрликти өзине жәмлеўи бойынша гөззаллыққа уқсас. Сондай-ақ, көтериңкиликтиң генезисиндеги санлық, гөззаллықтың тийкарындағы сапалық өзгешеликлер бирин-бири толықтырып турады. Соның ушын ҳәм И.Кант бул еки категория арасындағы айырмашылықлар менен қоса бирин-бири толықтырып турған параметрлерге, олардағы улыўмалыққа үлкен әҳмийет берген. Гераклит гөззаллықтың дүзилисин қарама-қарсылықлардың гүресиниң бирлигинде қарады. Бул бойынша оқжайдың образы жүдә әҳмийетли. Гейбир мағлыўматиларға қарағанда оқжай музыкалық сестиң тийкары, барлық тарлы әспаблар өзиниң келип шығыўында оған барып тиреледи екен. Гәп сонда, оқжайдың образында гармонияның модели көзге тасланады. Платон сулыўлықты, гөззалықты айрықшы эстетикалық идея, оны танып билиў ушын адам делбеликтиң, йоштың айрықшы ҳалатында болыўы керек деп түсиндиреди. Аристотельде- гөззаллық бул обьектив идея емес, ал затлардың обьектив қәсийети. Бул бир. Екиншиден, ойшыл гөззаллықтың дүзилисин ҳәм минезлей отырып оны қурайтуғын тәреп ҳәм қәсийетлерге- муғдар, көлем, пропорция, тәртип, избе-излик ҳ.т.б. дықққат бөледи. Буларды танып билиўде математиканың имканиятлары ҳәм есапқа алынады.Котеринкилик термини биринши рет антикалык эстетикада пайда болды.омирде бул термин сойлеудин айрыкша стили сыпатында колланылады. Адам сырткы орталыкка эмоционал катнас жасаганда, коркем шыгарманы кабыллаганда кеуилди толкынландыратугын котеринки сезимлер пайда етеди. Оларды котеринкилик категориясына жаткарады. Канттын пикиринше шектен тыскары кубылыслараркалы шакырылган коркынышты болдырмау хам бул аркалы алынатугынлаззет котеринкиликтин маниси.Кулкилилик категориясыанализлеуге бираз кыйынлык келтиретугын категория. Себеби, кубылыстын коп турлилиги, кулкилиликтин жамийетлик функциясынын да коп турлилиги. Кулкилиликтин тийкарында омирдин озиндеги карама-карсылык бар. Шыныда да адмзат кулгенде озинин откени менен женилирек хошласады. Кулкилиликтин социаллык манисинин жокаргы мазмуны хакыйкый омир менен гонерген омир арасындагы гурес.

  1. Pikir ham onıń túrleri –

Пикирлердиң ойлаўдың формасы сыпатындағы тийкарғы функциясы ретинде предметлер ҳәм олардың белгилери арасындағы байланысты мақуллаў ямаса бийкарлаў формасында сәўлелендириўи алып қаралады (әпиўайы мақуллаў ямаса бийкарлаў түринде берилген пикирлерди ассерториялық пикирлер деп те атайды). Пикирлер жоқарыда көрсетилген тийкарғы функциясынан басқа қосымша функцияға да ийе. Бул қосымша функция пикирлердеги предикат ҳәм субъект арасындағы байланыс характери менен белгиленеди. Байланыс характери ҳаққындағы қосымша информация (мағлыўмат) логикалық байланыстың объективлик статусына тийисли, яғный ол, биришиден, байланыстың зәрүрлигин ямаса тосынанлығын, екиншиден, мүмкин ямаса мүмкин емес байланыс екенлигин анықлайды. Екиншиден, бизиң билимимиздиң дәрежеси менен белгиленеди. Солай етип, мақуллаў ҳәм бийкарлаўдың қатаң ямаса қатаң емеслиги пикирлердиң модаллылығын аңлатады. Пикирлердиң модаллылығы деп пикирлердеги субъект ҳәм предикат арасындағы ғәрезлиликтиң типи ҳаққындағы қосымша мағлыўматты анық ямаса анық емес түрде пикирлерде сәўлелендириўге айтамыз. Модаллылықтың улыўма формасын "М" -модаллық операторы жәрдеминде белгилеймиз. Бул көрсетилген белгиге тийкарланған ҳалда пикирлердиң модаллылығын төмендегише символикада көрсетиўге болады. Мр ямаса М (S P болады ямаса болмайды). Пикирлердиң модаллылығының тийкарғы түрлерине алетикалық, эпистемиялық, деонтикалық модаллық жатады



Download 475,38 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish