3.2. Информация түрлери ҳәм оларды классификациялаў.
Маркетинг изертлеўи ушын зәрүр болған мағлыўматлар ҳәм информациялар көлеми жүдә кең болып, оларды белгили тәртипке салыў ҳәм зәрүр ўақытта олардан пайдаланыў талап етилди. Маркетинг ҳаққындагы топлаў дереклерин шәртли рәўиште берлемши ҳәм екилемши түрлерге бөлиў мүмкин. Бирлемши мағлыўматларға белгили мақсет ушын ең дәслеп жаңадан дүзилген мағлыўматлар, информациялар киреди.
Екилемши мағлыўматларға болса дәслепки, басқа мақсетлер ушын жыйналған, қайта исленген, ҳәр қыйлы дереклерде бар болған информациялар киреди. Екилемши мағлыўматларды топлаў дереклери шөлкемлерге тийисли болыў яки болмаслығына қарап, өз нәўбетинде ишки ҳәм сыртқы түрлерге бөлинеди.
Ишки екилемши мағлыўмат дереклерине шөлкемлерде жүритилип атырған өткен бухгалтерия - финанс ҳәм статистикалық есабатларда сәўлеленетуғын көрсеткишлер киреди. Басқаша қылып айтқанда, шөлкем өз имканиятындағы есабатлар ҳәм мағлыўматларға таянып, ғәрезсиз ҳалда ишки мағлыўматлар системасын ислеп шығады.
Сыртқы екилемши мағлыўматлар шөлкем ис жүргизип атырған яки жүритилиўи күтилип атырған базар, өним ҳаққындағы бар болған мағлыўматларды өз ишине алады.
Олардың қурамы, әмелиятта қолланылыўы түрли мәмлекетлердиң тәжрийбесинде түрлише әҳмийетке ийе. Мәселен: АҚШда сыртқы екилемши мағлыўматларды улыўма тәрептен төмендеги 4 топарға ажыратыў мүмкин.
1. Ғалаба ҳәм экономикалық шөлкемлердиң есабатлары ҳәм хабарнамалары. Усы дереклер өз әҳмийетине көре еки киши топарға бөлинеди.
А) Мәмлекет мекемелериниң рәсмий есабатлары.
Б) Шөлкемлер хәм қоспа Бирлеспелер есабатлары ҳәм мағлыўматлары.
2. Маркетинг изертлеўшилери бойынша кәнигелестирилген институтлар ҳәм маркетинг хызметин көрсетиўши шөлкемлердиң информациялары, есабатлары.
3. Шөлкемлердиң ғалабалық түрде басып шығарылған мағлыўматлар жыллық баланс есабатлары, баҳа бетлери, реклама журналлары, қарыйдарлар ушын көрсетпелер ҳәм усы сыяқлылар киреди.
Информация алыў дереклери ҳакқында пикир жүргизилгенде тек ғана тийисли мәмлекетте басып шығарылатуғын информациялар емес, бәлки шет-ел газеталары, халық-аралық экономикалық финанслық шөлкемлердиң информацияларын есапқа алыў керек. Мәселен, АҚШ да баспадан шығарылатуғын Форчун, Форбс сыяқлы журналларда Европа мәмлекетлери базары ҳакқында информациялар, ондағы өзгерислер раўажланыўлар ҳаққында да мағлыўматлар келтириледи. Германияның дүньяға белгили болған «Ханделсблат», «Виртшифсвохе» экономикалық рузнамалары Америка компаниялары хызмети ҳаққында ҳәм де оларды қызықтырып атырған базарлар ҳаққында мағлыўматларды баспадан шығарады. Бул болса өз гезегинде, барлық қызығыўшы компаниялар ушын информация дереги болып есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |