3.2. Макромаркетинг ҳәм микромаркетинг.
Маркетингтиң қурамлық дүзилиси ҳаққында пикир жүритилгенде оның қурамында макромаркетинг, микромаркетинг түрлери барлығын айрықша айтыў зәрүр.
Бул түсиниклерди пәнге биринши мәрте Ф.Котлер 1972-жылда киритти ҳәм оларды хожалық хызмети менен шуғылланатуғын шөлкемлер менен бир қатарда пайда алыў менен байланыслы болмаған мәденият,социаллық, сиясий ҳәм усыған уқсас шөлкемлерге де қолланылады.
Микромаркетинг кәрхананың ислеп шығарыўын раўажландырыў, товарлар ҳәм хызметлердиң таярлаўшыдан тутыныўшы яки пайдаланыўшыға барыў ағымын басқарыў менен байланыслы болған хызмет Оның тийкарғы ўазыйпасы талапты қанаатландырыў ҳәм сол ўақытта кәрхана алдына қойған мақсетлерге ерисиў болып есапланады. Басқаша айтқанда бул социаллық экономикалық процесс болып, товар яки хызметлерге болажақ талап қурамын үйрениў, сондай-ақ бул талапты, усынысты раўажландырыў тутыныўшыға информация бериў жоллары менен қанаатландырыў мақсетин көзде тутады.
Солай етип, микромаркетинг кәрхана дәрежесиндеги базар хызметинен ибарат.
Макромаркетинг хызмети кәрхана дәрежесинен шетке шығады ҳәм түрли бирлеспелер, концепциялар, шөлкемлер ҳәм улыўма тармақ дәрежесинде әмелге асырылады.
Макромаркеинг уазыйпасы пүткил мамлекет бойынша материаллық байлықлар ҳәм хызметлер ағымын басқарыўды тәртипке салыўдан ибарат.
Маркетингти қоллаў тараўлары ҳәм объектлерине муўапық төмендеги жағдайларға қарай топарлаў мүмкин:
1. ишки маркетинг.
2. товарлар бойынша маркетинг.
3. экспорт маркетинги.
4. импорт маркетинги.
5. илимий техникалық маркетинг
6. туўрыдан-туўры инвестиция ( қаржы) киритиў маркетинги.
7. халықаралық маркетинг
8. коммерциялық емес ҳәрекет тараўындағы маркетинг
9. социаллық идеялар маркетинги .
1. Ишки маркетинг қағыйдаға қарай бир тәреп дөгерегинде товар ҳәм хызметлерди сатыў мәселелери менен байланыслы.Әмелде барлық кәрханалар алдын ишки базарға келеди, жоқары нәтийжелерге ерискеннен кейин болса,яки бәсекеге шыдамлы товарларды жаратқаннан кейин шетқы базарға шығады.
2. Товарлар ҳәм хызметлер маркетинги (товарлар бойынша маркетинг) нәтийжели сатыўды ендириў, товар ҳәм хызметлер түрлери бойынша исбилерменлик хызметиниң пайдалылығын тәмийнлеўди көзде тутады.
3. Экспорт маркетинги жаңа шет ел сатыў базарларын енгизиў.Фирма товарларын сатыў ушын шет ел сатыў хызметлерин шөлкемлестириўди көзде тутады.
4. Импорт маркетинги жоқары нәтийжели қарыйдарларды тәмийинлеў ушын базар изертлеўлериниң айрықша түрлерин көзде тутады.
5. Илимий-техникалық маркетинг сатып-алыўдың илимий-техникалық хызмет нәтийжелери: патентлер ҳәм лицензияларды сатыў ҳәм сатып алыў бөлегиндеги маркетинг изертлеўлери, пән-техника раўажланыў бағдарларын үйрениў менен байланыслы.
6. Туўрыдан-туўры маркетинг киритиў маркетинги өз ишине шет ел хызметин енгизиў, жаңа кәрхана жумысының имканиятлары (бизнес-реже түрлери) оның сатыў хызметин терең ҳәм ҳәр тәреплеме анализлеўди, ҳәмде нызамын есапқа алған ҳалда шетқы базарда сатыў изертлеулерин өз ишине алады.
7. Халықаралық маркетинг, сыртқы экономика, сыртқы саўда маркетинги депте айтады товарды шет елде курылған миллий кәрханаларда сатыўды көзде тутады. Ол ислеп шығарыў, сатыў ўазыйпаларының жүдә үлкенлиги менен парқланады, тийкарынан көп санлы мәмлекетлер шегараларын өз ишине алыўшы трансмиллий компанияларға жуўап береди.
8. Коммерциялық емес хызмети тараўындағы маркетиг тийкарынан айрықша шөлкем яки айрықша шахсқа салыстырғанда жәтәәттиң жақсы пикирин жаратыў мәселелери менен байланыслы.
9. Социаллық маркетингти қоллаўдың ең әҳмийетли тараўы раўажланатуғын мәмлекетлерде шаңарақты режелестириў, қариялар ҳәм кеселлерге итибарды қаратыў айырым социаллық мүтәжликлерге жәрдем қылыўға таярлықты раўажландырыўдан ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: |