1-тема. Маркетинг ҳәм оның раўажланыўының тийкарғы басқышлары



Download 190,87 Kb.
bet1/35
Sana11.11.2022
Hajmi190,87 Kb.
#863963
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
2 5442749189337385979


1-тема. Маркетинг ҳәм оның раўажланыўының тийкарғы басқышлары.



    1. Маркетинг түсиниги ҳәм оның әҳмийети.

Исбилерменлик хызметинде карар қабыл етиў ҳәм оны ислеп шығарыўда исбилерменликтиң нәтийжели куралы ҳәм тийкары болып, маркетинг есапланады ҳәмде исбилерменлик хызметин басқарыў системасында, оны шөлкемлестируде режелестириў ҳәм қадагалаўда айрықша әҳмийетке ийе.


Маркетинг мазмуны ҳәм терминологиясы жаңаланып барады, бирақ олар дәслеп алмасыў процессин, товар-пул қатнасықларының пайда болыўы , сатыўдың рауажланыўы ҳәмде тутыныўшыларды товар ҳәм хызметлер менен, өзара ҳәрекети менен байланысады.
Маркетинг элементлериниң пайда болыўы 17 әсирдиң орталарына барып тақалады .Бул дәуирге шекем товарлардың натурал алмасыў түрлери пайда болады, кейинрек маркетинг хызметиниң биринши элементлери, яғный реклама, баҳа, сатыў формаларының раўажланыўына алып келеди.
1902 жылдан баслап АҚШ-тың Мичиган, Калифорния ҳәм Иллинойс университетлеринде маркетинг пәни киритилип,бул машқалалар бойынша лекциялар оқытыла баслады. Кейн ала маркетинг ассоциациялары дүзиледи .
1948 жылдан баслап маркетинг товарлар ҳәм хызметлер ағымын ислеп шығарыўшыдан ақырғы пайдаланыўшыға бағдарланған хожалық хызметин ҳәр қандай түрлерин әмелге асырыў сыпатында көрине баслады .
Маркетинг түсиниги базар тараўын ҳәр қандай хызмети менен байланыслы, сол себепли маркетинг сөзиниң аудармасы ҳәм келип шығыуы келтириледи .(инглизше market – базар, ing – хызмет мәнисин аңлатады ) .
АҚШ ҳәм басқа шет ел мәмлекетлер экономикалық әдебиятларында маркетинг тәриплеўиниң көп түрлери бар. Ең кең тарқалған маркетинг тәрийплениўи, ол Америка маркетинг ассоциациясы тәрепинен берилген болып, оның мазмуны төмендегише, яғный «Маркетинг сондай процесстен ибарат, оның жәрдеминде ойланған идея режелестириледи ҳәм әмелге асырылады, баҳалар дүзиледи, идеялар , товарлар ҳәм хызмет көрсетиўлер ҳәрекети ҳәм сатыўын, айырым шахслар ҳәм шөлкемлердиң мақсетлери алмасыў жәрдеминде қанаатландырылады».
Маркетингке алымлар ҳәр қандай тәрийплер берген .И.К Беляевский былай деген: Маркетинг-бул базардыүйрениў ҳәм тәртипке салыў, басқарыў системасы».
Усы тәрийплеўлерден соны айтыў мүкин, маркетинг–бул базарды үйрениў, ол арқалы тутыныўшыларға тәсир етиўден ибарат.
Талап ҳәм усыныстың өз ара тәсири-бул айрықша шахслар яки топардың мүтәжликлерин үзликсиз қанаатландырыў процесси болып есапланады. Бул процесс өз нәўбетинде усындай социал-экономикалық категориялардың өз-ара тәсирине тийкарланады, яғный оларға мүтәжлик, зәрүрлик, талаб, сатып алыў ҳәм анық товар ҳәм хызметлердиң тутыныўы (пайдаланыўы) киреди.
Бул түсиниклер маркетинг түсинигине, мазмунын анықлаўға имкан береди.
Мүтәжлик-инсанда қандайда бир заттың жетиспеўин сезиў болып табылады.
Зәрүрлик-индивидуал шахстың мәдений дәрежесине тийкарланып арнаўлы түрине мүтәжлик болып табылады.
Талап-бул сатып алыў қуўатлығына ийе болған зәрүрлик.
Товар–бул зәрүрликти ямаса мүтәжликти қанаатландыратуғын ҳәмде базарға итибарды тартыў, сатып алыў, ислетиў ямаса тутыныў мақсетинде усынған нәрселер болып табылады.
Ҳәзирги дәўирде жәҳән әдебиятында маркетингке берилген еки мыңнан артық тәрийплеў бар. Қәнийгелер ортасында маркетингтиң қайта ислеп шығарыў процессине қатнасы мәселесинде бирден-бир пикир жоқ. Ҳәзир көплеген шет еллик маркетологлар заманагой маркетинг түсиниги, исбилерменликке киретуғын ҳызметти өз ишине алыўы керек деп есаплайды.Басқалары болса бундай анықламаларды бийкар етип, алмасыўдың барлық түрлери де маркетинг түсинигине ийе емеслиги ҳәм маркетинг принцплерин барлық жағдайларға усынып болмаслығын айтады.
Улыўма алғанда маркетингке төмендегише анықлама бериўмиз мүмкин: Маркетинг-зәрүрлик ҳәм мүтәжликти алмасыў арқалы қанаатландырыўға қаратылған инсан ҳызметиниң түри. Маркетинг пайда болыўының тийкарғы себеплеринен бири, бул ислеп шығарыў көлеминиң артып барыўы,жаңа тармақлардың пайда болыўы,товар түрлериниң көбейиўи ҳәм исбилерменлер ортасында өнимди сатыў машқаласының пайда болыўы.
Маркетинг тийкарында базарды ҳәр тәреплеме үйрениў бағдарларының тийкарғыларынан төмендегилерди көрсетиў зәрүр:
- талапты үйрениў;
-базар қурамын анықлаў;
-товарды үйрениў;
-бәсеке шараятларын изертлеў;
-сатыў түри ҳәм услубларын анализлеў;
Маркетинг кәрханаларыдың базарда ислеў усылы, базар методологиясы болып, тутыныўшылар ҳәм олардың талап усынысларын үйрениў, оларға тән товарлар жаратыў, баҳа белгилеў, товарларды жеткизип бериў, сатыў, хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў усыллары, қураллары, тәртип қағыйдалары жыйнағы есапланады. Булардың барлығы биринши тийкарғы мақсетке талап пенен усынысты өзара муўапықларға хызмет етеди.



Download 190,87 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish