Қадағалаў ҳәм толықлаў ушын сораўлар.
1. Маркетинг дегенде нени түсинесиз?
2. Маркетингтиң тийкарғы раўажланыў басқышлары қандай?
3. Мүтәжлилик не?
4. Зәрүрлик дегенде нени түсинесиз?
5. Базар элементлерине нелер киреди?
6. Маркетинг теориясының концепциясы ҳәм оның эволюциясы қандай?
2-тема. Маркетинг хызметин информация менен тәмийинлеў.
2.1. Маркетингте информацияның орны ҳәм информация система.
Заманагөй исбилерменлик дәўири өзиниң бир қанша қәсийетлерине қарай дәслепки дәўирлерден ажыралып турады. Бул биринши нәўбетте маркетинг хызметиниң теория ҳәм әмелият жағынан тийкарғы гүрес қуралы, раўажланыў усылы ҳәм дәстүри сыпатында кем-кемнен анық болып баратырғанлығынан көриў мүмкин.
Маркетинг хызметине тән болған барлық информациялар, мағлыўматлар изертлеўлер ушын керекли қурал сыпатында сәўлеленеди. Оларды шөлкемлестириў, тәртипке салыў хәм үзликсизлигин тәмийнлеў зәрүр болады. Маркетинг информацион системасы инсанлар, техника қураллары ҳәм әмелге асырыў усылларынан қуралып, керекли ҳәм дурыс информацияны топлаў, тәртипке салыў, анализ қылыў, тарқатыў нәтийжесинде маркетинг тараўында қарар қабыл қылыўшыға пайдалы жәрдем көрсетиў ўазыйпасын орынлайды.
Информацияны топлаў ҳәм оннан пайдаланыўна қарап информация системаларын төрт системаға ажыратыў мүмкин.
Буларға шөлкем ишки есабат система, маркетинг сыртқы хабарнама информация система, қарар қабыл қылыўды қоллаўшы бөлим, маркетинг изертлеў бөлими киреди. Шөлкем ишки есабаты системасы белгили фирма хызметиниң атындағы қарежетлери, сатыў колеми складтағы өним қалдығы, бар ҳәм келиўи күтилип атырған қарыйдарлар, тәмийинлеўшилер көлеми ҳәм басқа маркетинг хызметине байланыслы болған информацияның өз ўақтында топланыўын, қайта ислениўин ҳәм оннан пайдаланыўын нәзерде тутады.
Маркетинг сыртқы хабарнама информация система маркетинг ҳәм саўда хызметине тийисли болған бәрше алынатуғын хабарлар, усылый көрсетпелери нәтийжесинде пайда болады.
Күнделик хабарлар (журналлар), тәмийнлеўши ҳәм тутыныўшылар менен болған байланыс нәтийжелери, реклама дағазалары ҳәм басқалар тиккелей хабарнаманы алыў дереги болыўы мүмкин.
Демек, маркетинг сыртқы хабарнама информация система шөлкемниң маркетинг орталығындағы өзгерислер ҳәм жағдайлар ҳаққында топланған информация дереги болып, маркетинг басқарыўшылары ушын қайсы усылда усы ортадықта тәсир етиў имканын береди.
Маркетинг изертлеў система тәртипке салынған ҳәм топланған көрсеткишлерди әмелиятта қолланыў ҳәм белгили маркетинг жағдайы ҳакқында шөлкем ушын керекли информациялар, көрсетпелер жыйындысы қурайды. Бул система маркетинг хабарнама информация системаларынан белгили шөлкем ушын арнаўлы исленген зәрүрий көрсеткишлер хәм нәтийжелери менен айрылады
Маркетинг изертлеўлери бес тараў бойынша әмелге асырылады.
1. Рекламаны шөлкемлестириў изертлеўлери.
2. Стратегия режелестириў ҳәм шөлкем сиясаты
3. Шөлкем жуўапкершилиги бойынша излениўлер.
4. Базар анализи.
5. Сатыў имканиятлары ҳәм маркетинг излениўлери. Маркетинг ҳакқында топланған барлық информация ҳәм хабарлар басқарыўда қарар қабыл қылыўды қуўатлаўшы система сыпатында, анализлеў усыллар, көрсетпелер, қарар қабыл қылыў моделлери, компьютер дәстүрлеринен қуралады.
Do'stlaringiz bilan baham: |