3.3. Информациянқ топлаў усыллары ҳәм қайта ислеў.
Базар, жүзеге келип атырған өзгерислерди өз ўақтқыда сезип билиў, белгили ўақыт даўамында қарыйдарлар минез - хулқын, клиентлер ҳәрекетин, бәсекелеслер тактикасын үйрениў, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң маркетинг хызметин нәтийжели шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул ҳаққында информацияны толық алыў, қайта ислеў ҳәм оннан қарар қабыл қылыў басқышында өнимли пайдаланыў имканиятлары шекленген болады.
Себеби, базарда жүз берип атырған өзгерислердиң тезлиги, өз-ара байланыслығы ҳәм тәсиршеңлиги жоқары,болып есапланады.
Сонлықтан үйренилип атырған процесс яки объект ҳаққында аудитлик пенен информация алыў, оның имканы барынша толықлығын, исенимлилигин тәмийнлеў талап етеди, бундай жағдайда информация алыў усылы болып бақлаў усылы есапланады.
Бақлаў усылы экономикалық, социаллық тараўлар статистикасында көп қолланылатуғын информация жыйнаў усылы есапланады.
Бақлаў тийкарында үйренилип атырған объект яки процесске тийисли болған информацияны жалпы яки таңлама формада алыў мүмкин.
Жалпы бақлаў топламламының барлық бирликлерин изертлеў тийкарында әмелге асырылады. Бундай бақлаў әдетте көп ўақыт, қаржы талап етеди ҳәм оның нәтийжелери тармақлар ара мүтәжликлерди қанаатландырыў ушын хызмет қылады. Таңлама бақлаў болса, маркетинг изертлеўлеринде көбирек қолланылатугын усыл есапланады. Ол жалпы бақлаўдан бир неше қәсийетлерине көре парықланады хәм жетерли дәрежеде абзаллықларға ийе.
Олар төмендегилерден ибарат:
Бириншиден, таңлама бақлаўды шешилетугын мағлыўматлар тез арада әмелге асырылады.
Бул болса базар ҳаққында тезирек информация жыйнаў ҳәм қарар қабыл қылыў ҳәрекети ушын жүдә аҳмийетли.
Екиншиден таңлама бақлаў жолы менен алынатуғын информация кеңестиң көп тәреплерин ҳәм кәсийетлерин үйрениў имканын береди. Нәтийжеде А ҳаққындағы информацияны толығырақ тәризде қайта ислеў, оннан үнемли пайдаланыў мүмкин болады.
Үшиншиден, таңлама бақлаўда дизимге алыныўшылар муғдары кем болғанлығы себепли, изертлеў объектти (яки қатнастагы аудиторияны) таярлаў, ол менен беккем байланыс ҳәм қайта байланыс орнатыў имканы бир қанша жоқары болады. Бул кәсийет болса бақлаўда қәтелесиўлер кемейтириўге себеп болады.
Төртиншиден, А аймағында бақлаў өткизиў көплеп шешимлерди тартыў хәм қарежетлердиң артып барыўына алып келсе. тәнлама бақлаўда изертлеўге қарағанда арзан шөлкемлестире қурайды.
Бирақ таңлама бақлаўды әмелге асырыў ең дәслеп белгиленген қағыйдаларға ҳәм избе-изликке әмел қылыўды талап етеди. Бул биринши нәўбетте бақлаў ушын анықланатуғын таңлаўдың өлшемлик ҳәм качества жағынан ўәкилилиги менен байланыслы.
Маркетинг изертлеўлеринде эксперимент усылы да көп қолланылады.
Ол изертлеўде бир неше салыстырмалы жағдайларды жаратыўға ҳәм өзгериўши көрсеткишлер тәсирин анықлаўға тийкарланады.
Шөлкемде эксперименттен пайдаланыў үйренилип атырған объект яки процесс ҳакқында толығырақ мағлыўмат алыў имканын береди, оны шөлкемлестириў бир қанша қыйын. Себеби ҳақыйқый жағдайды жаратыў, барлық факторлар тәсирин анықлаў, бир қанша қәнигелерди тартыў ҳәм изертлеў қәрежетлериниң артыўына себеп болады. Сонлықтан эксперимент өткериў шегарасы, бағдарлары, усыллары ҳәм избе-излиги ең дәслеп қурамалы ислеп шыгарылыўы керек.
Маркетинг изертлеўлеринде сораў усылы изертлеўлерде көбирек қолланылады.
Сораў усылы изертлеўдиң бағдарына қарай анкета яки механик қураллар арқалы әмелге асырылады. Сораў усылларының нәтийжели тәрепи сонан ибарат, ол изертлеўде бир неше мәртебе қолланылыўы, тийисли объект ҳаққында информацияларды улыўмаластырып барыў имканын береди.
Аудитория менен байланыс орнатыў усыллары ишинде телефон арқалы интервью, жеке, топарлар арқалы анкета жибериў көп қолланылады. Телофон арқалы интервью соралыўшы (респондент) менен телефондағы қысқа сөйлесиўди өз ишине алады. Әдетте ол телефон байланысы жақсы шөлкемлестирилген ҳалларда ғана қолланылады. Бирақ соралыўшы менен хәр тәреплеме сәўбетлесиў, оның пикирин толық билиў шегарасы бир қанша шекленген болады.
Жеке интервью сораў усылында кең қолланылып, интервью алып барыўшы тәрепинен сораўларға толық жуўап алыў ҳәм оны жәнеде анықластырыў имканын береди. Ол жоқары дәрежели қәнигелер қатнасыўында, белгиленген сораўлар көлеминде әмелге асырылады. Оның нәтийжелери магнитофон яки видео-магнитофонларға жазылыўы, кейинен улыўмаласыўы керек. Жеке интервью бир неше минут яки бир неше саат даўам етеди ҳәм сол себептен респондентлерге сөйлесиўлерден соң саўға тапсырыў мақсетке муўапық есапланады.
Топар қатнасыўындағы интервью болса, бир неше (әдетте 412 адамнан ибарат топар)адамлар қатнасыўындағы, олар пикирин аныклаў, улыўмаластырыў мақсетинде шөлкемлестириледи. Топар қатнасыўындағы интервью алып барыўшы сөйлесиўге уста, жоқары қәбилет ийеси болыўы нәзерде тутылады. Маркетинг изертлеўлер ишиде сораў усылы коп тәрептен анкета (сораў бети) арқалы коп шөлкемлестириледи.
Анкета өз ишине белгили системаға саналған, логикалық байланысқан сораўлар колемин алып, тийкарынан 2 формада информациялар топлаўға хызмет қылады. Биринши форма информация алыў дәўиринде респондент жуўапларын арнаўлы специалист аўызша сорап белгилеп улыўмаластырып барыўға тийкарланады.
Екинши жазба формасында болса усынылған анкета сораўларына туўрыдан-туўры керросподенттиң өзи.
Анкета сораўларын имканы барынша қысқа, әпиўайы, улыўма белгили болған сөзлер менен дүзиўге ҳәрекет қылыўы керек.
Маркетинг изертлеўлери ўақтында алынған мағлыўматлар қайта ислениўи улыўмаластырыўы керек. Бунда үш тараў ажыратылады.
- тәртипке салыў;
- масштабластырыў;
- улыўмаластырыў ҳәм анализ қылыў.
Мағлыўматларды тәртипке салыў мағлыўматларды категория бойынша, оларды анализлеў ҳәм нәтийжелерди кодластырыў, сондай ақ оларды топарлаўдан ибарат. Категория бойынша мағлыўматларды тәртипке салыў алдынан берилген шәртли класс яки зоналар бойынша әмелге асырылады.
Редакторлар дегенде ислеў имканияты көриниске ийе болған мағлыўматларды көрип шығыў түсиниледи. Шкалаластырыў оның өлшемлери арқалы анықлаў тийкарында мағлыўматларды классификациялаўды билдиреди.
Тәжрийбеде номинал шкалы, тәртипли шкала ҳәм сан шкалалары қолланылады.
Информацияларды қайта ислеў ушын жазба ҳәм қайта усыллар ислетиледи. Маркетингди анализ усылллар кобирек; тренд системасы регрессия ҳәм корреляция усылы, дискритимент анализ, кластер анализи, факторлар анализи ҳәм басқалар қолланылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |