11.4. Маркетинг коммуникациясы комплекси ҳәм онда рекламаның орны.
Маркетингтиң коммуникаторы төмендеги мәселелерди ҳал етиўи лазым:
Мақсетли аудиторы анықлаў бул коммуникатордың ең тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Сиз ким ушын товар ислеп шығарған болсаңыз, сол халықтың белгили бир қатламы, айеллер, жаслар, бизнесменлер ҳәм басқалар.
Реклама қылыўдан тийкарғы мақсетти анықлаў. Сиз түрли мақсетлерде товарды реклама қылыўыңыз мүмкин. Бул мақсетлерди төмендеги түрлерге бөлиў мүмкин:
А) товар ҳаққында мағлыўматларға ийе болады.
Б) қарыйдарлардың билим ҳаққында билимлерин асырыў- бунда қарыйдар товар ҳаққында мағлыўматларға ийе болыўы мүмкин, бирақ бул мағлыўмат жетерли болмаслығы мүмкин. Сонда товар ҳаққында толықмағлыўмат бериледи.
В) қарыйдарды товарға болған қатнасықларын унамлы тәрепке өзгертиў – бунда тийкарынан қарыйдардың товар ҳаққында пикири ҳәм товарға болған қатнасы жақсы болған жағдайда пайдаланылады. Яғный коммуникатор қарыйдарлар товарды жақтырмаслықлары себебли анықлап, реклама арқалы усы кемшиликлерди жоқ етилгенлигин көрсетип бериўи керек.
Г) қарыйдарды исендириў. Буның ушын исендириўши рекламадан пайдаланылады.
Бунда сизиң товарыңызды бәсекелесиў товарларынан үстенликлери ҳәм оның пайдалығы көрсетиледи. Исендириўдиң тийкарғы қураллынан бири бул омма менен байланыс есапланады.
Д) сатыў көлемин асырыў мақсетинде қылынатуғын реклама. Бунда товар ҳаққында ҳәмме жетерли мағлыўматқа ийе, бирақ қарыйдарға товады ислетип турады.
Мағлыўматты таңлаў. Сиз қандай мақсетте реклама қылыўыңызды анықлап алғаннан кейин сондай реклама текстин таяарлаўыңыз керек, ол мақсетли аудиторияға өтәсирин өткизсин.
Мағлыўматластырыў қуралларын таңлаў. Коммуникатор мағлыўматы таяарлағаннан кейин оны қайсы канал арқалы жеткизиўин анықлаў керек. Мағлыўматларды жеткизиўдиң еки тийкарғы түри нарықланады: шахсий (индивидуал) ҳәм улыўма.
Шахсий (индивидуал) каналға қарыйдар менен бөлек сәўбетлесиў, телефон арқалы байланыс қылыў , почта арқалы жибериў ҳ,б киреди:
Улыўма каналға күнделикли мағлыўмат қураллары түрлери шара илаж, конференция ҳәм басқа киреди.
Маркетинг коммуникатциясында тийкарғы орынды реклама ийелейди. Бул базар жәмийетиниң көп қураллары көриниси болып, ғәресиз бағдарға ажратылады. Маркетинг ҳәм реклама бирлиги процесстиң еки тәрепине пайда етеди. Усы менен бир ўақытта реклама маркетинг системасында өзине сәйкес орынды ийелейди.
Қәнигелердиң пикиринше, реклама коммуникатция формасы деп қаралады, ол товар спаты ҳәм хызмет көрсетиўди, сондай-ақ идияны тутыныўшының талап ҳәм зәрүрлигине муўапық шөлкемлестириўине умтылады.
Рекламаның мазмуны ислеп шығарыўшы мәнинен келип шығып қарыйдарда товарды сатып алыў ҳаққында кориниси зәрүр. Рекламаға товар ислеп шығарыўшы өз товары менен базарға кирип атырғанлығы ҳаққында мағлыўмат деп қараў лазым.
Бунда сөз товар тутыныўшының зәрүрлигин белгили дәрежеде қандырылып атырғаны ҳаққында түсиниўи зәрүр.
Ислеп шығарыўшы мәни өнимин базарда сатыўға қарыйдар мәни болса өз зәрүрлигин қанаатландырыўға қаратылған болады.
Ислеп шығарыўшы ҳәм тутыныўшы ортасында коммуникатция байланыс реклама есапланады. Реклама кәрхана ҳәм базар ортасындағы барлық байланыс системасынөз ишине алады. Тутыныўшы реклама қылынып атырған товар ортасында ҳаққында жетилискен билимге, яғный көриниске ийе болыўы керек. Реклама хабары сондай болыўы зәрүр, ол тутыныўшы товарға салыстырғанда унамлы қатнас оятыў ҳәм оны сатып алыўға исеним оята алыўы керек. Реклама мазмунына келгенде оған товарларды ҳәм олардың тутыныў қәсийетлери ташвикат қылыў деп қаралыўы шәрт. Айрым көз қарас ҳәм идиялардың формаласыўы ташвикат қылыў рекламаны раўажландырыўдың жаңа имканиятларын ашады.
Маркетин хызмети тәжрийбеси соны тастыйқлайды , рекламаның тәсиршеңлиги оған товарларды ислеп шығарыўшыдан тартып тутыныўшыға болған ҳәрекет системасындағы орынына қаншели әҳмийет берилиўине байланыслы. Рекламаның нәтийжелиги болса жәмийетшилик пикириниң формаласыўы ҳәм тутыныў баҳасының өзгериўи менен өлшенеди.
Рекламаның хызмет орталығы өз ишине
Тутыныўшының рекламаға берилип атырған товар ҳәм хызметине ҳәмде базарға болған зәрүрлигин үйрениў.
Мақсетке ерисиўди стратегик режелестириў, базар шегарасын анықлаў, реклама қуралларынан пайдаланыў режелерин ислеп шығарыў ҳәм оны әҳмийетлестириў жүзесинен зәрүр илажлар ислеп шығыў.
Реклама қуралларын таңлаў бойынша қәрежетлер системасын белгилеўде тактик х қарарлар қабыл етиў,газетада дағазаның шығыўы ҳаққында илажлар ислеп шығыў.
Текс жазыўды есапқа алған жағдайда дағаза дүзиў, макет таяарлаў оны көркемлеп безеў ҳәм оларды ислеп шығарыўды өз ишине алады.
Реклама саўдадағы технология процессиниң қурамалы бөлими. Товар сатыў сатыў,усақлап сатыў, саўдадағы тийкарғы технология процесси екен, реклама ҳәм қарыйдарлар менен ушрасқан ўақтында оның талабы ҳәм зәрүрлиги анықланған ўақытта , товарды халыққа көз-көз қылыўдан басланады. Товардың қәсийетлери спаты ҳаққында оны жумсаў, тутыныў усыллары ҳаққында өз ўақтында мәлим берип турыў керек, магазинлердеги технология процесслерин шөлкемлестириў зәрүр орын тутады. Соңынан,бир товарға қосып алынатуғын товарларды усыныў ҳәм рекламаның дыққат орайында болыўы керек
Усақлап сатыў саўдадағы рекламаны қолланыў орнына уазыйпасына техникалық қуралларды қолланыў ҳәм олардан пайдаланыў усылларына қарап бир-биринен парқ етеди.
Қолланыў орнына қарап рекламалар дуканға кириўши қарыйдарларға мөлшерленген дүкен ишиндеги ҳәм пүткил халыққа қаратылған дүкан хаққындағы түрлерге бөлинеди.
Ўазыйпасына қарап реклама қураллары халықтың белгили категориялары ҳәм топарларына(мектеп оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналарына,пахтакорларға,диеталық тағамға мүтәж болған кисилерге ҳәм т.б) мөлшерленген болады.
Техникалық қуралларды қолланыў ҳәм олардан пайдаланыў усылларына көре реклама төменлеги түрлерге бөлинеди.
А) Витрина-көргизбе рекламасы (айна ҳам дүкен ишиндеги орнатылған витриналар,дүкенлердеги ҳәм басқа жәмиеет орынындағы товар көргизбелери)
Б) Тасвирий,фотографик еритилган рекламалар(дүкенлердиң белгилери,реклама жазыўлары,плакатлар,прейскурантлар,көрсеткишлер, транспарантлар,дағазалар)
В) Баспа реклама(каталоглар,проспектлар,газетаҳәм журналлардағы дағазалар)
Г) Көрсеткиш рекламасы (товарларды татып көриў,кийм-кеншектиң жаңа моделларын көрсетиў ҳәм т.б)
Д) Кино-телевизион ҳәм диапозитив рекламасы;
Е) Дауыслы реклама.
Пайда алыў дәўиринде бес басқыш ажыралып көрсетиледи: товарды ислеп шығыў (базарға шекемги ) басқыш,товарды базарға алып кириў(киргизиў) басқышы,товарды сатыў көлеминиң өсиў басқышы, жетискенлик (тойынғанлық)басқышы,товардың төменлеў басқышы яки товар элиминациясы.
Товардың бәсекеге шыдамлылығы –1)анық мүтәжлиликти қанаатландырыўға базардағы бәсекелеслер товарларының алдында устинликти тәминлеўши товардың сапа ҳәм нарх тавсифномалары бар. 2) товардың бәсекелес товарлар базарында биринши болып сатылыў қабилиети:
3) товарды тутыныў нәтижеси оны сатып алыў ҳәм эксплуатациялаўға жумсалатын қарежетлерге салыстырылыды.
4) кәрхананың миллий ҳәм дунья товар базарларына шығыў мақсетке муаппықлығы тикарғы көсеткиши.
Фирманың маркетинг орталығы – фирмададан тысқарыда хызмет көрсетиўши ҳәм де маркетинг хызметин басқарыўшының мақсетли клиентлер менен жетискенли бирге ислесиў қатнасықларын орнатыў имканиятларға тәсир көрсетиў пайда болған кушлер ҳәм ақыйқый субъектлер киреди.
Хизмет- 1) базарға кирип келиўши,нәрсе көринисине ийе болмайтын тутыныў кунлары: 2) бир тәрептиң екиншисине көрсетиўи мүмкин болған хызметлер яки неъматлар түри.
Электрон коммерция- электрон байланыс қураллары жәрдеминде товар ҳәм хызметлерди сатыў,реклама ҳәм маркетинг дизими.
Элиминация- бар болған товарларды кәрхананың ислеп шығарыў дәстүринен шығарып таслаў, товар ислеп шығарыўды тоқтатыў,товарды базардан бәсекеге шыдамлылығы ҳәм талапты жоғалтқанлығы себепли алып шығыў. Товарды элиминациялаў зәрүлигин тексериў ушын сауда көлеми,базардағы үлеси, турмыс дәуириндеги орны, фирманың улыўма айланыстағы улеси,рентабеллиги,капитал айланысы ҳәм басқа көрсеткишлер қолланылады.
Жаңа товарларды ислеп шығыў- кәрхананың өз күши мене ИИТКИ өткериў тикарында оригинал,сапаы жақсыланған ҳәм модификацияланған товарларды жаратыў дәўири.Бул дәуир әдетте идеяларды ислеп шығыў ҳәм оны тексериў,маркетинг стратегиясын ислеп шығыў,бизнес анализи,жаңа товарларды ислеп шығыў,сынаў маркетинги ҳәм коммерциядан ибарат болады.
Кадағалаў ҳәм талқылаў ушын сораўлар.
1.Талапты қалиплестириў ҳәм сатыўды хошаметлеў дегенде нени түсинесиз?
2. Сатыўшыларға тәсир етиў усыллары қандай түрлерин билесиз?
3.Каридарларға тәсир етиў усыллары қандай?
4.Маркетингте коммуникация сиясатының орны қандай?
5.Коммуникацияның тийкарғы қуралларына нелер киреди?
6.Коммуникацияда рекламаның орны қандай?
7.Рекламаның қандай түрлерин билесиз?
8.Маркетинг коммуникациясының тийкарғы басқышларынайтып бериң?
Do'stlaringiz bilan baham: |