7.4. Жаңа товар ислеп шығарыў процесси. Фирманың нәтийжели товар сиясатын алып барыўы еки үлкен машқала менен байланыслы. Бириншиден фирма бар болған товар номенклатурасы шегарасында жасаў периоды басқышларын есапқа алған ҳалда исти ақылға муўапық шөлкемлестиреди пайда етиўи лазым, екиншиден жаңа товар ислеп шығарыўды өз ўақтында әмелге асырыў керек.
Фирма барқулла товар стратегиясын жетилистирип барыўы лазым. Бул турақлы ассортимент дүзилисине, бәрқулла сатыўға ҳәм пайдаға ерисиўге имкан береди.
Товар стратегиясы келешек ушын ислеп шыгарылады ҳәм фирмада бар болған товар миксин өзине тартыўшылығын жақсылаў бойынша 3 страгегиялық бағдарды өз ишине алады:
Товар инновациясы
Товар вариациясы
Товар элиминациясы
Товар инновациясы стратегиясы жаңа товарды ислеп шығарыў ҳәм енгизиў дәстүрин анықлайды. Бирақ «Жаңа товар» түсиниги түрли ше кориниске ийе ийе ҳәм раўажландырады тийкарлаў сыпатында услетиледи.
Теория ҳәм әмелиятда инновация «жаңалық киритиў» ҳәм «жаңалық» түсиниклери менен синоним есапланады.
Базар инновациясы дегенде бар болған өним бойынша жаңа пикирди (идеяны) алыў, сондай-ақ жаңа өнимди ислеп шығыў ҳәм базарға шығарыў түсиниледи.
Товар инновациясы жаңа товарды ислеп шығыў ҳәм қоллаўды көзде тутады ҳәм әмелге асырыў формасы бойынша товар дифференциясы ҳәм товар диверсификациясына бөлинеди.
Товар диверсификациясы өзинде бәсекилес товарлардан ажыралып турыўшы бир катар тийкарланған товар модификациясын ислеп шығыў процессин көрсетеди.
Базарды модификациялаўда сатыў көлемин асырыў, тутыныўшылар исенимине ийе болыў жаңа базар сегментлерине товарды шығарыў, қарыйдарлар итибарын ҳәм қызығыўын усы фирмада ислеп шығарылып атырған товарға қаратыў қаридарларды товарды интенсив пайдаланыўын хошаметлеў арқалы амелге асырылады.
Товарды модификациялаўда товар сапасын асырыў, товар қәсийетин жақсылаў, товарды безеў ҳәм сыртқы дизайнын жақсылаў көзде тутылады.
Маркетинг-миксин модификациялаўда болса маркетинг элементлеринен толық ислетиўди қадағалаў оптимал мақсетте маркетинг элементлерин формаландырыў ҳәм қоллаў гөзленеди.
Товар диверсификациясының мақсети болып тутыныўшыларды товарды абзал көриўи, айрықша базар ямаса базар сегменти қәсийетлерин есапқа алыў арқалы товарды өзине тартыўшаңлығын асырыў, оны бәсекиге шыдамлылығының өсиўи есапланады.
Товар диверсификациясы төмендеги факторлар бойынша әмелге асырылады:
-Товардың қосымша имканиятлары
-Товардан пайдаланыў нәтийжелилиги
-Комфортлылық
-Исенимлилик
-Товар дизайны ҳәм стили
Товар диверсификациясы фирманың товар сиясатында айрықша орын ийелейди. Бул стратегия жаңа сатыў базарына усынысты режелестириўде қосымша товарды ислеп шығарыўды баслағанда қолланылады. Диверсификация фирма хызметинде турақлы өсиўин тәмийинлеў ушын нәтийжели қурал сыпатында шығады.
Мақсетли базарды өзлестириў жолларын қыдырыўда анық стратегияларды анықлаў ушын И. Ансофф тәрепинен 1966 жылда усынылған «товар -базар» матрицасы ислетиледи. Бул төмендеги таблицада көрсетилген.