8.2. Баҳа сиясатын пайда етиў ҳәм баха дәрежесин есаплаў усыллары.
Баҳа менен тутыныўшылар арасында жүдә үзликсиз байланыс бар, оның экономикалық принцплери: талап нызамы, базар сегментациясы менен тәреплеў мүмкин. Талап нызамы тутыныўшылар әдетте қымбат баҳаларга қарағанда арзан баҳаларда көбрек товарлар сатып алыўды көрсетеди. Бирақ ҳәр қандай товар де “баҳа муғдар” байланыслығына туўры келе бермейди. Айрым өнимлерге талап сондай, белгили шараятларда жоқарырақ баҳалар көбирек товар айланысы колемин тәмийнлейди. Бундай товарлар базарлардың айрым сегментлерине мөлшерленген, булар қымбат баҳалы, автомобиллер, кемелер, ҳәм басқалар.
Еки баҳа сегментинен, ибарат «Баха» қарыйдары ҳәм «сапа» қарыйдары бар. Копшилик жағдайларда қарыйдарлар сапаға исеним билдирип, артықша пул жумсайды.
Баҳа турақлылығы тутыныўшылардың сатып алатуғын товарлар муғдары жағынан баҳа, өзгерислерине жүдә сезиўшеңлигин белгилейди.
Әмелде талап турақлылығының үш көриниси, яғный тегис талап тегис емес талап ҳәмде жеке (унитар) талапқа бөлиниўи мүмкин.
Базар тегис талап жағдайында баҳалардағы өзгерислерге жүдә сезиўшең болады.
Базар тегис емес талап жагдайында баҳалардағы өзгерислерге жетерли дәрежеде сезгерлик көрсетпейди.
Жеке талап жағдайында сатыўшылар көп болған, олардың бир өним орнын екиншисиниң өними баса алатугын жайларда козге түседи.
Қәрежетлер ислеп шығарыў колеминиң кобейиўи ямаса кемейиўи менен байланыслы болған жағдайда өзгериў-өзгермеслигине қарап турақлы, шәртли турақлы, өзгериўшең түрлерге бөлинеди: Турақлы қарежетлер шыгарылған өни м колемине қарап өзгермейди. Бул қәрежетлер қурамына қурылма ҳәм әсбап үскенелер амортизациясы, мүлк салығы (дәрамат салығы) қосымша қарежетлер ҳәм басқа қәрежетлери киреди.
Өзгериўшең қарежетлер ислеп шығарылған өним көлемине байланыслы ҳалда өзгерип барады, оған шийки зат, материаллар, мийнет ҳақы ҳәм басқалар киреди. Шәртли-турақлы қарежетлер басқарыў менен байланыслы айрым қарежетлер, жәрдемши материаллар алыўға кететуғын қәрежетлер ҳәм басқалар киреди.
Толық қарежетлер жәми турақлы ҳәм өзгериўшең қарежетлер жыйындысынан пайда болады. Соның менен бирге ислеп шыгарыўдың шегараланған (маржиналь) қәрежетлери де есапланады. Бул қәрежетлер ислеп шыгарыў көлеми көбейген, (кемейген) жағдайларда бир өним бирлигине толық қәрежетлердиң көбейиўи (кемейиўин) корсетеди. Сондай етип, фирма қарежетлери қурамы, динамикасы, муғдары баҳа ушын минималь дәрежени пайда етеди, себеби бул қарежетлерден пәс баҳада ҳеш қандай пайда бермейди.
Бәсеки баха сиясатында әҳмийетли барометр болып хызмет қылады. Кәрханалардың баҳа сиясаты баҳа белгилеў мақсетлери ҳәм усылларына байланыслы болған төрт базар типин ажыратыў мүмкин: сап бәсеки, монополиялы бәсеке, сап монополия.
Тийкарынан баҳаны өзгертириў жолы менен талапқа тәсир көрсетиў бәсекениң баҳа менен байланыслы усылларын жаратады. Баҳа менен байланыслы болмаған бәсекеи усылларында фирмалар өз өнимлериниң өзине тән қасийетлерне күш салады, товар сатыў, товарлар ҳарекети реклама, товарды жойластырыў, сервис усаған маркетинг бөлимлерине үлкен итибар береди.
Базарда баҳа үш топар фактор нәтийжесинде түрленеди:
1.Талап факторлары (базарда уқсас товарлар барлығы ҳәм оларға болған баҳалар, базарға кириў, қарыйдар дәраматлары, қарыйдарлардың талаплары, талапқа бағдарланған баҳа);
2.Қәрежет факторлары (ислеп шығарыў қәрежетлери маркетинг қарежетлери пайда).
3.Бәсеки факторлары (тармақтағы фирмалар саны, уқсас импорт товарлары, бәсекелес товарларына болған баҳаны билиў)
Тийкарғы баҳаны белгилеў усылы төмендегиден ибарат:
-баҳаластырыў мәселеси қойылады;
-талабы анықланады;
-қәрежетлери баҳаланады;
-бәсекешилер товары ҳәм баҳа анализ етиледи.
-баҳаны пайда етиў усылы таңланады;
-ақырғы нәтийже баҳа орнатылады.
Фирма талап сызылмасына тийкарланып, қарежетлердиң муғдарын белгилеп, бәсекелеслер баҳаларын үйренип, өз өнимлерине баҳа белгилеўге ҳәрекет етеди. Бунда баҳа белгилеўдиң түрли усылларынан пайдаланыў мумкин. Көбинше кәрханалар товар сатыў баҳасын анықлаўда әпиўайы формулалардан пайдаланылады. Формулаларда баҳа белгилеў баҳа белгилеўдиң басқа улыўма усыллары сыяқлы, биринши нәўбетте итибарды пайдаға қаратады,талапты есапқа алмайды.
“Орташа қәрежетлер плюс пайда” принцпи бойынша баҳа белгилеў товардың өзине түсер баҳасына белгили үстеме қойыўдан ибарат болып, баҳа белгилеўдиң ең әпиўайы усылы болып есапланады. Үстене баҳа муғдары товар түрине қарап, жүдә кең шегараларда тебренип турады.
“Гөзлеген пайда нормасын” алыўды тәмийнлейтуғын баҳа белгилеў усылын қоллайтуғын ислеп шығарыўшылар алдыннан жумсалған капитал ушын белгили дәрежеде қайтым процент алыўға умтылады.
Бул усыл орташа салыстырмалы қәрежетлерди есаплаўға тийкарланады.
Баҳаны шегараланған қарежетлер бойынша белгилеў усылын қоллаў менен фирма өнимниң қосымша колеми бирлигин бул өнимлерди ислеп шығарыўдың айрықша қунына сатады, бул жагдайда кәрежетлердиң тек бир бөлеги қапланады, пайда әмелге аспайды. Баҳа белгилеўдиң бул стратегиясы егер фирма жумысын тоқтатыў қәўпи астында қалған ҳәм пайдаланатуғын жумысшы күшин сақлап қалыўды қәлеген жағдайында пайда келтириўи мүмкин:
Саўда дүканларында қарыйдарлардың келиўин көбейттириў ушын сатыўшылар айырым товарларды толық қәрежетлерден пәст баҳалап, “тартыў” баҳаларын пайда етеди. Қарыйдарлар көбейеди, олар арзан баҳадағы товарлар менен бирге, буған қосымша рәўиште баҳасы нормада болған товарларды де сатып алады.
Do'stlaringiz bilan baham: |