Тексериў ҳәм такрарлаў ушын сораўлар.
Базар сегментациясы дегенде нени түсинесиз?
Базар сегментациясының қандай түрлерин билесиз?
Базар сегментациясының тийкарғы факторларын айтып бериң?
Мақсетли сегментин таңлаў дегенде нени түсинесиз?
Макро сегментлеў дегенде нени түсинесиз?
Микро сегментлеў дегенде нени түсинесиз?
Товарды жайластырыў дегенде нени түсинесиз?
7-тема. Товар ҳәм товар сиясаты.
7.1. Товар талапты қанаатландырыў қуралы.
Товар-қурамалы көп қырлы түсиник, бирақ бунда ең тийкарғы нәрсе тутыныў қәсийетлери, яғный товардың өз ўазыйпасын орынлаў, оған ийе болған пайдаланыўшының талабын қанаатландырыў қәсийети болып табылады.
Товардың тутыныў қуны оның пайдаланыў қәсийети жыйнағы болып есапланады.
Товардың төмендеги қасийетлерине қарап айрықша итибар бериледи:
Реңи, упаковкасы (ораў, байлаў) сыртқы коринисиниң дизайны, эргономикалық қәсийетлери (пайдаланыў, оңлаў ҳәм басқалардың қолайлығы ҳәм басқалар).
Товарды ислеп шығарыўдан алдын оның пайдаланыў қәсийети анализ етиледи.
Товарлар төмендеги критериялары бойынша айрықша топарларға бөлинеди:
Мақсетли көрсеткиши бойынша
Базар түрине қарай
Пайдаланыўға таярлылығына қарай
Тутыныўшылар санына қарап
Мақсетли характерине қарап товарлар пайдаланыў товарлары ҳәм ислеп шығарыўға байланыслы товарларға бөлинеди.
Тутыныў товарлары-бул жеке тутыныў ушын мөлшерленген товарлар болып есапланады. Олар күнделик талап товарлары, дәслепки таңлаў тийкарында алынатугын товарлар, айрықша талаптағы товарлар, пассив талаптағы товарларға бөлинеди.
Күнделик талап товарларына күнделик турмыс ушын зәрүрли азық-аўқатлар кир жуўыў, тазалаў қураллары, үй хожалығы ушын зәрүр болған майда товарларды киритиў мүмкин.
Күнделик тутыныў товарларын тутыныў интенсивлигине қарай оларды өз гезегинде 3-топарға бөлиў мүмкин:
Күнделик талантағы тийкарғы товарлар (нан, хожалық сабыны)
Импульсив жағдайда сатып алынатуғын товарлар ( газета)
Айрықша жағдайлар ушын сатып алынатуғын товарлар (зонтик).
Дәслепки таңлаў тийкарындағы товарлар сыпатында: мебель, кийим-кеншек, үй-хожалық ушын электр үскенелери киреди ҳәм ол қарыйдарларды салыстырыўды, баҳа, мода дизайн жағынан таңлаўда бир қанша пикир жүритиўди талап етеди. Усы товарлар:
-уқсас товарлар (сапа жағынан бир-бирине жақын, бирақ дизайн, баҳа бойынша парықланады).
-Айрықша көринистеги товарлар (реңи, фасоны, сорты жағынан)
Пассив талаптағы товарлар-қарыйдарларға таныс болмаған яғный бул ҳаққында жүдә кем ойлайтуғын товарлардан қуралады. Ислетиў ўақтына қарай:
қысқа мүддетли пайдаланыўға байланыслы товарлар.
узақ мүддетли пайдаланыўға байланыслы товарлар
товар сиясатының тийкарғы мақсети болып
пайданы тәмийинлеў.
бөлистириўди арттырыў.
Фирма ҳәрекет етип атырған базар үлесин көбейтиў.
Ислеп шығарыў қәрежетлерди үнемлеў.
Имиджди асырыў болып есапланады.
Товар сиясатында тийкарғы мақсетке ерисиў төмендеги тараўлардағы ўазыйпаларды шешиў арқалы әмелге асырылады:
Инновация
Вариация
Дифференция
Элиминация
Марканы орнатыў ҳәм таңлаў.
Қадақлаў.
Товардың формасы, түри ҳам басқалар.
Усыған сәйкес ҳалда товар сиясатының мәселелерине төмендегилер киреди:
Жаңа товарды излеў
Жаңа товарларды раўажландырыў
Базарға жана товарларды киритиў.
Товар формаларын тийкарлаў.
Товар сапасын тәртипке салыў.
Базардағы жаңа товарлардың қәсийетлерин қадағалаў ҳәм басқалар.
Биринши 3-ўи базарға жаңа товарларды киритип атырғанда шешиледи, қалған ўазыйпаларды шешиў товарлардың пүткил өмири даўамында амелге асады. Буның ушын товардың өмирлик циклы модели ислетиледи.
Товарлар ҳәм хызметлер ассортименти-бул пайдаланыў бойынша бир-бирине жүдә уқсас товарлар (хызметлер) топарсы.
Товар сапасы-бул товардың өз функцияларын орынлаўда коринеди ҳәм ол төмендеги параметр менен характерленеди, яғный узақ мүддет хызмет көрсетиўи, пайдаланыўда әпиўайылығы ҳәм басқалар.
Маркетинг пәни бойынша товар сапасы қарыйдарлар берген баҳа менен өлшенеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |