Қадағалаў ҳәм толықлаў ушын сораўлар
Базар конъюктурасы дегенде нении түсинесиз?
Базар конъюктурасын болжаў дегенде нении түсинесиз?
Болжаўдың қандай усылларын билесиз?
Фантографин усылы дегенимиз не?
7-тема. Базар сегментациясы ҳәмде қарыйдарлар түрлери.
7.1. Базар сегментациясының әҳмийети ҳәм оның өзгешеликлери.
Маркетингди басқарыў системасында базар сегментациясы үлкен әҳмийетке ийе ҳәм де базарда талапты үйрениў ямаса маркетологлар пикири менен айтқанда «тутыныўшыларды анализлеў»- базардағы жағдайды анализ етиўдеги биринши басқыш есапланады. Ол 3 тийкарғы бөлимге бөлинеди. Базар сегментациясы тутыныўшылар талабының өзгешеликлерин үйрениў, қанаатландырылмаған зәрүрликлерди анықлаў ибарат. Базар сегментациясы талапты қанаатландырыўға бағдарланған ҳалда анализлеў, товарлардың түрлери, сапасы ҳәм де муғдарына қарап ҳәр қыйлы тутыныўшыларды топарларға ажыратыўда, ҳәр қыйлы нормаларды қолланыўға тийкарланады.
Сегментлеўдиң тийкарғы мақсети базардағы ҳәрекетлерди үйренип олардың моделин ҳәмде келешектеги мүтәж товарларға талапларды көз алдымызға келтириўден ибарат. Ҳәзирги ўақытта бәсекиде жеңип шығыўдың тийкарғы шәрти жаңа, жоқары сапалы товар, комплекс сервис техника хызметлерин ҳәм нәтийжели сатыў усылларын қолланыўдан ибарат болып қалды. Усы талаплар тийкарында маркетинг изертлеўдиң әҳмийетли түри тутыныўшыларды үйрениў ҳәм өз нәўбетинде базарды сегментлеўден басланады, себеби базар бир формадағы субьектлерден пайда болған емес.
Базарды сегментлеў, базарды үйрениўдиң тийкарғы усылы есапланады. Оның жәрдеминде базар бөлимлерге ажыратылады. Базар сегменти - бул тутыныўшылар, товарлар, бәсекилеслердиң сондай ажыратылған бөлеги болып, олар ушын улыўмалық өзгешеликлерди анықлаўдан ибарат.
Базарды туўры сегментлеў, усы сегменттиң специфик зәрүрликлерине қатаң әмел қылынған ҳалда кем қәрежетлер менен товар жеткерип бериўди туўры шөлкемлестириўден ибарат. Халық тутыныў товарлары базарын изертлеўде маркетингке тийисли әдебиятларда еки түрдеги норматив қабыл қылынған. Биринши қарыйдарлардың дәраматы, жасы, жынысы, турар жери, кәсиби, турмыс тәризи ҳәм усыған уқсас улыўма белгилерди есапқа алады. Екинши түрде сегментлеўди социаллық топарлардың өзгешеликлер системасы, олардың маркетинг стратегиясының мәселен, жаңа өним, жаңа сатыў системасы сыяқлы қуралларға тийкарланған қызығыўшылықар тийкарында алып барылады. Улыўма практикада 1-усыл көбирек қолланылады. 2-усылды қоллаў қосымша қыйыншылықларды келтирип шығарады, себеби бунда социалогия ҳәм психология тараўларында изертлеўлер алып барыў жолы менен арнаўлы есап санақ жумысларын әмелге асырыў талап етиледи.
Қарыйдарлардың өзгешелигин топарларға ажырататуғын тийкарғы фактор дәрамат есапланады. Көплеген мәмлекетлерде дәрамат бойынша сегментлеў 3 топарға ажыратылған ҳалда кең пайдаланады.
1- топар ең жоқары дәраматқа ийе болған қарыйдарлар, тийкарында олар улыўма қарыйдарлардың 10 % тин қурайды. Олар ең жоқары сыпатлы товарларды сатып алады. Сатып алыў имканияты ҳәм де өз топарының өзгешеликлери бундай жағдайдан пайдаланыўға имкан береди. Бундай топарлардағы қарыйдарларды ҳәр бир мәмлекетте табыўға болады. Олардың дәрамат муғдары усы мәмлекеттиң улыўма бюджетине байланыслы болады.
2-топар. Ҳәр бир мәмлекеттеги орташа дәраматқа ийе қарыйдарлар, олардың саны жүдә көп, усы мәмлекетте базардың улыўма стандартын белгилейди, улыўма усыныс етилген товарлардың тийкарғы қарыйдарлары усы топар ийелери есапланады.
3-топар. Ең кем дәрамат алатуғын қарыйдарлардан ибарат. Олар көпшилик жағдайларда социаллық тәмийинлеўдиң ҳәр қыйлы көринислеринен пайдаланады ҳәм өз дәраматларының 80 % ке жақынын тийкарғы зәрүрликлерин қанаатландырыўға сарыплайды.
Әмелиятта жас норматив түсиниги де кең пайдаланылады. Кейинги ўақытларда базардың ең раўажланған секторына айланған жаслар секторы мине усы нормативке тийкарланған. Бул сектор базарда өзиниң үстинлигин сақлаў, бәсекелеслери менен гүрес алып барып атырған жүдә көп кәрханалар дыққат итибарында турады. Базарды сегментлерге ажыратыў қарыйдарлардың талап, мүтәжликлерин анықлаў мәселесин шешиўдиң идеал қуралы бола алмайды, бирақ усыған қарамастан бул усыл исбилерменлерди усындай жумысларға қызықтырыў ушын қымбатлы мағлыўматлар береди.
Тутыныў базары ҳәм техникалық ислеп шығарыў мақсетиндеги товар базарларын сегментлеў, қарыйдардың сыпаты, баҳа, реклама, товар ҳәрекетлери шәртлерин сақлаў ҳаққындағы пикирлери тийкарында әмелге асырыў мүмкин. Базарларды товарлар бойынша сегментлегенде, усы товар тутыныўшыларының топары, олардың бағдарларын, тутуныў мақсетлериниң, әҳмийетли параметрлерин анықлаў имканиятын береди.
Базарда тутыныўшы өзин қандай тутыўы, алдын-ала оның товар, баҳа ҳаққындағы көз-қарасы, финанслық имканиятлары, дийди, билим дәрежесине байланыслы болады. Маркетингте қарыйдарларды сегментациялаўда ислеп шығарыў қураллары ҳәмде тутыныў базарында еки түрли бағдар бар. Себеби бул еки түрли бағдар базардағы қарыйдарлардың минез-қулықларына да байланыслы.
Ислеп шығарыў қураллары қарыйдарлар белгили бир товарды, кәрхана ҳәрекетин ҳәмде базарды терең анализлеп, саўдадан келетуғын пайданы анық билгенлеринен соң ғана сатып алады.
Тутыныў буйымлары қарыйдарлары ушын сегментация белгилери ҳәр қыйлы, бул белгилерди таңлаў процесси жүдә қурамалы.
Географиялық белгилер өзиниң административлик шегараланыўына, жердиң жағдайына қарап бөлиниўин, ҳаўа райына қарай бөлиниўлерин өз ишине алады. Қарыйдарларды сегментлерге бөлиўде республикамызда есапқа алыныўы зәрүр болған белгилерден және биреўи, халықтың урбанизация дәрежеси есапланады. Және ҳәзирги ўақытта республика халқының тек 35-40 % қалада жасайды, қалған 60-65 % аўыллық жерлерде жасайды. Бул болса халықтың товарларға болған мүтәжликлериниң өзгешеликлерин анықлаўға тәсир етеди.
Демографиялық көрсеткишлерде тутыныў буйымларына болған зәрүрликлердиң пайда болыўы үлкен тәсир ететуғын ҳәрекетлерден есапланады. Себеби қарыйдарлардың жасы өзгериўи менен товарларға болған қатнасы өзгерип отырады. Республикамызда алып барылып атырған маркетинг изертлеўлеринде халық тийкарынан 5 топарға бөлинеди.
- мектеп жасына шекем ; .
- мектеп жасындағы;
- 18 –30 жасқа шекем;
- 30 – 50 жасқа шекем;
- 50 жас ҳәм оннан үлкен.
Бул бөлиниў республикамыз халқының илимий психологиялық көрсеткишлеринен келип шығады. Тутыныў буйымларына болған мүтәжликлердиң пайда болыўында мәмлекеттеги шаңарақлардың үлкен-кишилиги үлкен әҳмийетке ийе. Маркетингде изертлеўлери тийкарында мәмлекет халқы шаңарағының саны бойынша 3 топарға бөлинеди.
- 1-2 адамлық;
- 3-4 адамлық;
- 5 ҳәм оннан көбирек.
Бул бөлиниўлер көп ғана мәмлекетлерде қабыл етилген.
Маркетингди басқарыўда айрықша итибар берилип атырған сегментация белгиси - бул қарыйдырлардың товарларды сатып алыўдағы минез-қулқындағы белгилери есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |