6.2. Тактикалық планластырыўдың реже ҳәм орны.
Кәрхананың тактикалық режеси стратегиялы реже бир бөлими болып, оған қойылған мақсетлерге ерисиўдиң қураллары, усыллары анықланады. Егер стратегиялық режелестыриўдың тийкарғы критериясы узақ мүддетлик есапланса, онда маркетингди тактикалық режелестириўде орта мүддетли стратегиялық иләжлар әмелге асырылады. Маркетингдеги оператив режелестириўдың критериясы болып қысқа мүддетлилик есапланады. Тактикалық режелерде улыўма сатыў реже, ҳәр бир товар топарсы бойынша тәмийнлеў ҳәм сатыў реже, дәрәмат реже, қәрежет реже, әсбап үскенелер менен тәмийинлеў режеси, базарда ҳәзирги жағдайына баҳа бериў.
Тактикалық режелерде өткен жылдағы көрсеткишлерден, сондай-ақ кәрхананың товар айланысы көрсеткишинен өсиў, үстинликке ийе болыў гөзленген болса, бул өсиўге имкан бериўши қураллар (сатыўды сыйлықлаў, реклама ҳәм тағы басқа)да келтириледи.Базардағы қарыйдарлар, тийкарғы сегменти пайдаланыўшылардың мүтәжлиги конкурентлер ҳәм товар бөлистириў жоллары көрсетилип бериледи.
Товарды сатыў имканиятларында үлесинен кәрхананың базардағы товар үлеси, конкурентлер ортасындағы абройы есапқа алынады. Егер кәрхана товарының сатылыу көлеми жоқарылап атырған болса, усы яки улыўма экономикалық жағдайдың жақсыланыўы есабына яки конкурентлерге салыстырғанда кәрхана искерлигиниң беккемлескенлиги есабынан болыўы мүмкин. Басшылар кәрхананың базардағы үлесиниң өзгериўин қадағалап барыўы керке. Егер бул үлес асып барса, кәрхананың конкуренциялық қәбилетининиң күшейгенин билдиреди ҳәм керисинше.
6.3 Маркетинг қадағалаўы ҳәм оның түрлери.
Маркетинг қадағалаўының мақсетлери төмендегилерден ибарат:
мақсетке ерисиў дәрежесин белгилеў,
жақсыланыў имканиятын анықлаў,
Маркетинг искерлигин қадағалаў өнимлерди сатыў үстинен қадағалаў, сатыў имканиятларын анализлеў, исбилерменлери ҳәрекети қадағалаў, маркетинг қәрежетлерин анализлеў, техник ҳәм стратегиялық қадағалаў ҳәм маркетинг тафтишини нәзерде тутады.
Рентабелликти қадағалаў ҳақыйқый сатыў ҳәм олардың тенденцияларынан режелери көрсеткишлери менен салыстырыўды есапқа алыў жолы менен әмелге асырылады.
Маркетингте қадағалаўдың үш түри.
- Жыллық режениң орынланыўын кадағалаў;
- Пайдаланыўды қадағалаў;
- Стратегиялық қадағалаў;
- Жыллық режени қадағалаўдан мақсет көзде тутылған нәтийжелерге ерисиўге исеним есапланады. Бунда сатыў имканиятлары анализи, маркетинг қәрежетлери менен өним сатыў ортасындағы салыстырма анализлеў сыяқлы қадағалаў усылларынан кең пайдаланылады.
- Пайданы қадағалаўдың мақсети фирма нениң есабына дәрамат таўып атырғанлығын ҳәм қайсы орынларда оны жоғалтып атырғанлығын анықлаўдан ибарат.
- Стратегиялық қадағалаўдың мақсети болса ҳақыйқаттанда фирма өзиндеги маркетинг имканиятларының ең жақсыларынан пайдаланып атырма яки жоқпа екенлиги анықланады.
Маркетинг иләжлары нәтийжелери қадағалаў
Маркетинг бөлими искерлик нәтийжелерин қадағалаў
Маркетинг хызмети хызметкерлер ҳәрекетин қадағалаў
Маркетинг көз қарастан аралас бөлимлер искерлик нәтийжелер.
Маркетинг қадағалаў
Маркетинг нәтийжелигин қадағалаў
Дизиминде искерлик нәтийжелери
Сыртқы орталық қадағалаўы
Фирмада маркетинг потенциялы графиклери
Do'stlaringiz bilan baham: |