Қадағалаў ушын сораўлар
Маркетинг дәстүри дегенде нении түсинесиз ?
Маркетинг дәстүри шығарыў избе – излиги неден ибәрат ?
Маркетинг дәстүри дегенде нени түсинесиз ?
Маркетинг дәстүриниң қандай түрлерин билесиз ?
5-Тема. Стратегиялық ҳәм тактикалық режелестириў, маркетинг қадағалаўы
5.1. Маркеингте стратегиялық режелестириўдиң мақсети ҳәм уазыйпалары.
Кәрханалар ушын режелестириў жумысларын жоқары дәрежесин көрсетип, сатыў ҳәм пайда алыў көрсеткишлерин жақсылаўға хызмет қылады. Режелестириўдиң тикарғы бөлеги стратегиялық режелестириўден ибарат.
Стратегиялық режелестириў - бул келешекти көриў, мамлекет социал- экономикалық турмысындағы орнын, ролин билиў ҳәм жаңа дәрежеге ерисиў жоллары, қуралларын ислеп шығыўдан ибарат. Стратегиялық режелестириўде анық есапланған көрсеткишлер болмайды бәлки түрли болжаўлар тийкарында көрсетпелер, келешекке нәзер таслаўдан ибарат.
Кәрхана дәстүри өз ишине кәрхананың бүгинги жағдайы хақында оның клиентлери, клиентлери ушын қәдирли болған тәреплери,кәрхана, келешеги ҳаққында мағлыўматлар алады. Саўда кәрханасы бундай дәстүрди ҳәр дайым дыққат орайында сақлаўы, хәм оған дүзетиўлер киритип турыўы керек. Кәрхана дәстүри мақсет қойыўға, оның әҳмиетин асырыўға көмеклеседи ҳәм мақсетке ерисиўге имканият береди.
Кәрхана дәстүринде кәрхананың ис жүритиў орталығы көрсетиледи. Бул шеңбердиң шегарасы болып, өнимлер, технологиялар, клиентлер топары, олардың мүтәжлиги, ямаса бирнеше усылдың араласпасы хызмет етиўи мүмкин. Мысалы, кәрханада автомашиналар, радио-теле –аппаратлары, басқа товарлар сатылыўын көрсетиў товарлар шеңбериниң шегарасын билдиреди. Саўда кәрханасының имканы барынша товар ассортименти кеңирек болыўы керек.
Кәрхананың ўазыйпалары ҳәм мақсети басқышы ҳәр бир басқарыўшыға мақсетке ерисиўге қаратылған ўазыйпалар қояды. Өз уазыйпаларының орынлаўға ҳәр бир исши жуўапкер болып табылады. Кәрхананың тийкарғы мақсети пайда алыў болса, оған ерисиў ушын пайда келтиретуғын товарларды сатыўды көбейтириў, лазым. Бундай товардың сатылыўын көбейтиў болса. Товар өнимлерин табыўды, олар ишинен сапалысын таңлаўды талап етеди. Булардан өз гезегинде қатар уазйпалар келип шығады.Бул уазыйпалар маркетинг уазыйпалары болып, маркетинг стратегиясын ислеп шығыўды талап етеди Бунда базарды үйрениў,усыныс дереклерин үйрениу, кәрханаға тийисли хәр бир товар бойынша коньюктураны үйрениў хәм жуўмақ шығарыў процент атқарылады.
Кәрхана хожалығын раўажландырыў режеси стратегиялық режелестириўдиң тийкарғы басқышы болып есапланады. Бунда хожалық хызметиниң анализи әмелге асырылады ҳәм айырым товарлардың рентабеллиги анықланады. Рентабеллик дәрежесине қарай оны саўдада қалдырыў ямаса қалдырмаў қарарын қабыл етиў керек болады. Жоқары рентабеллик товарларға көбирек қаржы ресурсларын ажыратыў, пайда кем түсетин товарлардан шетлеп өтиў илажларын режелестирди.
Кәрхананың өсиў стратегиясы өз ишине кәрхананың келешекте жәнеде қандай товарлар сатыўды өзлестириў, қайсы товарлар базарына итибарды күшейтиўге күш сарыплаўды алады
Кәрхананың өсиў стратегиясы 3 басқышлы анализ тийкарында ислеп шығыў мүмкин. Биринши басқышта ҳәзирги ҳәрекет шеңберинде пайдаланыўы мүмкин болған имканиятлары анықланады. Бунда өсиуде жеделлестириў усылы арқалы ерисиледи. Имканиятлары түрлише болыўы мүмкин. Солардан товарды базарға күшлирек сиңдириў (қарийдарлардың итибарын көбирек тартыў мақсетинде бәсекелеске қарағанда товарды арзан сатыў, сатылған товарлар белгили санға жеткенде, қарыйдарға саўға бериў менен хошаметлеў, сол товардың жаңа пайдаланыўшыларын табыў) жолы менен сатыўды көбейтиў мүмкин. Басқа имканияты базар шегарасын үлкейтиў яғный жаңа базарлар табыў ҳәм сол товарлар менен оларда саўда –сатық жүритиўден ибарат. Гезектеги имканияты товарды раўажлантырыў, яғный сол бар болған товардан парқ қылатуғын, сапалы, тутыныўы жоқары болған өнимниң жаратылыўы менен байланыслы.
Екинши басқышта кәрхана тармақ ишинде басқа кәрханалар менен бирликте (иттеграция) ислеўи мүмкин.Бунда усы тармақ ишинде бөлистириў системасы қатты қадағаланады. Бунда бәсекелес фирмалар үстинен, барлық уақыт қадағалаў алып барылады.
Кәрхананың өсиў стратегиясының үшинши басқышында тармақ ишинде өсиў имканиятлары қалмаған болса, кәрхананың усы түрине жақынырақ жаңа жолын таңлаў, өзлестириўден ибарат дәуир әмелге асырылады.
Стратегиялық режелестириў кәрхана бағаналарын тийкарғы жөнелислерин белгилейди. Кейин ҳәр бир бағана бойынша режелер дүзиледи, себеби маркетинг консепциясын қоллайтуғын кәрханалардың ис нәтийжелери көбирек саўда менен белгиленеди.
Стратегиялық режелестириўдиң тийкарғы ўазыйпасы – онда оператив ҳәм стратегиялық қадағалаўға таянады. Бул болса стратегияға белгили дәўир аралығында түрли өзгерислерди киритиў ҳәм сыртқы орталық шараятларына масласыў имканын береди.
Стратегиялық режелестириў дәўиринде тиккелей стратегияны ислеп шығыў басқышы төмендеги избе-изликти әмелге асырылыўы лазым. Дәслепки ҳәрекет басқышы болып, фирманың келешегин анализлеў есапланады усы басқышта:тийкарғы сыртқы қәуип-қәтерлер,.имканиятлар, «айрықша» жағдайларды ҳәрекетке келтириў тенденциялары ҳәм оларды жоқ етиў имканиятлары шешиледи.
Екинши хәрекет басқышында конкуренциядағы орын анализ етиледи.
Үшинши, ең әҳмийетли ҳәрекет басқышы-стратегияны таңлаў болып есапланады. Бунда фирманың искерликлери бойынша келешегин салыстырыў, таңланған стратегияны әмелге асырыўда түрли ҳәрекет бағдарлары бойынша ресурсларды бөлистириў тийкарғы орын ийелейди.
Кейинги хәрекет басқышы - диверсификация жолларын анализлеў процесси болып есапланады. Усы басқыштың тийкарғы мақсети болып әмелдеги ҳәрекетиниң көлеми таңлаўдағы кемшиликлерди ҳәм келешекте фирма ушын пайдалы болған бағдарларды анықлаў болып есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |