«Портердиң улыўма стратегик модели » нде қәрхана бәрше имканиятларды базардағы бир сегментке қаратады ,товар ислеп шығарыў қарежетлерин кемейтириў орнына өнимге пәс баҳа белгилеп тутыныўшыларды тартады ҳәм сатыў көлемин асырады. Басқа жағдайда болса, бәсекешилер жоқ базарың жаңа товар ассортименти менен ийелеп алады.
«Товарлар (базарлар имканиятлары (матицасы)»да пайданы көбейтириў бириншиден –товар ҳәрекетин өзгертирмеген жағдайда базарды кеңейтириў ,екиншиден еле талап қандырылмаған базарларға кирип барыў: үшиншиден кәрхана базарда жақсы танылғаннан соң жаңа товарлар ислеп шығарыў еки модификациясын өзгертириў; төртиншиден-жаңа базарлар ушын жаңа товарлар ислеп шығарыў арқалы ерисиледи.
«Бостон консальтинг топарсы» арқалы базарда пайда алыў, кәрхана хызмет көрсететуғын территориялардан ең нәтийжели стратегик хожалық бөлимлерин таңлаў менен әмелге асырылады. Биринши территория - «жулдызлар» (үлкен талап ҳәм базарда жоқары үлеске ерисилген). Бул территорияны абайлап жәнеде беккемлеў илажлар көриледи. Базардағы үлести сақлаў ушын баҳаларды пәсейттириў,реклама қәрежет көбейтириў, өним түрлерин көбейтириў ҳәм басқалар әмелге асырылады.
Екинши территория-«саўын сыйырлар» (төмен талап, базарда фирманың үлеси жоқары). Бул територға қатты қадағалаў орнатылады.
Үшинши территория-«қиын тәрбиялы балалар» (талаб жоқары , бирақ базарда үлес кем). Бул территория имканиятларын үйрениў ҳәм «жулдызлар» территориясы дәрежесине көтерилиўи итималы барма яки жоқпа? керек болса, ҳәрекетти көбейтириў зәрүр.
Төртинши территория -«ийтлер» (төмен талап ҳәм базарда кем үлес). Егер бундай территорияны ийелеп турыўға кескин себеп болмаса оннан қутылыў керек.
Маркетинг режеси тийкарғы ҳүжжет болып, ким? не? ҳәм қай жерде? ҳәмде орынлаў шәрт деген сораўға жуўапларды көрсетеди. Тактик режелестириў жақын мүддетке ассортимент, саўда, баҳа, реклама, финанс, кадрлар ҳәм басқалар бойынша кәрхана сиясатын белгилейди.
- Өним ассортиментин режелестириў болажақ тутыныўшылар топарсын ҳәм олар талабын анықлаў, өнимниң техник көрсеткишлерин ҳәм тутыныў қунларын муўапықластырыў, оның бәсекеге шыдамлылығын баҳалаў, товар түрлерин жаңалаў ҳәм басқаларды өз ишине алады;
- Товар ҳәрекети бағдарларын ҳәм сатыўды режелестириў - товарлар ағымы жолларын, қанша материялларға мүтәжлигин бар екенлигин, транспорт арқалы тасыў, қайта упаковка (орам) етиў, товар айланысы ҳәм сатыўдан кейинги хызмет етиў сияқлы анықлаўдан ибарат: - реклама ҳәм сатыўды хошаметлеўди режелестириў реклама қуралларын таңлаў, сатыўшыларды ҳәм қарыйдарларды хошаметлеў усылларын анықлаў, бәсекелеслерге тәсир көрсетиў жолларын баҳалаў.
- Финанслық көрсеткишлерди режелестириў – сол қатарды маркетинг қарежетлерин анықлаў,баҳаны белгилеў (талап, қәрежетлер, бәсекешилер, маркетинг илажларынан алынатуғын дәраматқа тийкарланып)ди пайда етеди.
- Кадрлар менен тәмийнлеўдиң режеси - басшылар ҳәм қәнигелерди орны - орнына қойыў, кадрлар таярлаў ҳәм тәжирибесин асырыў,мәсләҳатшыларды жаллаў,басқа кәрханалар тәжрийбесин үйрениўди өз ишине алады.
Маркетинг қадағалаўы үш формада алып барылады :стратегик, жыллық ҳәм рентабелликти тексерип барыўдан ибарат. Стратегик қадағалаў-белгили дәуирде кәрхана маркетинг хызметин хәр тәреплеме тексерип, оның базардағы ҳақықый жағдайына сай келйў келмеслигин анықлаўдан ибарат.
Жыллық режени қадағалаўда сатыў көлеми , базардағы үлеси, тутыныўшылардың товарға болған мүәсебети ҳәм басқалар анализ етиледи. Кәрхананың пайда ҳәм зыянлары балансы арқалы ҳәм пайданың қәрежетлерине салыстырыў жолы менен оның рентабеллиги қадағалап барылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |