Қадағалаў ҳәм талықлаў ушын сораўлар.
1.Маркетинг информациясы системасы дүзилиси қандай?
2.Ишки есабат бөлиминде нелер көрсетиледи?
3.Маркетинг информациясының тийкарын нелер қурайды?
4.Тәжрийбеде информация топлаўдың қандай усыллары қолланылады?
5.Информацияларды анализ қылыўда хәм қайта ислеўде қандай усыллардан пайдаланылады?
6.Информация дереклери нелерден ибарат?
Қарар қабыл қылыўды қуўатлаўшы бөлим
нәтийже ҳәм қарарлар
Моделлер банки товарлар формасы модели
Баҳаны анықлаў модели
Турар жерди таңлаў модели
Медиамикс модели
Реклама бюджети модели
Статистик қайта услублар банки
Регрессион анализ.
Корреляцион анализ
6------------
дискриминаит анализ
уялар анализи
конжайт Иесурмент
Маркетинг информациясы
3-тема. Маркетингтиң структуралық дүзилиси ҳәм оны басқарыўды шөлкемлестириў
3.1. Маркетинг системасы ҳаққында түсиник ҳәм тармақ аркетинглери.
Маркетинг системасы - бул қойылған мақсетлерге ерисиў ҳәм мақсетли базар талабын қанаатландырыў ушын маркетинг бөлимлериниң анық биригиўи.
Товар ҳәм хызметлерди алғанда базарға не усыныс етилиўи сапа дәрежеси, сатыў көлеми, компанияның инновациялық дәрежеси, олшемниң жағдайы, айрықша шәртлер изертлеўлериниң көлеми ҳәм мүддетлери бар болған товарды сатыўды тоқтатыў ўақтын анықлап алыў керек.
Маркетинг системасы социал-экономикалық элементлер, субъектлер жыйындысынан ибарат. Маркетинг системасы өз қурамына түрли элементлерди қамрап алады:
- тәмийинлеўшилер
- бәсекешилер
- жеткерип бериўшилер (воситачи)
- тутыныўшылар (базар)
- фирма (компания)
Маркетинг системасын раўажландырыў ҳәм әмел қылыўы анық қоршап турған орталық тәсиринде алып барылады. Бул орталықта социал-экономикалық, сиясий, мәдений, демографиялық ҳәм экологиялық факторлар киреди.
1) Тәмийинлеўшилер - шөлкем, бирлеспе, шахслар жыйындысынан ибарат болып, фирманы материаллық, финанслық ҳәм товар ресурслары менен тәмийинлейди.
2) Бәсекелеслер- товар түри бойынша, товар маркасы бойынша, қатар товар бойынша бөлинеди.
3) Маркетинг бойынша воситачи бериўшилер-шөлкем ушын оның товарларын қарыйдарларға жеткизиў, сатыў, байланыс орнатыў бойынша жәрдем көрсетиўшилер.
дәлдалшылар-саўда, логистлик, маркетинг ҳәм финанслық жеткерип воситачиларге бөлинеди.
Саўда дәлдалшылары -көтере ҳәм усақлап сатыўшылар есапланады.
Логистика системасы хызметлеринде товарларды траспортировка қылыў менен шуғылланыў.
Финанслық - банк, кредит, қамсызландырыў ҳәм тағы басқа финанслық ҳызметлерди әмелге асырады.
4) Тутыныўшылар – фирмалар, айрықша физикалық шахслар ямаса олардың потенциал топарсы болып, олар базарда бар болған товар ҳәм хызметлерди алыўға таяр.
5) Фирма, маркетинг ҳәм базар қатнасықларына бир-бирине өз-ара тәсир өткизип, диалектлик байланыста ҳәрекетленип барады. Фирма жана технологиялық процесслерди ийелеўде, жаңа товарлар ислеп шығарыўға тек ғана базардағы мүнәсебетлер себеп болады.
Маркетинг қурамын ислеп шығыўда бас мәселе оның бир пүтинлиги, мақсетке ерисиўде жетискенликти тәмийинлеўши барлық принциплердиң өз-ара байланысы есапланады.
Маркетинг экономикалық категория сапаында идеясы көп қырлы. Оның қурамы ямаса хызмет тараўларында
ислеп шығарыў қураллары маркетинги
тутыныў товарлары маркетинги
хызмет көрсетиў маркетинги
сыяқлы түрлерин көрсетиў мүмкин.
Буның ҳәр бириниң ҳәрекетинде улыўма принциплер ҳәм ўазыйпалар сақланып қалады, бирақ бул бағдарлардың ҳәр бири өзине тән тәреплери менен ажыралып турады.
Ислеп шығарыў қураллары маркетинги биринши нәўбетте ислеп шығарыў талапларын есапқа алыўға тийкарланады. Тутыныў товарлары маркетинги ҳәр қыйлы талап ҳәм таңлаўға ийе болған тутыныўшылардың кең орталығы менен байланыслы.
Бул тараўда тутыныўшы минез қулқының түп негизин үйрениўге үлкен итибар бериледи. Сол қатарда тутыныўшыларды топарлаў, реклама, товар сатыўды шөлкемлестириў, булардың бәршеси тутыныў товарлары базарында маркетинг ҳәрекетиниң тийкарғы мәселелери есапланады. Мәселен, дүканлар да өз-өзине хызмет көрсетиў принциплери тутыныў товарлары маркетинги нәтийжеси болып табылады.
Тутыныў товарлары хызмети маркетинги ислеп шығарыўшы менен тутыныў ортасында туўрыдан-туўры байланыстың барлығы менен ажыралып турады. Хызметлердиң көпшилик бөлеги комплекс характерге ийе. Маселен мийманханалар, жәмәәт аўқатланыў жайлары, экскурциялық хызмет, естелик товарларын сатыў ҳәм тағы басқа пайда болыўы жалпы туристлик товар түсиниги менен туўрыдан-туўры байланыслы. Сол себепли хызмет көрсетиў тараўында маркетинг жүдә үлкен бағдарға ийе.
Do'stlaringiz bilan baham: |