1.4. Маркетинг элементлери қурамы ҳәм маркетинг-микс түсиниги
Маркетинг системасында қойылған мақсетке ерисиў ушын қарыйдарлар ҳәм басқа субъектлерге тәсир етиў ушын маркетинг қуралы, яғный маркетинг усыллары жыйындысы зәрүр. Усындай қураллардан маркетинг-микс, маркетинг комплекси болып есапланады. Буларды маркетинг теориясына 1964-жылда биринши болып Гарвард бизнес мектеби профессоры Борден кириткен. Маркетологлар таярлаў системасында маркетинг комплексли 4 «Р» деп аталып, Маккарти тәрепинен 1960 жылда бул модел усынылған. Усы моделде маркетингтиң төрт тийкарғы элементлери ажыратып көрсетилген: товар(prоduct), баҳа(price), сатыў(place), реклама-хошаметлеў (promotion ).
Маркетинг хызметинде зәрүрлик ҳәм мүтәжликти алмасыў арқалы қанаатландырыў процессинде әлбетте инсан қатнасады. Соның ушын жоқарыда көрсетип өтилген маркетинг элементлери қурамына 5 «Р» да киритилип,ол адамлар (реорle) екенлиги айрықша атап өтилген. Маркетинг-микс элементлери төмендеги сызылмада көрсетилген.
1968 жылда Ф.Котлер маркетинг-микс элементлери қурамына паблик-рилейшнз (public relations) ҳәм сиясатты (politics)қосып, алдыңғы 4 «Р»ны 6 «Р»ға кеңейтирип көрсетти .
жылыстырыў
Товардың базарда жайласыўы
баҳа
Товарлар өнимлер
Инсанлар (адамлар)
Маркетинг системасы 5 «Р» 5 «Р» моделин қолланыўдың шекленгенлигине қарамастан маркетинг тоериясының түрлениўи ҳәм әмелиятының рауажланыўында әҳмиетли роль ойнайды.
Маркетинг-микс кең қолланатуғын түрде 4 маркетинг субмиксин өз ишине алады. Бул томендегилер: товар микси, шартнома микси, коммуникатив микс, бөлистириў микси. Товар микси товар сиясатын пайда етеди, товар менен байланыслы болған илажларды өз ишине алады. Бул илажлар: дизайн оның безетилиўи, өним сапасы, орамы, қарыйидарларға хызмет көрсетиў, кепиллик хызмети сиясаты, товар диверсификациясы, ассортимент сиясаты ҳәм т.б.
Шәртнама сиясаты товарды алды-сатты акты шәртлери келисиўин ҳәм питим көринисинде оларды рәсмилестириўди әмелге асырады. Бўндай илажларға баҳа сиясаты, үстеме ҳәм шегерме системасы, товар жеткизип бериў ҳәм оны төлеў шәртлери, сондай-ақ кредит сиясаты киреди.
Бөлистириў сиясаты товардың таярланыў орнынан алыўшыға жеткизип бериўди әмелге асырады.Бул сиясат сатыў каналын тийкарлап ҳәм анализ етиў,маркетинг-логистика, саўда сиясаты,сатыў қураллары сиясаты, ислеп шығарыў күшлерин жайластырыў сиясаты. Тутыныўшылар ҳәм базардың жайласыў сиясаты, жеткизип бериў сиясаты, таяр өнимлерди складларға жайластырыў сиясаты ҳәм басқаларды өз ишинге алады.
Коммуникатив сиясатының ўазыйпасы қарыйдар зәрүлигин қанаатландырыў ҳәм пайда алыў мақсетинде талапты пайда етеди ҳәм товар ҳәм хызметти жылыстырыў бойынша альтернатив ҳәм нәтижели хызметин тәминлеў ушын маркетинг системасының барлық объектин кәрхана өним таярлаўшылар менен өз-ара ҳарекетин дүзиўден ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: |