12.ҚӘНИГЕЛИК ПӘНЛЕРДЕН РEFERAT, KURS JUMISIН HAM PITKERIW QA`NIGELIK JUMISIN JAZIW TA`RTIBI
реже:
1.Pa`nlerden referat jaziw ta`rtibi.
2.Qa`nigelik pa`nler boyinsha kurs jumislarin jaziw ta`rtibi.
3.Ilimiy maqalalar, tezisler tayarlaw ta`rtibi.
4.Sabaqliq, oqiw qollanbalar, oqiw metoikaliq ko`rsetpeler tayarlaw tartibi.
5.Pitkeriw qa`nigelik jumislarin jaziw tartibi.
Таяныш сөзлер: referat, kurs jumislar, ilimiy maqalalar, tezisler, qa`nigelik pa`nler, sabaqliq, oqiw qollanbalar, oqiw metoikaliq ko`rsetpeler, pitkeriw qa`nigelik jumisi.
1.Pa`nlerden referat jaziw ta`rtibi.
Қәнигелик пәнлерден барлық өтилген темаларды тереңирек үйрениў ушын сондай-ақ пән бойынша темалар бойынша өз бетинше жумыс ислеўи ушын студентлерге пән бойынша өтилген темалардан реферат жумысларын жазыў усыныс етиледи.
Реферат жумыслары сол пән бойынша өтилетуғын темалар бойынша жазыў әмелге асырылады. Студент өзиниң қәлеген темасын ямаса журналдағы дизимдеги сан тәртиби бойынша темаларды жазыўды таңлап алыўы мүмкин. Реферат жумысы жазылғаннан кейин оқытыўшының белгилеп берген кестеси бойынша оқытыўшы алдында студент өзиниң жумысын түсиндирип береди.
Студент таңланған тема бойынша жазған реферат жумысының актуаллығын, мақсет ҳәм ўазыйпаларын ҳәм исленген жумысы бойынша нәтийжелерин оқытыўшыға түсиндирип береди. Бунда студенттиң сол тема бойынша өз үстинде өз бетинше ислегенин, тема бойынша түсинигиниң тереңлескени көринип турады.
Реферат жумысының безелиўи оқыўтышының көрсетпеси бойынша әмелге асырылады.
2.Qa`nigelik pa`nler boyinsha kurs jumislarin jaziw ta`rtibi
Базар экономикасы шараятында кәрхананың экономикалық ҳәм де финанслық потенциалы ҳәм жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар жетекши болып, пайдаланыўшылардың түрли тайпадағы: шөлкемлестириўши, акционер, кредитор, инвестор, жеткерип бериўшилер ҳәм басқалардың мәплерин өз ишине алады. Бунда пайдаланыўшылардың ҳәр бири кәрхананың финанслық жағдайын баҳалаўда өз мәплеринен ҳәм өлшемлеринен келип шығып әмел қылады.
Бугинги күнде бухгалтерия есабының тийкары болған финанслық есап кәрханалар хызметин басқарыўда зәрүр болған мағлыўматларды жеткерип бериў, туўры ҳәм мақсетке муўапық басқарыў қарарларын қабыл қылыўда тийкарғы дерек болып есапланады, яғный кәрханада бухгалтерия есабының туўры жолға қойылыўы, әсиресе базар экономикасы шараятында кәрхананың экономикалық ҳәм финанслық потенциалын асырыўға, жоқары дәрежеде искерликти алып барыўда, түрли бәсекилеслер майданында жеңип шығыў, жоқары пайда алыўға имканият жаратады.
Мәлим болғанындай, финанслық есапты раўажландырыў, реформалаў туўрыдан-туўры базар қатнасықларына өтиў менен тығыз байланыслы болып есапланады. Бул болса республикамызда финанслық есапты ҳалық аралық стандарлар талаплары тийкарында жетилистириўди зәрүрлик етип қоймақта, әсиресе республикамыздың дүнья жәмийетшилигине қосылыўы түрли ҳалық аралық шөлкемлерде қатнасыўы экономикалық көрсеткишлерди ағымдағы өлшемлерге теңлестириўде есаптың методикалық принциплерин жәҳән әмелиятында қабыл қылынған стандартлар талапларына жуўап бериўди талап етеди.
Республикамызда финанслық есапты тәртипке салыў ушын беккем нызамшылық системасы шөлкемлестирилди: атап айтқанда «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы нызам, «Өним, жумыс ҳәм хызметлерди ислеп шығарыў ҳәм сатыў қәрежетлериниң структурасы ҳәм де финанслық нәтийжелерди қәлиплестириў тәртиби ҳаққында»ғы реже, «Бухгалтерия есабының миллий стандартлары» ҳәм басқа нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди. Нәтийжеде бир қатар экономикалық машқалалар шешилди.
Финанслық есапты шөлкемлестириўдиң усылы ҳәм методологиясын жетилистириўдеги мақсет миллий ҳәм сырт ел қәнигелерин есап сиясаты ҳәм есабат мағлыўматларын түсиниўиндеги парқты сапластырыў, финанслық есапты нормативлик жақтан тәртипке салыўшы миллий системаны жаратыў, бухгалтерия есабы хәм финанслық есаптың бирден-бир концепциясын жаратыў ҳәм оларды экономикамыздың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда ислеп шығыў ҳәм енгизиў зәрүрлигинен ибарат болып есапланады.
Бул мақсетке ерисиў ушын бухгалтерия есабының тийкары есапланған финанслық есапты жетилиситириў, есапты әмелге асырыўда жаңа прогрессив усылларды қолланыў, хожалық искерлигин анализлеў жәрдеминде пайдаланылмай атырған резервлерди излеп табыў ҳәм оларды өндириске бағдарлаў, ҳәзирги ўақытта актуал машқалалардың бири болып есапланады.
Университет «Кадрлар таярлаў миллий дәстүри» ҳәм де «Билим ҳаққында»ғы нызамларды әмелиятқа енгизиўдиң екинши сапа басқышын әмелге асырыў бойынша республикамыз экономикасының зәрүр тараўлары есапланған финанс, экономика, бухгалтерия есабы ҳәм аудит, қазнашылық, бизнести басқарыў тәлим бакалавр бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматлы бакалавр қәнигелерин таярлап келмекте.
Бакалавриаттың “Бухгалтериялық есап ҳәм аудит” бағдарының талаплары тийкарғы қәнигелик пәнлерин терең өзлестириўи, республикамыз бухгалтерия есабы системасына сәйкес тәлим, билим ҳәм көникпелерди ийелеўде курс жумысларын таярлайды ҳәм жақлайды. Курс жумысы белгили бир пән бойынша талабаның өзлестириў дәрежесин белгилеп ғана қоймастан, бәлким усы пән бойынша ийелеген билимин жүзеге шығарыўдың ең әҳмийетли қуралы болып есапланады.
«Финанслық есап» пәни талабаларға финанслық есапқа байланыслы профессионал билим ҳәм көнликпелер бериўи менен бирге, финанслық есаптың концепциясы ҳәм принциплерин, кәрханаларда финанслық есапты шөлкемлестириў ҳәм бул бойынша машқалаларды анықлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Бакалавриаттың «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» бағдарының талабалары оқыў жобаға муўапық «Финанслық есап» пәнинен курс жумысын жақлайды.
Өткен жыллар тәжирийбесине нәзер таслайтуғын болсақ, талабалар тәрепинен жазылған көп ғана курс жумысларында бирдейлик ҳәм белгили бир тәртиптиң болмағанлығы көзге түспекте. Бул болса олардың курс жумысларын белгили формаға ийе болыўын тәмийнлеў ҳәм де тәртипке салыў лазымлығын талап қылмақта.
Усы қолланба «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» бағдарының талабалары ушын арналған болып, курс жумысын таярлаў, рәсмийлестириў ҳәм де жақлаўды тәртипке салыўға хызмет қылады, деген үмиттемиз.
Курс жумысының статусы. «Финанслық есап» пәнинен жазылатуғын курс жумысы – бул илимий жумыс болып, оқыў процеси даўамында орынланатуғын ҳәм оны орынлаўдағы тийкарғы мақсет финанслық есапқа сәйкес анық әмелий мәселелерди шешиўде талабалардың финанслық есапты шөлкемлестириўге сәйкес усы пәннен ийелеген билимлеринен ғәрезсиз пайдаланыўды ҳәм қабыл етилген шешимлерин тийкарлаўға үйретиў болып есапланады.
«Финанслық есап» пәни бойынша курс жумысы таңланған тема бойынша нәтийжелерди улыўма бир пүтин илимий ҳәм әмелий пикирлерди сәўлелендириўши жойбарлық жумыс болып есапланады. Курс жумысы «Финанслық есап» пәни раўажланыўының заманагөй дәрежесине, экономиканың раўажланыў тенденцияларына сәйкес мәселелерди сәўлелендириўге сәйкес келиўи керек. Курс жумысы темасы актуал ҳәм талаба таңлаған тема бойынша анық илимий, илимий-әмелий мәселелерди шешиўге қаратылған болыўы керек. Курс жумысының таңланған темалары университет Илимий Кеңеси тастыйықлаған кафедраның илимий изертлеўлер бағдарына толық сәйкес келиўи шәрт.
Жақлаўға изертлеўлердиң жуўмақлары ҳәм усыныс етилген қайта ислеўлер талаба тәрепинен теориялық тәрептен толық тийкарланғанлығы анық көринетуғын дәрежеде болған курс жумысы усынылады.
Талаба тәрепинен алып барылған курс жумысының илимий ҳәм илимий-әмелий дәрежеси тәлим бағдарламасына жуўап бериўи шәрт. Курс жумысын орынлаў даўамында талаба ғәрезсиз рәўиште илимий-әмелий излениў алып барыўға уқыбы, изертлеў объектиндеги машқалаларды көре алыўға үйренгенлиги, сондай - ақ, усы машқалаларды шешиўдиң улыўма усылларын өзлестиргенлигинен дәрек бериўи лазым.
Жуўмақлап айтқанымызда, курс жумысы талабаның илимий тәрептен жетилискенлиги ҳәм де «Финанслық есап» пәни бойынша терең билимге ҳәм әмелий көнликпеге ийелигин көрсетиўи зәрүр. Курс жумысында үйренилетуғын мәселелердиң теориялық тәреплери, анықланған машқалаларды, қойылған илимий ҳәм әмелий ўазыйпаларды анализлеў ҳәм де машқалаларды шешиўди гөзлеген ҳалда бир-бирине логикалық сәйкес жоба дүзиледи ҳәм сол тийкарында жазылады. Талаба курс жумысы бойынша излениў нәтийжелерин жарытыўда финанслық есапты шөлкемлестириўдиң өзине тән тәреплерин есапқа алып, шет мәмлекетлердиң тәжирийбелерин өзимизде ерисилген әмелий жетискенликлерди улыўмаластырған ҳалда есап сиясатының өзгешеликлерин, белгиленген машқалалардың шешимин табыў жол-жобаларын ислеп шығады ҳәм сапластырыў усылларын усынады.
Курс жумысын жуўмақлаў, талабаның «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасында дүзилген комиссия алдында оны жақлаў болып есапланады. Курс жумысын жақлаўға төмендеги улыўма талаплар қойылады:
- үйренилип атырған машқала бойынша бар болған экономикалық әдебиятларды терең анализлеў;
- курс жумысында жызыў ҳәм кестелерди белгили системаға келтирген ҳалда рәсмийлестириў;
- курс жумысы бойынша топланған материалларды сын менен үйрениў;
- усыныс ҳәм мәсләҳәтлердиң тийкарлап берилиўи;
- талаба тәрепинен пикирдиң избе-изликте, анық бир тәртипте баянланыўы;
- қойылған талаплар бойынша курс жумысының рәсмийлестирилиўи.
Курс жумысын орынлаў анық басқышлардан ибарат болады.
Курс жумысын таярлаў, рәсмийлестириў ҳәм жақлап шығыў басқышлары:
1. Курс жумысының темасын таңлаў ҳәм жобаны тастыйықлатыў.
2. Курс жумысының темасы бойынша илимий әдебиятлар ҳәм басқа материалларды жыйнаў.
3. Курс жумысын рәсмийлестириўге қойылатуғын талапларды үйрениў.
4. Топланған материалларды үйрениў ҳәм нәтийжелерди тийкарлаў
Do'stlaringiz bilan baham: |